Аграр тараўдағы реформалар базарда молшылық ҳәм экономикада турақлылықты тәмийинлемекте

    Пикир 12 желтоқсан 2025 14

    Кейинги жылларда дүнья көлеминде жүз берип атырған экономикалық, социаллық ҳәм экологиялық өзгерислер инсаниятты және де сергекликке шақырмақта.

    Атап айтқанда, глобал климат өзгериўи, тәбийғый ресурслардың қысқарыўы, дүнья базарларындағы турақсызлық ҳәм геосиясий кескинликлер ҳәр бир мәмлекетти өзиниң ишки имканиятларын қайта баҳалаўға, келешек ушын беккем тийкар жаратыўға ийтермелемекте. Әсиресе, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселеси бүгин тек ғана экономикалық тийкарғы бағдар емес, ал миллий турақлылықтың ең тийкарғы шәрти сыпатында және күн тәртибине шықпақта. Әне усындай шараятта аўыл хожалығы әпиўайы өндирис тармағы болып қалмастан, халықтың абаданлығын белгилейтуғын, мәмлекеттиң узақ мүддетли раўажланыўы ушын тийкар болатуғын стратегиялық тараў сыпатында барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

    Өзбекстан ушын болса бул мәселе және де өзине тән. Себеби елимиз тарийхында жерге мүнәсибет, мийнет ҳәм зүрәәтлилик мәденияты бәрқулла жәмийетлик турмыстың өзегин қураған. Аўыл хожалығын модернизациялаў бойынша әмелге асырылған избе-из реформалар бүгин жаңа басқышқа көтерилип, тараўға пүткиллей басқаша мазмун киргизе баслады. Фермерликти қоллап-қуўатлаў, илимий жаңалықларды өндириске енгизиў, жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў мәселеси мәмлекетлик сиясатта тийкарғы орынды ийелемекте.

    Дүнья тәжирийбеси де бир ҳақыйқатты айқынластырмақта: қайсы мәмлекет аграр тараўды раўажландырса, экономикалық еркинлик ҳәм турақлылыққа жол ашады. Сонлықтан, алдымызға қойылған тийкарғы мақсет заманагөй, нәтийжели ҳәм инновацияға тийкарланған аўыл хожалығы системасын қәлиплестириўден ибарат. Себеби келешекте азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеген мәмлекет ғана өзиниң раўажланыўын исенимли кепиллей алады.

    Жуўмақланып атырған жыл аўыл хожалығы тараўының ҳақыйқый потенциалы көринип атырған, турақлы өсиў изине түсип атырған дәўир сыпатында тарийхта қалмақта. Быйыл аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалықларында өним жетистириў баҳасы 517,5 триллион сумды қураўы күтилмекте. Бул көрсеткиш бир қарағанда әпиўайы көриниўи мүмкин, бирақ оның тийкарында миллионлаған аўыл хожалығы хызметкерлериниң машақатлы мийнети, дурыс жүргизилген сиясаттың нәтийжеси жәмленген.

    Усы күнге шекем 9,7 миллион тоннадан аслам ғәлле ҳәм гүриш, 19,5 миллион тоннадан аслам овош, палыз ҳәм картошка жетистирилген, мийўе-жүзим болса 5,4 миллион тоннаға жетти. 1 миллион тонна собықлы ҳәм майлы егинлер жетистирилди. Бул көрсеткиш халықтың сапалы азық-аўқатқа болған талабын қаплаў, ишки базардағы баҳалардың турақлылығын беккемлеў ҳәм экспорт имканиятларын кеңейтиў ушын әҳмийетли тийкар жаратады.

    Шарўашылықта 3 миллион тоннадан аслам гөш ҳәм 13 миллион тонна сүт алынғаны халықтың күнделикли талабын, саламат турмыс тәризи ҳәм протеинге зәрүрлигин қаплайды. Быйыл 30 мың тонна пилле жыйнап алынғаны артынан аўыллық жерлердеги жүз мыңлаған шаңарақларға қут-берекет кирип барды.

    Азық-аўқат санаатында өндирис көрсеткиши 142,2 триллион сумға жетти ҳәм 107 процентлик өсиўге ерисилди. Бул - аўылда жетистирилген ҳәр бир шийки заттың баҳасы қайта ислеў арқалы бир неше есеге артып, индустриал шынжырда өз орнын таўып атырғанының айқын дәлили. Нәтийжеде экспорт дәрежеси өсип, ишки базарда сапа ҳәм бәсеки орталығының күшейип атыр.

    Сондай-ақ, тараўда 1,2 миллионға шамалас жумыс орны ашылғаны социаллық турақлылықтың ең әҳмийетли белгиси болып есапланады. Себеби аўылдағы жумыс орны шаңарақтың дәраматы, жаслардың келешеги, халықтың мүнәсип турмыс кешириўге исенимин кепиллейди. Демек, аўыл хожалығы енди тек ғана өним жетистириў майданы шеңберинде шекленген тараў емес, ал азық-аўқат қәўипсизлиги, экспорт имканияты ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлейтуғын үлкен стратегиялық системаға айланбақта.

    Аграр тараўда болып атырған реформалар бүгин санларда емес, ал мәмлекет раўажланыўының улыўма көринисинде өз көринисин таппақта. 2025-жылы тараўға байланыслы 64 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжеттиң қабыл етилгени аўыл хожалығының раўажланыўы енди тосыннан болған процесс емес, ал беккем ҳуқықый тийкарға ийе стратегиялық жол екенин көрсетеди. Өзбекстан Республикасының усы жыл 3-февральдағы "Азық-аўқат қәўипсизлиги ҳаққында"ғы нызамы азық-аўқат қәўипсизлигин мәмлекетлик сиясаттың орайына шығарып, оның тийкарғы бағдарлары, жуўапкер уйымлардың ўәкиллиги ҳәм азық-аўқат балансын қәлиплестириў механизмлерин анық белгилеп берди. Яғный азық-аўқат қәўипсизлиги енди теориялық түсиник емес, ал ҳуқықый жақтан беккемленген сиясий мақсетке айланды.

    Қәўип-қәтерлер барған сайын кескинлесип атырған бир ўақытта - усы жыл 14-апрель күни Өзбекстан Республикасы "Аўыл хожалығы қәўип-қәтерлерин қамсызландырыў ҳаққында"ғы нызамның қабыл етилгени аграр тараў ўәкиллериниң ертеңги күнге исенимин арттыратуғын әҳмийетли қәдем болды. Нызамда қамсызландырыў жумысының ҳуқықый тийкарлары, қәўип-қәтерлерде көрилетуғын илажлар, зыянды қаплаў тәртиплери ҳәм арнаўлы қордың жумысы белгилеп берилди. Бул система фермер ҳәм дийқанлардың мийнетин базар қәўиплеринен қорғап, аўыл хожалығын турақлы раўажланыў жолына алып шығады.

    Буннан тысқары, быйыл "Аўыл хожалығы кооперативи ҳаққында"ғы нызам да қабыл етилди. Ол фермер ҳәм дийқанлардың экономикалық турақлылығын тәмийинлеўде жаңа имканиятлар ашты. Биргеликтеги мийнет, улыўма инфраструктура ҳәм биргеликтеги мәплер принципи аўыл хожалығын жаңа экономикалық мәдениятқа жетеклемекте.

    Климат өзгериўиниң унамсыз тәсирлерине қарсы гүресиў мақсетинде зүрәәтти қамсызландырыў механизмин енгизиў ҳәм 2026-жылдан қамсызландырыў сыйлығының 50 проценти мәмлекет тәрепинен қаплап берилиўи фермердиң мийнетин қәўип-қәтерден қорғаўдың және бир күшли кепили болып есапланады. Усы мақсетте Аўыл хожалығы қамсызландырыў қоры ҳәм Аграр тараўды қаржылай қоллап-қуўатлаў агентлиги шөлкемлестирилмекте. Нәтийжеде субсидия ажыратыў процеси 4 басқыштан 2 басқышқа қысқарады. Бул тараўда бюрократия азайып, нәтийжелилик артып атырғанын көрсетеди.

    Әмелге асырылған реформалардың ең айқын нәтийжеси суўды үнемлейтуғын технологияларды қолланыў көлеми 2,6 миллион гектарға жеткени болып табылады. Тек ғана 2025-жылдың өзинде 250 мың гектарда тамшылатып суўғарыў ҳәм басқа да инновациялық технологиялар қолланылды. 610 мың гектар жер лазерли технология жәрдеминде тегислеп берилди. Нәтийжеде 2,5 миллиард куб метр суў үнемленди. Бул санлар суў ресурслары барған сайын жетиспей атырған шараятта аўыл хожалығының келешекке таярланып атырғанын көрсетеди.

    Соңғы үш жылда гумус муғдары төмен болған майданлардың 2,5 миллион гектардан 1,5 миллион гектарға шекем азайғаны, тек ғана усы жылдың өзинде 381 мың гектарда топырақтың сапасын жақсылаў - жерди тиклеў ҳәм азықландырыўға қаратылған комплексли илажлар әмел етип атырғанынан дәрек береди.

    Соның менен бирге, жердиң базар активине айландырылыўы, ҳуқықлардың екинши дәрежели ижараға өткерилиўи ҳәм усы жылы 80 мың гектардан аслам жерлер қайта пайдаланыўға қайтарылған - ресурслар енди қуны жоқ емес, ал басқарыў талабы ҳәм базар нызамлылықларына жуўап беретуғын экономикалық активке айланып атырғанын аңлатады.

    Және бир әҳмийетли тәрепи: кейинги 3 жылда аграр тараў ҳәм азық-аўқат ислеп шығарыў тараўына 5,7 миллиард доллар муғдарында сырт ел инвестициясы кирип келди. Бул болса тараўға исеним, базардың ашық-айдынлығы ҳәм раўажланыў потенциалының дүнья көлеминде жоқары баҳаланып атырғанын көрсетеди.

    Климат өзгериўлери менен байланыслы қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели илажлар көриў мақсетинде 2025-жылы еки үлкен миллий бағдарлама қабыл етилди. Бул бағдарламалар шеңберинде Аралбойы аймағы ҳәм аўыл хожалығы тараўында климаттың өзгериўи менен байланыслы жойбарлар ушын 294 миллион доллар қаратылды. Бул көрсеткиш тек ғана экономикалық инвестиция емес, ал турақлылық ҳәм келешекке таярлық сыпатында да айрықша әҳмийетке ийе.

    Экономикалық нәтийжелиликти арттырыў ҳәм халықаралық финанс институтларының қаржыларын нәтийжели тартыў мақсетинде лизинг хызметлерин қаржыландырыў системасы жолға қойылды. Бул система арқалы халықаралық финанс институтлары ажыратқан 200 миллион доллар лизинг хызметине қаратылды. Бул болса фермер ҳәм дийқанлар ушын заманагөй аўыл хожалығы техникаларын жеткерип бериў имканиятын жаратты. Нәтийжеде улыўма баҳасы 6 триллион сумнан аслам 11 мыңнан зыят техника ҳәм агрегатлар аўыл хожалығы субъектлерине жеткерип берилди.

    Илим жетискенликлери ҳәм алдынғы халықаралық тәжирийбелердиң кеңнен енгизилиўи бүгин аўыл хожалығын нәтийжелилик жағынан жаңа басқышқа алып шықпақта. Усы жылы 875 мың гектар майданға шигит егилип, 4 миллион тонна өним алынды. Сондай-ақ, республика бойынша 181 мың гектар майданда Шинжон тәжирийбеси тийкарында шигит егиў ҳәм тамшылатып суўғарыў технологиясы қолланылды.

    Механизацияны кеңейтиўге де айрықша итибар қаратылды: 170 миллион доллардан аслам қаржы қаратылып, 960 тан аслам пахта териў машинасы жеткерип берилди. Бул мийнет жумсалыўын азайтыў менен бирге, пахташылықта мол зүрәәтти тәмийинлейтуғын тийкарғы факторға айланды. Жергиликли фермерлер ҳәм мийнеткеш дийқанлар быйылғы жылдың зүрәәтиниң жоқары болғанын тән алып атырғанының себеби сонда.

    Ғәллешилик тараўында заманагөй ресурс үнемлеўши агротехнологияларды енгизиў нәтийжесинде орташа зүрәәтлилик 85 центнерге жетти. Овош жетистириў ҳәм бағшылық тараўында да заманагөй ресурс үнемлеўши технологияларды қолланыў себепли бир қатар әҳмийетли жетискенликлерге ерисилди. Быйыл 57 мың гектар майданда овош жетистирилип, ҳәр гектардан алынып атырған сап дәрамат 7-8 мың долларды қурамақта. Бул көрсеткиш дийқанның дәраматын арттырыў менен бирге, заманагөй технологиялардың нәтийжелиликке унамлы тәсирин де көрсетпекте.

    Бағшылық тараўында қурамалы реформалар әмелге асырылды: республика бойынша 24 мың гектар жаңа мийўели бағ, 7,7 мың гектар жүзим атызлары жаратылды. Солай етип, аз өнимдарлы ҳәм экономикалық нәтийжесиз 25 мың гектар бағ ҳәм 10 мың гектар жүзимзар реконструкцияланды. Бул майданларды модернизациялаў, ресурслардан толық пайдаланыў ҳәм нәтийжелиликти арттырыўға қаратылған қыйын, бирақ зәрүр илажлардан бири болып есапланады.

    Азық-аўқат санаатын раўажландырыў ҳәм қосымша қун жаратыў мақсетинде кейинги жылларда 1500 азық-аўқат жойбары иске қосылды. Нәтийжеде мийўе-овошларды қайта ислеў дәрежеси 15,3 процент, гөште - 16 процент, сүт өнимлеринде болса 22 процентке жеткерилди.

    Өнимлеримиз тәбийғый ҳәм мазалы болғаны ушын халықаралық базарларда айрықша баҳаға ийе. Елимиз бренди - "Өзбекстанда жетистирилген" деген атама экспортёрлар ушын тек ғана имидж емес, ал жоқары сапа ҳәм қәўипсизлик символына айланды. Әсиресе, кептирилген қәрели ҳәм ерик, шабдал, кишмиш, черешня ҳәм собықлы өнимлер экспорты бойынша елимиз жоқары орынларды ийелеп, халықаралық базарда бәсекиге шыдамлылығын көрсетпекте. Соның менен бирге, қайта исленген мийўе концентратлары және жаңа түрдеги шок ҳәм сублимацияланған өнимлер халықаралық базарларда тән алынбақта.

    Быйыл экспорт географиясы сезилерли дәрежеде кеңейип, өнимлер 93 мәмлекетке жиберилди ҳәм улыўма экспорт баҳасы 3 миллиард долларды қурады. Сондай-ақ, 70 тен аслам жергиликли экспортшы Қытайдың арнаўлы экспорт реестрине киргизилди. Быйыл 8 мәмлекетке 36 түрдеги өним ушын фитосанитариялық рухсатнама алынды. Улыўма есапта бул көрсеткиш 646 ға жеткерилди. Бул санлар тек ғана экспорт көлемин арттырыў емес, ал өнимниң сапасы ҳәм қәўипсизлигин халықаралық стандартларға муўапықластырыў жолындағы системалы реформалар нәтийже берип атырғанын көрсетеди. Соның менен бирге, быйылғы жылы дерлик 2,5 миллиард долларлық аўыл хожалығы ҳәм 1 миллиард долларлық азық-аўқат өнимлери экспорт етилди.

    Аўыл хожалығы кәрханаларын қоллап-қуўатлаў бойынша да кең көлемли ҳәм нәтийжели жумыслар исленди. Пахта жетистириўшилер ҳәм пахта тоқымашылық кластерлери арасында базар қатнасықлары және де жетилистирилди. Енди фермерлер жетистирилген пахтаны өз қәлеўи бойынша биржа арқалы сатыўы, соның ишинде, фьючерс, форвард ҳәм спот шәртнамаларын дүзиўи мүмкин. Бул механизм фермер ҳәм кластерлер арасында ашық ҳәм бәсекили базар орталығын жаратып, баҳа ҳәм талапты реал ўақытта белгилеў имканиятын береди.

    Фермерлердиң 2024-жылға шекемги салық қарыздарлығына есапланған 1 триллион сум пеняның есаптан шешилиўи халық ҳәм киши бизнести финанслық жүктен азат етиў, аўыл хожалығы кәрханалары ушын болса ең тийкарғы экономикалық кепиллик болды. Аўыл хожалығы кәрханаларына, пахта ҳәм ғәллешиликтен тысқары, қосымша қун салығы "ноль"лик баҳада белгиленди. Сондай-ақ, пахташылықта субсидия ҳәм кредитлердиң бир бөлегин қаплап бериўдиң жаңа механизмлери қолланылды. Бул санлар мәмлекеттиң аграр секторды қоллап-қуўатлаў ҳәм модернизациялаўға қаратылған нәтийжели сиясатының нәтийжеси болып есапланады.

    Ыссыханалар тараўында да бир қатар стратегиялық илажлар көрилди. Салық қарыздарлықларын төлеў 2028-жылдың ақырына шекем создырылып, кейинги жылларда - 2029-жылдың ҳәр шерегинде төлеў системасы енгизилди. Бул илаж фермер ҳәм ыссыхана ийелериниң финанслық жүгин жумсартып, өним жетистириўди турақластырыў имканиятын бермекте. Соның менен бирге, 2026-жыл 1-январьдан 2028-жылдың ақырына шекем социаллық салық ставкасы 1 процент етип белгилениўи тараўдағы турақлылық ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыўда әҳмийетли қәдем болды.

    Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде 17 триллион сумлық жеңиллетилген кредит ажыратылды. Бул қаржы фермерлердиң өндирислик қуўатлылығын кеңейтип, инновациялық технологиялар ҳәм нәтийжели агротехника енгизиў ушын да тийкарғы капитал сыпатында хызмет етпекте.

    Аймақларда агрологистика ҳәм суўытқышлы қоймахана инфраструктурасын раўажландырыўда да салмақлы жумыслар исленди. Усы жылы 145 мың тонна қуўатлылыққа ийе 10 агрологистика орайы ҳәм 45 мың тонна қуўатлылыққа ийе 76 суўытқышлы қоймахана иске қосылды. Соның менен улыўма агрологистика қуўатлылығы 1 миллион 442 мың тоннаға, суўытқышлардың қуўатлылығы болса 1 миллион 380 мың тоннаға жеткерилди. Бул өнимлердиң үзликсиз ҳәм сапалы жеткерип берилиўин тәмийинлеп, жетистириўден базарға шекемги шынжырда нәтийжелиликти арттырады.

    Шарўашылық тараўында да стратегиялық өзгерислер сезилерли дәрежеде. Өнимдарлықты арттырыў мақсетинде халық ҳәм фермер хожалықларындағы 2,5 миллион бас сыйыр ҳәм таналар жасалма туқымландырылды. Сондай-ақ, нәсилшилик субъектлери тәрепинен 22 мың бас қарамал, 36 мың бас нәсилли қой ҳәм ешки халыққа жеткерип берилди. Сырт елден болса 180 мың бас қарамал ҳәм 140 мың бас қой-ешки алып келинди. Көрилген бул илажлар шарўашылық өнимдарлығын арттырыў менен бирге миллий генетикалық резервин беккемлеў ҳәм узақ мүддетли раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған.

    Аграр тараўды санластырыўда да үлкен нәтийжелерге ерисилди. 2021-2025-жылларда 20 дан аслам мәлимлеме системасы ислеп шығылды. Атап айтқанда, 2025-жылы "АгроМониторинг", "АгроТарози", "Ҳосил қабул қилиш", "АгроДокс" ҳәм "Е-уруғ" мәлимлеме системалары кеңнен енгизилди. Әсиресе, "Ҳасыл қабыллаў" системасы арқалы пахта көлеми онлайн, ашық-айдын түрде қәлиплестириле баслады.

    Хызметлерди санластырыў арқалы аралықтан турып та фермерлерге хызмет көрсетиў имканияты жаратылды. Бул заманагөй агротехника ҳәм санлы шешимлер арқалы тараўдың нәтийжелилигин сезилерли дәрежеде арттырыў, ресурсларды үнемлеў ҳәм бизнес процесслерин әпиўайыластырыў имканиятын берди.

    Жаңа Өзбекстан аўыл хожалығы бүгин глобал қәўип-қәтерлер күшейип баратырған дәўирде бир ҳақыйқатты тастыйықламақта: азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеген, жер ҳәм суўдың қәдирин билген, инновация ҳәм илимге сүйенген миллеттиң келешеги жарқын болады. Мәмлекетимиздеги ҳәр бир реформа, қабыл етилип атырған ҳәр бир нызам, енгизилип атырған ҳәр бир технология - келешек әўладтың тынышлығы, дастурханының молшылығы ҳәм Ўатанымыз ғәрезсизлигин кепиллеўге қаратылған миллий сиясаттың логикалық даўамы болып есапланады.

    Реформалардың нәтийжеси тек бүгин емес, ал ертеңги күнди де нәзерде тутпақта. Усы мәнисте, аўыл хожалығындағы бүгинги реформалар ертеңги жоқары мақсетлерге ерисиў ушын қойылған беккем тырнақ, елимиздиң стратегиялық жолын белгилеп беретуғын үлкен тәжирийбе, халқымыздың мийнети ҳәм ерк-ықрарының және бир уллы көриниси болып есапланады.

    Иброҳим АБДУРАХМАНОВ,

    аўыл хожалығы министри


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates