Атап өтилиўинше, пәрўаз даўамында жолаўшылардан биринде мүддетинен алдын туўыў басланған. Ҳаялдың бахтына бортта еки шыпакер болған ҳәм экипаж менен биргеликте зәрүр медициналық жәрдемди жеделлик пенен көрсеткен.
Экипаж командириниң қарары менен самолёт Үргенш аэропортына қыстаўлы түрде қонған, ол жерде ана ҳәм жаңа туўылған ул баланы шыпакерлер күтип алды. Шаңарақ оператив түрде жергиликли клиникаға жеткерилген.
Uzbekistan Airways шаңарақты шын жүректен қутлықлап, өз жәрдемин аямаған экипаж ағзаларына, рейсте тосаттан болған ҳәм өз ўақтында жәрдем көрсеткен шыпакерлер - Дилбар Шерипбаева ҳәм Дилшод Нортожиевке айрықша миннетдаршылық билдирди.