Китап - инсанның досты, билим ҳәм ой-пикир дәреги, ғәзийнелердиң гилти. Оқыўды әдетке айландырған инсан жоқары ойлаўы, билими, дүньяға көзқарасы ҳәм терең пикирлеўи менен басқалардан ажыралып турады. Уллы алым Абу Насыр Фарабий "Инсанды камалға жеткериўши затлардан бири китап" деп айтқанда, китапты руўхый камалға келиў ҳәм тәрбияның тийкарғы дереги сыпатында көреди. Жалалатдин Румий "Китап, илим ҳәм ағартыўшылық болмаса, инсанның әдеп-икрамлылығы ҳәм дүньяқарасы жетик болмайды", дейди. Уллы Цицерон "Китапсыз бөлме жансыз денеге уқсайды" деген болса, белгили жазыўшы Франсуа Вольтердиң "Китаплар - инсан руўхының қорғаўшылары" деген пикир қанша ўақыт өтсе де өз күшин жоғалтпай келмекте.
Орта әсирлерде еки ренессанстың бесиги болған елимиздиң тийкары китап оқыў бойынша дүньяға үлги болғаны бийкарға емес. Бирақ XVI-XIX әсирлердеги тахт таласыўлары, диний мутаассиблик, үзликсиз урыслар халқымызды китапқумарлықтан алжастырған болса, Россия империясы басқыны ҳәм бурынғы совет аўқамының мәдениятымыздан айырыў ҳәрекети үлкемизди бай мәнаўияттан айырды. Бүгин болса көпшилик, әсиресе, жаслар социаллық тармақларға берилип, китап оқыўдан узақласпақта.
Мәмлекетимизде жасларда китапқа меҳир оятыў, оларды ҳәр тәреплеме бәркамал етип тәрбиялаўда китапқумарлық мәдениятын қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Соның ишинде, мәмлекетимиз басшысы илимпазлар менен ушырасып, адамларды илимсизликтен алып шығыў, халқымыздың бай тарийхынан руўхый күш алған ҳалда Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў бағдарындағы ўазыйпаларды белгилеп берди.
Президентимиздиң 2017-жыл 12-январьдағы "Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комиссия дүзиў ҳаққында"ғы бийлиги китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ушын дәслепки әҳмийетли қәдемлерден болды. Оған бола, китапларды басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, жаслардың китапқа қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде арнаўлы комиссия шөлкемлестирилди. Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 13-сентябрьдеги "Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында"ғы қарары халық, әсиресе, жаслар арасында китап оқыў, китапқумарлық мәдениятын арттырыўға беккем тийкар жаратты.
Усы жерде китапқумарлық мәденияты жоқары мәмлекетлер тәжирийбесин үйрениў де әҳмийетли мәселе. Бүгин билимлендириў системасы менен дүньяда кәрўанбасшылықты бермей киятырған Финляндия ең китапқумар мәмлекетлерден бири. Бул жерде китап оқыўшылардың саны халықтың 90 процентинен артады. Мәмлекеттиң ғалаба китапханалар системасы нәтийжели жумыс алып барады - ҳәр жүз мың адамға 13-15 китапхана туўра келеди. Сол себепли, мәмлекеттиң жоқары билимлендириў ҳәм улыўма саўатлылық көрсеткиши басқа мәмлекетлерге қарағанда бирқанша жоқары. Интернет арқалы китап сатып алыў да кең тарқалған.
Қубла Кореяда да китап оқыўға үлкен итибар бериледи. Мәмлекеттеги ҳәр бир пуқара бир жылда орташа 7-9 китап оқыўы атап өтилген. Қубла Кореяда еки ярым мыңнан аслам ғалаба китапхана жумыс алып барады. Санлы технологиялар китапқа қызығыўшылықты арттырып, электрон китаптан пайдаланыўшылар саны да артып бармақта. Кореяда санлы китаплар ҳәм платформа арқалы китап сатып алыў жүдә кең ен жайған. Әсиресе, жаслар арасында смартфонлар арқалы электрон китапларға кириў қолайлы болып, китап саўдасы усы бағдарда раўажланған. Kyobo Bookstore ҳәм Yes24 сыяқлы ири китап дүканлары тармағы Қубла Кореяда китап саўдасы бойынша үлкен тармақлардан.
Японияда да китапқумарлық, көркем әдебият оқыў жүдә кең тарқалған. Ҳәрбир адам бир жыл даўамында орташа 10-15 китап оқыйды. Мәмлекетте мыңлап китап дүканлары бар. Япония китап базары манга (япон комикслери) арқалы жүдә белгили болған. Манга китаплары сатылыўы мәмлекеттеги улиўма китап базарының үлкен бөлегин қурайды. Токиодағы Кинокуния сыяқлы ири китап дүканлары ҳәм онлайн саўда платформалары китаплардың кең таңлаўын усынады. Ҳәр жылы Японияда миллионлап нусқа китап басып шығарылады ҳәм жасына қарамастан халық турақлы китап сатып алады.
Дүнья базарында өнимли идея ҳәм исленбелери менен жетекши болып киятырған Сингапурды да китапқумарлық мәдениятында үлги сыпатында көрсетиўге арзыйды. Оның инновациялық билимлендириў системасы китапқумарлық мәдениятын қоллап-қуўатлайды. Мәмлекетте санлы китапханалар ҳәм заманагөй әдебияттан пайдаланыў жүдә қолайлы, бир адам жылына орташа 6-8 китап оқыйды.
Европа мәмлекетлеринде де китапқумарлық мәденияты бойынша үлги болатуғын үлкен тәжирийбе топланған. Әсиресе, Норвегия, Швеция, Франция, Германия, Нидерландия халықтың жан басына китап оқыў бойынша жетекши мәмлекетлерден. Мысалы, Германияда халықтың үлкен бөлими турақлы китап оқып турады, китапханаларда заманагөй әдебият ҳәм илимий шығармалар кең тарқалган. Мәмлекетте 6000 нан аслам улыўма китапхана бар. Швецияда балалар әдебияты жүдә ен жайған болса, Норвегияда бир адамға орташа 5000 китап туўра келеди. Мәмлекетте турақлы китап фестиваллары өткериледи ҳәм китапқумарлық миллий мақтаныш дәрежесине көтерилген. Францияда китап дүканларын қорғаў ҳәм жергиликли баспаханаларды қоллап-қуўатлаў ушын мәмлекетте арнаўлы нызамлар қабыл етилген. Олар онлайн китаплар саўдасын тәртипке салып, дүканлардағы китап баҳасын белгиленген дәрежеде сақлап турады. Уллы Британияда Waterstones сыяқлы ири китап дүканлары тармағы бар. Ол жерде басып шығарылған электрон китаплар кеңнен сатылады. Amazon Kindle хызмети арқалы электрон китап саўдасы жүдә кең ен жайған. Көплеген китапқумарлар электрон китапларды қолайлы ҳәм арзан баҳада сатып алыў имканиятына ийе. АҚШта китапқумарлар клублары ҳәм онлайн китап жәмийетшиликлери жаслар ҳәм үлкенлер арасында ғалаба ен жайған. Мәмлекетте санлы китаплар базары кең қамтып алыўға ийе. Amazon Kindle, Audible ҳәм Google Books сыяқлы платформалар китапларды аңсат сатып алыў имканиятын береди.
Дүнья бойлап китапқумарлық мәденияты раўажланған мәмлекетлер ҳәр қыйлы китапхана системалары, санлы платформалар, билимлендириў стратегиялары ҳәм миллий дәстүрлер арқалы жаслардың китапқа қызығыўшылығын арттырыўға үлкен итибар қаратпақта. Усы тәжирийбелерден келип шығып, мәмлекетимизде китапқумарлықты буннан былай да раўажландырыў ушын, бәринен бурын, ғалабалық китапханалар системасына жаслар ҳәм халықтың аңсат кириўи ушын имканият жаратыў зәрүр.
Мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларында китапқумарлыққа қаратылған арнаўлы бағдарламалар ҳәм жойбарларға байланыслы жумысларды жеделлестириў, китапқумарлық фестиваллары, китап ярмаркалары ҳәм әдебий жарысларды көбирек өткерип, жаслардың китапқумарлыққа қызығыўшылығын арттырыў мақсетке муўапық. Сондай-ақ, жаслар арасында электрон китаплар ямаса аудиокитаплардың ғалаба ен жайдырылыўына шараят жаратыў, дөретиўшилер ҳәм баспаларға субсидия және грантлар ажыратып қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа шығармалар жаратыўға кең имканиятлар есигин ашыў оғада әҳмийетли.
Адамлар менен китап оқыў ҳаққында сәўбетлескенимизде, көпшиликтен "Перзентим китап оқымайды, китап оқыўға мәжбүрлесем де нәтийже бермей атыр" деген сөзлерди еситемиз. Дурыс, балаларды мәжбүрлеп китап оқытыў қыйын мәселе. Халқымызда "Қус уясында көргенин ислейди" деген нақыл бар. Соның ушын, бәринен бурын, ата-аналардың китап оқыўға мүнәсибетин өзгертиў керек. Олар жеке үлги көрсетип, шаңарақ шеңберинде китап оқыса, перзентлер де шаңарақтағы китапқумарлық мәдениятына муҳаббаттан күш алып, әлбетте, китапқумар болады.
Психологлардың пикиринше, ата-аналардың перзенти менен бирге китап оқыўы олар арасындағы қатнасықларды беккемлейди, шаңарақ аўызбиршилигин тәмийинлейди. Солай екен, ата-бабаларымыздың шаңарақлық китап оқыў дәстүрин тиклеп, раўажландырыўымыз шәрт.
Сарвар НАЗАРҚОСИМОВ,
социология илимлери бойынша философия докторы,
доцент