Ҳүкимет қарары менен (440-санлы, 14.07.2025 ж.) "Балаларға қарата зорлық жағдайларын анықлаў, зорлық қәўпи дәрежесин баҳалаў, қорғаў режесин ислеп шығыў ҳәм оны әмелге асырыў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.

Режеге бола, зорлықтан жәбирленген ямаса өзине зорлық ислеў қәўпи астында болған балалар тиккелей өзлери ямаса нызамлы ўәкиллери "Инсан" орайлары, ишки ислер уйымлары ҳәм басқа да жуўапкер уйымларға мүрәжат етеди.

"Инсан" орайлары ишки ислер уйымларының қатнасыўында баланың турмыслық жағдайын 1 күн мүддетте үйренеди.

Бунда "Инсан" орайы баланың өмири ямаса денсаўлығына қәўип салыўшы факторларды дәслепки баҳалаўдан өткереди ҳәм қәўип дәрежесин "төмен" ямаса "жоқары" деп табыўы мүмкин.

Қәўип дәрежеси "жоқары" деп баҳаланғанда, ишки ислер органы төмендеги шаралардан бирин көреди:

зорлық ислеген шахсты ҳәкимшилик жол менен услап турыў ҳәм де процессуал мәжбүрлеў шараларын қоллаў;

балаға ямаса оның нызамлы ўәкилине қорғаў ордерин бериў;

баланы ата-анасынан (олардың биреўинен) ямаса оны өз қарамағына алған басқа шахслардан алып қойыў ҳәм оның қәўипсизлигин тәмийинлеў.

Қәўип туўдырыўшы факторлар сапластырылғаннан соң, "Инсан" орайы баланың турмыслық жағдайын 14 календарь күн ишинде комплексли баҳалаўдан өткереди.

Комплекс баҳалаў нәтийжелери бойынша 3 жумыс күни ишинде баланы қорғаў режеси ислеп шығылады.

Балаларға қарата зорлық ислеген ямаса ислеўге бейим болған шахсларға төмендеги тәсир шаралары қолланылыўы мүмкин:

  • дүзетиў бағдарламасынан өтиў;
  • балаларын алып қойыў;
  • ата-аналық ҳуқықын шеклеў яки ата-аналық ҳуқықынан айырыў.
  • наркология мәкемелеринде мәжбүрий емлениў;
  • мәжбүрий медициналық түрдеги мәжбүрлеў шараларын тайынлаў.