Соның ушын, ҳаяллардың абырайы еркеклер ушын ар саналған. Бул ҳақыйқатлық әсирлер даўамында дәстанларымыз, ертек ҳәм нақылларымызда өз көринисин таўып келген. Бирақ, дәўир тезлиги, информация ағымының көбейиўи нәтийжесинде балаларға ертек айтып бериў де барған сайын умытылып атырғанын көрип-билип атырмыз.
Хош, өзбек халық аўызеки дөретиўшилиги - дәстан, ертек ҳәм рәўиятларымызда ҳаял-қызларға ҳүрмет қалай сүўретленген? Олардың жәмийеттеги, тәрбия процесиндеги орны қандай болыўы керек? Усындай сораўлар бойынша белгили фольклортаныўшы илимпаз, филология илимлериниң докторы, профессор Шомирза ТУРДИМОВ пенен сәўбетлестик.
- Негизинде дүнья фольклоры сюжетин алсақ та, өзбек фольклоры сюжетин алсақ та, ҳаял ҳәм еркек образы орайда турады. Бунысыз шығарма шығарма емес, деп есапланған. Бул муҳаббат көз-қарасынан деймиз бе, я басқаша ма, бәрибир баслы мақсет усы екеўи әтирапында қурылады.
Сораў туўылыўы тәбийий: өзбек халық ертеклери, халық дәстанларында ҳаялға мүнәсибет қалай сүўретленеди? Мәселен, "Алпамыс" дәстанын алайық. Онда жүдә әҳмийетли бир тезис бар - "Ҳаял ердиң ўәзири болмай ма?". Буннан ҳаял ериниң тап ўәзири, дана ҳаял ҳақыйқый мәсләҳәтши, деген мәнис келип шығады.
Байсары менен Байбөриниң келиспеўшилигин еске алайық. Есиңизде болса, әне усы пайытта Баршынай бул ўақыяларға наразылығын билдиреди. Бул да ҳаяллардың социаллық мәселелерде әзелден белсенди болғанлығын көрсетеди.
- Халық аўызеки дөретиўшилиги үлгилери, тарийхый рәўиятларда да ҳаялларға қаҳарманлық, сабыр-тақат, садықлық қатнасы берилген...
- Бундай өзгешеликлер дәстанлардан баслап турмыслық ўақыя-ҳәдийселерге шекем өз көринисин тапқан. Мәселен, Бийбиханым ҳәм Әмир Темур қатнасықлары да жүдә ибратлы. Бийбиханымның саҳибқыранға берген ақыллы мәсләҳәтлери ҳаққында түрли рәўиятлар жүреди. Олардан бирин еслесек. Әмир Темур әскерий жүрислеринен биринде қаржы жағынан қыйын аўҳалға түсип қалады. Сонда Саҳыпқыран бабамыз Самарқандқа - Бийбиханымның алдына шабарман жиберип, "Бибиханымға барып айтыңлар, бизге қаржы жиберсин" деп жеткериўди тапсырады. Елшилерди қабыл еткен Бийбиханым оларға: "Ақшасы таўсылып қалған болса, сиясаты да тамам болған ба?" деп жуўап береди. Таллап көрсек, буның артында үлкен мәни жасырынған.
Және бир рәўиятта айтылыўынша, Саҳыпқыран Киши Азия тәрепке атланысларынан биринде басқарыў жағынан қыйын жағдайға түсип қалады. Усындай жағдайда дөгерегинде кеңес сорайтуғын адам таба алмайды. Мәсләҳәтлесиў ушын бул сапары да Самарқандқа шабарман жибереди.
Шабарман жетип барып, Бийбиханымға жағдайды түсиндиреди. Бирақ, малика оған ҳеш нәрсе деп жуўап қайтармайды. Тек ғана шабарманды өзи менен бирге бағқа алып шығады. Оған бағдағы тереклерди көрсетип, оларды мақтайды, бирақ айырымлары қуўраған қусайды, жаңалаў керек, деп шабарманның қасында бағманға көрсетпе берген. Шабарман саҳибқыран алдына қайтып келген соң, бабамыз Бийбиханым не деп жуўап бергенине қызықсыныпты, бирақ шабарман мәлийка ҳеш қандай жуўап бермегенин, тек бағқа алып барып, тереклерди мақтағанын, бирақ қуўраған тереклерди алмастырыў бойынша бағманға көрсетпе бергенин мәлим етипти. Соннан кейин саҳибқыран әскериндеги басқара алмайтуғын барлық әскербасыны алмастырған екен.
- Тәрбия процесинде ҳаял-қызлардың орны қандай болыўы керек? Бул бағдарда халық аўызеки дөретиўшилигинен қандай ибрат алыў мүмкин?
- Итибар берсек, ертеклеримизде, нақыл-әпсаналарымызда "дана қызлар" деген түсиник бар. Буның пайда болыўы негизинде перзент тәрбиясы мәселеси турады. Бир гөззал нақылды мысал етип келтиремен: "Тулпар - бийеден, алп - анадан". Жүдә әҳмийетли ҳикмет. Себеби бул сөз халқымыздың генетикалық тәжирийбесин билдиреди. Халқымыз шаңарақтың таянышы болатуғын перзент тәрбиясы анаға байланыслы екенин әсирлер даўамында рәўиятлар, нақыл ҳәм ертеклерде уқтырып келген.
Билим тек китаптан оқып алынатуғын байлық емес, оны өмир тәжирийбелеринен де өзлестире алыў керек. Итибар берсек, халқымыздың тәрбия бағдарындағы дәстүрлеринде де көбирек турмыслық тәжирийбелерге сүйениў үстинлик етеди.
Адамлар арасында бир рәўият жүреди. Оған бола, бир ғарры өспирим баласын көше бойлап ийтерип өтип баратырған екен. Адамлар ҳайран болыпты. "Неге урасаң үп-үлкен жигитти? Ол не жазық иследи?" деп сораса, "Бул бәрқулла айтқанымды ислейди", дейди. Адамлар "Айтқаныңызды қылса, неси жаман?" деп әбден таңланыпты. Жолда бир қыз шығып қалыпты. Қыз да тап усы сораўды берипти. Ғарры да сол жуўапты қайтарыпты. Сонда қыз: "Олай болса, өзинен билип ислемегенше еледе қаттырақ урың", деп мәсләҳәт берипти. Ғарры кеўлиндеги жуўапты еситип, ақырында улын сол қызға үйлендирипти. Себеби ол бундай қыз келешекте перзентлерди бәркамал етип тәрбиялай алатуғынын алдын ала билген екен.
Халқымыздың тәрбия ҳаққында жазылмаған бир қағыйдасы бар. Оған көре, тәрбия процесинде тәрбияланыўшы зыянланып қалмаўы керек. Ол жүдә жумсақ ҳәм сезилмейтуғын усыллар менен синдирилиўи керек. Ҳақыйқый өзбек тәрбиясының тийкарында мине усы түсиник жатады. Сондай-ақ, бул ўазыйпаны тек ҳаял-қызлар, яғный аналар ғана еплей алатуғынына исенген. Бирақ буны тәрбия процесинде еркектиң орны кемирек екен, деп түсинбеў керек.
Тәрбияда еркектиң орны оғада үлкен. Халқымыздың ой-пикиринде оның образы сондай жаратылған, перзентлер ушын әзелден айбатлы көринген. Аналар перзентлери қандай да бир айып ислесе, "Әкеңе айтаман, урысады", деп емес, "Әкең бул айыбынды еситсе, сеннен қапа болады, кеўли ренжийди", деп "қорқытқан". Бул ақыллы ҳаяллар ушын тән қәсийет болған. Себеби аналарымыз "Ура берсең ети қатады, сөге берсең бети қатады" деген нақыл мазмунына қатаң әмел еткен. Қорқытыў емес, ибратлы түрде жеткерилген де бир сөздиң қәдири алтынға тең. Усылардың ҳәммеси өз орнында қолланылса болды, әлем гүлистан.
- Наўайы бабамыздың "Фарҳад ҳәм Шийрин" дәстанында 10 илимпаз, соның ишинде, логика илиминде теңсиз Дилоса, астроном Гуландом, философ Суманбой, ҳикмет илиминиң билимданы Перизад образлары бар. Айтыўларына қарағанда, олардың прототипи Наўайыға заманлас апаларымыз екен. Бирақ негедур илим-пән ҳаққында сөз болғанда "Бизде бурын ҳаяллардан илимпазлар шықпаған, олар илим менен шуғылланбаған", деген гәплерди еситемиз. Бул "ҳаял адам үйде отырыўы керек", деген көзқараслар тәсиринде ме яки үгит-нәсият жетиспеўшилиги ме?
- Бул гәплерде жан бар шығар. Бирақ турмыста сондай ҳаялларды, аналарды ушыраттым, олар мәртлик, тырысқақлықта көпшилик еркеклерге өрнек болыўға арзыйды, десек, алжаспаған боламыз. Оларды көрип, дәстанларымыздағы, ертеклеримиздеги алп ҳаяллар мине усылар болса керек, деген тәсир пайда болған. Дурыс, олар жоқары оқыў орынларын питкермеген, жоқары мәртебелерди ийелемеген, бирақ ақыллылығы, дана мәсләҳәти менен жәмийетте жоқары мәртебелерге ерискен.
Сиз айтып атырған Наўайы шығармаларындағыдай ақыллы, илимли ҳаяллар бир қарағанда тарийхымызда жоқтай көринеди, бирақ олар бурын да болған, ҳәзир де бар. Бәлким, буған өтмиште үгит-нәсият жетерли болмағаны ушын болса, тәәжип емес.
- Бүгин жәмийетте ҳаял ҳәм еркектиң орны қандай болыўы ҳаққында пикир-таласлар көбейди. Буны кимдур тәбийий жағдай деп баҳаласа, кимдур норманың бузылыўы, деп баҳалап атыр...
- Еркек пенен ҳаялдың тәбияты ҳәр қыйлы. Нақылға тийкарлансақ, еркек топырақтан, ҳаял болса еркектиң қабырғасынан жаратылған екен. Усының өзи-ақ олардың тәбияты бир-бирине уқсамайтуғынын дәлиллейди. Соннан келип шығатуғын болсақ, жәмийетте де, шаңарақта да ҳаялдың өз орны бар, еркектики болса айрықша. Баслама сондай еди. Басланыўды ҳеш қашан умытпаў керек.
Бир ғана мысал. Ҳәзир жасалма интеллект ғалабаласқан сайын көпшилик қәўетерге түсе баслады. Енди китаптың қәдири және де жоғалады, турмысымызды жасалма интеллект ийелеп алады, деген қорқынышлар пайда болды. Бирақ пикирлеўдиң басланыўы китап еди ҳәм сондай болып қалады. Есиңизде болса, радио шыққанда да, телевизор кирип келгенде де адамлар тап сондай қорқынышқа түскен еди. Ал, китап ҳәзир де китап. Әтирапымызға сер салсақ, адамлар кем-кемнен олардан безинип, көбирек китапқа қайтпақта. Жәмийетте ҳаял ҳәм еркектиң әзелий орны да тап сондай. Оннан ўаз кешиў де, өзгертиў де мүмкин емес. Жаңадан-жаңа идеялар шыға берсин, қәлеген адам қәлеген гәпин айта берсин, бирақ басланыў менен байланыслы ҳақыйқатлар өз қәлпинде сақланып қала береди.
- Бүгин қыз перзенттиң тәрбиясы қандай болыўы керек? Халқымыз көркем мийрасында бул ҳаққында қандай дәстүрлер бар?
- Мен бәрқулла дәстүрий тәрбия тәрепдары болып келгенмен. Жақсы билесиз: Батыс ҳәм Шығыс түсиниги бар. Бул екеўи - әзелий еки полюс. Буны "олар - бир-бирине душпан", деп түсиниў дурыс емес.
Бизде "алақут" деген атама бар. Бул сөзди аңсат түрде түсиндириўге ҳәрекет етемен. Бабаларымыз өтмиште балаларға тумар соғып берип, оның жибин ақ ҳәм қара шардыздан ескен. Мине усындай ақ пенен қараның есилгени "алақут" делинеди. Дүнья да мәденият, дүньяқарас жағынан мине усы "алақут"қа, яғный Шығыс ҳәм Батысқа уқсайды. Бул екеўи әййемнен орын алмасып келеди. Бир сапары Шығыс үстем болса, бир сапары Батыс үстемлик етеди.
Бул тап тәрези пәллесиндей гәп. Тәрбия процесине келсек, бүгин Шығыста да Батыс тәрбиясы өлшем сыпатында алынып атырғаны ҳақыйқат. Процесстен регионымыз да шетте қалып атырған жоқ. Бул өз-өзинен жүдә көп нормалардың бузылыўына алып келеди. Мине, усындай жағдайда ата-аналар қыз перзент тәрбиясына оғада қатаң қараўы керек. Себеби, Батыстың үстинлиги ўақтынша, тәрези пәллеси және Шығысқа өтиўи гүмансыз. Бунда болса өзлигин сақлап қалғанлар жеңимпаз болады.
Халқымыздың дәстүрий тәрбия усыллары әсирлер даўамында қәлиплескен тәжирийбелердиң жемиси. Ал, бул қандай усыл? Оған көре, перзент туўылып, бес жасқа толғанша оны патша - "бала паша" деп билген. "Баланың кеўли патша" деген сөзди ҳәммемиз еситкенбиз. Тийкаргы тәрбия процеси болса 5 жастан 14 жасқа шекем даўам еткен. Балаға ата-ана қатаңлық пенен мүнәсибетте болған. Он төрт жастан кейин болса перзент пенен дослық мүнәсибетте болыў үйретилген. Себеби, 14 жасқа толған жигит-қыз ақылын әдеўир танып алған, әтирапты барынша түсиниўге үлгерген болады. Енди оған қорқытыў зыянға ислесе ислейди де, пайдасы кем болады. Бизиң дәстүрий тәрбия мине усы. Биз мине усы тәрбия усылын заманға бейимлестирип сиңдире алсақ ғана, жигит-қызларымыз жат тәсирлерден қорғалып ержетеди. Бул процессте ҳаялдың орны әҳмийетли болған.
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы
Жонибек АЛИЖОНОВ сәўбетлести.