Халықаралық жәмийетшилик, заманагөй демократиялық жәмийетлер ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша тийкарғы ҳүжжет - БМШ Инсан ҳуқықлары пүткил жәҳән декларациясында бул еркинлик айрықша тән алынған. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 31-статьясында да "Ҳәр ким ҳүждан еркинлигине ийе" деп белгилеп қойылған.
Аўа, ҳүждан еркинлиги жүдә әҳмийетли ҳәм қызық мәселе. Төменде бул еркинлик не екенлиги ҳәм оған тәсир етиўши әҳмийетли факторлар ҳаққында пикир жүргизип көрейик.
"Сиз дүньяны өзгерте алмайсыз, бирақ ҳүжданыңызды өзгертиў арқалы өзиңизди өзгертесиз. Бул болса дүньяны өзгертиўдиң басланыўы болып есапланады", деген еди Ҳиндстан миллий азатлық ҳәрекетиниң жетекшилеринен бири, мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Маҳатма Ганди.
Ҳүждан еркинлиги тек ғана исеним таңлаў яки диний мәресимлерди орынлаў ҳуқықы менен шекленбейди. Ол шахстың ишки дүньясы, әдеп-икрамлылық принциплери, турмыслық көзқараслары ҳәм пикир еркинлигин өз ишине алады. Мине, сол себепли, ҳүждан еркинлиги жасларда беккем руўхый тийкар жаратыўда оғада әҳмийетли қурал есапланады.
Бүгин жаслар ҳәр қыйлы мәлимлеме ағымы астында өспекте. Социаллық тармақлар, сырт ел мәденияты тәсири ҳәм диний идеология менен жүзбе-жүз тур. Бундай шараятта ҳүждан еркинлигине тийкарланған тәрбия оларды сын көзқарастан пикирлейтуғын, әдеп-икрамлылық жақтан саламат, социаллық жақтан белсенди жетик инсанлар етип камалға келтиреди.
Ҳүждан еркинлиги жәмийетте түрли пикирлер, исенимлер ҳәм мәдениятлардың бирге жасаўына имканият жаратады. Атап айтқанда, пикир еркинлиги ҳәм кеңпейилликти қәлиплестиреди. Бул болса жаслар арасында кеңпейиллик, сабыр-тақат, ҳүрмет сыяқлы пазыйлетлерди күшейтеди, жеке жуўапкершилик ҳәм әдеп-икрамлы иммунитетти арттырады.
Инсан өз исенимине, ҳүжданына таянған ҳалда қарар қабил еткенде, әдеп-икрамлылық турақлылығы беккем болады. Бул жасларды ғәрезли идеологиялардан, экстремизм ҳәм радикализм қәўпинен қорғайды.
Және бир әҳмийетли тәрепи, ҳүждан еркинлиги дөретиўшилик ҳәм сын көзқарастан пикирлеўге тийкар жаратады. Еркин пикирлеў орталығында өскен жаслар еркин таллаў, машқалаларға жаңаша қатнас жасаў қәбилетине ийе болады. Бул болса заманагөй билимлендириў ҳәм инновациялар ушын әҳмийетли тийкар болып табылады. Әлбетте, булардың барлығы тәрбия ҳәм билимлендириў процесслери менен тығыз байланыслы.
Биз билемиз, Өзбекстан - басқарыўы республика формасына ийе болған суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет. Бул Тийкарғы нызамымыздың дәслепки статьяларында жазып қойылған. Демек, елимизде билимлендириў де тап усыған сәйкес тәризде шөлкемлестирилген. Усы жерде билимлендириўдиң дүньялық екенлиги ҳаққында тоқтап өтиў орынлы.
Дүньялық түсиниги көп жағдайларда надурыс талқыланады. Гейде болса ҳүждан еркинлигине қарама-қарсы қойылады. Тийкарында, дүньялық - динди бийкарлаў емес, ал барлық исенимлерге қарата бийтәреп, әдалатлы ҳәм нейтрал қатнас жасаўды аңлатады. Дүньялық билимлендириў системасы жас әўладқа диний емес, ал илимий тийкарланған билимлер бериўге бағдарланған болып, соның менен бирге, олардың ҳүждан еркинлигин толық тәмийинлеўге қаратылған. Бул қатнас жасларды бир исенимге мәжбүрлемей, олардың еркин пикирлеў ҳәм еркин қарар қабыл етиў қәбилетин қәлиплестиреди.
Келиң, усы жерде айырым сырт еллердеги тәжирийбени көрип шығайық. Мәселен, Францияда 1905-жылдан баслап қабыл етилген дүньялық ҳаққындағы нызам тийкарында барлық диний шөлкемлер ҳәм мәмлекет бир-биринен ажыратылған. Мектеплер исенимди емес, ал илимий пикирлеўди үгит-нәсиятлайды. Соған қарамастан, бул мәмлекетте ҳәр бир шахстың ҳүждан еркинлиги қатаң қорғалған.
Туркияда да XX әсирден баслап дүньялық билимлендириў системасы енгизилген болып, ол диний билимлерди емес, ал улыўма инсаныйлық қәдириятлар ҳәм пән тийкарындағы билимлендириўди биринши орынға қояды. Соның менен бирге, мәмлекет тәрепинен диний еркинликлер толық кепилленген.
Скандинавия мәмлекетлеринде ҳүждан еркинлиги тек ҳуқықый емес, ал тәрбиялық өлшем сипатында мектепке шекемги билимлендириўден баслап жас әўладқа сиңдириледи. Бул мәмлекетлерде балалар жаслығынан баслап басқа адамлардың диний ҳәм мәдений көзқарасларына ҳүрмет пенен мүнәсибетте болыўға үйретиледи. Бунда билимлендириў системасы диний нейтраллық принципине тийкарланады, бирақ ҳәр бир оқыўшының исенимине ҳүрмет пенен қаралады.
АҚШта да исеним ҳәм ҳүждан еркинлиги қатаң қорғалады. Мектеплерде ҳәр қыйлы исенимге ийе оқыўшыларға тең шараят жаратылады. Буған, өз гезегинде, миллий бирлик ҳәм социаллық турақлылықты беккемлеўде тийкарғы қураллардан бири сыпатында қаралады.
Малайзияда диний ҳәр түрлиликти есапқа алып, мәмлекет сиясатында барлық диний көзқарасларға әдалатлы қатнас жолға қойылған. Бул болса жасларда өз мәдениятына садықлық пенен бирге, басқа дин ўәкиллерине болған кеңпейилликти арттырыўға хызмет етпекте.
Дүньялық мәмлекетти раўажландырыў жолында билимлендириў бағдарындағы дүньялықлықты тәмийинлеў жүдә әҳмийетли. Себеби, әйне билимлендириў системасының ҳәр бир басқышында жасларға ҳүждан еркинлиги ҳәм дүньялық түсиниклериниң мәнисин дурыс түсиниў ҳәм оннан дурыс пайдаланыў ҳаққында билимлер берилип барылыўы зәрүр.
Билим бериўдеги дүньялық билим бериў процесинде оқыўшиларда диний исеним ҳәм көзқараслардан жырақ түрде илимий билимлерди, логикалық пикирлеў көнликпелерин, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларды қәлиплестириў, көзқараслардың ҳәр түрлилигин ҳүрмет етиў, улыўма жәмийет мәплерине үлес қосыў идеяларына сүйениўден ибарат.
Бизге белгили, елимизде 130 дан аслам миллет ўәкиллери жасайды, олар ҳәр қыйлы динлерге исенеди. Мектеп ҳәм университетлерде олардың барлығы бир-бирине жақын, бир системада билим алады. Демек, жоқарыда атап өткенимиз - ҳүждан еркинлиги түсинигиниң дурыс аңланыўы жәмийет ушын, улыўма, ҳәр биримиз ушын оғада әҳмийетли.
Көз алдыңызға келтириң, билимлендириўде диний бийтәрепликти сақлаў ҳәм диний көзқарасларды мәжбүрий сиңдириўге жол қойылмайтуғын орталықты тәмийинлемесек не болады? Әлбетте, бул ҳүждан еркинлиги тәмийинленбеўине алып келеди. Негизинде биз жаслардың қәлбине адамгершилик ҳәм әдиллик, дослық ҳәм аўызбиршилик, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық идеяларға ҳүрмет сыяқлы қәдириятларды сиңдирип барыўымыз, әдеп-икрамлылық мәселелерине мақул шешим табыў көнликпелерин қәлиплестириўимиз керек. Болмаса ҳүждан еркинлиги надурыс талланып, диний радикализм ҳәм экстремистлик жумысты ақлаўға урыныўлар пайда болады. Бул болса, социаллық қәўипли жағдайлардың жүзеге келиўине алып келеди.
Егер биз ҳүждан еркинлигин жасларға дурыс аңлатсақ, түрли диний исенимлер ҳәм тәлийматлар тарийхы, раўажланыў басқышлары ҳәм заманагөй тенденциялары ҳаққында қалыс билим бериўди, сондай-ақ, түрли динлер, мәдениятлар ҳәм көзқарасларға ҳүрмет, кеңпейиллик ҳәм түсиниў орталығын тәмийинлесек, билимлендириўде дүньялықтың барлық унамлы тәреплерин көрсете аламыз.
Ҳүждан еркинлиги ҳәм инсанның ишки әдеп-икрамлылық жағдайы, жәмийеттеги кеңпейиллик ҳәм ҳүрмет ислам дининде де терең үйренилген ҳәм қәдирленген. "Инсанның ишинде ең жақсысы - басқалар ушын ең пайдалысы болғаны" делинген Пайғамбарымыз (Муҳаммед (с.а.в.) ҳәдислериниң биринде. Бул ҳәдисте инсанның жәмийет алдындағы жуўапкершилиги ҳәм пайдалы, әйне ҳүждан, әдеп-икрамлылық көзқараслар тийкарында болыўы керек екенлиги атап өтилмекте.
Билимлендириўдеги дүньялық та әйне усы сыпатларға ийе жаслардың жаңалыққа умтылыўы, пәнлерди терең өзлестириўи, өз турмысын абаданластырыўы, мәмлекетти раўажландырыў жолында билимлерин жетилистириўи ҳәм пайдалы изертлеўлер нәтийжелерин турмысқа енгизиўи менен көринеди.
Демек, ҳүждан еркинлиги, бул - инсанияттың ең муқаддес ҳуқықларынан бири. Ол тек ҳуқықый емес, ал тәрбиялық, руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық фактор сипатында жәмийеттиң раўажланыўында шексиз орын тутады. Әсиресе, жаслар тәрбиясында бул еркинлик саламат пикирли, руўхый бай ҳәм кеңпейил шахсларды қәлиплестириўге хызмет етеди. Оны қәстерлеп сақлаў, дурыс бағдарлаў ҳәм қорғаў бәршемиздиң муқаддес миннетимиз болып есапланады.
Гулчеҳра РИХСИЕВА,
филология илимлериниң кандидаты, профессор




