Қәнекей, усы пикир үлкен ҳәриплер менен ҳәммениң күнде көзи түсетуғын жерлерге жазып қойылса екен! Қәнекей, шаңарақларда усы пикирди шын кеўилден тәкирарлап туратуғын бир қурал болса! Қәнекей, балалар бақшаларынан баслап мектеплер, жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқытылатуғын оқыў бағдарламаларының мазмунына усы пикир де сиңдирилсе! Әйне усы гәплерди ҳаял екенлигимен, аналардың абырайын көтериў ушын емес, елимиздиң келешек әўлады шын мәнисинде бахытлы болыўын ойлаған инсан сыпатында айтып атырман.
Ғалаба хабар қуралларында, социаллық тармақларда ҳәр күни оқып атырғанымыз, көрип атырғанымыз, адамлардан жол-жөнекей қәлесек-қәлемесек еситип атырғанымыз шаңарақлық тынышсызлықлар, ерлердиң ҳаялына итибарсызлығы, күш көрсетиўи, мийримсизлиги, ўапасызлығы, ериншеклиги, сондай-ақ, ҳаял-қызлардың өмирлик жолдасына итибарсызлығы, ўапасызлығы, мийримсизлиги сыяқлы қәте ҳәм иллетлердиң айрықша ақыбетлери - тынышсызлық, урыс-қағыслар, аразласыўлар, сыртынан жасырын ҳәм ашық болатуғын жала ҳәм өсеклердиң нәтийжеси. Шаңарақ турмысы сахнасындағы бундай орталықтың себеплери, биринши нәўбетте, ата-ана, руўхый азап шегиўшилер, қурбанлары болса усы ата-ананың перзентлери есапланады. Өзин ҳақ деп билген әке ямаса ана мысқыл ҳәм кесентлер, бақырыспалар, тартыслар менен ишиндегисин шығарып алғаннан кейин бәлким белгили бир ўақыт жеңил тартар, бирақ ортадағы қара көзлер еки оттың арасында қалған сыяқлы ҳәр тәрепке термиледи. Негизинде олар не қыла алады, ашыў атына минип, сөзи ҳәм көзинен от шашып турғанлардың бири әкеси, екиншиси анасы.
Балалар ушын олардан жақын адам жоқ! Бирақ сол минутларда екеўи бир-бирине қарама-қарсы еки әлем болып турыпты. Жигербентиниң ата-анасына муҳаббаты, исеними, еки әзиз инсанына байланыслы арзыўлар менен урып турған жүрегин екиге бөлиў мүмкин бе?
Шаңарақлық келиспеўшиликлер, ажырасыўлар жылдан-жылға артып, жәмийетимиздиң аўыр машқалаларынан бирине айланды. Буның ақыбетинде тири жетимлер - кеўли кемлер көбейип бармақта. Машқалаға бундай қатнас жасаў, яғный жаңалық болмаған гәплерди тынымсыз тәкирарлаўдан пайда жоқлығын рәсмий мағлыўматлардағы санлар жылдан-жылға қайта-қайта атап өтпекте.
Келиң, тап усы мәселеге жоқарыда келтирилген "Атаның перзентине еткен ең үлкен жақсылығы өз ҳаялына көрсеткен ҳүрмети, мийрими болып есапланады" деген гәптиң мәнисинен келип шығып көз алдымызға келтирейик.
Жақты дүньяға келип, әтирапына қараған көпшилик нәрестелер, биринши гезекте, әкеси менен анасын көреди. Негизинде "жаңа мийман" еле ана қарнында болғанында анасының қасындағыларды даўысынан таныйтуғынын, анасының олар менен қатнасы ўақтындағы кейпиятынан келип шығып қуўанышлы ямаса қайғылы болатуғынын заманагөй илим де тастыйықлаған. Солай екен, төрт мүшеси саў, көрип, еситип, қасында болып атырған ўақыяларды бақлап турған нәрестени ҳеш нәрсени түсинбейди, еле ол жүдә кишкене деп ойлаў қәте.
Көз алдымызға келтирейик: денеси, руўхы таза, тек ғана денеси кишкене, бирақ үлкенлердиң барлық қәсийетлери тәбиятында бүртик жайып атырған баланың нәзери алдында күлимсиреп, көзлеринен меҳир, жүзинен қуўаныш жаўып турған әкеси менен анасына түсти. Күнлер, ҳәптелер, айлар, жыллар өтеди. Бәҳәр жазға, жаз гүзге, гүз қысқа айланып, тәбиятта өзгерислер жүз береди. Бала ҳәр қыйлы келбетли ҳәм ҳәр қыйлы минезли атасын-кемпир апасын, әжапасы менен апаларын, жийен менен дайыларын таныйды. Бирақ, ата-анасының көзи, сөзи, сезими өзгермеди. Олар мисли бир тутас дене ҳәм жүрекке айланып перзентин еркелетти, сөйлеўге үйретти, екеўи меҳир менен әлпешлеп, қолына нан ҳәм китап усынды. Кишкене баланың қуўнақ, қызығыўшаң, ҳәрекетшең, өкпе-гийнелерден жырақ, кеўли ояў ҳәм таза болып өсиўи ушын шаңарақтың бундай шараят, илҳамландырыўшы, жүректи үлкейтиўши орталығынан артық не болыўы мүмкин?
Балалық, өспиримлик, оқыўшылық, студентлик жыллары перзентлерге илим-өнер есиклерин ашыў менен бирге, олардың алдына бир қатар сынақлар, талаплар, таңлаўлар қояды. "Оқыўды даўам еттирейин бе ямаса өнер үйренейин бе?", "Келешекте ким болсам екен?", "Қай жерде оқығаным жақсы болады?" сыяқлы сораўлар өсип атырған орталығына қарап қайсы баланы жети, қайсысын болса онжети жасынан ойландыра баслайды. Бирақ ҳәр қандай жағдайда да ул-қыз (әсиресе, бизиң менталитетимизде) бул мәселени ата-ананың араласыўысыз, мәсләҳәти ҳәм жәрдемисиз шешиўи қыйын. Буннан тысқары, ата-ананың да "Балам пәленше болса екен", "Мына кәсипти ийелесе екен", деген нийети ҳәмме шаңарақта да екинши дәрежели емеслигин есапқа алсақ, әйне мәселе әтирапында өз-өзинен үш полюс пайда болады.
Бир турмыслық мысал келтирсем. Баслаўыш класста оқыйтуғын улын ана гүрес шынығыўына алып бармақшы болды. Әке материаллық жақтан қыйыншылық болатуғынын айтып, буған келисим бермеди. Ана төлемди өз мойнына алып, баланы тәрбияшыға тапсырып келди. Көп өтпей тренер жаңа шәкиртиниң қәбилетли, умтылыўшаңлығы ҳаққында сөз ете баслады. Тек әке ғана "Әпиўайы адамның баласынан чемпион шығар ма?" деген гәпти ашыўлы түрде тәкирарлап, ҳаялы менен бул ҳаққында тез-тез тартысып жекиринип таслайтуғын еди. Баласы шынығыўға кетип баратырғанда да, қайтып келгенде де жүзинде наразылық кейпияты болатуғын еди. Бара-бара баланың қызығыўшылығы сөнип, ақыры бир күни анасына шынығыўға биротала бармайтуғынын айтты. Әдеўир ўақытқа шекем тренер қоңыраў етти, сондай талантлы баланың күтилмеген қарарынан қапа болды. Мүмкин, бала ушын әкесиниң турақлы наразылығы астында жүргеннен гөре, таярлыққа бармай қалғаны аңсат болған шығар...
Усыған уқсас жағдай шаңарақларда ушырасып турады. Баланың кийиниўи, қызығыўшылығы, дос таңлаўы, үй жумысларында қатнасыўы сыяқлы мәселелерде әкениң таңлаўы анаға, ананың усынысы атаға жақпайды. Перзенттиң қәлеўи де жеке пикирлер, өлшемлер призмасынан өткерилип, тартысларға, тартыслар дурыслы келиспеўшиликлерге айланып кетиўи мүмкин. Ақыбетинде кимлер ашыўланған, кимлер өкпелеген, кимлер қол силтеген. Бул жағдай қайсы бир шаңарақларда гүрлеп жанған жалын киби тез өтеди, басқа шаңарақларда күнлеп түтейди.
Бала өзин бул кеўилсизликлерге себепкер билип қыйналып қалады. Өзинше машқалаға шешим излейди, яки кимниң даўысы ҳәм сөзи үстин болса, сол тәрепке өтип алады. Ямаса еки тәрептиң кеўлин алыў ушын еки жүзлилик ете баслайды. Үндемей тығылып, "ишимдегини тап" дейтуғын адамға айланады. Гейде хеш нәрсе ислемесе, артықмаш гәп шықпайды, деп қызығыўшылықларынан, жолдасларынан, ҳәтте шаңарақ ағзаларынан өзин шетке алып жүреди. Нәтийжеде басқа қызығыўшылық, умтылыўлары да сол тәризде ишинде қалып кетиўи, сөниўи мүмкин. Ашынарлысы, бул ақыбетлерге үлкенлер ҳәр дайым өз ўақтында итибар берип, қәтени дүзетиўге ҳәрекет етпейди де, жыллар өтип баласының жақсы оқымағанынан, ериншеклигинен, немқурайдылығынан, басқа балаларға уқсамайтуғынлығынан налынады.
Жоқарыдағы унамсыз көринис ата-ананың гәпи бир жерден шығатуғын, бири екиншисин сабырлылық ҳәм қызығыўшылық пенен тыңлайтуғын, бириниң пикири ямаса баслаған исин екиншиси қоллап-қуўатлайтуғын, ҳәр бир мәселе мәсләҳәт ҳәм өз-ара келисим тийкарында шешилетуғын шаңарақлардағы жағдай менен салыстырып көрилсе, қайсы орталықтағы балалардың жақсы оқыўы, қызыққан пәни ямаса тараўы бойынша имканиятлардан толық пайдаланып шуғылланыўы, өз мақсети жолында исенимли ҳәм турақлы болыўы, әтираптағылар менен қарым-қатнаста қыйналмайтуғынлығы, келешекте шаңарақ ҳәм жәмийетте орнын табыўға умтылатуғын баўыры пүтин инсан болып камалға келетуғынын аңлаў қыйын емес. Өз қызығыўшылықларына сәйкес келетуғын илим ҳәм өнер жолына ата-ананың разылығы, қуўанышы, пәтиясы менен қәдем қойған уллар, қызлардың көкирегинде бир емес, үш саламат ҳәм үнлес, татыў жүрек соғып турғандай, нәзеримде.
Ислам дининде жигит те, қыз да өзи разы болған инсан менен турмыс қурыўы кереклиги көрсетилген болса да, перзентлер ержеткен сайын көпшилик шаңарақларда оларды кимге үйлендириў, кимге узатыў, қандай сарпайлар ҳәм қандай той өткериў ҳаққында тартыслар қызады. Гейде турмыс қуратуғынлар бир шетте қалып, әке өзиниң көз қарасынан, ана өзиниң арзыў-нийетлеринен келип шығып күйеў яки келин таңлайды. Усындай ўақытта үлкенлер арасында "ҳаяллардың шашы узын, бирақ ақылы келте", "келте пәмли"ги, еркеклердиң "өзи руўзыгершиликти келистире алмай, қызына да сондай тәғдирди ылайық көрип атырғаны" сыяқлы гәплер гүжийди, үйден шарбаққа, дийўалдан асып көшеге шығады.
Еки тәрептеги қудалар қуўанышлы, ата-ана разы, кеўли тек жақсы дуўалар менен байыған жаслар неке ҳәм муҳаббат байланыслары менен байланысып, жаңа өмирге қәдем қойыўы ҳақыйқый бахыт емес пе?
Ақыллы, жети өлшеп бир кесетуғын адамлар ет баўырынан болған перзентиниң өмир саўдасына бийпәрўа қарамайды. Өмир бойы "шырт" еткен даўыс шықпаған шаңарақларда да қызды узатыў, улды үйлендириў алдында күтилмеген сораўлар, машқалалар, ҳәммеге айтып болмайтуғын ислер пайда болыўы мүмкин. Бирақ, бундай шаңарақ ийелери, өз пазыйлетлерине бола, бир-бирин айыпламайды. Керисинше, салмақлылық, мәселениң мәнисин үйрениў, өз-ара келисим менен шырайлы шешим излейди. Ақыбетинде биреў жүрек қаўсырып қәўетерленип жасамайды, айыпкер ҳәм ҳүрметсиз болмайды, мин тағыўға ушырамайды. Себеби, ақыллы, кеңпейил, муҳаббатлы, мириўбетли инсанлар түрли жағдайда өзиниң аты аппақ болыўы емес, жағымсыз жағдай келип шықпаўы ҳәм оннан кимдур жәбир көрмеўи ушын жан күйдиреди.
Данышпан пикирин және тәкирарлайман: "Атаның перзентине еткен ең үлкен жақсылығы өз ҳаялына көрсеткен ҳүрмети, мийрими болып есапланады".
Бул ҳикметти өзинше түсиндирип, "Ҳә енди әўмети келип ақыллы, парасатлы, жағымлы, гәп уғыўшы, шебер ҳәм аспаз, сыпайы, мийрим-шәпәәтли ҳаял болса, оны ҳүрметлейсең, меҳрибан боласаң-дә. Сәлемге қарап жуўап қайтады. Қәнекей ҳәмме ҳаял усындай болса", деўшилер де аз емес.
Бир мысал айтайын. Ерке қызды келин қылғанлар көп узамай, жүклери менен әке үйине таслап кетти. Инсапқа шақырғанларға: "Ҳәй-ҳәй, Қудай сақласын. Бир қәтелестик, енди босағамды бастырмайман", деди қәйин ене. Қыз сулыў еди, оны тойда көрген басқа бир ана перзент көрмегени ушын ҳаялынан ажырасқан баласына алып берди. Көп өтпей қыз және анасының қасына көп қатнайтуғын болды. Ол күйеўиниң жүдә талапшаңлығына шыдай алмай атыр еди. Бул турмысы да болатуғын сыяқлы емес еди. Ортаға қыздың кемпир апасы түсти, күйеў менен сөйлести, жигиттиң салмақлылығы, ислериниң пухталығын меҳир менен мойынлап, ақлығының тәғдиринен жүдә қәўетерде екенин айтты. Күйеў кемпир апасына: "Қуда қәлесе, сөзиңизди жерде қалдырмайман", деп ҳаялын өзи менен алып кетти. Және азы-кем гәп алысыўлар болды, бирақ күйеў сөзинде турды - ҳаялын беккем услады. Соның арасында Жаратқанның сыйлығына қараң, келин ҳәмиледар болды. Күйеў менен анасының қуўанышын көрсеңиз еди! Келиншекти жер-көкке исенбей қойды, оның еркеликлери, ойланып-ойланбастан сөйлеп кетиўи олар ушын Жаратқанның берип атырған несийбеси алдында арзымаған, өткинши, хош ийисли таңлап алынған розаның кишкене тикенлериндей болып қалды. Ҳәзир сол келиншек кийиминен баслап гәп-сөзине шекем, бет әлпетине шекем өзгерип, және де сулыўланып, жағымлы болып кеткен. Биринши перзенти қыз еди, жақында ул туўғанын айтты.
Аўа, инсан баласы периште емес, туўылыўдан алжасыўға, қәте ислеўге бейим. Себеби бесиктен қәбирге шекем оқыўымыз, үйрениўимиз шәрт. Кимдур жақсы орынлаған жумысқа кимдур уқыпсыз болыўы, ким тил менен, ким қол менен кеўлин алыўы, ақыл-ойда ким өткир, ким ақылсыз болыўы, кимдур ойнап-күлип орынлаған ўазыйпаны кимдур еплей алмаўы тәбийий жағдай деп қараў керек. Дөретилиўден ҳәммемиздиң ақыл қәбилетимиз де түрлише дәрежеде. Солай екен, әтирапымыздағы ҳәр бир адамның өзине тән өзгешеликлерин жақсы билмей турып, оған өзимиздиң қәлеўимиз, қәлипимиз дәрежесинде талап қойыўымыз дурыс емес.
Бир рәўиятта айтылыўынша, устаздың шәкиртлеринен бирине мүнәсибети, меҳириниң өзгешелигин сезип жүрген шәкиртлер ақыры устаздан буның себебин сорапты. Сонда устаз аппақ қағаздың ортасына қара қәлемде ноқат қойып, сораў берген талабалардан "Нени көрип турсыз?" деп сорапты. "Ақ қағаз ортасындағы қара ноқатты", деп жуўап берипти олар. Кейин устаз меҳир қойған шәкиртине де усы сораўды берипти. "Ақ бетти көрип атырман, - депти ол. - Ортасында кишкене, билинер-билинбес ноқатша", "Түсиндиң бе, - депти данышпан устаз. - Сизге де ибратлы тәрепи - бул теңлесиңиз, биринши гезекте, ҳәмме нәрсениң ақ, жақсы, қайырлы тәрепин көреди...".
Жаслығымда әкем жумыстан қайтатуғын ўақыт биз ушын мисли байрам болатуғын еди. Көше ҳәм ҳәўлилерди қайтадан сыпырып, шәйнек-кеселерди жақсылап жуўып, шырайлы көрпешелер салынатуғын еди. Күлимсиреп кирип келген әкемниң алдына шығатуғын едик. Жыллар аңлатып барды: мектепте сабақларды ықлас пенен тыңлаўым, ҳәмме сабақта жуўап бериўге таяр болып айрықша баҳалар алғаным, китапларды мәнили оқыўды жақсы көргеним, тиккен тақыямның шырайлы шығыўы ушын ҳәрекет еткенлерим - булар, бәринен бурын, бәрқулла бизге: "Жақсы оқыңлар. Тирилигимде алған билимлериң - меннен қалатуғын ең үлкен мийрас", деп нәсиятлайтуғын, жақсы ислеримизден қуўанатуғын әкемниң гөне тақыясын да тасламай, жоқарыдағы текшеде сақлайтуғын анамды қуўантыў ушын екен. Мине, усы меҳир дүньяға қуўаныш пенен қараўым, заманласларым арасында басымды тик тутып жүриўим, пикирлеримди исенимли айтыўым ушын қоллап-қуўатлап турды. Аңлағаным, күйеўинен меҳир ҳәм ҳүрмет көрмеген ҳаяллардың көпшилиги өзи билип-билмей, ақыбетин ойламастан ашыўын балаларынан алады - жекиреди, жулқыйды, қазан-табақты да суўға таслап кетиўи ҳәм ҳәттеки неше күнлеп әкесиниң үйине кетип қалыўы да көп ушырасады. Шаңарақтағы тынышсызлық, урыс-қағыс балалардың көшеге муңлы, руўхый шаршаў менен шығып кетиўине, күн бойы соның тәсиринен шыға алмай жүриўине, кеште үйине жүреги түршигип қайтыўына себеп болады.
Турмыс көрсетеди, тыныш-татыў, ел арасында тек жақсы тәреплери менен танылған шаңарақлардың ағзаларында мине усы пазыйлет үстин. Олар турмыста биринши дәрежеде әҳмийетли болған дурыс ислери, әдетлери, минез-қулықларын қәдирлеп, қәте ҳәм кемшиликлерин түсинеди, келиседи, кемшиликлерди дүзетиў мүмкинлигине исенеди, кеширеди. Буны тәбийий жағдай деп қабыл етип, өкпе-гийне сақлап жүрмейди.
Ер жигитлер ўатанның таўдай, темирдей қорғаўшылары, сақшылары. Мине, усы таўдай шыдамлылық, темирдей ерк-ықрар, биринши гезекте, олардың денесинен емес, қәлбинен қуўат алады. Тарийхта азшылық бола турып, өзинен бир неше есе көп душпан үстинен жеңиске ерискен ўатан қорғаўшылары, жеңимпазлар ҳаққында көп еситкенбиз. Олардың қәлбиндеги ана топыраққа, ана халыққа шексиз муҳаббаты, ҳақыйқый садықлық, ел-журт азатлығы ушын пидайылық билеклерине, жүреклерине күш, ғайрат бағышлаған.
Шаңарақ та ўатан ишиндеги әжайып ўатан, жәмийеттиң алтын ҳалқасы. Оның бузылыўы аршты ләрзеге келтиреди, жәмийет жарылады. Бул әжайып ўатанның да турақлылығы, қорғаныўы, беккемлиги, биринши гезекте, ер адамлардың жуўапкершилигинде. Олардың физикалық ҳәм руўхый дүньясында мине усы жуўапкершиликке, мақтанышқа мүнәсип потенциал, ой-пикир, кеңпейиллик, парасатлылық, ақыллылық, салмақлылық бар. Мине, усы пазыйлетлери менен, бәринен бурын, өз шаңарақларында тең салмақлылық, турақлылық, кишини ҳәм әззини аңлаў ҳәм қоллап-қуўатлаў орталығына басшылық етсе, нур үстине нур болады!
Мине усындай тилеклеслик болған шаңарақ қорғанын материаллық жетиспеўшиликлер, сырттан болатуғын қәўиплер буза алмайды ҳәм керисинше, тилеклеслик болмаса, шаңарақ машқалаларына сырттан айыпкер излеў орынсыз.
Кишкене жақсылық та, кишкене жаманлық та, әлбетте, қайтатуғыны ҳаққындағы уллы ҳикметке әмел етиўди ҳәр биримиз ҳәр күни туўысқан үйимизден баслап көриўимиз мүмкин. Таў арасында бир даўысқа төрт тәрептен гүңиренип, жаңғырып жаңғырық қайтатуғыны сыяқлы шаңарақ басшысының ҳәр бир шын жүректен күлкиси, ҳаял-қызларынан ҳәр бир миннетдаршылығы, оларға көрсеткен нурлы меҳир-муҳаббаты, шын кеўилден сақаўаты пүткил өмири даўамында ағыслары тасқын дәрья киби көбейип қайта береди!
Ҳәзирети Мир Әлийшер Наўайы белгили рубайларында атаны қуяшқа, ананы айға теңейди - бул символлық ишки ҳәм сыртқы тәрептен қаншелли уллы сәйкес!
Қуяш (ата) қаншелли жарқын жарқыраса, ай (ана) да оннан сонша көп нур-жыллылық алады ҳәм оның әтирапындағы жулдызлар (перзентлер) әлемди жақтыландырады.
Муҳтарама УЛУҒОВА,
Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери