Өткен сегиз жыл даўамында жас исбилерменлердиң саны үш есеге көбейип, олар бизнес ўәкиллериниң дерлик 40 процентин қурап атырғаны, жумыссыз жаслар еки есеге азайғаны жоқарыдағы пикирдиң айқын дәлили болып есапланады.

Өз тараўларында табысқа ерисип атырғанлардың қатары болса барған сайын кеңеймекте. Ҳәзирги ўақытта дүньяның абырайлы университетлеринде 1500 ден аслам өзбек студенти билим алмақта. Алдынғы 25 жыл ишинде мәмлекет есабынан 800 жигит-қыз сырт елге оқыўға кеткен болса, тек ғана "Эл-юрт умиди" қоры арқалы кейинги жети жылда 2300 ўатанласымыз усындай имканиятқа ийе болды. Илимий дәрежели жас илимпазлардың саны 4 мыңнан асты. Китапқумарлық мәдениятын қәлиплестириў улыўма миллий ҳәрекетке айланды.

Өсип киятырған әўладтың илим ийелеўге қызығыўшылығын арттырыў ушын жаслар менен ислесиў системасы жетилистирилмекте. Президентимиздиң усы жыл 26-марттағы "Өзбекстан Республикасы Президентиниң жаслар менен ашықтан-ашық сөйлесиўинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўға байланыслы илажлар ҳаққында"ғы пәрманы менен жасларға жаңа имканиятлар берилетуғын болды. Пәрманға бола, енди рейтинги жоқары халықаралық университетлерде илимий дәреже алған, 35 жасқа шекемги жас илимпазларға турақ жай ушын 10 жыл мүддетке 800 миллион сумға шекем процентсиз ссуда ажыратылады. Абырайлы халықаралық пән олимпиадаларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болғанлар ушын бир мәртелик ақшалай сыйлық муғдары 5 есеге арттырылады. Энергетика, транспорт, урбанизация, заманагөй архитектура, медицина бағдарларында "Эл-юрт умиди" қорының квоталары көбейтиледи. 2025/2026-оқыў жылынан баслап оқыўшылар арасында инженерлик олимпиадалары ҳәм таңлаўлар өткериў жолға қойылады. Жеңимпаз болған питкериўши жаслар техникалық жоқары оқыў орынларына грант тийкарында оқыўға киреди. Әскерий билимлендириў мәкемелериниң үлгили тыңлаўшылары ушын "Жоқары бас сәркарда" мәмлекетлик стипендиясы енгизиледи.

Ҳәр бир дәўир жасларының билим дәрежеси, дүньяқарасы, ой-пикири, руўхый келбетине қарап сол жәмийеттиң ертеңги күнин көз алдымызға келтириў мүмкин. Сонлықтан, мәмлекетимизде жаслар билимлендириўине байланыслы бундай жумыслар бойынша белсенди, зыялы жаслардың пикири менен қызықтық.

"Муғаллимшилик арқалы миллиардерге айландым!"

- Тоғыз-он жыл бурын биреў маған еле сондай дәўир келеди, имканиятлардың көплигинен қайсысын пайдаланғаным қолайлырақ деп екиленип қаласаң, дегенде анық исенбейтуғын едим. Өзиңиз де гүўасы болып турсыз, бүгинги үлкен табыслар нийет еткенимизден де көбирегин берип атыр, - дейди Абу Али ибн Сино атындағы қәнигелестирилген мектептиң химия пәни бойынша оқыўшыларды халықаралық олимпиадаларға таярлаў топарының басшысы, оқытыўшы Моҳира Болтаева. - Дәслеп оқытыўшылар атыз жумыслары, қағазпазлық, артықша илаж ҳәм мәжилислерде қатнасыў миннетлемесинен азат етилди, соң айлық дәраматы арттырылды, айлықтың және де көтерилиўи муғаллимниң талапшаңлығы, кәсиплик раўажланыўына байланыслы болды.

Бурын тек абырайлы халықаралық спорт жарысларында орын алғанлар ғана мүнәсип күтип алынып, сыйлықланатуғын еди. Илимде жетискенлик пенен келгенлерге болса, тилекке қарсы, тек мақтаў жарлығы берилетуғын еди. Бүгин халықаралық пән олимпиадаларында сыйлы орынды ийелегенлерди үлкен салтанат пенен күтип алып, сол салтанаттан да үлкен муғдардағы ақшалай сыйлықлар берилетуғынына да үйренип қалдық. Тийкарғысы, бул процесс даўам етпекте. Усы жылдың 1-июньинен халықаралық пән олимпиадалары жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерине төленетуғын әмелдеги бир мәртелик ақшалай сыйлықтың муғдарлары 5 есеге арттырылыўы, ашығын айтқанда, илим үйренбеў ушын себеп қалдырмай атыр.

Мине, енди илимниң етегин беккем тутқанларға қарата "ҳәзир оның асығы алшы", дейтуғын күнлер келди. Енди материаллық тәрептен еркинликке шығыў, көбирек пул табыў ушын исеними ҳәм илими төмен, тынымсыз қыймылдайтуғын жағы ҳәм онша жараспайтуғын қылықлары менен танылған винерлерге "шәкирт болыў"ға зәрүрлик қалмады.

Менде өткен абырайлы халықаралық пән олимпиадаларынан жыйналған жәми пул муғдары дерлик бир миллиард сумға шамалас болғаны, мениңше, көплеген жасларда илимге болған көзқарасты, мүнәсибетти өзгертип жиберди. Енди биразлар муғаллимшиликке нан табыўдың соңғы илажы, күнелтиўдиң арзан жолы, деп қарамайды. Соның өзине қаншелли қуўанышлыман. Расын айтсам, устазлық етип миллиардер болыўдың мақтанышы да, заўқы да басқаша болады екен. Мен ҳүжданым алдында таза екенимди, ата-анам ҳәм жақынларымды, ең баслысы, өзимди разы етип атырғанымды түсиндим, мәселен. Мақтанып атырғандай болыўым мүмкин, бирақ сөзлерим шын кеўилден.

Жақын-жақынға шекем химия неге керек, деген сораўды дерлик ҳәр күни өзиме беретуғын едим. Бул аўыр еди. Ҳәр күни азанда усы сораў алдында тентиреклеп қалмаў ушын сылтаў излер едим. Мен таңлаған пән ең түсиниксиз ҳәм керексиз сыяқлы, бул бағдар менен ертең я шаңарағымды, я өзимди баға алмайман, деп қәўетерленетуғын едим. Бирақ топланған тәжирийбелер ҳәм ерисилген жетискенликлер даўамында сораўды басқаша қойыўым кереклигин түсиндим: химия өзи не? Ол инсанға қаншелли әҳмийетли? Бир нәрсениң не екенлиги туўралы анық түсиникке ийе болмаса, ол не ушын керек екенлиги туўралы қалай пикир жүргизиў мүмкин, дурыс па? Хош, химия өзи не?

Усы сораўды интернетке жазсаңыз, бир неше секунд ишинде ҳәр қыйлы анықламалар менен мыңлаған силтемелер пайда болады. Мине, олардан бири: "Химия - тәбийий пәнниң ең әҳмийетли ҳәм кең тараўларынан бири болып, затларды, сондай-ақ, олардың қурамы ҳәм дүзилиси, қәсийетлерин үйренетуғын пән".

Бирақ бул түсиниклер жүдә қурғақ, сезимсиз. Ҳайран болмаң, мен илимде сезим болыўы керек, деп есаплайман. Сезим болмаса, ҳеш бир пәнди сүйип болмайды - химияны, сабақлықлардың ийисин, түрли минераллар, металлардың еритпесин, қулласы, ҳәммесин сүймегенде бүгин муғаллим болмас еди, итимал турмысым буншелли жақсы тәрепке өзгермеген болар еди. Сол себепли химия мен ушын ҳәмме нәрсе. Химияны өмиримниң мазмунына айландырып атырған бүгинги билимлендириўимиздеги имканиятлар ушын болса адам барын берип ислеўди қәлейди.

"Бүгин жалқаўдың да, асығыўшының да заманы емес"

- Жақында кәсиплесим быйылғы жаз айының биринши күнинен баслап халықаралық пән олимпиадалары жеңимпазларына төленетуғын әмелдеги бир мәртелик ақшалай сыйлықтың муғдары 5 есеге арттырылатуғыны ҳаққындағы жаңалықты оқыўшыларыма айтып, олардан белсендиликти және де күшейтиўи керек екенлигин тапсырып атырғанын көрип қалдым. Балалардың хабардан кейинги жағдайын бираз ўақыт бақладым: көпшилигинде артықша белсендилик артып кетти, пулды ҳәзир алатуғындай тынышсызланып қалды, қыяллары бузылды, дыққатын жәмлеўге қыйналып қалғаннан кейин, оларға бул жаратылып атырған шараятлардың гезектеги екенин, ең әҳмийетлиси, дыққатты киятырған халықаралық пән олимпиадаларынан айырмаўды, медаллардың санын арттырсақ, буннан да үлкен сыйлықлар менен сыйлықланатуғынымызды шын кеўилден түсиндирдим. Материаллық хошаметлеў, әлбетте, жүдә жақсы, бирақ оны тийкарғы мақсетке айландырып, бар күш-ғайратын соған жумсаўға тырысыў ақыр-аяғында зорыққан баланың имканияты бөлинип, майдалап кетиўине себеп болады. Оқыўшыларымыз ҳәр нәрсениң биринши унамсыз тәреплерин тез қабыл ететуғын жаста, ҳәм оғада қызығыўшаң - шалғыўларын қәлемеймен, мақсет қойдық па, оннан бир дем шегинбестен умтылыўды даўам етиўимиз керек, бизден талап етилип атырғаны әйне усы, - дейди Әбиў Әлий ибн Сина атындағы қәнигелестирилген мектептиң биология пәни бойынша оқыўшыларды халықаралық олимпиадаларға таярлаў топарының басшысы, оқытыўшы Ҳусен Эгамов. - Сондай-ақ, соңғы жыллары әтирапымызда тынымсыз бир нәрсе үйрениў кереклигин үгит-нәсиятлайтуғын «гуру»лар, бәрқулла заман менен үнлес сыяқлы көринетуғын блогерлер, ҳәр бир күниниң жаңа жетискенликлер ҳәм тәжирийбелер менен толы екенин көрсетиў арқалы ҳәрекетке шақырыўшы саўатсыз "мотиваторлар" адамларда бир пайдалы нәрседен шетте қалыў қорқынышын күшейтип жиберди. Нәтийжеде белсендилик имитациясы, деген жағдайға түскенлердиң саны артып кетти.

Белсендилик имитациясында искерлигиңиз қандай да бир мақсетке хызмет етпейди, мақсетиңиз жалғыз белсенди болыў, бос отырмаў болады. Яғный ҳәрекетсиз болыўды қабыл ете алмайсыз, бос отырмаў ушын ғана ҳәрекетте боласыз. Бул жағдайды, әсиресе, көплеген заманласларымда ушыратаман. Белсендиликтиң пайдалы тәреплерине гүманым жоқ. Бирақ белсендилик имитациясы басқа нәрсе. Онда көбинесе энергиямыз, ўақтымыз, имканиятларымызды заўық пенен емес, ал қәўетерди басыў ушын сарплаймыз. Бирақ бул қәўетер, не қылсаңыз да, азаймайды, себеби сизден де зор көринетуғынлар барлық ўақытта табылады. Нәтийжеде өзимизди азаплаўға ҳәм бизге тән болмаған қандай да бир қаҳарман образын жасаўға хызмет ететуғын ерисип болмайтуғын мақсетлер қоямыз. Мәселен, жылына жүз китап оқыў, үш айда жаңа тил үйрениў, жигирма жасқа шекем автомобилге ийе болыў ҳәм тағы басқалар...

Бираз шалғып кеттим, айтпақшы болғаным, асығыслық пенен кимнендур көрген мақсетлерди өзлестириўимиз, бизге сәйкес келмейтуғын турмыстан үлги алыўға урыныўымыз дурыс емес. Ҳақыйқатында кимлер биз ушын үлги бола алатуғынын бүгин халықаралық майданларда илими, ақыл-ойы менен жеңимпаз болып атырған, сырт елдеги абырайлы жоқары оқыў орынларында билим алып атырған, профессор болып жумыс ислеп атырған, илим-пән революциясы ушын үлкен-киши ойлап табыўлар ислеп атырған ўатанласларымыз дәлиллеп бермекте. Бүгин асығыслықтың да, жалқаўлықтың да дәўири емес, ал ойлап ис көрип, өз ой-пикири ҳәм күш-ғайраты менен раўажланыў ўақты.

Улыўма, итибар берип көриң, ийгиликли мақсетлердиң ҳеш биринде асығыслық, пәтиўасызлықты көрмейсең: жаңа биологиялық тәжирийбелер тынышлық, қәтержамлықты талап етеди. Жаңа пәрман ҳәм нызамлар анықлықта қабыл етиледи. Реформалар избе-излик пенен жолға қойылады. Келешектеги жоқары шеклерге де басқышпа-басқыш шығылады. Тәртип, таллаў, интизам ҳәм күш-ғайрат раўажланыўға тезирек алып барыўшы пазыйлетлер екен, шала жумыс ислеўден не пайда?

Илим-пән адамзат цивилизациясын жетеклеп баратуғын күш екенин ҳеш ким бийкарлай алмайды. Тарийхтың қайсыдур басқышында белгили бир цивилизация өз заманының ең уллысы болған болса, оған ҳеш қандай айрықшасыз тек ғана илим-пән жағынан басқалардан алдын болғаны есабынан ерискен. Биз де ерисемиз. Илимди үгит-нәсиятлаўдағы исенимлилик ҳәм мәртлик дәрежесин төменлетпесек болды.

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы

Азизбек ЮСУПОВ жазып алды.