Шараятты имканиятқа айландырып, кәмбағаллықты сапластырып атырған мәҳәлле

    Ҳәр бир дәўир ҳәм жәмийетте кәмбағаллық болады. Оны пүткиллей сапластырыўдың да имканияты жоқ.

    Бирақ, бир нәрсе анық, халқын, келешегин ойлаған мәмлекет кәмбағаллыққа қарсы гүреседи. Жәмийеттиң аўыр ноқаты болған бул қатлам ўәкиллериниң көбейип кетиўиниң алдын алыўға ҳәрекет етеди. Буның ушын арнаўлы ҳүжжетлер, бағдарламалар қабыл етилип, басламалар алға қойылады.

    Кәмбағаллықтың тийкары жумыссызлық. Соның менен бирге, оған қарсы гүресиўдиң илаж ҳәм усыллары да ҳәр қыйлы болыўы мүмкин. Халық абаданлығына қаратылған Өзбекстан сиясатында социаллық мәселелер қатарында, адамлардың бәнтлигине үлкен итибар қаратылып атырғаны жақсы нәтийже бермекте. Буның ушын халық пенен жүзбе-жүз болып, адамлардың тәшўишлери тыңланады. Машқалалар үйренилип, олардың шешимлери изленип, зәрүр илажлар көрилмекте.

    Турмыс бир тегис өтпейди. Турмыстың ҳәр қыйлы сынақлары бар. Гейде адамға жигерлендириў, тәселле берилсе өзин тута алады. Аз ғана жәрдем болса және де мақтаўға ылайық: ол жақсы жойбарды қолға киргизип, басқаларға өрнек болатуғын баслама көрсететуғын шахсқа айланыўы мүмкин.

    Өзбекстанда кәмбағаллықты анықлаўда мине усы турмыслық ҳақыйқатқа сүйенип атырғаны, бул бағдарда белгили тәжирийбелер жолға қойылып, олар тийкарында сезилерли нәтийжелерге ерисилип атырғаны итибарға ылайық.

    Бир мақсетли төрт тәжирийбе

    Өткен жылдың 15-март күни мәмлекетимиз басшысы Сырдәрья ўәлаятының Сайхунабад районы Иттифоқ мәҳәллесинде болып, қыйтақ жер ҳәм үй хожалықларындағы исбилерменлик пенен танысқан еди.

    Өзине тән уқсаслық: сол күни тәбият та сақаўатын аямастан әтирап қар менен қапланған. Адамлар буны халықтың ырысқысына жорып, берекет деп тән алған еди.

    Шынында да, бул сапар етиў тек ғана мәҳәлле халқы ушын емес, ал пүткил елимиз ушын пайдалы болды. Себеби, ушырасыўда Президентимиз мәҳәлле халқы менен шын кеўилден сәўбетлести, адамлардың пикирлерин тыңлады. Олардың турмысын жақсылаўға байланыслы әмелий жумыслар усы күнниң өзинде, усы жердиң өзинде старт алды.

    Мәмлекетимиз басшысы сөйлесиў ўақтында "…Халқымыз өз турмысында сезиниўи ушын барлық жумысларды мәҳәлледе шөлкемлестирип атырмыз. Енди мәмлекетлик уйымлардың барлық имканиятларын ҳәр бир көшеге, шаңараққа алып киремиз... Мақсетимиз халықтың дәраматын арттырыў, бай етиў", деп атап өтти.

    Ең итибарлы тәрепи, бул сапар етиў даўамында адамларды жумыслы, дәраматлы етиўдиң жаңа усылы - Сайхунабад тәжирийбесине тийкар салынды. Тәжирийбе кейин ала мәҳәллелердеги имканиятларды иске қосыў, шаңарақларға дәрамат дәрегин жаратыўдың ең қолайлы ҳәм ҳәр қыйлы имканияты сыпатында кеңнен тарқалып, ғалаба ен жайды. Ең баслысы, буның ушын бизде имканият жеткиликли. Ҳәр бир аўылдағы шаңарақтың қыйтақ жерлери бар. Тек оннан дурыс пайдалана билиў керек. Пайдаланғанда да бир егинке байланысып емес, жерге ақыл менен, илимий қатнас тийкарында ислеў, жылына бир неше мәрте өним алыў, ең тийкарғысы, буннан жақсы дәрамат алыў зәрүр. Сайхунабадтан басланған тәжирийбеден гөзленген тийкарғы мақсет те усы еди.

    Не ушын әйне Сайхунабад? Гәп сонда, ол республикамыздағы халықтың қыйтақ жерлери 20 сотихтан аслам болған 26 районның бири. Қалаберди, Өзбекстан халқының дерлик ярымы аўылларда жасайтуғынын есапқа алсақ, бул тәжирийбе адамларды бәнт етиў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыўда жақсы қурал болатуғынын және де тереңирек сезинемиз. Итибарлысы, бүгин буны тек ғана сезбей қоймай, ал әтирапымыздағы өзгерислер, қоңсымыз, танысымыз, туўысқанымыздың турмысы, жумыс орны мысалында анық көрип, билип атырмыз. Бундай турмыслық мысалларға төменде өз алдына тоқтап өтемиз.

    Президентимиздиң басламасы менен ислеп шығылған Уйчи тәжирийбесинде исбилерменлер ҳәм бизнес пенен шуғылланыў тилегиндеги халық пенен мәнзилли ислесиў системасы жаратылған. Оған бола, район ҳәкимлери исбилерменлер менен, банклер болса қарыйдарлары менен турақлы ушырасып, оларға бизнесин кеңейтиўге жәрдем бермекте.

    Исбилерменлер менен мәҳәлле кесиминде ислесиў бойынша Ғиждувон тәжирийбеси де өзине тән. Онда мәҳәлледе вертикал өсиўши санаат имаратлары шөлкемлестирилип, оларда шаңарақларда шөлкемлестирилген, бирақ кеңейиў имканияты болмаған өндирислер ушын шараятлар жаратылмақта.

    Район дәрежесинде үлкен жойбарларды әмелге асырыўға қаратылған Зарбдор тәжирийбеси тийкарында болса санаат, саўда, хызмет көрсетиў ҳәм заманагөй агротехнологиялар тараўында кеминде 5-7 "драйвер" жойбар ислеп шығылады. Олар районлардағы санаат зоналары, бос турған мәмлекетлик объектлерге жайластырылады.

    Итибар бересиз бе, мәмлекетимизде әмелге асырылған ҳәр бир тәжирийбе белгили бир аймақтың өзине тән тәреплери тийкарында ислеп шығылған. Тәжирийбелердиң аты, бағдары ҳәр қыйлы, бирақ мақсет бир: халықтың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы шаңарақлардың дәраматын арттырыў, адамларды кәмбағаллықтан шығарыў.

    Нәтийже дейсиз бе?! Кейинги жылларда банклердиң мәҳәллелерге барып жумыс алып барыўы нәтийжесинде Сайхунабад районындағы 3 200 шаңарақта жойбарлар иске қосылып, 12 мың адам өз қыйтақ жеринде дәрамат табыўды үйренди. Уйчи районында банклер 3 200 белсенди қарыйдар менен ислеп, оларға жәрдем бергени ушын 9 мың адам турақлы жумыс пенен тәмийинленди. Кәмбағаллар саны 6 мыңға азайды. Зарбдор районында 13 мың 500, Ғиждувон районында 28 мың жумыс орны жаратылды. Булардың есабынан қосымша 10 мыңнан аслам халық кәмбағаллықтан шығарылды.

    Улыўма, Сайхунабад, Уйчи, Зарбдор ҳәм Ғиждувон тәжирийбелери шеңберинде бир жыл даўамында 3 миллион 300 мың адам турақлы дәраматқа ийе болған.

    Усы жерде өткен жылы елимиздиң раўажланыўына байланыслы және бир санды келтириўди мүнәсип, деп билдик. Гәп сонда, Жәҳән банки 2024-жылы Өзбекстанды Европа ҳәм Орайлық Азияда экономикасы ең тез өсип атырған үш мәмлекет қатарынан орын алғанын тән алды. Кейинги төрт жылда елимизде кәмбағаллық дәрежеси 23 проценттен 11 процентке түсти. Булар избе-из әмелге асырылып атырған реформалар, анық мақсет ҳәм мәнзилли ислеп шығылған турмыслық бағдарламалардың нәтийжеси емес пе?! Әлбетте, сондай.

    Илим ҳәм мийнет бирлессе ...

    Экономиканы адамлар қәлиплестиреди. Яғный, адамлар қаншелли истиң көзин билсе, исбилермен болса, мәмлекет экономикасы да соншелли раўажланып барады. Кәмбағаллықты қысқартыў бойынша көрилип атырған илажлар әйне усыған хызмет етип атырғаны менен де әҳмийетли. Мәмлекетимизде бул тәжирийбелер шеңберинде, атап айтқанда, жерден пайдаланыўда илимди де теңдей қолланыўға итибар қаратылмақта. Соның ушын, мийнет ҳәм илим бирлессе нәтийже және де артады. Усы мәнисте, Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы жанында Республикалық агрохызметлер орайының шөлкемлестирилгени қыйтақ жерден пайдаланыўда пайдалы болып атыр, десек, қәте болмайды. Себеби, алдын орайдың Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда агрохызметлер орайлары шөлкемлестирилген болса, кейин ала ҳәр бир аўыллық районларда бундай орайлардың жумысы жолға қойылды.

    Қыйтақ жердеги тәжирийбе жыллар даўамында шаңарағы, жақынлары ҳәм мәҳәллесинде көргенлеринен, өз-ара мәсләҳәтлесиўлер арқалы топланады. Бул әпиўайы, ҳәмме билетуғын турмыслық процесс. Бирақ, қыйтақ жер ийеси жетистирилген өнимлерди сақлаў, жерге болған ҳуқық, суў тәмийнаты, суўғарылатуғын суўдың сапасы, суўды үнемлеў, топырақ өнимдарлығы, әсбап-үскенелер машқаласы, кредит мәселелери, туқым таңлаў, эрозияға қарсы гүресиў, өсимликлерди қорғаў сыяқлы көплеген сораўларға дус келиўи де мүмкин. Усы жерде тәжирийбеге азырақ илим ҳәм жәрдем қосылса, дурыс болады. Жоқарыда келтирип өткен орайларға мине усындай - Өзбекстан аграр тараўында билим ҳәм мағлыўматларды ислеп шығыў, оларды тараў қатнасыўшылары арасында кеңнен енгизиў арқалы, аўыл хожалығында түпкиликли бурылыс ислеў менен бир қатарда қыйтақ жер ийелерине егин егиў ҳәм тәрбиялаў бойынша усыныс бериў, мәҳәллелерде бул бойынша ушырасыўлар өткериў сыяқлы ўазыйпаларда жүклетилген.

    Ташкент ўәлаяты агрохызметлер орайының басшысы Қудратилла Юсуповтың айтыўынша, бүгин дүнья жоқары сапалы, органикалық өнимлерге мүтәж. Бул болса азық-аўқат резервин жаратыўға, базарды сапалы өнимлер менен толықтырыўға ийтермелейди. Усы мақсетте, ҳәзирги ўақытта орай тәрепинен ўәлаяттың Янгийўл, Зангиата, Ташкент, Аққорған сыяқлы районларында халық арасында қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыўы ушын зәрүр усыныслар берип келинбекте.

    "Ким өз қыйтақ жеринен

    жақсы пайдаланып атырғанын үйинен билемен"

    Қудратилла аға айтқан жумысларды, қалаберсе, бүгин адамлар қыйтақ жеринен қай дәрежеде пайдаланып атырғанын, жерден қалай пайдалана алыўын көриў мақсетинде орай хызметкери Абдунаби Умрзоқов пенен бирге Янгийўл районына жол алдық.

    Ташкент ўәлаяты, атап айтқанда, Янгийўл районының халқы әзелден уста дийқан. Олар жетистирген өнимлер, әсиресе, көк шөплер ўәлаят ҳәм пайтахт базарларынан өтип, сырт ел дүканларына да жетип барғанына көп ўақыт болды. Бул бағдарда Ниязбасы мәҳәллеси халқына тең келетуғыны жоқ.

    Район аймағынан Шыршық дәрьясы, Күркилдек, Жүн, Бозсуў, Арқа Ташкент каналларының өтиўи оларға дийқаншылықта үлкен үстинлик береди. Бирақ, район халқы тек ғана салмадағы суўға қарап жумыс ислемейди. Қыйтақ жерге заманагөй усылларды алып кириў арқалы жыл он еки ай өним алыўдың ҳәдисин алған.

    Жол-жөнекей жолдасымыз бенен сәўбетимиз районның мине усы имканиятлары ҳаққында болды.

    -Район мәҳәллелери менен ислеп атырғаныма көп ўақыт болмады, бирақ усы ўақыт ишинде үй ийелери менен сөйлесип, бир нәрсеге исеним пайда еттим, инсан, шынында да, дөретиўши, - дейди Абдунаби аға. - Аз имканияттан үлкен нәтийжеге ерисиўи мүмкин. Мәселен, Қўшёғоч мәҳәллеси адамлары усындай. Бир қарыс жерден мүмкин болғанынша көбирек өним алыўға, көбирек дәрамат алыўға ҳәрекет етпекте ҳәм буны әмелге асырып атырғанлар жүдә көп. Олар ушын қыйтақ жерден еки-үш мәрте өним алыў ески нәрсе. Төрт-бес мәрте өним алыўды ойламақта.

    Буларды көрип онлаған сотих жери болса да, онда тек ғана жоңышқа ямаса мәкке егип қойғанлар ҳаққында ойлайман. Себеби, арамызда бундайлар да жоқ емес. Президентимиздиң басламасы ислеп шығылып атырған тәжирийбелер, атап айтқанда, Сайхунабад тәжирийбеси мине усындай адамларды шын мәнисинде оятыўға хызмет етип атырғаны менен қәдирли.

    Мәнзилдемиз. Үлкен көше жанындағы “Қўшёғоч” мәкан пуқаралар жыйыны имаратында болып өткен қысқа сөйлесиўде мәҳәлле баслығы Ойбек Усмонов аймақ ҳаққында қысқаша мағлыўмат берип өтти.

    Бүгинги күнде мәҳәлледеги 841 шаңарақта дерлик төрт мың халық жасайды. Олар тийкарынан дийқаншылық ҳәм шарўашылық пенен шуғылланады. Мәҳәлледеги 300 ден аслам ыссыханада көпшилик халық көк шөп ҳәм овош жетистиреди.

    - Және бир нәрсени айтып қояйын, - дейди мәҳәлле баслығы имараттан шығып атырғанымызда. - Өзим де 6,5 сотих жерде ыссыхана шөлкемлестиргенмен. Жумыстан бос ўақытларым мени ыссыханадан таўып аласыз. Көк шөп егемен. Шаңарағымыз ҳәр жылы соның арқасында 30-40 миллион сум дәрамат табады. Перзентлерим де соған үйренген. Ҳәммеси мийнет арқалы өскен. Қоңсыларымның дерлик барлығында ыссыханасы бар. Бундай жағдайда жерден пайдаланбаў жарасапайды. Керисинше, басқаларға өрнек болыўымыз керек.

    Бүгин елимизде жанылғысыз ысытылатуғын ыссыханалар қурыў ғалаба болып бармақта. Себеби, оны ысытыў ушын көмир ямаса газ талап етилмейди. Үсти бир неше қабат етип плёнка менен жабылады. Тек плёнкалар арасында белгили дәрежеде аралық болыўы керек. Себеби, мине усы бос жерде суўық ҳаўа услап қалынады. Бул ыссыхананың жоқарғы бөлими. Егинниң үсти де киши ыссыхана формасында плёнка менен жабылады. Бундай өзине тән термослы ыссыханада 15 градус суўықта да өним жетистириў мүмкин.

    Мәҳәллениң Бабур көшесиндеги Шавкат Ҳасанбаевқа тийисли 17 сотихлық ыссыхана тап усындай усылда қурылған.

    - Өзим автомобиллерди оңлаў менен шуғылланаман, - дейди ол. - Бирақ дийқаншылықта, мийнетте сүйеклеримиз қатқаны ушын, ҳәўлимизде бәрқулла көк шөп жетистирип келемиз. Бул ыссыхананы өткен жылы шөлкемлестирдим. Октябрь айында сельдерей ектим, базарда талап күшли көк шөп. Тийкарынан, ресторан, аўқатланыў шақапшалары сатып алады. Сондай-ақ, ол саламатлық ушын да жүдә пайдалы.

    Ҳәзирги ўақытта екинши зүрәәтти жыйнап алып атырмыз. Бул жерден Ниязбасыдаги сақлаў қоймаханасына жеткериледи, кейин Қазақстан, Қырғызстан базарларына алып кетиледи. Май айына шекем сельдерей жетистирип аламыз. Соннан кейин жерди басқа егинлерге таярлаймыз. Әҳмийетлиси, 17 сотих жеримизде 4-5 адамды жумыс пенен тәмийинлеп атырмыз. Ыссыханамыз, егинлеримиз жаңа. Быйыл 25-30 миллион сум сап дәрамат алыўды мөлшерлеп атырмыз.

    Мәҳәллениң Устазлар көшесинде жасайтуғын Шерзод Аҳмедовтың да ҳәзирги ўақытта жумыслары қызғын. Гәп сонда, оның 2,5 сотихлық ыссыханасында тәрбияланып атырған қулпынайлар әлле қашан өнимге кирип, халық дастурханына жетип барған.

    Шаңарақ ийесиниң айтыўынша, ыссыхананың гидропоника усылы жерден өнимли пайдаланыў ушын оғада қолайлы. Не ушын? Себеби, бул усылда нәл жерде бир тегис емес, ал қаплардағы арнаўлы топыраққа бир неше қатар етип үстпе-үст етип егилип, тәрбияланады. Бунда аз жерге көбирек нәл қадалады. Өнимдарлық артады.

    Дурыс, бундай усылда ыссыхана қурыў бираз қымбат турыўы мүмкин. Бирақ, ҳәзир писикшилик мәўсими болмағанлығы себепли қулпынайдың баҳасы бирқанша жоқары. 2,5 сотих жерден бир теримнен 50 килограммға шекем зүрәәт алыныўы ҳәм қулпынайдың жетилисиў дәўири қысқа екенлигин есапқа алсақ, бул жақсы көрсеткиш. Сол себепли болса керек, мәҳәлледе Шерзод Аҳмедовтан қулпынай жетистириў сырларын үйрениўди қәлейтуғынлар көп.

    Жерге меҳир қойған адамлар ҳәм шаңарақлар ҳаққында еле де даўам еттириў мүмкин. Аймақта бундай мысаллар көп. Қыйтақ жеринде помидор, қыяр ҳәм ҳәр қыйлы көк шөп жетистирип атырған Ҳанифа Тожибоева, фермерден бир гектар жерди ижараға алып, гүл нәллерин өсирип, дәрилик өсимликлер тәрбиялаўды жолға қойған Наби Қодировлар солардың қатарына киреди. Ўақыттың тығызлығынан олардың барлығы менен танысыўға имканиятымыз болмады.

    - Кимниң ҳәўлисинде ыссыхана бар екенлигин, жерден жақсы пайдаланып атырғанын үйинен билемен, - дейди мәҳәлле баслығы пикиримизди оқығандай. - Өнерменттиң, жумыстың көзин билген адамның үйи де басқалардан заманагөйлиги менен ажыралып турады. Яғный, бул шаңарақ өзине тоқ. Мийнеттен қашпайды. Азы-кем шараятты имканият деп түсинеди. Соған умтылады...

    Жолдасларымыз бенен хошласып атырғанымызда нийет еттик. Елимизде саўлатлы, заманагөй жайлар көбейе берсин. Халықты жумыс пенен тәмийинлеў, кәмбағаллар қатарын азайтыўға қаратылған реформалардан гөзленген тийкарғы мақсетте сол емес пе?! Қалаберсе, бул бир районның бир мәҳәллесиндеги жумыслар. Республикамыз бойынша исленип атырған жумыслардың көлемин көз алдыңызға келтириў болса өзиңизге байланыслы.

    Дилшод УЛУҒМУРОДОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы