Бул нызам жойбары менен әскерий хызметкерлердиң ҳуқықлары, жеңилликлери, кепилликлери ҳәм миннетлемелери менен байланыслы қатнасықларды комплексли тәртипке салыў нәзерде тутылмақта.
Атап айтқанда, нызам жойбарында Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қурамына киретуғын министрликлер ҳәм уйымлар әскерий хызметкерлериниң ҳуқықый статусы, олардың ҳуқықлары менен миннетлемелери, жуўапкершилиги, сондай-ақ, оларды социаллық ҳәм ҳуқықый қорғаўдың анық механизмлери, шаңарақ ағзалары белгиленбекте. Жойбарға муўапық, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген, мәмлекет тәрепинен кепилленген ҳуқық ҳәм еркинликлер, жеңилликлер, шеклеўлер, миннетлер және жуўапкершилик илажларының жыйындысы әскерий хызметкердиң статусы сыпатында белгиленбекте.
Сондай-ақ, ҳүжжетте әскерий хызметкер статусын алыў ҳәм сапластырыў тәртиби, хызметти өтеўдиң өзине тән өзгешеликлери, хызмет тәртиби ҳәм хызмет ўазыйпаларын орынлаўға қойылатуғын талаплар анықластырылмақта. Нызам жойбарында әскерий хызметкерлерди социаллық қоллап-қуўатлаўдың заманагөй механизмлери айрықша орын ийелейди. Атап айтқанда, материаллық тәмийинлеў, сапалы медициналық хызмет көрсетиў, турақ жай менен тәмийинлеў, мәжбүрий мәмлекетлик қамсызландырыў, пенсия тәмийнаты, хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында жарақатланған ямаса қайтыс болған жағдайда компенсация төлеў сыяқлы әҳмийетли кепилликлер нызамшылық дәрежесинде беккемленбекте.
Буннан тысқары, нызам жойбарында әскерий хызметкерлердиң социаллық қорғалыўын күшейтиў мақсетинде бир қатар жаңа жеңилликлер нәзерде тутылмақта. Соның ишинде, әскерий хызметтен босатылған ҳәм кеминде 20 жыл хызмет еткен әскерий хызметкерлерге жылына бир мәрте жеңиллетилген тийкарда санаторий-курорт мәкемелерине жоллама алыў имканияты жаратылмақта. Онда жоллама баҳасының 25 проценти әскерий хызметкердиң өзи тәрепинен төленеди, қалған 75 проценти тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың бюджет қаржылары есабынан қапланады. Соның менен бирге, бул нызам жойбары менен әскерий хызметкерлерге бир жылда бир мәрте базалық есаплаў муғдарының 100 есесине шекемги муғдарда материаллық жәрдем төлеў имканияты берилмекте.
Додалаўлар даўамында депутатлар бул нызам жойбары әскерий хызметкерлердиң ҳуқықый статусын анық белгилеў, оларды социаллық қорғаўды күшейтиў, әскерий хызметтиң абырайын арттырыў, Ўатан қорғаўшылары ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын исенимли кепилликлер жаратыўда әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Додалаўлар жуўмағында нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилди.