Илажда еки мәмлекеттиң тийисли министрликлери ҳәм уйымлары, тармақ бирлеспелериниң басшылары және 100 ден аслам ири компания ҳәм финанс институтларының басшылары қатнасты.
Форумда делегацияларға Өзбекстан тәрепинен - Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов, Кувейт тәрепинен - Кувейт Саўда-санаат палатасының басшысы Рабаҳ ал-Рабаҳ басшылық етти.
Форумның ашылыў мәресиминде қутлықлаў сөзи менен шығып сөйлеген Лазиз Қудратов кейинги жылларда Өзбекстан менен Кувейт арасындағы қатнасықлар избе-из раўажланып атырғанын айрықша атап өтти. Ири қувейтлик компаниялар Өзбекстанда денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы, инфраструктура, мийманхана бизнеси, фармацевтика ҳәм көшпес мүлк тараўларында жойбарларды табыслы әмелге асырмақта.
Мәмлекетимизде сырт ел инвесторлары ушын ең қолайлы шараятлар жаратылғаны атап өтилди. Атап айтқанда, жеңилликлер ҳәм преференциялар енгизилди, исбилерменлер дус келип атырған тосқынлықлар алып тасланбақта, меншиклестириў бағдарламасы әмелге асырылмақта, инфраструктурасы раўажланған онлаған ЭЕЗлер шөлкемлестирилди, ҒМДА ҳәм Европа Аўқамы базарларына бажысыз кириў тәмийинленди.
Нәтийжеде соңғы жылларда Өзбекстан экономикасы дерлик еки есеге артты. Тек ғана 2024-жылы ЖИӨ 6,5 процентке өсип, 115 миллиард долларға жетти. Сырт ел инвестицияларының көлеми 1,6 есеге көбейип, 34,9 миллиард долларды қурады.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясы әмелге асырылмақта. Оның шеңбериндеги ўазыйпалар кең көлемли реформалар менен биргеликте 2030-жылға барып Өзбекстанның жалпы ишки өнимин 200 миллиард долларға жеткериў, дәраматы орташадан жоқары болған, жылына 110 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициялары ҳәм 45 миллиард долларлық экспортқа ийе мәмлекет статусына ерисиў имканиятын береди.
Соның менен бирге, еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм санаат тараўындағы бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша пайдаланылмай атырған үлкен потенциалға итибар қаратылды.
Усы жерде, агросанаат тармағы, тоқымашылық санааты, таў-кән санааты, энергетика ҳәм нефть-химия, денсаўлықты сақлаў ҳәм фармацевтика, меншиклестириў, логистика, байланыс ҳәм туризм сыяқлы бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары санап өтилди.
Өз гезегинде, Кувейт Саўда-санаат палатасының басшысы Рабаҳ ал-Рабаҳ Өзбекстанның еки тәреплеме саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў бағдарындағы ҳәрекетлерин жоқары баҳалады және Кувейт ҳәм Өзбекстан исбилерменлерин бирге ислесиўди тереңлестириўге шақырды, оларды тәреплердиң жаңа жойбарлар менен басламаларды қоллап-қуўатлаўға өз-ара таяр екенлигине исендирди.
Бизнес-форум шеңберинде “B2B” ҳәм “G2B” сөйлесиўлери ҳәм миллий өнимлер көргизбеси шөлкемлестирилди. Исбилерменлер жаңа байланысларды орнатыў, биргеликтеги жойбарлардың әҳмийетли тәреплери ҳәм товарларды өз-ара жеткерип бериў мәселелерин додалаў имканиятына ийе болды.
Сондай-ақ, форум шеңберинде миллий өнимлериниң көргизбеси шөлкемлестирилип, онда исбилерменлер сыртқы базарда талап жоқары болған өнимлерди көрсетти.
Илаж жуўмақлары бойынша бир қатар инвестициялық келисимлер ҳәм саўда шәртнамаларына қол қойылды. Бизнес топарлары ўәкиллериниң пикиринше, қол қойылған ҳүжжетлер қысқа ўақыт ишинде Өзбекстан - Кувейт байланысларын сезилерли дәрежеде кеңейтиў ҳәм еки мәмлекет арасындағы товар алмасыў көлемин арттырыў имканиятын береди.