баннер
27 Mar 2025
07:21

    Академик Шафоат НАМОЗОВ: "Илимниң раўажланыўы үш факторға байланыслы..."

    Глобал ықлым өзгерислери шараятында алдынғы химиялық технологиялар, жаңа әўлад төгинлери ҳәм биостимуляторлары, атмосферадағы карбонат ангидрид газин өзлестириў арқалы ыссыхана эффектин азайтыўға бағдарланған агро ҳәм биотехнологияларға ҳәр қашанғыдан да көбирек талап сезилмекте.

    Сондай-ақ, азық-аўқат қәўипсизлигине байланыслы геномика ҳәм биоинформатика, протеомика, фудомикс, биомедицина ҳәм фармабиотехнология сыяқлы жаңа бағдарларда илимий изертлеўлер алып барыў илимпазлар алдында турған әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.

    Өзбекстан Илимлер академиясы Улыўма ҳәм органикалық емес химия институтының профессоры, академик, Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен ойлап табыўшы ҳәм рационализатор Шафоат НАМОЗОВ пенен сәўбетимиз усы ҳаққында болды.

    - Илимпаз, зыялының тәбиятында бәрқулла елдиң раўажланыўына байланыслы сезими басым болады. Ҳәр бир ашылыў, ҳәр бир жаңалық артында мине усы ийгиликли мақсет жәмленген. Органикалық емес химия тараўындағы жетик илимпаз сыпатында илимдеги излениўлер сизге не берди? Тараўдағы ойлап табылыўлар бүгин мәмлекетимиздиң экономикалық потенциалына қаншелли үлес қоспақта?

    - Өткен дәўирге нәзер таслап, өмирим бийкар өтпегенинен кеўлиме қәтержамлық енеди. Химия пәнине балалықтан қызыққанман. Ташкент политехника институтында органикалық емес затлар технологиясы бағдарында билим алдым. Органикалық емес химия институтында аспирантурада оқыдым. Илимий басшым академик Малик Набиев жүдә потенциаллы, күшли илимпаз еди.

    1988-жылы докторлық диссертациямды жақладым. Бирақ илимий-техникалық қолланбаларды бурынғы совет дәўиринде әмелиятқа енгизиў оғада қыйын процесс еди.

    Бизде фосфорлы төгинлер жүдә үлкен машқала. Пахта яки бийдайдың раўажланыўы ушын топырақта азықлық элементлер жүдә әҳмийетли. Айырым илимпазлар, қәнигелердиң пикиринше, туқым сорты жақсы болса, жоқары зүрәәтке кепил бола алады. Бирақ жақсы, мол ҳәм сапалы зүрәәт жүзден аслам факторға байланыслы екенлиги дүнья аўыл хожалығы әмелиятында дәлилленген. Биринши орында, әлбетте, сорт жатады. Кейин топырақ өнимдарлығы, суў, ҳаўа-райы, минерал төгинлер, өсимлик зыянкеслерине қарсы гүресиў қураллары бар. Егер сорт әке болса, ана - топырақ. Топырақ саламат болыўы керек, оған азықлық затлар берип турылыўы шәрт, ол соны талап етеди. Топырақта тиришилик бар. Азықлық затлар көзге көринбейтуғын микроорганизмлер жәрдеминде өсимлик тамырларына жеткерип бериледи.

    Топырақ өнимдарлығы оның қурамындағы органикалық затлар, яғный гумус муғдары менен анықланады. Суўғарылатуғын жерлеримизде гумус муғдары Россия, Украина, Беларусь ҳәм Европа мәмлекетлериниң қара топырақларындағыға қарағанда 6-7 есеге аз. Топырақтағы гумус муғдарын көбейтиўдиң тийкарғы усылларынан бири органикалық ҳәм органоминерал төгинлерди турақлы қолланыў болып табылады. Ҳәр жылы сап ҳалында топырақтан өним менен бирге 300 мың тоннадан аслам азот, 150 мың тонна фосфор ҳәм 270 мың тоннадан көбирек кальий азықлық затлары шығып кетеди. Пахта, бийдай ҳәм басқа да егинлердиң өнимин асырыўда сорттың жақсы болыўы менен бир қатарда органикалық, органоминерал, минерал төгинлер нормада берилиўи, зыянкеслерге қарсы өз ўақтында илажлар қолланыў, агротехника қағыйдаларына әмел етиў, өз ўақтында суўғарыў керек болады.

    Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларында фосфорлы төгинлер ислеп шығарыў кәрханалары ушын тийкарғы шийки зат болған фосфоритти Қазақстаннан валюта есабынан сатып алатуғын едик. Бул болса төгинниң өзине түсер баҳасы кескин артыўына алып келетуғын еди. Бул машқаланы шешиў ушын импорт фосфорит орнына жергиликли Қызылқум фосфоритлерин қолланыўға қарар етилди. Японияның "Мицуи" корпорациясы "Самарқандкимё" АЖда сульфат кислотасы цехын қурыў ҳәм усы кислота тийкарында әпиўайы суперфосфат ислеп шығарыўды усыныс еткен еди. Өндиристиң улыўма баҳасы 80 миллион АҚШ долларын қурайтуғын еди. Институтымыз усыныс еткен нитрокальций фосфат төгин (НКФТ) ислеп шығарыў технологиясы байытылмаған арзан Қызылқум фосфоритлерин төмен нормада нитрат кислота менен қайта ислеўге тийкарланған болып, процессте максимал дәрежеде кәрханада ислеп турған үскенелерден пайдаланыўға арналған еди.

    Ислеп шығарыўдың өзине түсер баҳасы "Мицуи" корпорациясы тәрепинен усыныс етилген әпиўайы суперфосфатқа қарағанда бирнеше есе арзан еди. 2005-жылдың 25-май күни жаңа технология сынап көрилди, нитрокальций фосфат төгини (НКФТ) ниң тәжирийбе партиясы ислеп шығарылды. Лабораторияда шийше реакторда исленген тәжирийбеден санаат көлеминде ислеп шығарыў дәрежесине өтиў бизден ҳәм кәрхана қәнигелеринен үлкен тәжирийбе ҳәм билим талап ететуғын еди. Технологияны енгизиўде бир қатар қыйыншылықларға дус келдик. Кәрхананың бас инженери Рузмат Ражабов пенен бир неше ай кәрханада қонғанбыз. Технология жылдан-жылға жетилисип барды. Өткен 15 жыл ишинде 281 миллиард сумлық 635 мың тонна өним ислеп шығарылды. Соннан 3 миллион долларлық өним сырт елге экспорт етилди.

    Алмалық "Аммофос" АЖ қәнигелери менен биргеликте байытылған Қызылқум фосфорит концентратынан қурамалы аммофос төгинин алыўдың нәтийжели технологиясын жараттық ҳәм әмелиятқа енгиздик. Сондай-ақ, жаңа түрдеги комплексли аммоний сульфатофосфат, супрефос төгинлерин алыў технологиялары жаратылды ҳәм усы кәрханада қолланыла басланды.

    Ҳәзирги ўақытқа шекем 780 миллиард сумлық 250 мың тонна аммоний сульфатофосфат ҳәм 2 миллион тоннадан аслам супрефос төгини ислеп шығарылды. 300 мың тонна супрефос ҳәм 90 мың тонна аммоний сульфатофосфат 45 миллион долларға экспорт етилди.

    Аммиаклы селитра (АС) өсимликлерге тез тәсир етиўши азотлы төгинлер топарына киреди. Дүнья жүзи бойынша бир жылда 43 миллион тоннадан аслам АС ислеп шығарылады. Бул төгинниң 2 кемшилиги бар. Бириншиси, оның жабысқақлық қәсийети. Оны жоқ етиў ушын әмелиятта магнезит, бруцит затлары қолланылады. Екиншиси болса және де қатаңырақ болып, өндиристе, қоймаханаларда сақлаў, тасыў процеслеринде жарылыў қәсийети болып табылады. Көплеген мәмлекетлерде усы қорқынышлы ҳәдийселер жүз берген. Төгинлер технологиясы бойынша илимий изертлеў алып барып атырған илимпазларға қәўипсиз АС технологиясын ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленди. Көплеген институтлар, топарлар бул бағдарда жаңа технологияларды ислеп шықты. Таңлаўда биз жеңимпаз болдық.

    Усы күнге шекем институттың фосфорлы төгинлер лабораториясының илимпазлары тәрепинен енгизилген технологиялар бойынша 2 триллион 300 миллиард сумлық өним ислеп шығарылды. Соннан 65 миллион долларлық өним экспорт етилди.

    Қаншелли табысқа ерискен болмайық, әсиресе, соңғы жылларда илим ҳәм өндирис пенен интеграция ақсаңласып қалғанын бийкарлай алмаймыз. Қашан Илимлер академиясы, жоқары оқыў орынлары ҳәм өндирис кәрханалары менен интеграция болса, сонда жаңа қолланба ҳәм технологиялардың нәтийжеси көзге тасланады. Биз бул бағдарда өз усынысларымызды берип атырмыз. Илим жетискенликлери экономиканың раўажланыўына үлес қосыўы керек. Себеби бүгинги дәўир алдымызға усы талапты қойып атыр.

    Өндирис пенен илим интеграциясы жақсыланса, жетик система жаратылса, жумыс орнынан жылжып, бир қанша жаңа технологиялар әмелиятқа енгизиледи, деп ойлайман. Дүнья әмелиятында экономиканың раўажланыўында илимниң үлеси 60-65 процентти қурайтуғыны дәлилленген.

    Өзбекстан Илимлер академиясының илимпазлары жоқары оқыў орынлары, ири өндирис кәрханалары менен биргеликте жаңа нәтийжели технологиялар ҳәм ойлап табыўларды жаратыўы керек. Бул бағдарда кәрхананың орайлық лабораториясында илимий-изертлеў жумысларын алып барыў мақсетке муўапық. Қәбилетли жас қәниге ҳәм инженерлер философия докторы (PhD) ҳәм докторлық (DSc) илимий дәрежесин алыў ушын диссертацияларды қорғаўы нәтийжесин береди, деп ойлайман.

    - Мәмлекетимиз халқы 37 миллионнан асты, 10-15 жылдан кейин 40-50 миллионға жетиўи күтилмекте. Суўғарылатуғын жерлеримиз шегараланған, суў жетиспеўшилиги әҳмийетли мәселе. Келешекте сонша халықты азық-аўқат пенен тәмийинлеў ўазыйпасы қалай шешиледи?

    - Суўғарылатуғын жерлеримиз 3,75 миллион гектарды қурайды, оны көбейтиў имканияты бар, бирақ суў жетиспейди. Буннан тысқары, шорланған жер майданы жыл сайын кеңейип бармақта. Бундай жағдайда халықты азық-аўқат пенен тәмийинлеў машқаласын, мениң пикиримше, төмендегише шешиў мүмкин.

    Бириншиден, селекционерлеримиз жоқары зүрәәт беретуғын сорт жаратыўы, топырақтың өнимдарлығы органикалық төгинлер есабынан арттырылыўы, минерал төгинлер толық нормада берилиўи шәрт. Төгинлердиң нәтийжелилиги кеминде 25-30 процентке арттырылыўы керек болады. Егер топырақта гумус муғдары көп болса, төгинлердиң нәтийжелилиги 50 процентке шекем артыўы дәлилленген. Бул бағдарда стимуляторлар ҳәм микроэлементлер төгинлер менен қосып берилсе, нәтийже және де жақсы болады.

    Екиншиден, шорланған жерлерде пахта, бийдай ҳәм палыз егинлериниң шорға шыдамлылығын арттырыўдың бирден-бир усылларынан бири кальций селитрасын кең көлемде қолланыў болып табылады. Суўда ерийтуғын кальций элементи зәҳәрли дузлардың унамсыз тәсирин 3-4 есе азайтады. Буннан тысқары, кальций нитрат жүдә гигроскопиялық зат болғаны ушын ҳаўадан бәҳәр ҳәм жаз мәўсиминде ығаллықты өзине тартып алады, өсимлик тамыры белгили дәрежеде суў менен тәмийинленип турылады. Өнимдарлық пахтада гектарына 5-6 центнер, бийдайда болса 7-8 центнерге артады. Кальций нитрат өзимизде ислеп шығарылмайды, бизге жоқары баҳада сырттан алып келинеди. Өзбекстанда бул төгин жергиликли шийки затлар тийкарында ислеп шығарылса, нур үстине нур болады.

    Үшиншиден, Арал теңизиниң қурыған бөлиминен ушып атырған дузлардың муғдарын кескин азайтыў илажларын көриўимиз керек. Ҳәр жылы мыңлаған тонна дуз күшли самал жәрдеминде ушып, қоңсылас ўәлаятлар (Бухара, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья) жерлерин шорландырмақта. Бул халықтың саламатлығына, егинлердиң зүрәәтлилигине үлкен унамсыз тәсир етпекте. Президентимиздиң басламасы менен Аралдың қурыған ултанын беккемлеў ушын сексеўил егилип атыр ҳәм бул оғада жақсы нәтийже бермекте. Сексеўил туқымының толық өнип шығыўы ушын биз жаңа технология үстинде бас қатырып атырмыз. Лаборатория тәжирийбелери унамлы нәтийжелерди берсе, жаңа инновациялық технологияны енгизиў ушын илимий тийкарланған усыныслар ислеп шығылады.

    - Мәмлекетимиздиң илим-пән раўажланыўының ертеңги күни ҳаққында не айта аласыз?

    - 2016-жылы Өзбекстан Илимлер академиясының көпшилик илимий-изертлеў институтлары ҳәр қыйлы министрликлер қарамағына өткерилген, айырымлары жабылыў алдында турған еди. Президентимиздиң илимпазлар менен биринши ушырасыўы илимниң раўажланыўында үлкен бурылыс жасады. Көплеген институтлар академия қурамына қайтарылды. Президентимиздиң 2020-жыл 29-октябрьдеги "Илимди 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы пәрманында 2025-жылға шекем илимге бағдарланатуғын жәми қаржылардың жалпы ишки өнимге салыстырғандағы үлеси 6 есеге, 2030-жылға шекем болса 10 есеге арттырылатуғыны атап өтилген. Бундай итибар бир күн келип өз нәтийжесин береди.

    Илимниң раўажланыўы 3 факторға байланыслы...

    Бириншиден, жас илимий кадрларға - илимий хызметкер ҳәм докторантларға илимий-изертлеў жумысын жоқары дәрежеде алып барыў ушын барлық шараятлар жаратып берилиўи зәрүр. Көпшилик жағдайларда олардың көп ўақты химиялық реагентлер, тәжирийбе ушын керекли қуралларды табыўға жумсалады.

    Екиншиден, жоқары оқыў орынларында илимге қызыққан қәбилетли жаслар өз алдына арнаўлы реже тийкарында оқытылыўы керек. Олар өзлери қызықтырған пән тараўы бойынша таяныш докторантураға қабыл етилиўи шәрт.

    Үшиншиден, ҳәр бир изертлеўши илимий жумысты орынлаўда заманагөй үскенелерден пайдаланыўы ҳәм заманагөй көнликпеге ийе болыўы талап етиледи. Кейинги 3 жыл ишинде институтлар заманагөй үскенелер менен тәмийинленбекте. Бирақ бул үскенелерде жетерли дәрежеде тәжирийбеге ийе болмаған хызметкерлер ислемекте, олар үскенелерде алған илимий мағлыўматларды таллап бериў қәбилетине ийе емес. Үскенелерден нәтийжели пайдалана алатуғын қәнигелер керек. Көпшилик үскенелер ҳәптесине 1-2 күн ислейди. Бес жылдан кейин үскене руўхый ескиреди, оның орнына жаңасын сатып алыўға туўра келеди. Бул машқаланың да шешими бар. Дүнья әмелиятында 9 ири илимий орай бар. Оның 60 проценти АҚШта. Бул илимий орайларда жоқары дәрежедеги қәнигелер оғада сийрек ушырасатуғын үскенелерде үзликсиз излениў алып барады. Илимлер академиясы қарамағында усындай орай ашыў мақсетке муўапық болады.

    Таярланып атырған жоқары маман кадрлардың сапасын арттырыў мақсетинде таяныш докторант ҳәм докторантлардың илимий басшысы ҳәм мәсләҳәтшилери 2 адам болыўы мақсетке муўапық. Бириншиси жергиликли қәниге, екиншиси раўажланған мәмлекетлердиң жетекши илимпазы болыўы керек. Бул илимий излениўлер нәтийжеси ҳаққында басып шығарылып атырған мақалалардың сапасын көтериў ҳәм потенциаллы илимий кадрларды таярлаўға алып келеди.

    Академия институтларында ҳәм фундаменталь, ҳәм әмелий изертлеў жумыслары алып барылыўы шәрт. Олар бир-биринен ажыратылмаўы керек. Буның айқын дәлилин Россия Федерациясы ҳәм Қытай Илимлер академиясының жумысында да көриў мүмкин.

    Ислеп шығылған жаңа нәтийжели технологияларды әмелиятқа енгизиўде елеге шекем тосқынлықлар ҳәм қыйыншылықлар бар. Илим ҳәм өндирис кәрханалары арасында өз-ара беккем интеграцияны жаратыўды дәўирдиң өзи талап етпекте. Бул мәмлекетимиздиң илиминиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғынына гүман жоқ.

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    Рисолат МАДИЕВА сәўбетлести.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech