Ташкент мәмлекетлик аграр университетин усындай илимий дәргайлар қатарына киргизиў мүмкин. Себеби, бул жоқары оқыў орны, мине, 95 жылдан берли, аграр тараў тармақларына жетик қәниге ҳәм кадрлар жеткерип бермекте. Бул жерде жәмленген илимпазлар инновациялық идея, илимий қолланба ҳәм нәтийжели жойбарлары менен аўыл хожалығының раўажланыўына мүнәсип үлес қосып келмекте. Бул бағдардағы жумыслар, әсиресе, кейинги жылларда жаңа басқышқа шықты. Системалы жолға қойылған илим ҳәм әмелияттың үнлеслиги тараўдағы өзгерислер менен жаңалықларда айқын көзге тасланады. Бунда, тәбийғый, билимли қәнигелерге сүйенилмекте. Усы мәниде бәркамал әўладты тәрбиялаў, жасларды ҳәр тәреплеме жетик шахс етип камалға келтириў ушын зәрүр шараят жаратыў университет жумысының стратегиялық бағдары, десек асыра айтқан болмаймыз.
Аўыл хожалығы бойынша жетик қәнигелерди таярлайтуғын биринши жоқары билимлендириў дәргайының Орайлық Азияда биринши болып Өзбекстанда ашылғаны тосыннан емес. Бул сол дәўирдиң талабы еди. Себеби, елимизде XX әсирдиң басларына келип ирригация, мелиорация ҳәм аўыл хожалығы көлеми кеңейип, бул бағдардағы жумыслардың әҳмийети артып баратырған еди. Бул болса, өз гезегинде, тараў ушын жетик кадрларды таярлаў системасын қәлиплестириўди зәрүрликке айландырған еди. Сондай-ақ, Түркстан мәмлекетлик университетинде (ТМУ) аўыл хожалығы факультетиниң бар екенлиги де бүгинги университеттиң қәлиплесиўинде үлкен әҳмийетке ийе болды.
Буннан тысқары, пахташылықтың раўажланыўы менен агроном кадрларға талап артты. Нәтийжеде студентлер саны көбейип, олардың социаллық қурамы өзгерди. Бираз ўақыттан соң, факультет тийкарында Орта Азия аўыл хожалығы институты шөлкемлестирилди. Кейин ала Ташкент аўыл хожалығы институты атын алған оқыў орнында жылдан-жылға жергиликли қәнигелердиң саны артып барды. Институттың жумысы өткен әсирдиң 70-80-жылларында әдеўир кеңейди. Бул дәўирде жергиликли ҳәм сырт елли студентлер әдеўир көбейди. Ғәрезсиз қәнигеликлер бойынша 9 факультет ашылды. Қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бойынша сезилерли жумыслар әмелге асырылды.
1991-жылы Ташкент аўыл хожалығы институтына университет статусы берилип, Ташкент мәмлекетлик аграр университети деп аталды. Улыўма алғанда, жоқары оқыў орнының тарийхый раўажланыў жолы мәмлекетимиздиң аўыл хожалығы, экономикасы, билимлендириў системасының раўажланыўы менен тығыз байланыслы. Ғәрезсизликтиң дәслепки жыллары базар экономикасына өтиў шараятындағы айырым қыйыншылықларға қарамастан, университет аўыл хожалығы бойынша кадрлар таярлаўда көплеген унамлы нәтийжелерге еристи. Бул дәўирде оның материаллық-техникалық ҳәм оқыў базасы және де беккемленди. Қәниге таярлаўдың заманагөй усыллары өзлестирилди, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлердиң шараяты жақсыланды. Оқыў процеси, оқыў ҳәм илимий жумысларды шөлкемлестириў, халықаралық бирге ислесиўди жолға қойыў сыяқлы мәселелерди шешиў ҳуқықы кеңейди.
Илим, оқыў ҳәм оқытыў ҳеш қашан бир орында тоқтап турмайды. Излениў, үйрениў арқалы жетилисип, байып бара береди. Жаратылған қолайлы орталық ҳәм шараят бунда үлкен әҳмийетке ийе. Усы көзқарастан алғанда, соңғы сегиз-тоғыз жыл университет жумысында айрықша тән алыўға ылайық дәўир болды, десек әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз. Себеби, усы ўақыт ишинде тиккелей Ташкент мәмлекетлик аграр университетине байланыслы бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди. Соның ишинде, Президентимиздиң 2018-жыл 8-майдағы "Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарарына тийкарланып, университет тәрепинен аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы бойынша мәмлекетлик билимлендириў стандарты ислеп шығылды.
Мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 19-августтағы "Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы және 2020-жыл 30-июльдеги "Аграр билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарарлары менен болса университет ҳәм оның филиалларында аўыл хожалығы билимлендириўи және илими бойынша бир қатар әҳмийетли бағдарлар белгилеп берилди.
Аўыл хожалығында инновациялық ресурс үнемлеўши технологияларды қолланыў, "ақыллы" аўыл хожалығы ҳәм санлы технологияларды енгизиў бойынша заманагөй билимлерге ийе кадрларды таярлаў, оқыў-лаборатория базасын модернизациялаў, оқытыўшылар, илимий ҳәм илимий-педагогикалық кадрлардың сырт елде маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў, фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлердиң нәтийжелерин өндириске кеңнен енгизиў, инновациялық технологияларды жаратыўда материаллық мәпдарлықты арттырыў усылардың қатарына киреди. Ҳәзирги ўақытта университет жәмәәти усы ўазыйпаларды орынлаў ушын пидайы мийнет етпекте.
Кейинги бир жыл ишинде аўыл хожалығының тийкарғы бағдарлары бойынша илимий лабораторияларды шөлкемлестириў ҳәм үскенелеўге Жәҳән банки, Қытай ҳәм Қубла Корея техникалық жәрдем жойбарлары есабынан 2 миллион доллардан аслам қаржы тартылды. Билимлендириў ҳәм илимий бағдарламаларды әмелге асырыўға қаратылған грант қаржыларын тартыў бағдарында системалы жумыслар исленди. Университеттиң Коммерцияластырыў қорының қаржысы 3,5 миллиард сумнан 10 миллиард сумға жетти. Агросанаатты раўажландырыў ҳәм Тоғай хожалығы агентликлери, “Leo Garden”, “Agro Light Business”, “Multi Flora”, “PROMEАT” ЖШЖ, “Sаfiа Cаfe & Bаkery” сыяқлы 26 ири шөлкем ҳәм кәрхана менен дуал билимлендириў жолға қойылды.
2025-жылы 187 студент Польша, Германия, Болгария сыяқлы мәмлекетлерге ҳақы төленетуғын қысқа мүддетли оқыў әмелиятына жиберилди. Бул бағдардағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў ушын Қытай, Греция, Венгрия ҳәм Хорватияға студентлердиң әмелиятын шөлкемлестириў бойынша келисимлерге ерисилди. 50 ден аслам профессор-оқытыўшылар Польша, Түркия, Малайзия, Қубла Корея, Қытай ҳәм Россияның абырайлы жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлерине тәжирийбе арттырыў ҳәм стажировкаларға жиберилди. Өз гезегинде, Германия, Польша, Түркия, Малайзия, Қубла Корея, Қытай ҳәм Россияның жетекши жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлериниң 30 дан аслам профессоры университеттиң оқыў сабақларына тартылды.
1350 орынға ийе, 4 қабатлы оқыў имараты реконструкцияланып, онда жаңа илимий лабораториялар шөлкемлестирилди. Усы күнлерде 1450 орынға ийе 5 қабатлы жаңа оқыў имараты ҳәм 550 орынға ийе лекция залының қурылысы жуўмақланбақта. Студентлер турақ жайлары ҳәм факультет имаратлары, спорт майданшалары да түп-тийкарынан оңланды.
Қысқаша айтқанда, дерлик бир әсирлик тарийхқа ийе ҳәм бүгинги күнге келип заманагөй билимлендириў дәргайына айланған Ташкент мәмлекетлик аграр университети жәмәәти юбилейди жоқары маманлықтағы аўыл хожалығы қәнигелери ҳәм аўыл хожалығы илимлерин раўажландырыўдағы жетискенликлери менен күтип алмақта. Буған, әлбетте, мәмлекетимиз тәрепинен көрсетилип атырған итибар, университет илимпазлары ҳәм тәжирийбели педагоглар себепли ерисилди. Жоқары оқыў орны жәмәәтиниң мийнети итибар ҳәм ҳүрметке ылайық. Себеби, университетте өткен ўақыт даўамында ерисилген нәтийжелер, басып өтилген илим жолы буған тийкар болады.
Айбек ОСТОНОВ,
Ташкент мәмлекетлик аграр университети
кафедра баслығы, тарийх илимлериниң докторы




