Мәмлекетимиз басшысы еки жыл алдын бул жерге келип, ҳәзирги стадионға тутас аймақта заманагөй комплекс қурыў зәрүр екенлигин айтқан еди. Көп өтпей, 2023-жыл 3-ноябрьде "Футбол-билимлендириў мәкемелери тармағын кеңейтиў ҳәм халықаралық стандартларға сәйкес келетуғын футбол инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында" Президент қарарына қол қойылды.
Ғәрезсизлик байрамы алдынан пайдаланыўға тапсырылған бул орай онда оғада әҳмийетли буўын. Бул жерде бир ўақыттың өзинде 6 сайланды командамыздың оқыў-шынығыў жыйынларын өткериў имканияты бар. Оның ушын стадионлар, оқыў имаратлары, спорт заллары, мийманхана қурылған. Пляж футбол майданы, футзал манежи, бассейн ҳәм реабилитация бөлими қосымша қолайлықлар жаратқан.
Комплексте профессионал футболшы ҳәм қәнигелерди таярлаў ушын төрт структура шөлкемлестирилди. Олар - Футбол қәнигелерин таярлаў ҳәм илимий-изертлеў орайы, Футбол сайланды командаларын таярлаў орайы, Республикалық футбол академиясы, Спорт медицинасы ҳәм реабилитация орайы болып есапланады.
Президентимиз оларда жаратылған шараятлар менен танысты.
Футбол медицинасы ҳәм реабилитациясы бөлимине сырт ел үскенелери алып келинген, ең алдынғы усыллар өзлестирилген. Бул футболшыларға қысқа ўақыт ишинде физикалық тиклениў имканиятын береди.
Футбол академиясында жас талантлар таңлап алынып, тәрбияланады. Оны халықаралық дәрежеде шөлкемлестириў ушын орайға Аргентина, Венгрия ҳәм Хорватия сыяқлы мәмлекетлерден қәнигелер тартылған. Олар маман тренер, төреши, аналитик, селекционер ҳәм футбол менеджерлерин таярлаўда қатнаспақта. Комплексте "VAR орайы" да шөлкемлестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде спорт ветеранлары ҳәм жас футболшылар менен сәўбетлести. Өзбекстанда футбол ең ғалабалық спорт екени, оны раўажландырыў избе-из даўам еттирилетуғыны атап өтилди.
Кейинги жыллары футбол системасы түп-тийкарынан жақсыланды. Балалар футболы, дөгереклерден баслап академиялар, командалар, чемпионатқа шекем итибар күшейди. Нәтийжелер избе-из бой көрсетпекте. Олардың ең әҳмийетлиси - Ўатанымыз тарийхында биринши мәрте миллий сайланды командамыз жәҳән чемпионатына шыққаны болды.
Және бир даңқлы жетискенлик апрельде Саудия Арабстанында болып өткен Азия кубогинде қолға киргизилди. 17 жасқа шекемги жас өспиримлер сайланды командамыз онда биринши орынды ийелеп, жәҳән чемпионатына жоллама алған еди.
Президентимиз бул қаҳарман футболшыларымыз бенен ушырасып, оларға меҳир-итибарын билдирди.
- Биз барлық тараўда дүньяда мүнәсип орын ийелеўге умтылмақтамыз. Спортшыларымыз буны тезирек жеткере алады. Сизлер ерк-ықрарлы жеңисиңиз бенен, халқымыз мийнет етсе, ҳәрекет етсе, ҳәмме нәрсеге уқыплы екенин және бир мәрте дәлилледиңиз. Пүткил дүнья жүзи сизлердиң тымсалыңызда күш-ғайратлы, мақтанышы бәлент, ҳеш қашан умтылыстан қайтпайтуғын жаңа Өзбекстан әўладын көрди. Енди футболды ҳәзиргиден де 2-3 есе көбирек қоллап-қуўатлаймыз. Сиздей жаслар халқымыздың исеними, Президенттиң қуўанышысыз, - деди Шавкат Мирзиёев.
Спортшылар бул шараятлар ушын мәмлекет басшысына миннетдаршылық билдирип, халқымыздың исенимин ақлаўға ўәде берди.