Әскерий – ўатансүйиўшилик фильмлери тынышлық ҳәм пидайылық үгит-нәсияты болып есапланады

    Усы күнлерде көрсетилиўи күтилип атырған "Қутқарыўшы" ҳүжжетли фильми де жасларды ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўға хызмет етеди.

    Президентимиз Шавкат Мирзиёев Ғәрезсизлигимиздиң отыз үш жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимде шығып сөйлеген сөзинде: "Қураллы Күшлеримизди заманагөй қурал-жарақ ҳәм техника менен тәмийинлеў, олардың жаўынгерлик ҳәм руўхый потенциалын арттырыўға буннан былай да үлкен итибар қаратамыз.

    Бирақ, тынышлықты сақлаў тек ғана әскерлеримиздиң иси болып қалмаўы керек. Бул бәршемиздиң, ҳәр бир Өзбекстан пуқарасының муқаддес ўазыйпасы болыўы шәрт", деп атап өткен еди.

    Ҳәр қандай армияның жаўынгерлик потенциалы тиккелей руўхый раўажланыў менен де байланыслы. Себеби, ўатансүйиўши болған инсан қәлбинде жаўынгерлик руўх жалын алады. Ўатан сүйиўшилик болса, руўхый азық-аўқат, тәлим-тәрбия өними екенин жақсы билемиз. Бунда әсиресе, көркем өнер ҳәм әдебияттың өзине тән орны бар. Сол себепли, елимизде жаслардың тәлим-тәрбиясы, әсиресе, әскерий-ўатансүйиўшилик руўхындағы шығармаларды жаратыўға үлкен итибар қаратылмақта.

    Қалаберсе, Миллий армиямыздың ҳүрмети, Ўатан қорғаўшылары күнине бағышланған илажлар жылдан-жылға жаңаша көриниске ийе болмақта. Атап айтқанда, Кинематография агентлиги де быйыл байрамға мүнәсип саўғалар таярлады. Агентликтиң "Ҳүжжетли ҳәм хроникал фильмлер киностудиясы" МУК тәрепинен усынылып атырған, Қорғаныў министрлиги менен биргеликте исленген ҳүжжетли фильмлер көпшиликте қызығыўшылық оятпақта. Соның ишинде, Әскерий авиация институтының жумысы ҳаққындағы "Жаңа Өзбекстан бүркитлери", Қураллы Күшлер академиясы ҳаққында сөз ететуғын "Уллы жүрек пенен қутлы сапларға" ҳәм Мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм байланыс әскерий институтына бағышланған "Заманагөй әскерий институт" фильмлери усы елдиң пуқарасы болған ҳәр бир ўатанласымыздың қәлбинде шексиз мақтаныш оятыўына исенемиз. Қалаберсе, "Жаңа Өзбекстан кинобетлери" цикли шеңберинде сүўретке алынған бул фильмлер көплеген жаслардың өмиринде әҳмийетли орын ийелейтуғынына гүман жоқ. Олардың барлығы руўхландырыўшы тәсирге ийе.

    Усы күнлерде көрсетилиўи күтилип атырған "Қутқарыўшы" ҳүжжетли фильми де жасларды ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўға хызмет етеди. Себеби, Айрықша жағдайлар министрлиги менен биргеликте исленген бул фильмде қутқарыўшылардың машақатлы жумысы, айрықша жағдайларда көрсеткен мәртлиги айқын ашып бериледи.

    Кейинги ўақытларда әскерий тараўға байланыслы фильмлерди жаратыўда жас дөретиўшилердиң қоллап-қуўатланыўы заманагөй руўхтағы кино ҳәм сериаллардың экран жүзин көриўге хызмет етпекте. Соның ишинде, "Өзбек қызы" фильминде бас ролди атқарған талантлы актриса Айсанем Юсупованың талантының жаңа қырлары айқын көринди.

    Кинематография агентлиги буйыртпасына бола Миллий Гвардия, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы ҳәм "Ренессанс" телеканалы менен биргеликте "Лигер Синема" киностудиясы тәрепинен сүўретке алынған "Ўәде" атамасындағы көп бөлимли сериалда да талантлы жигит-қызлар дәслепки дебют роли менен жас актёр ҳәм актриса сыпатында танылды.

    Өткен жылы Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен "Темурбеклер мектеби" әскерий академиялық лицейлери ҳаққында көркем фильмлер алыў ўазыйпасы белгилеп берилген еди. "Ўәде" сериалы усы ўазыйпаның орынланыўы сыпатында әскерий мелодрама жанрында сүўретке алынды. Бул фильм тамашагөйлерге усы бағдарда исленген "Сардор" сериалын еслетсе де, тамашагөйге жаңаша руўх, кейпият береди.

    Сериал жаслардың әскерий билим алыў процесин, интизам ҳәм жуўапкершиликти сезиниўди үйрениў, жәмәәтте ислеў көнликпелерин қәлиплестириў сыяқлы әҳмийетли тәреплерди сәўлелендиреди. Сондай-ақ, шығармада дослық, садықлық, мәртлик ҳәм ўатансүйиўшилик сыяқлы уллы қәдириятлар улығланады. Тәлим-тәрбияның инсан турмысындағы орны да сәўлелендирилген. Булардың негизинде жасларды әскерий тараўға қызықтырыў турғанлығы мақсетке муўапық.

    Тийкарынан жас өспиримлерге мөлшерленген "Ўәде"де ертеңги күн ийелери өз заманласларының әскерий турмысын көреди. Сериалда "Темурбеклер мектеби" әскерий академиялық лицейи турмысы оқыўшылар қаҳарманлары жәрдеминде ашып берилген. 2024-жылдан "Темурбеклер мектеби"не қызлар да қабыл етилиўи басланғаны ушын қаҳарманлар арасында 5 қыз да бар. Жас актёр ҳәм актрисалар сүўретке алыў процесинде күтилмеген жағдайларды басынан кеширгенлиги ҳаққында толқынланып айтты.

    - Биринши мәрте өзимди актриса сыпатында сынап көрдим. Ҳәр бир эпизодда қатнасыў процесинде ўатанға болған муҳаббат, мәртликти өз турмысымызда, әмелде сездик. Әсиресе, полигонларда шынығыўлар өткергенимизде, пүткиллей басқаша турмысқа түсип кеткендей болдым. Улыўма алғанда, әскерлердиң ўатан алдындағы миннети тек ўәде болмайтуғынын түсинип алдым, - дейди бас қаҳарманлардан бири.

    Және бир қаҳарман болса, бас роль атқарыўы ушын сыйлықланыўдан да, төрт ай даўамында ўатансүйиўшилик сезиминде тәрбияланғаны ушын миннетдар. Себеби, "Темурбеклер мектеби"нде шөлкемлестирилген сүўретке алыў процесслери оның өмиринде өзгеше из қалдырды.

    - Буның өзине тән қызықлы ҳәм қыйын тәреплери болған, әлбетте. Булар ҳаққында узақ сөйлеў мүмкин. Сериалдың қай дәрежеде исленгенине тамашагөйдиң өзи баҳа береди, - деди ол.

    Аўа, негизги баҳасын тамашагөй береди. Оларды әскерлердиң турмысы менен жақынластырған, елеге шекем тән алынған "Сардор" сериали сыяқлы "Ўәде" де жасларымыздың қәлбинен орын алады, деп ойлаймыз.

    Муножат МЎМИНОВА,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы