Мопед ҳәм скутерлер де енди транспорт қуралы есапланады

    Усы күнлерде елимиз бойлап мопед ҳәм скутерлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм оларға айрықша ажыратыўшы мәмлекетлик номер белгилерин бериў жумыслары орынланбақта.

    Гәп сонда, быйыл 1-марттан баслап мопед ҳәм скутерлер де транспорт қатарына қосылады ҳәм бурынғыдай велосипед жолларында емес, ал автомобиль жолында ҳәрекетленеди. Усы ўақыттан баслап усы түрдеги транспорт қуралларын басқарыўшы айдаўшылардан "А" категориясындағы айдаўшылық гүўалығы талап етиледи.

    Бул талап социаллық тармақларда кең додалаўларға себеп болып, адамлардың айырым наразылықларына да себеп болмақта. Көпшилик булардың ҳәммеси артықша қәрежет екенин жазып атырған болса, басқа тармақ пайдаланыўшылары өз аймағында "А" категориясындағы айдаўшылыққа үйрететуғын автомектеплер жоқ екенлигин айтпақта.

    Автомобиль айдаўшылары болса бул тап керекли қарар болған, деген пикирде. Соның ушын, соңғы ўақытлары жолларда мопед ҳәм скутерлер көбейип кеткени, олардың айырым айдаўшылары тәрепинен жол ҳәрекети қағыйдалары қатаң түрде бузылып атырғаны сыр емес. Бирақ, бул мототранспорт қураллары мәмлекетлик номер белгисине ийе болмағаны себепли, оларды камералар дизимге алмайды ҳәм жәрийма төлеўден "қутылып қалады". Буннан көбинесе автотранспорт қуралларының ийелери зыян көреди.

    Жуўапкерлердиң атап өтиўинше, мопед ҳәм скутерлер басқа транспорт қураллары сыяқлы жолларда ҳәрекетленетуғын болса, демек, жол ҳәрекети қағыйдаларын басқа айдаўшылар сыяқлы билиўи ҳәм әмел етиўи керек. Сол себепли, 1-марттан баслап мопед ҳәм скутерлерди мәмлекетлик номер белгиси менен басқарыў мәжбүрий екенлиги белгиленди. Буның ҳуқықый тийкарлары ҳәм зәрүр талаплары да көрсетилген.

    - Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 17-июльдеги тийисли қарары менен автомобиль жолында ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған бир қанша өзгерислер киргизилип, электромотоцикл, мопед ҳәм скутерлер ушын айрықша парықлаўшы мәмлекетлик номер белгилери енгизилген, - деди Республикалық Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети мәлимлеме хызметиниң баслығы Зойир Йўлдошев. - Усы қарар менен пайдаланыўда болған мопед ҳәм скутерлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртиби ҳаққында 2025-жыл 28-февральға шекем әмел ететуғын ўақытша реже де тастыйықланған. Оған бола, двигателиниң жумыс көлеми 25 сантиметр куб ҳәм оннан артық, бирақ 50 сантиметр кубтан аспайтуғын, сондай-ақ, электр двигателиниң қуўатлылығы 0,25 киловатт ҳәм оннан артық, бирақ 4 киловатттан аспайтуғын, конструктивлик тезлиги саатына 25 километр ҳәм оннан артық, бирақ 50 километрден аспайтуғын транспорт қураллары (мопед ҳәм скутер) ушын айрықша дизимнен өткериў мәмлекетлик номер белгилери енгизилди. Сондай-ақ, усы түрдеги транспорт қуралын басқарыўда, әлбетте, айдаўшының басында шлем, кийиминде қәўипсизлик жилеткасы болыўы талап етиледи. Қалаберди, айдаўшыдан миллий айдаўшылық гүўалығының "А" категориясы соралады. Бул транспорт қуралларын ижараға алыўда ямаса бериўде, исенимнама арқалы басқарғанда да мәмлекетлик номер белгилери болыўы зәрүр. Болмаса айдаўшыға жәрийма салынады.

    Бул қарар, бәринен бурын, халықтың мәпи, айдаўшы ҳәм жолаўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде қабыл етилгенин түсиниў керек. Айдаўшылық гүўалығын алған пуқара жол қағыйдаларын биледи ҳәм оларға әмел етеди. Мопед ҳәм скутерлерди мәмлекетлик дизимнен өткерип, мәмлекетлик сан белгилерин бериў де қәўипсизликти тәмийинлеў илажлары менен байланыслы. Атап айтқанда, усы түрдеги транспорт қуралларының техникалық сазлығын тексериў, олар менен байланыслы урлық жынаятларының алдын алыў ҳәм басқа да жағдайлар есапқа алынған. Жоқарыдағы режениң әмел етиў мүддети тамамланғанша - усы жылдың 1-мартына шекем мопед ҳәм скутерлер белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи керек. Бул дәўир усы транспорт қуралларының ийелери ушын имканият болып, ҳәзир бир түсиник хаты ямаса арза менен әмелге асырылады. Белгиленген мүддеттен кейин болса улыўма тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткериў жолға қойылып, мопед ҳәм скутерлерден де басқа транспорт қураллары сыяқлы есап бети соралады.

    Мәмлекетлик номер белгисин алыў тәртиби қандай?

    Мопед ямаса скутерлер Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети аймақлық басқармаларының дизимнен өткериў ҳәм имтихан алыў бөлимлери тәрепинен мәмлекетлик дизимнен өткериледи. Процесс өткен жылдың октябринен басланған. Усы жылдың басынан талапкерлердиң саны және де артты. Усы жылы 10-январьда Сурхандәрья ўәлаяты жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының дизимге алыў бөлиминде де ўәлаяттағы бир неше мопедке мәмлекетлик номер тапсырылды. Белгиленген мүддет тамам болыўынан алдын адамлар өзлерине тийисли мопед ҳәм скутерлерди мәмлекетлик дизимнен өткерип, мәмлекетлик номер белгилерин алыўға умтылмақта. Бул мүддет ақырына келип гезек кескин артыўының алдын алады.

    Бирақ, елеге шекем бул әмелият тәртиби ҳаққында анық түсиникке ийе болмағанлар да бар. Жуўапкерлердиң түсиндириўинше, мопед ҳәм скутер ийелери мәмлекетлик сан белгисин алыў ушын Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети аймақлық басқармаларының дизимге алыў ҳәм имтихан алыў бөлимлерине мүрәжат етеди. Ол жерде жуўапкер хызметкерлер тәрепинен мопед ямаса скутер сыртқы тексериўден өткерилип, агрегат номерлери үйрениледи ҳәм номерлер арнаўлы системаға киргизиледи. Мүрәжат етиўши шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжетти хызметкерге усынғаннан кейин, артықша сораўларсыз белгиленген тәртипте түсиндириў хаты бланкларын толтырады. Тийисли тәртипте мәмлекетлик бажыны төлегеннен кейин, дизимге алыў жумыслары орынланады.

    Ҳәзирги ўақытта мопед ямаса скутерди мәмлекетлик дизимнен өткериў төлеми базалық есаплаў муғдарының 1,5 есеси - 562 мың 500 сумды қурайды. Мәмлекетлик номерди алыў төлеми де тап сондай муғдарда - 562 мың 500 сум. Транспорт қуралы дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалық ушын базалық есаплаў муғдарының 70 проценти - ҳәзир 262 мың 500 сум төленеди. Хызмет ушын болса базалық есаплаў муғдарының 10 проценти - 37 мың 500 сум алынады. Солай етип, мопед ҳәм скутерлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм мәмлекетлик номер белгилерин алыў ушын жәми 1 миллион 425 мың сум мәмлекетлик төлем төленеди.

    "А" категориясындағы айдаўшылық гүўалығын

    алыў ушын қайта оқыў керек пе?

    Алдынғы жол ҳәрекети қағыйдаларында "скутер" атамасы жоқ еди ҳәм мопедтиң түсинигинде бир болып келтирилген. Ҳүкиметтиң тийисли қарары менен жол ҳәрекети қағыйдаларына киргизилген өзгерислерде болса "скутер" атамасы "мопед" атамасынан ажыратып алынды ҳәм өз алдына түсиникке ийе болды. Солай етип, мопед - ишки жаныў двигателине ийе болған 2, 3 ямаса 4 дөңгелекли транспорт қуралы болса, скутер электр двигателине ийе болған 2, 3 ямаса 4 дөңгелекли транспорт қуралы болып табылады.

    Усы күнге шекем мопед ҳәм скутерлер велосипед жоллары бойлап ҳәрекетлениўи керек еди. Автомобиль жолында болса олардың басқа ленталарға өтиўи ҳәм бурылып алыўында шеклеў бар еди. Енди мопед ҳәм скутерлер де транспорт қураллары қатарында автомобиль айдаўшылары ҳәрекетленип атырған жол бөлиминен басқа ленталарға өтип ҳәрекетлениўи мүмкин. Бул имканият ҳәм қолайлық қосымша талапларды да жүклейди. Бул түрдеги транспорт қуралларын басқарыўшы айдаўшылар "А" категориясындағы айдаўшылық гүўалығына ийе болыўы мәжбүрий етип белгиленди.

    Бул талап халық арасында ҳәр қыйлы тартысларға себеп болмақта. Тийкарғы машқала Ташкент қаласы ҳәм басқа да аймақларда дерлик бир жыл даўамында "А" категориясындағы айдаўшылық гүўалығына оқытатуғын автомектеплер болмағаны, соңғы бир айда ғана олардың бир нешеўи жумыс баслағаны менен байланыслы. Қалаберсе, мопед ҳәм скутер айдаўшыларының көпшилиги социаллық қыйыншылыққа ушыраған инсанлар болып, бул салыстырмалы арзан транспорт қуралынан тиришилик дәреги сыпатында пайдаланады. Сонлықтан, адамлар арасында қысқа мүддетте "А" категориясындағы айдаўшылық гүўалығын алыў мүмкин бе, оның қәрежетлери транспорт қуралының өзинен де қымбатқа түспейди ме, бул талап шараяты аўыр адамларды қыйнап қоймайды ма, деген наразылық сораўлар көбейген.

    - "А" категориядағы айдаўшылық гүўалығын алыў ушын барлық айдаўшы автомектепте оқыўы талап етилмейди, - дейди Республикалық Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети мәлимлеме хызметиниң баслығы Зойир Йўлдошев. - Улыўма айдаўшылық гүўалығына ийе болмаған пуқаралар мопед ҳәм скутерди басқарыў ушын автомектепте тийисли тәртипте оқыўы керек. "Б" ҳәм "С" түрдеги айдаўшылық гүўалығына ийе болған адамлар болса "А" категориясындағы айдаўшылық гүўалығын алыў ушын қайта оқыўға шәрт емес. Олар имтихан орайларына барып, тийисли тәртипте имтихан тапсырыў арқалы "А" категориясындағы айдаўшылық гүўалығын алыўы мүмкин. Автомектеплерде бундай категориядағы айдаўшылық гүўалығын бериў бир мүддет тоқтап қалғаны орынлы наразылық. Гәп сонда, автомектеплердиң барлығы жеке меншик сектор болғаны себепли, талаптан келип шығып лицензия алады ҳәм соған қарай айдаўшылар таярлайды. "А" категориядағы айдаўшылық гүўалығы ушын оқытыў курсларының шөлкемлестирилмегени де мине усы талап пенен байланыслы. Ҳәзирги ўақытта Ташкент қаласында 160 автомектеп жумыс алып барып атырған болса, соннан онында "А" категориясындағы айдаўшылық гүўалығы берилип атыр.

    Солай етип, қарар талаплары қатаң. Талабанлар белгиленген мүддетке шекем жетип барыўы керек. Себеби, 2025-жыл 1-марттан баслап мәмлекетлик дизимнен өтпеген, мәмлекетлик номер белгиси ҳәм "А" категориясындағы айдаўшылық гүўалығына ийе болмаған мопед ҳәм скутерлердиң айдаўшыларына белгиленген тәртипте жол ҳәрекети қағыйдаларына муўапық жаза илажлары қолланылады. Транспорт қуралы ҳәрекеттен тоқтатылып, жәрийма майданына қойылыўы мүмкин.

    Ирода ТОШМАТОВА,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы