Заманагөй дүньяда көпшилик мәмлекетлер турақлы раўажланыў ҳәм қәўипсиз экологиялық орталықты жаратыў, оны сақлап қалыў бойынша бир қатар машқалаларға дус келмекте. Тилекке қарсы, бул машқала ҳәм ўазыйпалар бизиң мәмлекетимиз ушын да әҳмийетли болып есапланады.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы"нда әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама ҳәм оны тастыйықлаў ҳаққында"ғы Президент пәрманы жойбарын додалаў ушын жәрияланғаны жәмийетшиликте үлкен қызығыўшылық оятты.
2025-жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарлама жойбары Олий Мажлис палаталарының биринши жалпы мәжилислери, Ҳүкиметти қәлиплестириў бойынша мәжилистеги басламалар, сондай-ақ, "Өзбекстан - 2030" стратегиясында нәзерде тутылған ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўди нәзерде тутады.
Жойбарда қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл" экономика мәселелери, сондай-ақ, социаллық-экономикалық, мәмлекетлик басқарыў, суд-ҳуқық, қәўипсизлик ҳәм сыртқы сиясат бағдарларында 2025-жылға мөлшерленген кең көлемли реформалар орын алған. Онда ең тийкарғы бағдар мәҳәллелердиң экологиялық келбетин жақсылаў, экологиялық жақтан қолайлы ҳәм абадан жасаў орталығын қәлиплестириў, бул арқалы халықтың саламатлығын беккемлеў, инсан потенциалын жүзеге шығарыў ушын шараятларды жаратыў, десек, қәте болмайды.
Сондай-ақ, ҳүжжетте тәбийий ресурсларды үнемлеў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын сақлаў, көбейтиў ҳәм кейинги әўладқа жеткериў, "жасыл" экономика принциплерин кеңнен енгизиў, экономиканы ықлым өзгериўине бейимлестириўге қаратылған жойбарларды турақлы қаржыландырыў, республиканың энергия балансында қайта тиклениўши энергия үлесин арттырыў, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында ири "жасыл энергия" станцияларын қурыў илажлары да нәзерде тутылған.
Аймақларда киши ҳәм микро гидроэлектростанциялар тармағын кеңейтиў, халықтың шаңарақларында қуяш панеллерин орнатыўды хошаметлеў, экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўда заманагөй энергия үнемлеўши технологияларды кеңнен қолланыў арқалы экономикада "углерод изин" азайтыў, экологиялық турақлылыққа бағдарланған аймақлар ҳәм тармақлараралық муўапықластырыўды тәмийинлеў сыяқлыларға айрықша итибар қаратылып, ресурслар бағдарланған.
Усы жылы 27 мыңнан аслам социаллық ҳәм жеке меншик объектлер және 35 мың шаңараққа киши қуяш панеллерин орнатыў, инвестициялық жойбарлар шеңберинде 2 763 МВт қуяш, 752 МВт самал, 128 МВт гидро ҳәм 1782 МВт энергия сақлаў системасын иске қосыў, 2025-2026-жыллары улыўма қуўатлылығы 164 мегаватт болған 3 мың микро гидроэлектр станциясын қурыў усылардың қатарына киреди.
Бул бағдарламалық ҳүжжетте жаслардың жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин 43 процентке жеткериў, жоқары билимлендириў мәкемелерин дүньяның ең абырайлы "Топ-1000" жоқары билимлендириў шөлкемлериниң рейтингине киргизиў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленген. Бул, өз гезегинде, билим алыў тилегинде болған көплеген жигит-қызлардың арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыў, билимлендириўдиң сапасын жаңа басқышқа алып шығыўға тийкар жаратады.
Мийнетке жарамлы халықтың, соның ишинде, жаслар ҳәм майыплығы болған шахслардың турақлы ҳәм нәтийжели бәнтлигин тәмийинлеў арқалы жумыссызлық дәрежесин түсириў бағдарындағы ўазыйпалар да әҳмийетли болып есапланады. Улыўма, жойбарда баян етилген идеялардың мазмун-мәнисин терең таллап көрсек, онда ўатанласларымыз ушын мүнәсип турмыс шараяты ҳәм заманагөй инфраструктура шөлкемлестириў, барлық исленетуғын жумысларымыз инсан қәдирин улығлаўға қаратылғанына исенемиз.
Мәмлекетлик бағдарлама, бул белгили бир дәўирде мәмлекет көлеминде орынланатуғын жумыслар жыйындысы. Усы мәнисте, ҳәр бир пуқара жойбарды буннан былай да жетилистириў бойынша өз пикир-усынысларын бериў менен бирге, бул процессте белсене қатнасыўы керек. Себеби, бул қатнасымыз мәмлекеттиң тәғдири ҳәм раўажланыўы тымсалында өз көринисин табады.
Хушвақт ҲАЙИТОВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты