баннер
25 Apr 2025
02:42

    Адамлардың өмирден разылығы – аўызбиршилик ҳәм раўажланыў дегени

    Халқымыз бир күн урыс болған үйден қырық күн берекет кетеди дейди. Демек, татыўлық тек ғана руўхый қәтержамлыққа емес, ал экономикалық абаданлыққа да унамлы тәсир етеди.

    Усы мәнисте, Орайлық Азия мәмлекетлериниң жақсы қоңсышылық, жақын ҳәм исенимли бирге ислесиў байланысларының жоқары дәрежеге шыққаны оғада қуўанышлы ўақыя болып есапланады. Бундай аўызбиршилик геосиясий жағдай барған сайын қыйынласып атырған дәўирде шешиўши күш болып есапланады.

    Әлбетте, буған аңсатлық пенен ерисилген жоқ. Кейинги жыллары елимизде сыртқы ҳәм ишки имканиятлардан толық пайдаланыўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылды. Әсиресе, жақын қоңсылар менен өз-ара түсинисиў жолынан барылғаны үлкен өзгерислерге себеп болды. Бундай жаңаланыўлар инсан қәдирин улығлаўға, елдиң тынышлығы, халықтың абаданлығына хызмет етип келмекте. Нәтийжеде Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиўге бүгин халықаралық майданда үлкен исеним билдирилмекте. "Орайлық Азия руўхы" атамасы турмысымызға кирип келгени де бийкарға емес.

    Аўызбиршилигимиздиң турмыслық тымсалы сыпатында Өзбекстан - Тәжикстан - Қырғызстан шегаралары тутасқан кеңликте Дослық стеласы орнатылды. Усы тәризде Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстанның ғәрезсиз раўажланыў тарийхында биринши мәрте үш мәмлекеттиң мәмлекетлик шегараларының тутас ноқаты ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылды. Бул тарийхый келисим мәмлекетлеримиз тарийхында жаңа бет ашты. "Бир әсирлик машқала"ға ноқат қойылды, деп биймәлел айта аламыз. Бундай жетискенликлердиң тамыры қай жерге тутасқан, оған қалай еристик, деген сораўларға жуўап излесек. Себеби, жетискенликлердиң қуўат дерегин билиў, оны қәстерлеп сақлаў зәрүр.

    Жаңа Өзбекстанда өзгерислер тиккелей мәмлекеттиң раўажланыўы, халықтың абаданлығына хызмет ете баслады. Ақыллы адамлар жақсы түсинеди, мәмлекеттиң ишиндеги бундай кең көлемли реформалар ушын сыртқы дәрўазалар да ашық болыўы керек. Себеби ҳеш бир заманда ҳеш бир мәмлекет жеке ҳалда раўажланбаған. Мың әсирлер арыда да кәрўан жолындағы қалалар абат болғаны ҳаққында тарийхый фактлер бар. Соның ишинде, Орайлық Азия аймағындағы әййемги қалалар Шығыс пенен Батысты байланыстырған саўда жолында болған. Турмыстың бундай өзгермейтуғын нызамы өз-өзинен Орайлық Азия мәмлекетлери алдына тең, исенимли ҳәм дослық бирге ислесиўди беккемлеў ўазыйпасын қоятуғын еди. Жаңа Өзбекстандағы реформалар, бәринен бурын, қоңсылар менен барыс-келисти тиклеўден басланды. Қуўанышлы тәрепи, қысқа ўақытта бул өз нәтийжесин бере баслады, аўызбиршилик себепли берекет келиўи және бир мәрте өз тастыйығын тапты. Енди бул жумысларды және де жедел даўам еттириў зәрүр. Себеби жаңа Өзбекстан ушын имканиятлар есиги кеңнен ашылған.

    Барлық заманларда раўажланыў экономикалық турақлылыққа байланыслы болған. Бул дәлил талап етилмейтуғын факт. Сонлықтан, елимизде исбилерменликке, атап айтқанда, киши ҳәм орта бизнеске үлкен итибар қаратылмақта. Президентимиз быйыл 19-март күни киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен ушырасыў өткерди. Бул тарийхый ўақыя исбилерменлик орталығының жаңа дәўирин баслап берди, десек асыра айтқан болмаймыз.

    Ушырасыўда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў стратегиялық жолымыз екени атап өтилди. Бундай тән алыў тәбийий. Себеби, исбилерменликтиң раўажланыўы мәмлекет қүдиретиниң тийкарғы факторларынан бири. Усы мәниде мәмлекетимиз басшысы киши ҳәм орта бизнесте тез өсип атырған исбилерменлерге жәрдем берип, оларды "чемпион"ға айландырыў илажлары ҳаққында тараў ўәкиллери менен сөйлести.

    Кеңесли той тарқамайды, реже қанша беккем болса, жумыс нәтийжелилиги сонша артады. Бар мәселелер ҳәм олардың шешимин болса сол тараў ўәкиллери басқаларға қарағанда көбирек биледи. Сонлықтан, Президентимиздиң исбилерменлер менен ашық ҳәм көтериңки руўхтағы сәўбетлесиўи ўақтында жүдә көплеген мәселелер шешимин тапты. Айырым тәреплер ҳаққында сөз болғанда жағдайды түп-тийкарынан таллап, бир қарарға келиў зәрүр екенлиги белгили болды. Усының өзи-ақ реформалар тек ғана унамлы пикир оятыў ҳәм қуры санлар ушын емес, ал шын мәнисинде инсан қәдири, нызам үстинлиги ҳәм әдиллик принципине тийкарланғанын көрсетти.

    Усы жерде усы ушырасыў шеңберинде исбилерменлер ушын қандай жаңалықлар болғаны ҳәм оның әпиўайы адамлардың турмысына тәсири ҳаққында пикир жүргизсек. Бәринен бурын, жаратылған шараятлар себепли кейинги бес жылда киши ҳәм орта исбилерменлердиң саны 2 есеге көбейгенин атап өтиў керек. Бул тиккелей жәмийеттиң абаданлығына хызмет етпекте. Себеби, мине, усы исбилерменлер себепли 10,5 миллион адамның бәнтлиги тәмийинленген, руўзыгершилигине ҳадал мийнет себепли табылған берекетли ырысқы жаўылмақта. Демек, енди тараў ушын жаңа шеклерди ашыў халық абаданлығы жолындағы ең нәтийжели жумыс есапланады. Усы мақсетте мәмлекетимиз басшысы тараўдағы тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпаларға тоқтап өтти. Жумыс тез нәтийже бериўи ушын дәслепки мөлшер жақын алынып, 2025-жыл ушын режелер көрсетилди. Атап айтқанда, киши ҳәм орта бизнестиң экономикадағы үлесин 55 процентке көтерип, 70 миллиард доллар муғдарында қосымша қун жаратыў ўазыйпасы қойылды.

    Белгили бир тараўдың экономикадағы үлесин арттырыў әпиўайы гәп пенен болмайды. 70 миллиард долларлық қосымша қун жаратыў ушын, бәринен бурын, исбилерменлерге жаңа имканиятлар есиги ашылыўы зәрүр. Соны есапқа алып, быйыл киши ҳәм орта бизнеске 120 триллион сум ресурс берилетуғыны айтылды. Бундай үлкен қаржы алдын ҳеш қашан болмағанын атап өтиў керек.

    Жоқарыда өткен бес жыллық нәтийжени айтқан едик. Сол шекке ерисиў ушын исбилерменлерге жеңилликлер берилди. Тексериўлер қысқартылды. Салық системасы түпкиликли реформаланды. Әҳмийетлиси, мәмлекетте исбилерменлик ушын қолайлы орталық жаратылды. Сол орталыққа бир турмыслық мысал келтирейик. Алдын исбилермен тексериў келиўинен қорқатуғын еди. Айырым жағдайларда қәлбеки ҳүжжет пенен келген алдаўшылар исбилерменниң "жынаятын" әшкаралап, жабық қазанды жабық турған ҳалда қалдырыў ушын дәмегөйлик еткен. Жаңа Өзбекстанда әдиллик орнаўы ушын сөз еркинлиги берилди. Пуқаралардың мүрәжаты қатаң қадағалаўға алынды.

    Бүгин қәлеген адам баспасөз, социаллық тармақлар арқалы шығып, өз ҳуқықын талап етпекте.

    Бул бағдарда еки механизм теңдей ислеўи есабынан анық турмыслық нәтийжеге еристик. Булар - тексериўлердиң рәсмий тәртипке салынып, исбилерменге көбирек имканият берилгени ҳәм инсанлардың ҳуқықларын талап етиўге кеңнен жол ашылғаны. Неге дегенде, нызамлар оған әмел етиўши шахслардан ибарат жәмийетте ғана ислейди. Ҳәзир исбилермен қәтеликке жол қойған болса, оған бирден жаза бериў жолы тутылмайды. Қәтениң ақыбети, тийкарғы жағдай талланады. Яғный илажы болғанынша исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўға итибар қаратылады. Себеби енди нызамбузыўшылықларды таўып, жәрийма өндириў емес, ал халықтың абаданлығы ушын хызмет ететуғын тәреплерди қоллап-қуўатлаў тийкарғы әҳмийетке ийе болмақта.

    Усы жылы тараў ушын белгиленген және бир ўазыйпа бир қатар бағдарларда киши бизнестиң үлесин 2-3 есеге арттырыў болып табылады. Булар төмендеги бағдарлар: ишимлик суў, канализация, жол, қурылыс, коммуналлық хожалық, жеткерип бериў, утилизация, миграция, мәденият ҳәм социаллық хызметлер. Мине усы фактордың өзи-ақ тараўларда мәмлекеттиң үлесин азайтыўға айрықша итибар қаратылып атырғанын көрсетеди.

    Усы жерде мәмлекеттиң үлеси азайып, тараўларға жеке меншик исбилерменлердиң кирип келиўи не ушын әҳмийетли екенлигине тоқтап өтсек. Бул бағдарда жәмийетимизде бирдей көзқарас қәлиплесиўи, маған мәмлекет ислеп бериўи керек, неге күним исбилерменге қалады, деген надурыс пикирди өзгертиў зәрүр. Әпиўайы ишимлик суўды мысал етип алайық. Ҳәзир ишимлик суў жетип бармаған ямаса сапасы менен байланыслы машқалалар бар. Егер бул бағдар толық исбилерменлердиң ықтыярына өтсе, исбилермен көбирек пайда алыў ушын да тармақты заманға бейимлестиреди. Бәсеки себепли хызмет сапасын арттырып барыў ҳаққында көбирек ойлайды. Бундай киши тармақлардың толық мәмлекет қадағалаўында турыўы, раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесинен де белгили, жақсы нәтийже бермейди.

    Бундай жаңалықлар, реформалар халықтың абаданлығы, елдиң тоқлығы ушын орынланып атырғанын айттық. Усы жылы буның да анық нәтийжесин көриў белгилеп берилди. Яғный 1,5 миллион турақлы жумыс орны ашылып, тараўда бәнт халықтың үлеси 75 процентке жеткериледи. Мақсетке ерисиў ушын болса 100 ден аслам жумысшысы бар кәрханаларды 4 мыңға жеткериў ўазыйпасы қойылған. Сондай-ақ, киши бизнесте жаңа 100 бренд өним шығарыў, киши бизнестиң қатнасыўында 200 стартап жойбарды қаржыландырыў нәзерде тутылмақта.

    Қабыл етилип атырған ҳәр бир қарар, басланып атырған өзгерислер пуқта режелерге тийкарланған. Соның ишинде, киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў бойынша сырт елли экспертлер менен үлкен бағдарлама ислеп шығылған. Сырт ел экспертлерин тартыўдан мақсет анық нәтийжели реже (программа) ислеп шығыў болған, әлбетте. Енди гөзленген шекке ерисиў ушын бағдарламаға 2025-жылы барлық дәреклер есабынан 10 миллиард доллар ажыратылады. Атап айтқанда, халықты исбилерменликке тартыў ушын 22 триллион сум муғдарында жеңиллетилген ресурс ажыратылады.

    Өзгерислердиң дәслепки дәўиринде ҳаял-қызлар ҳәм жасларға айрықша итибар берилгени, оларды кәсип-өнерге оқытыў, исбилерменлик етиў ушын жеңилликлер берилгени бүгинги жетискенликлеримиздиң тийкары болды. Усындай ийгиликли жумыслар және жаңаша форматта даўам етеди. Яғный 22 триллион сумлық жеңиллетилген ресурстан 2,5 триллион сумы жасларға, және сонша ҳаял-қызлар исбилерменлиги жойбарларына қаратылады. Ҳаял исбилерменлерге кредит ставкасы басқаларға салыстырғанда 2 процент арзан болады.

    Және бир жаңалық, усы жылдан киши бизнеске 300 миллион сумға шекем кредит бериў басланды. Енди бир жылда ирилеп, киши ямаса орта кәрханаға айланған исбилерменлерге соннан 150 миллион сумы гиреўсиз бериледи. Шаңарақлық исбилерменлик бойынша да 50 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит ажыратылады. Булардың барлығы жумыс басламақшы болған, исбилерменлик жумысын кеңейтиў тилегинде болған ўатанласларымызға үлкен имканият дегени.

    Айтпақшы, имканият ҳаққында усы ушырасыўдан және бир әҳмийетли факторды келтирсем. Жаратылған шараятлар есабынан үш жылда 250 мың жаңа кәрхана жумыс баслады. Олардың көпшилиги аяққа турып, жумысын кеңейтиўи ушын жер ҳәм имаратқа мүтәжлик сезип атырғаны атап өтилди. Ҳәзирги жағдайды есапқа алған мәмлекетимиз басшысы ҳәкимлер жер таңлаўда, бәринен бурын, кеңейиў тилегинде болған, жойбары таяр исбилерменлер сораған орынларды аукционға шығарыўы зәрүр екенлигин атап өтти.

    Ушырасыўда Юнусабадтағы "Мингбоев роботикс" кәрханасы майыплығы барлар ушын протез ҳәм экзоскелетлер ислеп шығарып, 100 ге шамалас адамды жедел социаллық турмысқа қайтарғаны, исбилерменлик жумысын кеңейтиў ушын майыплығы болған адамлардың емин-еркин кирип-шығыўы ушын қолайлы орын сорағаны да айтылды. Биз айтпақшы болған әҳмийетли факт усы жерде. Бир райондағы исбилерменге қолайлы орын керек екени мәмлекет басшысына белгили. Әҳмийетлиси, исбилерменниң мәселеси Президентимиз бенен ушырасыў ўақтында шешилди. Мине, усы бир ғана мәселе себепли бундай жағдайдағы исбилерменлерге жеңиллик жаратылды. Бундай жоқары технологиялы өним жарататуғын исбилерменлерге 10 мың квадрат метрге шекемги мәмлекетлик объектлер 5 жылға бийпул ижараға берилетуғыны белгиленди.

    Соның менен бирге, бул бағдарда жаңа система енгизиледи: 15 район ҳәм қалада барлық мәмлекетлик уйымлар районлар орайындағы бир көп қабатлы имаратқа көшириледи. Жаңа имаратлардың 1-2-қабатлары исбилерменлерге сатылады. Бул районларда мәмлекетлик уйымлардан босаған 150 имарат аукционда исбилерменлерге усыныс етиледи. Усы фактлердиң өзи-ақ исбилерменлер ҳақыйқатында да Президент қорғаўында екенинен дәрек емес пе?

    Ҳақыйқатында да, бүгин жаңа Өзбекстан исбилерменлер ушын, улыўма, барлық тараўда имканиятлар мәмлекетине айланып үлгерди. Бундай шараят негизинде болса халықты разы етиўдей уллы мақсет жатыр. Ырза болыў - татыўлық дегени. Елимизде мәселелердиң пуқарабай шешилиўинен басланған өзгерислер, бирдики жүзге, жүздики районға болып, Орайлық Азия руўхын пайда етти.

    Шавкат ТЎРАЕВ,

    Ташкент информациялық технологиялары

    униерситети проректоры

    Телеграм каналымыз
    Text to speech