2025-жылы БМШтың гезектеги регионаллық ушырасыўын Өзбекстанда өткериў усынысы билдирилди

    Быйылғы жылдың 28-29-ноябрь күнлери Женева қаласында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминде Биологиялық қуралларды қадаған етиў конвенциясы шеңберинде регионаллық ушырасыў болып өтти.

    Бул ҳаққында Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитетиниң бас қәнигеси, миллий координатор Отабек Қосимов төмендегилерди мәлим етти:

    – Бул илажда дүньяның түрли мәмлекетлеринен 100 ден аслам қәнигелер қатнасты. Өзбекстан атынан мен Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитетиниң бас қәнигеси ҳәм конвенцияның миллий координаторы сыпатында қатнастым.

    Өзбекстан Республикасы 1995-жыл 22-декабрьдеги 185-I-санлы қарарға муўапық, Бактериологиялық (биологиялық) ҳәм токсикалық қуралларды ислеп шығыў, таярлаў ҳәм сақлаўды қадаған етиў ҳәм оларды сапластырыў ҳаққындағы конвенцияға қосылған.

    Женевадағы ушырасыўда Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Қуралсызланыў департаментиниң ўәкиллери Өзбекстан ҳәм және еки мәмлекетке БМШтың рәсмий веб-сайтында жумыс баслаған онлайн оқыў модулин ислеп шығыўдағы үлеси ушын айрықша миннетдаршылық билдирди.

    Усыныс етилген оқыў платформасы жети модульден ибарат болып, конвенцияға ағза мәмлекетлердиң миллий координаторларын таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўға бағдарланған. Оқыў процесинде дүньяның сегиз регионынан, соның ишинде, Өзбекстан, Ботсвана, Эквадор, Венгрия, Лаос ҳәм Қатар сыяқлы мәмлекетлердиң координаторлары қатнасыўындағы видеосабақлар көрсетилди. Бул процесс оқыўды әмелий ҳәм интерактив етиўге қаратылған.

    Ушырасыў даўамында 2025-жылдың екинши ярымында гезектеги регионаллық ушырасыўды Өзбекстанда өткериў усынысы билдирилди. Бул усыныс әмелий жақтан үлкен әҳмийетке ийе болып, биологиялық қәўипсизлик тараўында мәмлекетимиз ҳәм БМШ арасындағы узақ мүддетли бирге ислесиўди беккемлеў имканиятын жаратады.

    Сондай-ақ, бул илаж Өзбекстанның халықаралық майданда исенимли шерик сыпатындағы абырайын және де арттырыўға хызмет етеди. Мәмлекетимиздиң бул бағдардағы қатнасығы тек миллий қәўипсизлик емес, ал глобал биологиялық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылғаны менен әҳмийетли.