"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, ертең Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы, ўақты-ўақты менен өзгерип турады, түнде ҳәм азанда қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин, күндиз жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи, 10-12 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 22-24 градус, күндиз 32-34 градус жыллы болады.
Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты;
ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланады. Ҳаўаның температурасы түнде 18-23 градус, күндиз 30-35 градус болады.
Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятлары;
ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди, шаң-тозаң менен бақланады. Ҳаўаның температурасы түнде 20-25 градус, күндиз 32-37 градус жыллы болады.
Ташкент ўәлаяты;
Ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 20-25 градус, күндиз 31-36 градус жыллы болады.
Сырдәрья, Жиззақ, Самарқанд ўәлаятлары;
Ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 20-25 градус, күндиз 31-36 градус жыллы болады.
Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары;
ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди, шаң-тозаң менен бақланады. Ҳаўаның температурасы түнде 22-27 градус, күндиз 34-39 градус болады.
Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятлары;
Ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал шығыстан 5-10 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 20-25 градус, күндиз 25-30 градус жыллы болады.
Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақлары;
Ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 13-18 градус, күндиз 21-26 градус жыллы болады.