Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қол қойылған "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманы менен тастыйықланған мәмлекетлик бағдарлама бес бағдар кесиминде 2025-жыл ушын әмелий илажлар, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер дизими ҳәм ҳәр бир бағдар бойынша мақсетли көрсеткишлерди қамтып алған.

Мәмлекетлик бағдарлама халықтың саламатлығын жақсылаў, экологиялық турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм инсан потенциалын жүзеге шығарыў ушын шараятлар жаратыўға қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады.

Усы жерде ҳүжжеттеги халықты қызықтыратуғын ҳәм итибарын тартатуғын бир бәнтке тоқтап өтпекшимиз. Ол да болса, халықтың күнделикли турмысына экологиялық принциплерди сиңдириў арқалы "Экологиялық белсенди пуқара" турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған "Бир миллион жасыл шаңарақ" улыўма миллий ҳәрекетин жолға қойыў. Бул халық арасында күнделикли жүриў ҳәм жуўырыўды үгит-нәсиятлаў, "жасыл транспортта", соның ишинде, велосипедте ҳәрекетлениўди хошаметлеў, пластикалық өнимлерден пайдаланыўды азайтыў, азық-аўқат ысырапгершилигиниң алдын алыў, суў, газ ҳәм электр энергиясы ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў сыяқлыларда өз көринисин табады.

Әлбетте, ҳәр биримиз қоршаған орталықты қорғаў ушын жуўапкермиз. Және бир тәрептен, белгиленип атырған ўазыйпалардың инсан саламатлығы ушын пайдасы оғада үлкен. Итибар бериң, мине усыған қосымша түрде экологиялық белсендилигимиз мәмлекет тәрепинен хошаметленбекте. Мәселен, жоқары көрсеткишке ерискенлерге "Экологиялық белсенди пуқара" статусы бериледи ҳәм олар ушын мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда ҳәм мәмлекетлик үлеси 50 проценттен жоқары болған банклерден тутыныў кредитин алыўда шегирмелер усынылады. Шаңарақтың барлық ер жеткен ағзалары "Экологиялық белсенди пуқара" статусын алғанда, бул шаңараққа "жасыл шаңарақ" статусы берилип, оларға усы жылдан баслап ҳәр жылы лотерея арқалы 14 электромобиль бериў жолға қойылады.

Бул болса "жасыл экономика", қоршаған орталықты қорғаў, пуқаралардың саламатлығын шаңарақтан баслап енгизиўге қаратылғаны менен әҳмийетли. Буның ушын мәмлекет пуқараларды хошаметлеўди мақсет етип атырғаны мақтаўға ылайық.

Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген бундай хошаметлеў ҳәм ўазыйпалар, биринши гезекте, пуқаралардың экологиялық мәдениятын арттырыўға хызмет етиўи менен бирге, қоршаған орталықты қорғаў, тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, санитариялық ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаўда үлкен әҳмийетке ийе. Себеби қоршаған орталықты қорғаў келешек әўладларға саламат турмыс ҳәм таза тәбиятты мийрас қалдырыўдың тийкарғы факторы болып есапланады. Экологиялық теңсалмақлылықты сақлаў болса инсан ҳәм тәбият арасындағы үнлесликти тәмийинлеўдиң әҳмийетли жолы, десек алжаспаған боламыз.

Жақында бир ўатанласымыздың күншығыс мәмлекетинен таярлаған видеоролигин көрдим. Көшелердиң тазалығын көрип ҳәўес етесең. Ең қызығы, бизлердегидей оларда жолдың шетлерине шығынды қутылары қойылмайды екен. Ҳайран қаласаң, қай жерде аўқатланыўы ямаса қандай да бир жумыс пенен шуғылланыўына қарамастан, шығындыны өзлери менен алып кетеди екен.

Усыған уқсас темадағы және бир видеодан аңлаў мүмкин, Европаның қайсы бир мәмлекетинде үлкен жолда кетип баратырған машина жолаўшысы айнадан ҳәр қыйлы шийше ыдысларды ылақтырады. Кейинги машинадағы адам оларды тоқтатып, ескертиў береди. Айыпкер жолаўшы кеширим сорайды ҳәм таслап кеткен затларын жыйнап алады. Итибарлысы, басқа айдаўшылар да тоқтап, бул ҳәрекетти мақуллады, яғный ҳеш ким тазалық, қоршаған орталықтың абаданлығына бийпәрўа болмады.

Қус уясында көргенин ислейди, деген нақыл бар. Егер бала ўақтымызды еслесек, жасы үлкенлер суўға түпирген, жапларға шығынды таслағанларға жақсы сабақ беретуғын еди. Жақында көрген бир жағдай болса кеўлимди қалдырды. Ана мектепке баратырған баласына пластик пакетке салынған шығындыны берип, жолда таслап кетиўин айтты. Итибар бериң, шығындыханаға емес, сондай жол-жөнекей, қәлеген жерине. Бала көп қабатлы жай алдындағы жаўын суўы өтиўине мөлшерленген кишкене салмаға қолындағы пакетти таслап, жолын даўам етти. Буны көрген жасы үлкенирек қоңсымыз оны кейиди. Жоқарыдан қарап турған ана қоңсысына қаттыға урысып таслады. Айтыўына қарағанда, ол шығындыны алып кетиў ушын пул төлейди екен. Берекет тапқыр, ҳәммемиз де шығынды ушын пул төлеймиз, бирақ оның ушын арнаўлы шығындыхана бар ғой.

Усы жерде сол ана перзентине бул ис ҳәрекети қәте екени, қоршаған орталықтың тазалығы бәршемиздиң денсаўлығымыз ушын пайдалы екенин айтқанда, бала бул исти басқа тәкирарламаған болар ма еди? Себеби, көпшилигимиз балалығымызда қайсыдур қәте исимиз ушын үлкенлерден жақсылап сабақ алғанбыз. Буны болса бәрқулла есте сақлаймыз.

Бүгин ше?! Мениңше, тәбиятқа қатнасымыз өзгерген, қоршаған орталықтың тазалығы ушын жуўапкершилигимиз азайғандай. Мине, усындай бир шараятта, қалаберди, глобаллық ықлым өзгерислери себепли экология ҳәр қашанғыдан да итибар ҳәм жәрдемге мүтәж болған бир ўақытта мәмлекетлик бағдарламада бул бағдарда үлкен мақсет ҳәм ўазыйпалардың белгилениўи мақсетке муўапық болып есапланады.

Соның ишинде, мәмлекетлик бағдарламаға муўапық, халқының ярымы "жасыл шаңарақ" статусын алған мәҳәллелерде "Ең таза мәҳәлле" ҳәм "Ең жасыл мәҳәлле" таңлаўлары өткериледи. Таңлаўда жеңимпаз болыў сол тәрепи менен әҳмийетли, усы аймақта жасайтуғын халықтың усыныслары тийкарында мәҳәллениң ишки инфраструктурасын буннан былай да жақсылаўға қаратылған илажлар - жолларды оңлаў, энергияны үнемлейтуғын жақтыландырыў үскенелерин, балалар майданшаларын, шығынды топлаў майданшасын қурыў, "жасыл бағ" жаратыў, шығынды қутылары ҳәм контейнерлерин орнатыў сыяқлы жумысларға 500 миллион сум ажыратылады.

Демек, экологиялық белсендилигимиз есабынан, бириншиден, тәбиятымыздың тазалығын тәмийинлеўге үлес қоссақ, екинши тәрептен, өзимиз жасап атырған мәҳәлле инфраструктурасын жақсылаўға имканият жаратамыз.

Жәҳән банкиниң мағлыўматларына қарағанда, бир жылда шаңарақларда 2 миллиард тоннадан аслам турмыслық шығынды пайда болады. Өзбекстанда да бул көрсеткиш аз емес, жылына 10 миллион тоннадан аслам.

Егер елимиз халқы ҳәр жылы 1,5 процентке көбейип атырғанын есапқа алсақ, бул көрсеткиш 2030-жылға барып 18 миллион тоннаны қурайтуғыны белгили. Бул санлар тек ғана турмыслық шығындыға тийисли. Ҳәзирги күнде 100 ден аслам полигонда екилемши шийки зат сыпатында 3,5 миллиард тонна санаат шығындылары да сақланбақта.

Негизинде экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде турмыслық шығындыларды қайта ислеўден мәпдармыз. Бул дүнья тәжирийбесинде де өз дәлилин тапқан.

Шығындылар дүнья жүзи бойынша ең әҳмийетли экологиялық мәселелерден бирине айланып үлгерди. Бул түрдеги зыянлы өнимлерди дурыс басқарыў тек ғана экологиялық турақлылықты тәмийинлеп қоймастан, ал экономикалық ресурсларды үнемлеўге де жәрдем береди.

Бүгин көпшилигимизди шаңарағымыз, жумыс орнымыз, оқыў ҳәм дем алыў орынларынан шығып атырған турмыслық шығындылардың қай жерге кетип атырғаны тәшўишке салыўы тәбийий. Арамызда турмыслық шығындылар не ҳәм олар қай жерге кетеди, деп сораў беретуғынлар да табылады, әлбетте.

Бул бағдарда елимизде системаластырылған режели жумыслар әмелге асырылмақта. Өткен жыллары бул бағдарда бир қатар ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилип, машқалаларға нәтийжели шешимлер табылды. Соның ишинде, Президентимиздиң 2022-жыл 2-декабрьдеги "2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасының "жасыл" экономикаға өтиўине қаратылған реформалардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар ҳаққында"ғы қарарына бола, 2030-жылға барып турмыслық шығындыларды қайта ислеў дәрежесин 65 процентке жеткериў мақсет етилген.

Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 4-январьдағы "Шығындыларды басқарыў системасын жетилистириў ҳәм олардың экологиялық жағдайға унамсыз тәсирин азайтыў бойынша илажлар ҳаққында"ғы пәрманына муўапық, қатты турмыслық шығындыларды сортлаў системасы басқышпа-басқыш әмелге асырылады. Соның ишинде, 2024-2026-жылларда Ташкент, Ангрен, Әндижан, Бухара ҳәм Термиз қалалары және Ташкент районындағы көп қабатлы турақ жайлар жайласқан аймақларда шығындыларда "қайта исленетуғын", "қайта исленбейтуғын" ҳәм "азық-аўқат" категорияларына ажыратқан ҳалда жыйнаў шөлкемлестириледи.

Елимизде қоршаған орталықты қорғаў, тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, санитариялық ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаўды тәмийинлеў тараўында оғада көп жумыслар исленбекте. Бул бағдарларда тийисли ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер, концепция ҳәм стратегиялар бар.

Атап айтқанда, 2019-2030-жыллар дәўиринде Өзбекстан Республикасының "жасыл" экономикаға өтиў стратегиясы, мәмлекетимиздиң басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының Аралбойы регионын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы, деп жәриялаў бойынша арнаўлы резолюциясы қабыл етилди.

Ең әҳмийетлиси, Өзбекстан халықаралық жәмийетшилик алдында алған миннетлемелерин исенимли орынлап келмекте. "Өзбекстан - 2030" стратегиясы да БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерине толық үнлес тәризде ислеп шығылғаны буның әмелий дәлили болып есапланады.

Жоқарида японлардың тазалыққа итибары ҳаққында мысал келтирген едик. Күншығыс елинде экологиялық мәденият, әтирапқа ҳүрмет пенен қараў, тәбиятты қәстерлеп-сақлаў балалықтан қәлиплеседи. Соның ушын бул тәрбия японлардың қанына сиңип кеткен.

Буның менен не демекшимиз? Әлбетте, биз де шаңарағымызда перзентлеримизди тазалық, тәртип-қағыйда, пәклик руўхында тәрбияласақ, Ўатанымыздың ҳәр бир жери өз үйимиздей тәртип-қағыйда, таза болыўы кереклигин олардың қәлбине сиңдире алсақ, кеўил ҳәм журт абаданлығына ерискен боламыз.

Бүгин тараўдың ҳуқықый тийкарын беккемлеў бағдарында зәрүр нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилген, сол тийкарда шараятлар жаратылмақта. Ең әҳмийетлиси, бул тек ғана бир министрлик ямаса тийисли кәрхана ҳәм шөлкемлердиң емес, ал бәршемиздиң улыўма жумысымыз. Егер усы мақсет жолында бирлессек, экологиялық турақлылықты сақлап қалыў, тәбиятты қорғаўға сезилерли тәсир көрсеткен боламыз.

Жуўмақ орнында айтыў керек, мәмлекетлик бағдарлама усы тараўдағы жумысларды буннан былай да жанландырыў, халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў, қоршаған орталыққа болған қатнасымызды түп-тийкарынан өзгертиўге хызмет етеди.

Лутфулла СУВОНОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы