Мектепке шекемги билимлендириў системасы 1985-жылғы билимлендириў реформасында белгиленген принциплер тийкарында жолға қойылған. Оған бола, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин мәмлекетлик кәрханалар, өндирислик топарлар, ҳәкимликлер, жәмәәтлер ҳәм социаллық топарлар аталыққа алыўы керек. Ҳүкимет мектепке шекемги билимлендириўге қәўендерлик етиў жеке меншик ҳәм түрли мәмлекетлик шөлкемлердиң социаллық хызметлеринен бири екенлигин жәриялады. Сондай-ақ, сол жылғы реформада мектепке шекемги билимлендириўди төлемли етиў ҳәм педагог кадрлар таярлаў механизмин күшейтиў нәзерде тутылған.
Қытайлы балалар әдетте 3-6 жасқа шекем бақшаға барады. Тәрбияшылар, әлбетте, баслаўыш билимлендириў муғаллими статусына ийе болыўы керек. Тийкарғы итибар баланың ойын ойнап ямаса дем алыўына емес, ал интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик потенциалын раўажландырыўға қаратылады.
Алты жасқа толған балалар дәстүрий тәризде баслаўыш мектепке жибериледи. Баслаўыш билимлендириў мәмлекеттиң барлық пуқарасы ушын мәжбүрий. Оқыў мүддети - 6 жыл. Стандарт оқыў жылы еки семестрден ибарат болып, сентябрьден июльге шекем даўам етеди. Баслаўыш класс оқыўшылары қытай тили, математика, жәмийет таныў, тәбияттаныў, дене тәрбиясы, идеология ҳәм әдеп-икрамлылық, музыка, сүўретлеў өнери ҳәм мийнет сыяқлы мәжбүрий пәнлерди үйренеди. Баслаўыш билимлендириў басқышында шет тиллерин үйрениў бала ҳәм ата-ананың ықтыярында болады.
Мәмлекеттеги орта билимлендириў системасы шәртли түрде еки басқыштан ибарат: төменги (биринши) ҳәм жоқары (екинши). Төменги басқыш 12 жастан 15 жасқа шекемги үш жыллық оқыў ушын мөлшерленген ҳәм мәжбүрий билимлендириўдиң жуўмақлаўшы басқышы болып табылады. Орта билимлендириўдиң биринши басқышында (3 жыл) оқыўшылар кеминде 13 тийкарғы пәнди үйренеди. Оқыў жылының ақырында жуўмақлаўшы имтиханға кириў ушын барлық пәнлерден кеминде 60 балл топлаў шәрт. Топлай алмағанлар кейинги жылға қалдырылады.
Жоқары орта билим бериў дәрежесинде (15-19 жас) жасларға билимлендириўдиң 2 түри усыныс етиледи: академиялық ямаса кәсиплик. Оқытыўдың бул басқышы төлемли болып, жыллық орташа баҳасы 4-6 мың юань.
Бүгинги күнде Қытайда 2500 ге шамалас жоқары оқыў орны бар. Оларда 20 миллионнан аслам студент, соның ишинде, сырт еллилер билим алады. Дәстүрге бола, жоқары билимлендириў мәкемелерине 18 ҳәм оннан үлкен жастағы абитуриентлер қабыл етиледи. Дүньядағы басқа да жоқары билимлендириў системалары сыяқлы Қытай университетлери де бакалавр, магистр ҳәм илим докторларын таярлайды. Бакалавриат билимлендириў бағдарламасы 4 жыл, магистратура 3 жыл, докторантура 3-5 жыл даўам етеди. Қытай университетлеринде кириў имтиханының жүдә қатты болыўы келешекте жақсы кадрлар жетистириў, бийдайды сараққа, қабығын қабыққа шығарыў менен түсиндириледи.
Бирақ сырт елли студентлер ушын айырым жеңилликлер бар. Мәмлекет билимлендириў системасының тийкарғы мақсети студентлерди илимий база менен тәмийинлеў, келешек кәсибине таярлаў ҳәм социаллық жуўапкершилигин қәлиплестириўден ибарат.
Бул мәмлекеттиң билимлендириў системасының күшли тәреплеринен және бири академиялық жетикликке итибар қаратылыўы ҳәм табыслы қәнигелер таярлаў болып табылады. Ул-қызларға билимге жуўапкершилик, тәртипке әмел етиў ҳәм биринши болыўға умтылыў балалықтан сиңдириледи. Бул әдет енди пазыйлетке, пазыйлет болса характерге айланып, пүткил дүнья жүзи қытай миллетиниң келбетин жуўапкершилик, тәртип ҳәм жеңис тымсалында көре баслады.
Қытай ҳүкимети "илим ҳәм билимлендириў арқалы мәмлекет раўажланыўына ерисиў" принципи ҳәм узақ мүддетли раўажланыў стратегиясына тийкарланып, билимлендириўди модернизациялаў, халықтың мәдениятын арттырыўға тийкарғы ўазыйпа сыпатында қарамақта. Билимлендириўдиң социаллық-экономикалық раўажланыў ушын стратегиялық әҳмийетке ийе екенлиги итибарға алынып, "Билимлендириўди раўажландырыў - модернизациялаў ҳәм келешекти белгилеп бериўши фактор" мазмунындағы жаңа бағдар бойынша реформалар әмелге асырылмақта.
Мәмлекеттиң заманагөй жоқары билимлендириў системасы қурамына университет, колледж ҳәм кәсиплик жоқары мектеплер киреди. Университет ҳәм колледжлердиң тийкарғы бөлеги Билимлендириў министрлиги қадағалаўында жумыс алып барады. Соның менен бирге, жергиликли ҳәкимликлер басқаратуғын жоқары билимлендириў мәкемелери де бар. Қытай ЖООлары жоқары билимлендириўдиң үш басқышын тәмийинлейди: бакалавриат, магистратура, докторантура.
Қытай жоқары билимлендириўиниң сапасы көп мәмлекетлерде тән алынған. Сол себепли, бул мәмлекетке алмасыў бағдарламалары бойынша сырт елден жүдә көп студентлер барады. Көплеген жоқары билимлендириў мәкемелери сырт елли студентлерди қабыл етиў ҳуқықына ийе. Кейинги жыллары ол жердеги жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелериниң есабынан 70 процентке өсти. Билимлендириўди раўажландырыў режесине муўапық, барлық ЖООлар ҳәр бес жылда көрсетилетуғын хызметлердиң сапасын баҳалаў процесинен өтиўи шәрт. Бул жумыс арнаўлы шөлкемлестирилген Сапа баҳалаў агентлиги тәрепинен әмелге асырылады. Буннан тысқары, жоқары билимлендириў мәкемелеринде билимлендириўдиң сапасы ушын жуўапкер бөлимлер де бар. Бундай система Қытайға оқытыў тараўында үлкен жетискенликлерди қолға киргизиў имканиятын берди. Соннан келип шығып айтсақ, мәмлекетимиз басшысының быйылғы еки пәрманы Өзбекстан билимлендириў системасын да жаңа басқышқа алып шығатуғынына гүман жоқ.
Олардан бири Президентимиздиң 2025-жыл 5-майдағы "Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў ҳәм билимлендириў хызметлерин көрсетиў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы болып есапланады. Оған бола, "Билимлендириў тараўындағы жойбарлар орайы" жойбарлаў офиси негизинде Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў миллий агентлиги шөлкемлестирилди. Агентлик орта арнаўлы, кәсиплик, жоқары ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў, сондай-ақ, кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў, маманлықты баҳалаў тараўында сыртқы сапа қадағалаўын әмелге асырыўшы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым болып есапланады.
Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 28-апрельдеги "Педагог кадрлар таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы да оқытыў системасындағы реформаларда әҳмийетли орын ийелейди. Себеби бул ҳүжжет тийкарында педагогика тараўында кадрлар таярлайтуғын жоқары билимлендириў шөлкемлери Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасына өткерилди. Усы бағдардағы жоқары билимлендириў шөлкемлеринде халықаралық тәжирийбе тийкарында оқыў процесслерин нәтийжели басқарыў системасы енгизилди. Нәтийжелиликтиң ең әҳмийетли көрсеткишлери (КPI) тийкарында басшы хызметкерлердиң жумысын баҳалаў системасын ислеп шығыў ҳәм жоқары педагогикалық билимлендириўдиң мазмунын халықаралық талапларға бейимлестириў сыяқлы ўазыйпалар белгиленди.
Қалаберди, халықаралық билимлендириў бағдарламалары қолланылатуғын бағдарлар ушын профессор-оқытыўшыларды сырт ел университетлерине мақсетли тәжирийбе арттырыўға жибериў системасы енгизилди. Демек, Президентимиздиң пәрманлары Қытай кәсиплик билимлендириў системасындағы сыяқлы үлкен өзгерислерге алып келеди. Соңғы ярым әсирде Қытай саўатлылық дәрежеси бойынша артта қалған мәмлекеттен нәтийжели орта ҳәм жоқары билимлендириў системасына ийе мәмлекетке айланды. Ол экономикалық раўажланыў ушын зәрүр кадрлар таярлаў бойынша жетерли шараят жарата алды. Қытайдың бул бағдардағы жетискенликлерин сырт елден билим алыў мақсетинде келип атырғанлардың жылдан-жылға көбейип атырғаны да тастыйықлайды. Ҳәзирги ўақытта Қытай Япония менен бир қатарда Қубла-Шығыс Азияда сырт елли студентлер ағымы бойынша жетекши орынларды ийелеп тур. Қытай жоқары билимлендириўиниң раўажланыўы оның глобал билимлендириў мәканына интеграцияланыўы менен байланыслы.
Бул мәмлекеттиң билимлендириў системасының өзине тән өзгешелиги ҳәм абзаллығы, бәринен бурын, қатаң тәртип-интизам ҳәм мийнет сүйгишликте. Оқыўшылардан қатаң тәртипке әмел етиў ҳәм тынымсыз мийнет талап етиледи. Бул жас әўладтың мақсетке ерисиў жолында сабырлы болыўы ҳәм өз үстинде турақлы ислеўине тийкар жаратады.
Екиншиден, билимлендириў системасы анық мақсетлерге бағдарланған, ҳәр бир басқыш билим ҳәм көнликпени арттырыўға қаратылған. Бул болса, өз гезегинде, келешекте табысқа ерисиўди тәмийинлейди.
Үшиншиден, илим, технология, инженерлик ҳәм математика (STEM) пәнлерине айрықша итибар қаратылады. Бул мәмлекеттиң инновациялық раўажланыўы ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға хызмет етеди.
Төртиншиден, Қытайда муғаллим оғада абырайлы ҳәм жуўапкершиликли кәсип ийеси есапланды. Педагоглар турақлы тәжирийбе арттырып, процесске жаңа технологияларды енгизип барады.
Бесиншиден, ҳүкимет билимлендириўге үлкен инвестиция киргизбекте. Заманагөй мектеплер, лабораториялар ҳәм китапханаларда оқыўшылардың сапалы билим алыўы ушын барлық шараят жаратылған.
Өзбекстан Қытай тәжирийбесин үйрениў арқалы бир қатар мақсетлерди гөзлемекте. Оқыўшылардың билим ҳәм көнликпелерин халықаралық стандартларға бейимлестириў, STEM пәнлерин раўажландырыў арқалы жасларды инновациялық идеялар жаратыў ҳәм заманагөй технологияларды өзлестириўге хошаметлеў, оқытыўшылардың маманлығын арттырыў, оларды заманагөй педагогикалық технологиялар менен таныстырыў, мектеплер, колледжлер ҳәм университетлерди заманагөй үскенелеў, қәнигелерди ишки ҳәм сыртқы мийнет базарының талапларына бейимлестириў солардың қатарына киреди.
Қытай билимлендириў системасы жетик емес, әлбетте. Өзине жараса кемшиликлери де бар. Бирақ бул системаның табысларын бийкарлап болмайды. Мине, усы бийкарлап болмайтуғын жетискенликлер усы мәмлекет экономикасын жедел раўажландырмақта.
Елимизде билимлендириў ҳәм илимге итибардың қаншелли күшли екенин соңғы күнлерде болып өткен тараўға байланыслы ўақыялар да анық тастыйықлайды. Президентимиздиң айрықша итибары себепли педагоглар мүнәсип сыйлықланды, хошаметленди. Мәмлекетимиз басшысы муғаллимлер менен және бир мәрте қызғын сөйлести. Сөйлесиў процесинде билдирилген пикир-усыныслар, баслама ҳәм идеялар болса бул жолдағы мақсетимиз анық ҳәм артқа қайтпайтуғынын және бир мәрте дәлилледи. Бул жол болса бизди жаңа Өзбекстанның раўажланыўына жетеклейди.
Маъшал САИДОВ,
экономика илимлериниң докторы,
профессор