Арзыў еткен адам мийнет етеди

    Мәмлекетимиз басшысының тийисли тапсырмасы менен мәҳәллелерде "жетилик" жумысы жолға қойылған.

    Әлбетте, ҳәр бир жумыста қызығыўшылық, ҳәрекет, нәтийже ҳәм жуўмақ болады. Орынларда "мәҳәлле жетилиги" жумыс баслаған мине усы қысқа ўақытта исленген жумыслар көп.

    Барлығымыз да мәҳәлледе жасаймыз. Оның ҳәр бир қарыс жерин абат етиў, мәҳәлле халқының машқалаларына шешим табыў, жақсы-жаман күнлеринде мәҳәллелеслер менен бирге болыў, өзимиз жасап атырған аймақтың келешеги, және де раўажланыўы ушын жуўапкершилик сезими менен жасаў - әзелий қәдирият. Мәмлекетимиздиң мәҳәлле институтын раўажландырыў ҳәм оны ең демократиялық ҳәм халықшыл, социаллық структураға айландырыў бағдарындағы талабы да усы.

    - Өткен жылы Әмиўдәрья районында 5-басқышта "Ҳаял-қызлар дәптери"не киргизилген 5600 ҳаял-қыздың 5525 ине, яғный 98 проценттен аслам бөлегине социаллық жәрдем көрсетилип, социаллық қорғаўға мүтәж, жумыссыз 2258 мүтәж ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди, - дейди Әмиўдәрья районы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими баслығы Рашид Саллаев. - Өткен жылы районда исбилерменлик етиў тилегин билдирген 594 ҳаял-қызға 3 миллиард 530 миллион сумлық кредит ажыратылды ҳәм исбилерменлигин жолға қойыўға жәрдем берилди.

    Әмиўдәрья районындағы "Шайкөл" аўыл пуқаралар жыйынында "мәҳәлле жетилиги"ниң халықтың мүрәжаты менен ислесиў, машқалаларды нәтийжели шешиўге қаратылған ҳәрекети себепли халық турмысындағы өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар көбейди. "Мәҳәлле жетилиги" ушын халықтың мүрәжатлары, арза ҳәм усыныслары менен ислесиў тек ғана орынларда исленип атырған жумыслардың нәтийжесин белгилеў қуралы емес, бир неше адамлардың үмитлери, усыныс ҳәм шағымларын орынларға шыққан ҳалда унамлы шешиўге қаратылған ийгиликли ҳәрекет болып есапланады.

    Халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған илажлар себепли 186 пуқара турақлы дәрамат дәрегине ийе болды. 1105 шаңарақ ийелери қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыўы есабынан шаңарақлар абадан, және де абат болыўына ерисилмекте. Пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў, аўырын жеңил, мүшкилин жеңиллетиў, қыйын ўақытта ийинлес болыў "мәҳәлле жетилиги"ниң турақлы ўазыйпасына айланған. Биргеликтеги ҳәрекетлер себепли усы аўылдағы "Социаллық қорғаў" реестрине киргизилген пуқаралардың барлығы 2025-жылдың 1-январь жағдайына бола социаллық дәптерлерден толық шығарылды.

    Бүгин Әмиўдәрья районындағы халықтың қыйтақ жерлеринде 1183 ыссыхана бар. Соннан 729 ы жаңадан қурылған.

    - Жеңиллетилген кредитлер ажыратыў арқалы лимон жетистириўди жолға қойыў, сол арқәлы қыйтақ жерден алынатуғын дәраматты 2-3 есеге арттырыў ҳәм қосымша жумыс орынларын ашыў нәзерде тутылмақта. Егислик майданларынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеўде қыйтақ жер ийелериниң билим ҳәм тәжирийбесин арттырыў, оларды зәрүр мағлыўмат ҳәм мәлимлеме менен тәмийинлеў әҳмийетли есапланды. Мәселен, Холимбег аўылы аймағындағы қыйтақ жер ийеси, "Намунали томорқачи" көкирек белгиси ийеси Еркин Қушаев өз үйинде шөлкемлестирилген 2 сотихлы ыссыханасында лимон жетистириўди жолға қойған.

    Халқымызда "Бийкаршыдан Қудай бийзар" деген нақыл бар. Тийкарында өзин билген адам бос отырыўды қәлемейди. Әсиресе, заман раўажланыўына сәйкес түрде турақ жайын жаңалаў, шаңарағының шараятын жақсылаў, перзентлерин илимли, кәсип-өнерли етиў ушын жумыс ислейди. Бундай адамлар ушын пайдалы мийнет пенен шуғылланыў байрам есапланады. Себеби, олар ҳадал мийнети арқәсында топланған мүлктиң де қәдирин жүдә жақсы биледи.

    Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы