Системалы әҳмийетке ийе банклер дизими неге керек?

    Халықаралық финанс базары бәрқулла турақлы болып турмайды. Қандайда бир ҳәдийсе ямаса фактор оны турақсыз, исенимсиз ҳалатқа келтириўи мүмкин.

    Мәселен, 2008-жылы басланған кризис жәҳән финанс базарына үлкен тәсир көрсеткен еди. Буның тийкарғы факторы сыпатында ипотека базарындағы өзгерислер, яғный банклер тәрепинен ипотека кредити ажыратыў бағдарындағы надурыс жумыс орны көрсетилген еди.

    Дүнья бирдей, базарлар бир-бири менен байланыслы. Бул глобалласыў, раўажланыўдан дәрек береди. Бирақ, айырым жағдайларда мине усындай жағдайлар унамсыз ақыбетлерди келтирип шығарыўы мүмкин. Оған сол жәҳән финанслық-экономикалық кризиси дәўиринде ири финанслық институтлардың жарамсызлығы финанслық система ҳәм реал экономикаға айрықша унамсыз тәсир көрсеткени айқын дәлил болады. Бул болса Банк қадағалаўы бойынша Базель комитети тәрепинен финанслық турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде бир қатар макропруденциал илажлар ислеп шығылыўына себеп болды. Соның ишинде, финанслық жағдайдың төменлеўи пүткил мәмлекет экономикасына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин болған банклерде жүзеге келетуғын структуралық системалы қәўип-қәтерлердиң алдын алыў мақсетинде жергиликли системалы әҳмийетке ийе банклер бойынша өз усынысларын ислеп шықты.

    Өзбекстан банк системасында да макропруденциал басқарыў, нызам тийкарында қадағалаў орнатылыўы, банклер жумысының либералластырылыўы, банк хызметлеринен пайдаланыўшылардың ҳуқықларына үстинлик берилиўи мине усындай механизмин жаратылыўына алып келди. Усы мақсетте Орайлық банк тәрепинен биринши мәрте системалы әҳмийетке ийе банклердиң дизими қәлиплестирилди. Бул әҳмийетли. Себеби, экономикалық ҳәм финанслық өсиў пәтин тәмийинлеўдиң аўырлығы, биринши гезекте, қорларды инвестицияларға айландырыўшы банклер ҳәм кредит шөлкемлериниң мойнына түседи. Ҳәзирги ўақытта бул дизимнен "Өзмиллийбанк" АЖ, "Агробанк" АТБ, "Өзсанаатқурылысбанк" АТБ, АТ "Халық банки", "Ипотека-банк" АТИБ, "Капиталбанк" АТБ, "Асакабанк" АЖ орын алған.

    Бирақ, бул дизимге клиентлери, филиаллары көп, көбинесе бюджет қаржылары менен ислейтуғын, мәмлекетлик әҳмийетке ийе стратегиялық ўазыйпаларды орынлаўға жумсалып атырған банклердиң айырымлары кирмей қалған. Дизимге кирмей қалған ири банклердиң жумысы мәмлекетимиз банк системасындағы "ҳаўа-райы"н белгилей алмай ма?

    - Системалы әҳмийетке ийе болған банклер Орайлық банктиң 2023-жыл 18-февральдағы қарары менен тастыйықланған реже тийкарында анықланады, - дейди Орайлық банктиң банк системасы турақлылығы департаменти директорының орынбасары Учқун Жуманазаров. - Атап айтқанда, бул банклерди анықлаўда банклердиң тек ғана айырым көрсеткишлери емес, ал мәмлекеттиң қаржы системасына тәсир көлеми, банк системасы қатнасыўшылары менен өз-ара байланыслылығы, қамтып алыўы ҳәм әмелге асыратуғын операциялардың қурамалылығы өлшемлери есапқа алынады.

    Системалы қәўип-қәтерлер ҳәм системалы әҳмийетке ийе банклер ушын қолланылыўы мүмкин болған макропруденциал илажлар ҳаққындағы мағлыўматлар менен Орайлық банк рәсмий веб-сайтының "финанслық турақлылық" бөлиминде жайласқан "Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң макропруденциал сиясаты тийкарлары" бөлиминде кеңирек танысыў мүмкин. Сондай-ақ, оған системалы әҳмийетке ийе банклерди анықлаў тәртиби де жайластырылады.

    Олардың жумысын тийисли муўапықластырыў ҳәм қадағалаў механизмлерин жетилистирип барады. Системалы әҳмийетке ийе банклердиң дизимин дүзиў де мине усы бағдарда алып барылып атырған жумыслардан бири болып есапланады.

    Системалы әҳмийетке ийе банклердиң дизими ҳәр жылы жаңаланып барылады. Ол коммерциялық банклердиң раўажланыўы ушын белгили бир хошамет оятыўы мүмкин. Яғный, оған басқа коммерциялық банклер де кириў имканияты бар. Бул дизим бир жылда бир мәрте кейинги жыл ушын жәрияланып барылады ҳәм Орайлық банк тәрепинен өз алдына банк қадағалаўын орнатыўда пайдаланылады.

    Усы жерде системалы әҳмийетке ийе банкте қандай да бир шынжырлы машқала жүзеге келсе, ол қалай шешиледи, деген сораў да пайда болыўы мүмкин. Әне усындай қәўип-қәтерлердиң жүзеге келиўиниң алдын алыў мақсетинде Орайлық банк тәрепинен банклердиң төлем имканияты ҳәм ликвидлигин тийкарғы ҳәм қәўипли сценарийлер тийкарында өткерилетуғын макростресс-тест қураллары арқалы турақлы баҳалап барылмақта. Зәрүр жағдайларда системалы әҳмийетке ийе болған банклерге макропруденциал илажлар қолланылады. Атап айтқанда, системалы әҳмийетке ийе болған банклер ушын қосымша буферлер енгизилиўи мүмкин.

    Системалы әҳмийетке ийе банклер басқа банклер қатары белгиленген нормативлер шеңберинде банк операцияларын әмелге асырады. Оларда жүзеге келиўи мүмкин болған қәўиплердиң алдын алыў мақсетинде турақлы таллаўлар әмелге асырылады ҳәм жылына еки мәрте басып шығарылатуғын финанслық турақлылық шолыўында сәўлелендирилип барылады.

    2024-жыл 1-декабрь жағдайына бола, системалы әҳмийетке ийе банклердиң Өзбекстан банк системасы жәми активлериндеги үлеси 66 процентти қурады.

    Улыўма алғанда, бул әмелият, бириншиден, кейинги жыллары мәмлекетимиз банк системасында исленип атырған жумыслардың халықаралық стандартларға бейимлесип баратырғанынан дәрек берсе, екиншиден, глобал көлемде жүз бериўи мүмкин болған жағдайлардың алдын алыўда қолайлы болады.

    Дилшод УЛУҒМУРОДОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы