"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, усы жумыс ҳәптесиниң биринши ярымында Өзбекстан аймағы бойынша климатлық нормаға жақын болған ҳаўа температурасы менен бираз ыссы ҳаўа-райы болыўы күтилмекте. Күндизги ўақытлары температура 36-39 дәреже әтирапында, республиканың қубласында ҳәм шөл аймақларында 40-42 дәрежеге шекем көтериледи.

Ҳәптениң екинши ярымында ыссы күшейеди. Жүдә ыссы ҳаўа-райы дәўири шемби күнине шекем даўам етеди. Күндиз күнлери термометр бағанағы 40-42 дәрежеге шекем, арқада, қублада ҳәм шөл аймақларында 43-44 дәрежеге шекем көтериледи.

Усы күнлерде Өзбекстан аймағының үлкен бөлиминде жаўын-шашын күтилмейди. Қысқа мүддетли жаўын-шашынлар тек 14-16-июль күнлери айырым таўлы аймақларда бақланыўы мүмкин.

Республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаңлар менен бақланыўы мүмкин.

Ташкентте ҳаўа тийкарынан бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. 14-июльде түнде 22-24, күндиз 37-39 дәреже ыссы болады. 17-19-июльде температура түнде 25-27 дәрежеге шекем, күндиз 40-42 дәрежеге шекем көтериледи.