Бул абырайлы глобал структура менен шерикликти кеңейтиўдиң әҳмиетли мәселелери көрип шығылды.

ХВҚ басшысы Кристалина Георгиева Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жаңаланыўларға жоқары баҳа берип, артқа қайтпайтуғын реформаларды қатаң қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.

Қор менен макроэкономикалық сиясат, бюджет ҳәм салық ҳәкимшилигин жетилистириў тараўларында нәтийжели бирге ислесип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Қәнигелеримиз ХВҚ орайларында турақлы түрде тәжирийбе арттырыў бағдарламаларынан өтпекте. Усы жылы мәмлекетимиз қаржы тараўының турақлылығы биргеликте баҳаланды ҳәм "жол картасы" қабыл етилди.

Ушырасыў даўамында пул-кредит ҳәм фискал сиясатты раўажландырыў, статистика системасын трансформациялаў бойынша қордың экспертлик жәрдемин даўам еттириў, сондай-ақ, экономикалық уйымлар хызметкерлери ушын оқыў бағдарламаларын кеңейтиў бойынша келисимлерге ерисилди.