Соңғы сегиз жылда Өзбекстанда жәми 130 - 3 жоқары ҳәм 1 орта арнаўлы ислам билим журты, 102 мешит және түрли конфессияға тийисли 24 исламий емес диний шөлкем мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Усы жыл 25-февральда қабыл етилген нызам тийкарында тастыйықланған Өзбекстан Республикасында пуқаралардың ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў ҳәм диний тараўдағы мәмлекетлик сиясат концепциясы бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларға ҳуқықый тийкар болып хызмет етпекте.
Бул ҳүжжет ҳүждан еркинлигине болған ҳуқық ҳәм Өзбекстан дүньялық мәмлекет екенлигине байланыслы конституциялық қағыйдаларды әмелге асырыў және диний тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың мақсети, ўазыйпалары, принциплери ҳәм тийкарғы бағдарларын белгилеп берди.
Өткен қысқа ўақыт ишинде елимизде Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий, Имам Мотуридий, Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайлары, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Самарқандта Ҳәдис илими мектеби, Бухарада Мир Араб жоқары медресеси шөлкемлестирилди.
2017-жылға шекем мәмлекетимизде 3 жоқары (1 ислам, 2 ислам емес) ҳәм 9 орта арнаўлы диний билимлендириў мәкемеси хызмет көрсеткен. Бүгин болса 16 диний билимлендириў мәкемеси болып, олардың 6 ўы жоқары оқыў орны есапланады.
Бул тараўдағы жумысларды буннан былай да раўажландырыў мақсетинде Президентимиздиң усы жыл 21-апрельдеги "Пуқаралардың ҳүждан еркинлиги ҳуқықының кепилликлерин буннан былай да беккемлеў және диний-ағартыўшылық тараўдағы реформаларды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы тек ғана диний-ағартыўшылық тараў емес, ал кең жәмийетшилик тәрепинен де қуўаныш ҳәм қанаатланыўшылық пенен күтип алынды.
Ҳүжжетте диний-ағартыўшылық тараў жумысын жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары - жәмийетте диний кеңпейиллик ҳәм конфессиялараралық татыўлықты буннан былай да беккемлеўге байланыслы алдынғы механизмлерди енгизиў, илим ҳәм дүнья цивилизациясының раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы ата-бабаларымыздың адамгершилик, жақсылық, тынышлық ҳәм кеңпейиллик сыяқлы улыўмаинсаныйлық ҳәм уллы идеяларға тийкарланған диний-философиялық мийрасын терең үйрениў және кеңнен үгит-нәсиятлаў белгилеп берилген.
Сондай-ақ, тараўда кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, халық арасында аўызбиршилик, өз-ара ҳүрмет ҳәм мийрим-шәпәәт руўхын күшейтиў, социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли илимий изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў және халықаралық бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў ўазыйпалары көрсетип өтилген.
Пәрманда диний-ағартыўшылық тараўының институционаллық тийкарларын жетилистириў мәселесине айрықша итибар қаратылған. Соның ишинде, пуқаралардың ибадатлар ҳәм диний мәресимлерди әмелге асырыўы ушын қосымша қолайлықлар жаратыў, ҳаж ҳәм умра зыяратларына барыўына байланыслы хызметлерди көрсетиў процесинде артықша бюрократиялық тәртип-қағыйдаларды сапластырыў мақсетинде Дин ислери бойынша комитет ҳәм Санлы технологиялар министрлиги "Ҳаж ҳәм умра бирден-бир порталы"н және оның мобил қосымшасын ислеп шығыў белгиленген.
Ҳүжжеттеги және бир жаңалық Өзбекстан халықаралық ислам академиясы жанындағы Қәнигелик арттырыў орайы Дин ислери бойынша комитет жанындағы Диний-ағартыўшылық тараўда қәнигелик арттырыў ҳәм қайта таярлаў институты сыпатында қайта шөлкемлестирилгени болды.
Бул институт исламтаныў, динтаныў, мәмлекет ҳәм дин қатнасықлары тийкарлары, сондай-ақ, радикалласыўдың алдын алыў бағдарларында диний тараўда қәнигелердиң маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаўға жуўапкер есапланады. Соның менен бирге, барлық билимлендириў шөлкемлериниң исламтаныў ҳәм динтаныў пәнлери оқытыўшыларының маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў да усы институттың мойнында.
Диний кеңпейилликти және де беккемлеў бүгинги күнниң ең әҳмийетли мәселелеринен бири болып есапланады.
Пәрман менен республикада жасап атырған түрли дин ўәкиллериниң жаңа Өзбекстанның раўажланыўына байланыслылық сезимин арттырыў, жәмийетте конфессиялараралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти буннан былай да беккемлеў мақсетинде комитеттиң Конфессиялар ислери бойынша кеңесиниң жумысы жетилистирилди.
Атап айтқанда, кеңес қурамына сиясий ғайраткерлер, жәмийетлик белсендилер, динтаныўшы илимпазлар ҳәм қәнигелерди бақлаўшы сыпатында киргизиў, кеңеске диний конфессиялардың машқалалары бойынша мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерге сораў, мүрәжат ҳәм усыныслар жибериў ҳуқықын бериў, сондай-ақ, Ташкент, Самарқанд, Бухара ҳәм Ферғана ўәлаятларында аймақлық кеңеслер шөлкемлестириў және кеңес тәрепинен түрли конфессияларға тийисли диний шөлкемлердиң профессионал хызметкерлери арасында спорт жарыслары, интеллектуаллық ойынлар, мәдений-ағартыўшылық илажлар өткериў сыяқлы ўазыйпалар белгиленди. Сондай-ақ, кеңестиң жаңаланған қурамы да тастыйықланды.
Ҳүжжетке тийкарланып, Баҳауддин Нақшбанд естелик комплекси орайы тийкарында Баҳауддин Нақшбанд илимий-изертлеў орайы шөлкемлестириледи. Буннан мақсет Баҳауаддин Нақшбанд ҳәм нақшбандийлик тариқаты уламаларының жоқары адамгершилик идеяларын илимий тийкарда үйрениў, жас әўладты кеңпейиллик ҳәм өз-ара ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, суфизм тәлийматының тарийхы ҳәм оның бүгинги күндеги әҳмийетин илимий изертлеў, "Жети пир" уламалары ҳәм әзиз әўлиелердиң бай илимий-руўхый мийрасын халықаралық майданда кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады.
Сондай-ақ, нақшбандийлик тәлийматының ийгиликли идеяларын изертлеў ушын илимий-теориялық ҳәм методикалық мәселелерге бағышланған әнжуман, конференция, көргизбе, семинар-тренинг, таңлаўлар ҳәм басқа да мәдений-ағартыўшылық илажларды шөлкемлестириў ҳәм де суфизм тәлийматының илимий тийкарланған идеяларын үгит-нәсиятлаў, жалған тариқатшылықтың алдын алыў бойынша усыныслар ислеп шығыў сыяқлылар да орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди.
Буннан тысқары, пәрманға тийкарланып, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы жанындағы Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайы Министрлер Кабинетиниң бойсыныўына өткерилди. Орай исламтаныў бағдарындағы илимий изертлеўлерди және дин менен байланыслы процесслер бойынша таллаўларды әмелге асыратуғын илимий-изертлеў мәкемеси етип белгиленди.
Орай Имам Мотуридий, Абу Муин Насафий сыяқлы уллы ойшыл бабаларымыз қалдырған бай руўхый мийрасты үйренеди, дүнья илиминиң раўажланыўына қосқан шексиз үлесин халқымыз, әсиресе, жасларға жеткереди, олар жаратқан шығармалардың илимий-түсиндирмели аўдармасын ҳәм салыстырмалы текстлерин басып шығарады. Мәмлекетимиз аймағында жүз берген Биринши ҳәм Екинши Ренессанстың илимий-теориялық тийкарларын изертлеп, жаңа Өзбекстан раўажланыўының руўхый тийкарын жаратыўда қатнасады.
Соның менен бирге, ислам дининиң адамгершилик мәниси, ағартыўшылық-мәдений роли ҳәм раўажланыў бағдарларын илимий тийкарда үйренеди ҳәм кең жәмийетшиликке, соның ишинде, халықаралық жәмийетшиликке жеткереди. Диний билимлендириў мәкемелерине илимий-изертлеў ҳәм оқыў-методикалық мәселелерде және педагог кадрлар ҳәм диний хызметкерлердиң маманлығын арттырыўда әмелий жәрдем көрсетеди. Социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын сақлаў, жасларды жат идеялар тәсиринен қорғаўға қаратылған стратегиялық әҳмийетке ийе жойбар ҳәм басламаларды ислеп шығады.
Усы пәрманда белгиленген және бир әҳмийетли тәрепи сонда, диний-ағартыўшылық тараўдағы шөлкемлердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде турақлы түрде жумыс алып баратуғын Диний-ағартыўшылық тараўда билимлендириў, илим ҳәм илимий-изертлеўге байланыслы жумысты муўапықластырыўшы кеңес шөлкемлестирилди ҳәм оның қурамы тастыйықланды.
Бул кеңес диний-ағартыўшылық тараўда билимлендириў, илим ҳәм илимий-изертлеў жумысларының барлық процесслерин муўапықластырыў мәселелерине жуўапкер болған мәсләҳәт уйымы есапланады. Оның тийкарғы ўазыйпалары етип "Үшинши Ренессанс - Жаңа Өзбекстан" идеясы тийкарында уллы бабаларымыздың илимий мийрасында улығланған ўатансүйиўшилик, кеңпейиллик сыяқлы улыўмаинсаныйлық идеяларды халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, диний-ағартыўшылық тараўындағы мәкемелердиң жумысын терең үйренип барыў, оқыў-тәрбия процесине алдынғы мәлимлеме-коммуникация ҳәм педагогикалық технологиялар, инновациялық қолланбаларды енгизиў және илимий-методикалық жумысын муўапықластырыў белгиленген.
Сондай-ақ, тараў шөлкемлеринде топланған илимий-методикалық исленбелер ҳәм тәжирийбелерди таллаў тийкарында олардағы билимлендириўдиң мазмунын жетилистириў ҳәм муўапықластырыў, оқыў режеси ҳәм пән бағдарламаларын ислеп шығыўда үзликсизлик принциплерин тәмийинлеў, диний темада республиканың барлық билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелеринде орынланатуғын изертлеўлер темалары ҳәм бағдарларының әҳмийети, әҳмийетлилиги бойынша тийисли усынысларды бериў де кеңестиң ўазыйпасы есапланады.
Пәрманға муўапық, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясы етип қайта аталды.
Академия исламтаныў ҳәм динтаныў тараўларында қәнигелер, оқыў бағдарламасы, қолланба ҳәм сабақлықларды таярлаўға қәнигелескен таяныш мәмлекетлик жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемеси болады. Оның тийкарғы ўазыйпалары етип исламтаныў, динтаныў, дин психологиясы, ислам экономикасы, дерек таныў, халықаралық қатнасықлар ҳәм зәрүр болған басқа да тараўлар бойынша кадрлар таярлаў белгиленди.
Соның менен бирге, билимлендириў процесине алдынғы педагогикалық технологиялар, илим ҳәм техниканың ең соңғы жетискенликлери және жетекши сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлериниң тәжирийбеси тийкарында ислеп шығылған билимлендириў бағдарламаларын енгизиў, сондай-ақ, ҳүждан еркинлиги ҳәм конфессиялараралық кеңпейилликти тәмийинлеў, радикалласыў, экстремизм ҳәм терроризмге қарсы гүресиў және диний тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарларына байланыслы илимий-изертлеў жумысларын әмелге асырыў да академияның ўазыйпасы болып есапланады.
Өз гезегинде, диний-ағартыўшылық бағдарда илимий, илимий-ғалабалық әдебиятларды таярлаў ҳәм басып шығарыў, сондай-ақ, интернет тармағында билимлендириў ресурсларын жайластырыў ҳәм турақлы жаңалап барыў, студентлерде жоқары руўхый-әдеп-икрамлылық пазыйлетлерди раўажландырыў, ўатанға муҳаббат, оның тәғдирине байланыслылық, кәсипке садықлық сезимин беккемлеў, тәлим-тәрбия процеси ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў да академияның тийкарғы ўазыйпаларына киреди.
Пәрман тийкарында академияға оқыў-илимий процесслерге тартылған жоқары маманлықтағы сырт ел қәнигелериниң мийнетине ҳақы төлеў муғдарларын базар конюнктурасынан келип шығып белгилеў, жетик сырт ел қәнигелерин тартыў және академия ўәкиллерин сырт ел илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелерине тәжирийбе арттырыўға жибериў, өз грифи тийкарында сабақлықлар және басқа да оқыў ҳәм илимий әдебиятларды жаратыў ҳәм басып шығарыў сыяқлы ҳуқықлар да берилди.
Ҳүжжетте белгиленген ўазыйпалардан аңлаў мүмкин, мәмлекетимизде "Инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстин" деген халықшыл принципке тийкарланған реформалар диний-ағартыўшылық тараўда да системалы түрде өтпекте.
Бул болса елимиздеги түрли дин ҳәм миллет ўәкиллериниң өз-ара аўызбиршилик, татыўлық, мийрим-шәпәәтте жасаўына, нәтийжеде елимизде тынышлық, татыўлық ҳәм турақлылықтың және де беккемлениўине тийкар болмақта.
Бул пәрман елимиз пуқараларының ҳүждан еркинлиги ҳуқықының кепилликлерин буннан былай да беккемлеў ҳәм диний-ағартыўшылық тараўдағы реформаларды жаңа басқышқа алып шығыў жолында өз ўақтында қабыл етилген әҳмийетли ҳәм зәрүр ҳүжжет болды.
Садық ТОШБАЕВ,
Дин ислери бойынша комитет баслығы