Мәмлекетти көктеги қус деп көз алдымызға келтиретуғын болсақ, экономика оның қуўаты. Қустың аспанда узақ ўақыт, бәлент ушыўының дереги болса мине усы күш-қүдирет. Экспорт ҳәм импорт болса қустың еки қанаты. Бул еки қанаттың қаншелли саламат болғаны, қаншелли жедел ҳәрекетте болғаны қустың күшине күш қосады, пәрўазы және де бәлент ҳәм турақлы болыўын тәмийинлейди. Соның ушын да мәмлекетлер тынымсыз экономиканы көтериў, экспорт ҳәм импортты жеделлестириў ушын түрли реформалар, өзгерислер ҳәм жаңаланыўларды әмелге асырып келеди.

Кейинги жылларда түрли регионлардағы трансшегаралық келиспеўшиликлердиң көбейиўи, дүнья сиясатындағы турақсызлық, тең салмақлылықтың бузылыўы, раўажланған мәмлекетлер арасындағы келиспеўшиликлер және заман тез пәт пенен өзгерип атырғаны экономикалық турақсызлықты жүзеге келтирмекте.

Президентимиз 18-апрель күни дүньяда жүз берип атырған экономикалық өзгерислердиң тараў ҳәм тармақларға тәсирин азайтыў илажларын додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде бул мәселеге айрықша итибар берип, Өзбекстан өзи таңлаған раўажланыў жолынан қайтпай барыўы ушын көрилиўи зәрүр болған илажларды белгилеп берди.

Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысы ҳәзир дүнья бурынғыдай емес екенлиги өзгериўшең қатнасықлар, ҳәр қыйлы тариф ҳәм шеклеўлер басқа мәмлекетлерге де шынжырлы тәсир көрсетип, жәҳән экономикасының төменлеўине ҳәм халықаралық саўданың азайыўына алып келип атырғанын атап өтти. Соның ишинде, ең үлкен қәўип - пандемия дәўириндегидей дүнья бойлап тәмийнат ҳәм қун жаратыў шынжырларында үзилислердиң пайда болыўында екенин атап өтти.

Жақын өтмиште, анығырағы, пандемия дәўиринде коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў ушын мәмлекетлер шегарасын жаўып, адамлар жасап атырған аймақ, ҳәттеки үйинен шықпаўға мәжбүр болған еди. Бул болса дүнья көлеминде азық-аўқат, финанслық жетиспеўшиликтиң күшейиўине, экспорт ҳәм импорттың шеклениўине, ақыбетинде дүнья экономикасының кризисине себеп болған еди.

Бул кризис пандемия дәўири жуўмақланыўы менен өз жуўмағына жетиўин ҳәмме билетуғын еди ҳәм солай болды. Айырым орынларда елеге шекем бул дәўирдиң ақыбетлери менен гүресиўге туўра келмекте. Бирақ бүгинге келип барлық тараўда әдеўир тиклениў бақланған еди.

Ҳәзир дүнья экономикасындағы жағдайды экономист экспертлер сол дәўирдегиге уқсатпақта. Пандемия дәўиринде экономикалық кризистиң тийкарғы себеби ҳәм тез арада жуўмақланыўын болжаў мүмкин еди. Бирақ бүгинги кризис қашан жуўмақланатуғыны, әйне экономикалық турақсызлық экономикалық кризиске айланыўы мүмкинлиги ҳаққында қәнигелер анық пикир айта алмай атыр.

Бирақ экономистлердиң пикиринше, үш-төрт күн ишинде халықаралық финанс базарларында 10 триллион доллар жоғалтылғаны, жоқары тарифлер ақыбетинде халықаралық саўда баҳасы 3,5 триллион долларға қысқарғаны, быйыл дүньядағы инфляция дәрежеси 7,5-8 процентке көтерилиўи прогноз етилмекте. Тийкарында бүгинги экономикалық турақсызлықты экономикалық кризис сыпатында баҳалаў бир неше күн ямаса айдағы ўақыялардың анализи себепли жүзеге келген көзқарас емес.

Оған жыллар даўамында дүнья саўда көлеми қысқарып баратырғаны тийкар етип көрсетилмекте. Усы жылдың апрель айында АҚШтың импорт товарлар ушын жаңа бажы тарифлерин белгилеўи экономикалық турақсызлықты дүнья көлеминдеги күн темасына айландырды.

Жаңа тарифке бола, АҚШ импорт өнимлерине бажы төлемин 10 процент арттырды. Бул тариф 90 күннен соң әмелиятқа енгизилиўи белгиленген. Жаңа тарифлер мәмлекеттиң 57 саўда шериги экономикасына тиккелей тәсир етеди. Олардың арасында раўажланып атырған 28 мәмлекет экономикасы ушын қәўип үлкен. Бирақ бул мәмлекетлер арасында Өзбекстан жоқ. Улыўма алғанда, мәмлекетимиз АҚШқа көп өним экспорт етпейди. Бирақ бул жаңа тарифлер бизге пүткиллей тәсир етпес еди, дегени емес. Бул жағдай Өзбекстан экономикасына тиккелей емес тәсир етеди. Мәселен, жақын қоңсымыз Қытай өнимлерине АҚШ 125 процентлик бажы орнатпақта. Бул болса үлкен экономика ҳәм экспорт потенциалына ийе мәмлекеттиң қосымша базарларға кирип барыўға умтылысын күшейтеди. Тек ғана Қытай емес, ал АҚШқа салмақлы өним экспорт етиўши көплеген мәмлекетлер қосымша базарларға кириўге мәжбүр болады.

Бул болса биз үлкен муғдарда өним экспорт ететуғын мәмлекетлерде бәсекини күшейтеди. Өзбекстанлы исбилерменлер экспорт потенциалын сақлап қалыў ҳәм және де арттырыў ушын бир неше есе сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыўы зәрүр.

Жақында БМШтың Саўда ҳәм раўажланыў бойынша конференциясы (UNCTAD) "2025-жыл - саўда ҳәм раўажланыў прогнозлары: Басым астында - анықсызлық глобал экономикалық болжаўларды қайта қәлиплестиреди" атамасындағы есабатын жәриялады. Онда усы жылы дүнья экономикасында 2,3 процент төменлеў бақланыўы болжанып атырғаны атап өтилген. Сондай-ақ, бүгинги экономикалық турақсызлық раўажланып атырған мәмлекетлерге үлкен экономикалық басым жүклейтуғыны айтылады. Экономикалық прогнозлардың анықсызлық көрсеткиши индекси бойынша 2025-жылдың басында әсирдиң ең жоқары дәрежеси бақланып атырғаны мәлим етилген. Кейинги бир неше ҳәптеде саўда көлеминиң төменлеў пәти 2008-жылғы жәҳән финанслық-экономикалық кризиси ҳәм 2020-жылғы пандемиядан кейин үшинши шекке жеткени атап өтилген.

Усы жерде бир сораў туўылады: пандемия дәўириндеги экономикалық кризис мәмлекетлерге бирдей зыян жеткерген. Бирақ оннан алдын нефть баҳасының кескин артыўы сыяқлы бир қатар себеплер менен жүзеге келген 2008-жылдағы экономикалық кризис Өзбекстанға қаншелли үлкен тәсир көрсеткен? Сол дәўирде де тап бүгингидей қәўетер оғада күшли болған ба?

Өзбекстан 2008-жылы дүнья базарында бүгингидей орынға ийе емес еди. Экспорт шериклери де ҳәзиргидей көп болмаған. Қысқасы, экспорттағы потенциал турақлы турақлылық дәрежесин сақлап қалған. Себеби экспорт потенциалына ийе исбилерменлер аз болып, Өзбекстан өнимлерин импорт етиўши мәмлекетлер тек ғана еки-үш еди.

Бүгин болса Өзбекстан қоңсы мәмлекетлер, Франция, Қытай сыяқлы раўажланған, Түркия, Пакистан, Ҳиндстан сыяқлы жоқары потенциалға ийе мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы байланысларға ийе. Бүгин исбилерменлеримиз төрт дийўал арасында өзи менен өзи әўере емес, дүньяның ири базарларына өними ҳәм брендлери менен кирип бармақта. Бул болса жәҳән экономикасындағы өзгерислер бизге де тәсир ететуғынын билдиреди. Себеби, мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, Өзбекстан экономикасы жәҳән экономикасының ажыралмас бөлегине айланып бармақта. Мәмлекетимиздиң экономикалық потенциалы көплеген халықаралық шөлкемлер, мәмлекетлер ҳәм структуралар тәрепинен тән алынбақта. Атап айтқанда, Гарвард университетиниң таллаўына бола, соңғы бес жылда "экономикалық қурамалылық индекси"нде Өзбекстанның орны 25 текше жақсыланған. Яғный 105-текшеден 80-орынға көтерилген. 162 түрдеги миллий өнимимиз "дүнья базарында бәсеки үстинлигине ийе" деп баҳаланған. Сондай-ақ, Гарвард экспертлериниң пикиринше, 2033-жылға шекем Өзбекстанның орташа жыллық өсиўи 5,6 процентти қураўы күтилмекте. Бул өсиў пәти бойынша дүньяда екинши орын.

Әлбетте, дүнья экономикасындағы орталық төменлеп атырғанына қарамастан, Өзбекстан бул бағдарда жаңа шеклерди ийелеп атырғаны ҳәм келешекте буннан да жоқары нәтийжелерге ерисиўине исеним билдирилип атырғаны мәмлекетимизде ақылға уғрас сиясат жүргизилип атырғанын, мәмлекет дурыс экономикалық өсиў жолынан баратырғанын көрсетеди. Бирақ бул жетискенликлерден арқайынлыққа берилмей, реформалар өткериў, жаңаланыўлар, баслама ҳәм жаңа жойбарларды турмысқа енгизиўимиз зәрүр. Әсиресе, мәмлекеттиң импорт ҳәм экспорт потенциалын арттырыў бағдарында еле ислениўи зәрүр болған жумыслар көп. Бул видеоселектор мәжилисинде тараў хызметкерлерине белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалардан да белгили.

Экспорт ҳәм импорт тараўы қайықтың еки ескегине уқсайды. Бир ескекти ҳәрекетлендире берсеңиз, қайық орнында айлана береди, бирақ алға қарай жүзбейди. Экономиканың көтерилиўи ушын бул еки тармақ бирдей ҳәрекетлениўи, үнлес раўажланыўы зәрүр. АҚШ сыяқлы мәмлекетлердиң импорт өнимлер ушын бажы төлемин асырып атырғанынан жуўмақ шығарып, экспорттың мәмлекет бюджетине көбирек валюта алып келиўине қарап импортты жеделлестириўди итибардан шетте қалдырмаў зәрүр. Себеби Өзбекстан сыяқлы раўажланып атырған мәмлекет ушын екеўи де бирдей пайдалы. Алдынғы дәўирлерде импортқа қойылған жасалма тосқынлықлар себепли көп жыллар экспортта да сезилерли өсиўге ерисилмеди. Себеби экспортқа жарамлы, бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыў ушын ең соңғы моделдеги, заманагөй үскенелерди раўажланған мәмлекетлерден импорт етиў зәрүр. Сондай-ақ, ислеп шығарыўшыларымыз, бәринен бурын, басқа мәмлекетлердиң ишки базардағы өними менен бәсекилесе алмаса, дүнья базарында да өз орнын табыўы мүмкин емес. Импортқа қойылған шеклеўлер себепли 25-30 жылда автомобиль ислеп шығарыў, тоқымашылық, электротехника сыяқлы түрли тараўларда өсиў емес, турақлылық ҳүким сүрди. Дүнья базарында өз орнымызға ийе болыў ушын, бәринен бурын, ишки базарда саламат бәсеки, ашық-айдын система, ашық базарды қәлиплестирип мине усы бәсекиден аман шығыўымыз талап етиледи.

Сол себепли мәжилисте мәмлекетимиз басшысы импортты әпиўайыластырыў, экспортты күшейтиў, буның ушын ескирген коррупция, қағазпазлық сыяқлы иллетлер менен толып-тасқан айырым нормаларды модернизациялаў, пүткиллей реформалаў басламаларын алға қойды.

Соның ишинде, импорт ҳәм экспорт процесинде ең көп мәселе стандарт ҳәм сертификатлаў системасына байланыслы екени айтылып, тараўдағы артықша бюрократия ҳәм әўерегершиликлерди кескин азайтыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Қумшекерге акциз төлеми бийкар етилетуғыны, қурғақ сүт импортына қойылған шеклеўлер де алып тасланатуғыны атап өтилди. Усы жыл 1-июльден баслап бирде-бир товардың экспортына шеклеў болмайтуғыны жәрияланды.

Қысқасы, система пүткиллей реформаланып, халықаралық әмелиятта қолланылатуғын өнимлердиң базарға кириўин жеңиллетиў ҳәм реализациясындағы қадағалаўды күшейтиў белгиленди. Усы мақсетте "Базар қадағалаўы ҳаққында"ғы нызам ислеп шығылатуғыны атап өтилди. Экспорттағы машқалаларды сапластырыў бойынша Президентимиздиң "Өндирис, експорт ҳәм исбилерменлик жумысын хошаметлеў, саўда ҳәм санаат сиясатының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы қабыл етилгени атап өтилди.

Бул ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер халқымызды, исбилерменлеримизди ойландырып киятырған, тармақта жыллар даўамында өз шешимин күтип атырған машқалаларды шешиўи менен әҳмийетке ийе. Оларды таярлаўда 3000 нан аслам тәжирийбели исбилермен менен ушырасып, олардың машқалалары тыңланғаны ҳәм терең талланғаны айқын сезилип тур.

Президентимиз тараўдағы машқалаларға байланыслы турмыслық мысаллар келтиргенде халық ўәкиллери ҳәм исбилерменлер менен пикирлесиўге айрықша итибар қарататуғынын билдиреди. Мәселен, импорттағы машқалалар ҳаққында сөз болғанда өзи 300 доллар туратуғын мопедти стандарттан өткерип, сертификат алыўға және сонша қаржы кетип атырғаны, әпиўайы термометрди дизимнен өткериўге 3-4 ай ўақыт кететуғыны айтылды. Сондай-ақ, экспортқа шығарылатуғын мийўе-овошлардың сапасын тексериў ушын 3 шөлкемниң лабораториясына барыў керек екенлиги, ең ашынарлысы, олардың жуўмағы раўажланған мәмлекетлерде тән алынбайтуғыны, экспортёрлар болса бул мәмлекетлер базарына шығыўдан алдын сырт елге үлги жиберип, сертификат алыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Еңгизилип атырған жаңа система бойынша бундай машқалаларға, әўерегершиликлерге жол қойылмайды. Мақсет болса анық: экспорт өнимлериниң көлеми ҳәм түрин есесине арттырыў және бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыў арқалы раўажланған мәмлекетлер, яғный қымбат базарларда мүнәсип ҳәм турақлы орын табыўдан ибарат. Исбилерменлерди спортшыларға салыстыратуғын болсақ, жаңа нормалардың турмысқа енгизилиўи нәтийжесинде исбилерменлеримиз жәҳән ареналарына толық таярлық пенен шығады. Олардың басқа мәмлекет ўәкиллери менен беллесиўлерде жеңип шығыўы тек ғана өзиниң мәртлигине байланыслы болып қалады.

Мәмлекетимиздиң экспорт потенциалын арттырыў ушын бүгин елимизде тек ғана ҳәкимшилик реформалар әмелге асырылып атырған жоқ. Болмаса, бурыннан бар болған азық-аўқат, тоқымашылық, жер асты байлықлары, баҳалы минераллардың экспорты жаңа басқышқа алып шығылып атырған жоқ, ал жаңа, заманагөй артықша қәрежет ҳәм шийки зат талап етпейтуғын өнимлердиң экспортын да жолға қойыў бойынша жумыс алып барылмақта. Мәселен, 2025-жылы ИТ өнимлериниң экспортын 1 миллиард долларға жеткериў, кейинги жылларда болса жасалма интеллект жәрдеминде таярланған өнимлер ҳәм ИТ өнимлериниң экспортын есесине арттырыў бойынша системалы илажлар көрилмекте. Және бир үлкен бағдар болса, альтернатив энергия өнимлерин көбейтип, "жасыл" энергия экспортын жолға қойыў болып есапланады. Бул бойынша Каспий ҳәм Қара теңиз астынан кабель тартыў арқалы "жасыл стратегиялық коридор" жаратылып, Орайлық Азиядан Европаға "жасыл" энергия экспорт етиў бойынша жумыслар даўам еттирилип атырғанын айрықша атап өтиў зәрүр. Келешекте Өзбекстан жасыл раўажланыў жолынан барып, "жасыл" энергия экспорты коридорларын және де кеңейтиўди мақсет етип қойған.

Мәмлекетимизде импорт ҳәм экспорт тараўындағы реформалар тармақтың және де жеделлесиўине хызмет етеди. Ҳәр қыйлы даўылларға қарамастан, мәмлекет экономикасы күшейип, Өзбекстан пәрўазының келешекте және де бәлент болыўына тийкар жаратады.

Санжар ЭШМУРОДОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы