Бүгинги пуқаралық жәмийетинде инсанды инсан ететуғын социаллық әдиллик тийкары - билимлендириў, тәрбия, медициналық хызмет, турақ жай, мийнет ҳәм хошаметлеў сыяқлы жемислерден ҳәмме ушын еркин пайдаланыў имканиятының бар екенлиги болып табылады. Адамзат бәрқулла жәмийетлик турмыста әҳмийетли орынға ийе болыўға умтылып жасайды, буның жаманы жоқ. Ақыры керекли болыў сезими ҳәрекетке, раўажланыўға ийтермелейди.
Пуқараның ҳуқық ҳәм миннетлери муўапықлығы да пуқаралық жәмийетиндеги әдалатлы қатнасықларды анық изге салыўшы фактор есапланады. Буннан тек ғана жәмийет емес, ал шахстың өзи де үлкен пайда көреди. Мине усы сәйкеслик себепли ғана инсан басқалардан ҳүрмет ҳәм иззет күтиўге ҳақылы.
Егер жынаятты жазасыз қалдырмайтуғын система жәмийетлик қатнасықларды ҳуқықый жақтан тәртипке салыў күшине ийе болса, исленген мийнет ҳәм оның баҳаланыўы ортасындағы сәйкеслик экономикалық қатнасықларды тәртипке салады. Бүгинги заманагөй жәмийетти мине усындай сәйкеслик қағыйдасысыз көз алдымызға келтириў қыйын. Бул муўапықлық пүткил экономикалық системаның тийкарын қурайды.
Әдилликке қайтсак. Әдилликтиң өзи қандай да бир қәдириятты аңлатпайды, бирақ қәдириятлар арасындағы қатнасты белгилейди, оларды баҳалаў қәсийетине ийе. Сол себепли, әдалат қубылысында жәмийетти тәртипке салыўшылық өзгешелиги бар. Әдилликте еки руўхый тәреп - әдеп-икрамлылық және ҳуқықый талаплар жәмленген. Оны белгили мәнисте әдеп-икрамлылық тараўындағы муғдар өлшеўши деп те айтыў мүмкин: ол талап пенен сыйлықлаўды өлшеп туратуғын тәрези есапланады. Әдиллик бар жерде жәмийетлик зулымлыққа, бийбастақлыққа жол жоқ.
Аристотель әдалат ҳаққында былай дейди: "Әдалатлық ҳәр түрли болады. Олардан бири - нызамға муўапықлық. Нызам буйырғанын ислеў әдалатлы ис есапланады. Нызам адамлардан әдил, ақыллы ҳәм пазыйлетли болыўды талап етеди. Соның ушын да әдиллик ең жетик пазыйлет есапланады. Әдиллик нызамға муўапық жасаў, нызам болса ҳәммеден әдиллик пенен жасаўды талап ететуғын болса, нызамға муўапық ис тутатуғын адам ең пазыйлетли адам болып табылады. Әдиллик ең жақсы пазыйлет".
Фарабий пазыйлетли адамлар қаласын бир пүтин организмге уқсатады: егер бир ағзада кеселлик пайда болса, пүткил дене бирдей азап шегеди. Демек, пазыйлетли жәмийеттиң тийкары дурыс тәрбия, әдил басқарыў ҳәм билим үстинлиги болып есапланады.
Бүгин жәмийетимизде мине усы әййемги даналықтың заманагөй көринисин көрип атырмыз, деп айтыўға толық ҳақымыз бар. Кейинги сегиз жыл ишинде билимлендириўдиң сапасын арттырыў, тәрбия процесин әдиллик нормалары тийкарында шөлкемлестириў, жаслардың потенциалын жүзеге шығарыў бойынша үлкен нәтийжелерге ерисилди, жәмийеттиң иммунитети көтерилди.
Бундай көзқарас, тәбийғый, экономикалық көрсеткишлерде де өз көринисин таппақта. Өткен жыллар даўамында мәмлекетимиз экономикасы еки есеге өсти, жалпы ишки өним көлеми жылдың ақырына шекем 130 миллиард доллардан артыўы күтилмекте. Заманагөй технологиялар ҳәм инновацияларды енгизиў есабынан экспорт көлеми 25 миллиард долларға алып шығылып атыр. Соның менен бирге, өткен сегиз жыл ишинде мәмлекетимизге 130 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициясы тартылды. Әҳмийетлиси, бурын инвестиция тийкарынан шийки зат ресурсларына қаратылған болса, енди ол жаңа өнимлер ислеп шығарыў, инфраструктураны жақсылаў ҳәм хызметлер тараўын раўажландырыўға қаратылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда атап өткениндей: "Мен бул экономикалық көрсеткишлерге не ушын көп тоқтап атырман? Себеби экономика қаншелли беккем болса, билимлендириў раўажланады. Билимлендириўдиң сапасы жоқары болған мәмлекетте болса экономика турақлы өседи. Бул - өмир нызамы".
Дерлик ҳәр күни туўылатуғын жаңа идеялар, берилетуғын басламалар, шешимлер, атап айтқанда, билимлендириўде тең имканият жаратыў, инсан қәдирин ҳүрметлеў, халықтың түрли қатламларының мәпин үйлестириўге қаратылған реформалар бүгинги қыйын дәўирде теңсалмақлылықты табыўға урыныўдың айқын үлгилери деп ойлайман.
Бул жолда умтылыў, излениў ҳәм жетик шешим излеў процеси тоқтамай даўам етпекте. Соның ушын бүгин жәмийетимизде әдиллик принципи басқышпа-басқыш беккемленип, ҳәр бир пуқара өзин мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли қатнасыўшысы сыпатында сезе басламақта.
Усы мәнисте, Президентимиздиң басшылығында мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўындағы реформалардың орынланыўы ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпалар бойынша жақында өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген тийкарғы ўазыйпалар да әйне усы әдиллик нормаларына сүйенеди. Себеби тәрбия ҳәм билимлендириў системасында әйне әдиллик үстин болмаса, балалардың имканиятлары ҳәр қыйлы бөлистирилип, бүгиннен келешекке шекем ойланған стратегиялар, жойбарлар, ҳәрекетлер ҳәм үмитлер набыт болыўы мүмкин.
Қус қанатының биреўи узын, екиншиси қысқа болса, тәбийий, уша алмайды. Жәмийет те тап сондай: егер бир балаға имканият берилип, екиншиси шетте қалса, миллеттиң "пәрўазы" төменлейди. Әдалатсызлық ҳеш қашан тек бир адамды ғана қамтып алмайды. Мектепте бир балаға әдалатсызлық исленсе, қалғанлар да бул көринисти көреди ҳәм руўхый тәсирленеди. Сол себепли, бир ноқаттағы әдалатсызлық пүткил саламат орталық кейпиятын бузады.
Психология көз қарасынан болса, әдалат баланың ишки исеними, руўхый капиталы болып хызмет етеди. Ол үлкенлердиң ҳәр бир қарарына қарап сол капиталды жыйнайды. Егер ол әдалатлы орталықта өссе, келешекке ашық көзқарасты үйренеди. Болмаса ишки исеними сынады, майда әрманлары киби жүрексиз ҳәм қорқақ болып қалады. Миллеттиң үлкен әрманы болса, мине, усы миллионлаған жеке арзыўлар жыйнағынан қурылады.
Илимде "балалықтағы код" деген түсиник бар. Инсан балалығында қандай адамлар дөгерегинде тәрбияланса, оның арзыў-әрманлары да соған өмиринше кодланады. Мәселен, жаслығынан китапты қолынан түсирмеген перзент үлкейген соң, дөретиўши ямаса изертлеўши илимпаз болыўға бейимлик көрсетеди. Ямаса спорт орталығында өскен жигит-қызларда физикалық искерлик турмыслық зәрүрликке айланады. Демек, ҳәр қандай инсанның ертеңги пазыйлетлери, кәсиби, ҳәттеки жәмийеттеги орны да балалықта қойылған "код" пенен белгиленеди.
Усы ҳақыйқатты терең аңлаған мәмлекетимиз басшысы тәлим-тәрбия мәселесин стратегиялық әҳмийетке ийе бағдар сыпатында атап өтип, былай деди: "Адамларымыз жақсы жасаўы ушын экономикамыз күшли болыўы керек! Буның ушын жаңа товар, жаңа хызмет, жаңа технология керек! Буларға тек ғана сапалы билимлендириў системасы арқалы ерисе аламыз! Басқа жолымыз жоқ! Усы ҳақыйқатты аңлап, ҳәр күни өзин қыйнап ислеген басшының районында, бақша, мектеби, техникумы, жоқары оқыў орнында әлбетте өзгерис ҳәм нәтийже болады".
Жақында Президентимиз жас әўладты тәрбиялаўдың бирден-бир концепциясы менен танысты. Бул соны аңлатады, мәмлекет көлеминде миллий тәрбия мәселесине түпкиликли итибар қаратылмақта. Бирден-бир концепция тәрбияда пытыранқылықты сапластырыў, ҳәр бир мәкеме, шөлкем, топар өзбасымшалық жол тутпастан, улыўма мақсет жолында ҳәрекет етиўин аңлатады.
Енди жас категориялары бойынша миллий тәрбия модели жаратылады. Бул арқалы балалар заманагөй компетенцияға ийе қәниге болыў менен бирге миллий қәдириятларға садық инсан болып тәрбияланады.
Келиң, буны да азғана талқылайық: тәрбия моделиниң жас категорияларына қарап ислеп шығылыўы методологиялық жақтан ең дурыс қатнас болып есапланады. Себеби енди бақша баласына да, мектеп оқыўшысына да бирдей тәрбия усылын қолланыў нәтийже бермейтуғынын түсинип атырмыз. Буннан былай тәрбия системасы жедел заманға тең қәдем таслап, балаларға технологиялық көнликпелерди үйретиў менен бирге олардың қәлбине миллий руўхты да сиңдиреди.
Буның дәслепки қәдеми сыпатында жаңа оқыў жылынан барлық бақша, мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларында ҳәр дүйшемби күни "Келешек сааты" сабақлары өткерилмекте. Бул әмелий қәдем тәрбия моделиниң бирден турмысқа енгизилип атырғанын көрсетеди. "Келешек сааты" атамасының өзи үлкен мәнисти аңлатады: ҳәр ҳәпте жаңа идея ҳәм руўхый қәдириятлар менен басланыўына ишарат. Бул сабақлар арқалы бала өмириниң бағдары белгилеп бериледи, оған заман ҳәм келешек ҳаққында пикирлеў үйретиледи.
Улыўмаинсаныйлық, миллий қәдириятлар, ўатансүйиўшилик идеясы, жаңа Өзбекстандағы реформаларды өзгерип баратырған заман шараятында технология әсири балаларына тереңирек, заманагөй усылларда жеткериў керек екенлиги де айтылды.
Итибар бериң, бул жердеги ең әҳмийетли сөз "заманагөй усыллар". Себеби, бүгин қәдириятларды әдеттеги, қурғақ сүренлер менен емес, ал мультимедиа, анимация, интерактив сабақлар, заманагөй педагогикалық технологиялар арқалы жеткериў мақсетке және де жақынластырады. Балалар интернет ҳәм гаджетлер әлеминде жасап атыр екен, олар менен усы тилде сөйлесиў керек. Миллий идеяны оларға жақын ҳәм креатив усылда билдириў тәрбияның нәтийжелилигин арттырады.
Сонлықтан, енди Балалар контентин раўажландырыў орайы Қары Ниязий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институтының илимпазлары менен биргеликте қызықлы видеороликлер ислеп шығады. Миллий тәрбияның табысы, сөзсиз, оның сәўлелениў формасына байланыслы. Бүгинги балалар көбирек көреди, көбирек еситеди ҳәм сезеди. Соның ушын видео контентлер, подкастлар, қысқа метражлы мультфильмлер арқалы идеяларды жеткериў зәрүр. Илимпазлар ҳәм дөретиўшилердиң бирлесиўи болса илим ҳәм дөретиўшиликтиң үнлеслигин тәмийинлейди. Бул арқалы тәрбия теориялық жағдайында қатып қалмайды, жас санасына жарқын, тәсирли формада кирип барады.
Жаратылған контент "Миллий тарбия" платформасына жайластырылады, телеканалларда көрсетиледи. Буның артындағы мәнис те түсиникли: ҳәр бир бала, қай жерде жасамасын, бирдей имканияттан пайдаланыўы керек. Бул болса тәрбиядағы әдилликтиң әҳмийетли көриниси болып есапланады.
Бүгин инженерликке қызыққан оқыўшы да, сахнада тамақ тамырлары дирилдеп опера айтыў әрманында жүрген бала да, спортта өз потенциалын көрсетпекши болған жас баҳадыр да теңдей имканиятларға ийе болмақта. Мине, усы теңликке ерисиў ушын реформалар әмелге асырылмақта.
Кейинги жыллардағы өзгерислерди бақлаған ҳәр бир инсан қарарлар ҳәм буйрықлар дәрҳал турмыслық зәрүрлик сыпатында қабыл етилип атырғанын сезеди. Мәселен, педагоглар, мәсләҳәтшилер, мәҳәлле жетекшилери, психологлар биргеликте ислеўи мәмлекетимиз бала тәғдирине бийпәрўа қарамайтуғынын аңлатады. Бул болса мәмлекеттиң, жәмийеттиң өз пуқарасына болған жуўапкершилиги ҳәм жуўапкершилик артынан келетуғын әдиллик болып есапланады.
Жуўмақлап айтқанда, бүгинги реформалар жолында қойылып атырған ҳәр бир қәдемниң орайында инсан, оның ҳуқықы ҳәм имканияты тур. Инсанды қәдирлеў, арзыў-нийетлерин әмелге асырыў ушын шараят жаратылмақта. Егер усы теңликтиң үзликсизлиги толық тәмийинленсе, ел өз-өзинен раўажланады, жоқарылайды. Сондай болыўы зәрүр, сондай болады да.
Азизбек ЮСУПОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы