Өткен жылы 31-декабрьде Жиззақ ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыўды жеделлестириў бойынша Президент қарары қабыл етилип, зәрүр мәселелер шешип берилген еди. Атап айтқанда, онда 2025-жылы 2 миллиард доллар инвестиция тартыў, экспортты 285 миллион долларға жеткериў, 168 мың адамды жумыс пенен тәмийинлеў илажлары белгиленген еди.

Бул ўазыйпалар избе-из орынланбақта. Өткен алты айда Жиззақта санаат, сервис ҳәм аўыл хожалығында 200 жойбар иске қосылды. Ўәлаятқа 662 миллион доллар инвестиция кирип келди.

Нәтийжелиликти және де арттырыў мақсетинде Жиззақ ўәлаяты Замин районында да "Реформалар штабы" дүзилген.

Мәмлекетимиз басшысы сапар етиўи даўамында ўәлаятта әмелге асырылыўы режелестирилген жаңа жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Атап айтқанда, "бир айна" принципи тийкарында аўыл хожалығы хызметлерин бир жерге жәмлеген "Агромарказ" шөлкемлестирилди. Өнимдарлықты арттырыўға қаратылған жаңаша қатнаслар ўәлаятта азық-аўқат өнимлериниң сапасына унамлы тәсир етип, халықтың көбирек дәрамат табыўына имканият жаратпақта.

Жиззақ ўәлаяты картошка жетистириўди раўажландырыўға тийкар етип алынбақта. Бүгинги күнде Замин илимий тәжирийбе станциясында сырт ел ҳәм жергиликли селекцияға тийисли 12 сорт бирлемши туқымгершилиги жолға қойылды.

Әдетте туқымлық картошка жетистириў 6-7 жыл ҳәм 8 басқышты талап етсе, жаңа усынысқа бола, процесс 4 басқышқа қысқартылып, 2 жылда таярланады. Онда картошканың жаңа селекция сортларынан 12 тонна жоқары әўлад супер элита туқымлары халықтың шаңарақларына бийпул тарқатылады. Нәтийжеде 120 тонна элита картошка туқымы жетистириледи.

Сондай-ақ, собықлы егинлер егиў, Зарбдор районындағы каналда насос станциялары ҳәм магистраль қубырлар қурыў режелери белгиленген.

Жиззақтың ҳәр қыйлы тәбияты, таўлы ҳәм шөл аймақлары жылдың төрт мәўсиминде де саяхат етиў имканиятын береди. "Замин" туристлик-рекреациялық зонасы, Замин аэропорты ҳәм жаңа жоллар бул имканиятларды кеңейтти. Ири 6 каналдың бойында сейил етиў орынлары шөлкемлестирилди. Енди "Айдар-Арнасай" көллер системасы жағасында да заманагөй туризм орайы қурылады.

- Районларға санаатты алып кирип, адамларды жумыслы етиўге ҳәрекет етип атырмыз. Бурын дала болған жерлерде заманагөй кәрханалар пайда болмақта. Адамларымыз өнеринен, қыйтақ жеринен де дәрамат таўып атыр. Бирақ бул бүгинги нәтийже. Жаңа әўлад жетисип киятыр, жасларымыздың билими, талабы артып бармақта. Олардың ислеўи, жақсы жасаўы ушын ҳәзирден тийкар жаратыўымыз керек. Егер имканиятлардан дурыс пайдаланылса, Замин районы жумыссызлықтан аўлақ аймақ бола алады, - деди Шавкат Мирзиёев.

Бизге белгили, Көкдала районының жаңа орайында көркем өнер сарайы, көркем өнер мектеби, улыўма билим бериў мектеби ҳәм спорт комплекси биргеликте қурылмақта. Мәмлекетимиз басшысы бул балаларға қолайлы болатуғынын атап өтип, келеси жойбарларда усыны қолланыў зәрүрлигин айтқан еди. Енди усы тәжирийбе тийкарында Замин районында да мәденият сарайы ҳәм көркем өнер мектебиниң қурылысы режелестирилген. Мәденият сарайы 300 орынға ийе болып, район орайындағы 45 мыңнан аслам халыққа хызмет көрсетеди. Бул жерде "Замин сайқали" фольклор-этнографиялық жәмәәти, 13 дөгерек жумыс алып барады.

Жуўапкерлерге бул режелердиң орынланыўы, социаллық-экономикалық тараўлардың раўажланыўы бойынша тапсырмалар берилди.

Соның менен Президентимиздиң Жиззақ ўәлаятына сапары жуўмақланды.