Бул бағдарда елимизде алып барылып атырған сыртқы сиясат айрықша итибарға ылайық. Себеби Өзбекстанның сыртқы сиясаты прагматизм, ашық-айдынлық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў принциплерине тийкарланған. Сонлықтан, кейинги жыллар елимиздиң сыртқы сиясаты ушын нәтийжели ҳәм жедел өтпекте.

Соңғы жылларда регион мәмлекетлери менен дослық байланыслар жаңа басқышқа көтерилди. Жәҳән сиясатында "Орайлық Азия руўхы" ҳәм "Орайлық Азия келбети" сыяқлы түсиник ҳәм реаллықлар пайда болды. Орайлық Азияда исеним ҳәм шерикликтиң жаңа дәрежесине ерисилгени жедел өзгерислерге жедел пәт бағышлады. Усы жылдың март айында Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан шегараларының тутасқан жеринде Дослық стеласы орнатылғаны арамызда беккемленип атырған жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларының және бир тастыйығы болды.

"Жаңа Орайлық Азия" концепциясы реал ўақыяға айланбақта. Регионда бирден-бир транспорт-логистика мәканы қәлиплеспекте. Регионымыз жедел раўажланып, экономикалық өсиў ҳәм инвестициялық белсендилик орайы сыпатында көзге тасланбақта. Орайлық Азия дүнья жүзилик тарийхый имканиятлардан пайдаланып, жақсы қоңсышылық ҳәм қәўипсизлик, өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳәм турақлы раўажланыў мәканын жаратпақта. Орайлық Азияны Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубла арасындағы толық транзит хабына айландырыўға қаратылған бағдарлама ҳәм жойбарлар әмелге асырылмақта. Нәтийжеде кейинги жылларда өз-ара саўда көлеми 4,5 есеге, инвестициялар болса еки есеге көбейди. Қоспа кәрханалардың саны бес есеге артты. Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолы қурылысы басланды. Өзбекстан - Түркменстан - Иран - Түркия транспорт коридоры арқалы жүк тасыў көлеми сезилерли дәрежеде артты.

Жедел ҳәм прагматикалық сыртқы сиясат себепли Өзбекстан халықаралық сиясаттың орайларынан бирине ҳәм глобал идеялардың басламашысына айланбақта. Усы жыл 3-4-апрель күнлери Самарқандта Европа кеңесиниң президенти Антониу Кошта ҳәм Европа комиссиясының президенти Урсула фон дер Ляйенниң қатнасыўында "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммитиниң өткерилгени буның және бир дәлили болып есапланады.

2016-жылдан баслап Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстанның сыртқы сиясатында мисли көрилмеген жеделлик, өзгерислер дәўири басланды. Мәмлекетимиз басшысы сыртқы сиясий жумыста Орайлық Азия мәмлекетлери менен өз-ара дослық, жақсы қоңсышылық қатнасықларын қәлиплестириўди тийкарғы бағдар етип белгиледи. Салыстырмалы қысқа дәўир ишинде бул бағдарда исленген жумысларды халықаралық жәмийетшилик те тән алмақта.

Өзбекстан жетекшисиниң сиясий ерк-ықрары менен регионда аўызбиршилик руўхы пайда болды. Қоңсылар менен ҳеш қандай машқала болмаўына ерисиў ең әҳмийетли мақсет етип қойылды. Өз қәўипсизлигин басқа мәмлекетлердиң қәўипсизлиги есабынан беккемлеўге жол қоймаў, ашық-айдынлық, прагматизм ҳәм конструктивлик, тең ҳуқықлылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм мәплерди есапқа алыў принциплери регионаллық сиясаттың концептуаллық тийкарына айланды. Нәтийжеде Орайлық Азия мәмлекетлери экономикалық ҳәм сиясий өсиўдиң өзине тән моделлерин қәлиплестириўге еристи. Мәселен, соңғы 7 жылда регион экономикасы 6,3 процентке өсип, ЖИӨ муғдары 450 миллиард долларға шамаласты. Сыртқы саўда айланысы еки есеге көбейип, дерлик 225 миллиард долларды қурады. 2016-2022-жыллары Орайлық Азияға инвестиция киргизиў дүньядағы улыўма көлемниң 1,6 процентинен 2,8 процентине көтерилип, 2022-жылы дерлик 40 миллиард доллар болды. Бул 2016-жылдағы ($26,7 млрд) менен салыстырғанда 50 процент көп. “Boston Consulting Group” прогнозына бола, 2030-жылға шекем Орайлық Азия 170 миллиард доллар муғдарында инвестиция тартыўы мүмкин. Соның 40-70 миллиард доллары шийки зат болмаған тараўларға қаратылады.

Өзбекстанның басламасы менен Орайлық Азия мәмлекет басшыларының қатнасыўында Мәсләҳәт кеңесиниң шөлкемлестирилиўи әҳмийетли өзгерислерге себеп болды. Бул арқалы жетекшилер тиккелей регионда жыйналып қалған машқалалар - экономика, мәмлекетлик шегараларды белгилеў, қәўипсизлик илажлары, азық-аўқат қәўипсизлиги, миграция сыяқлы көплеген әҳмийетли тараўларда шешилмей атырған машқалаларды шешиўге жол ашылды. Мәмлекетимиз Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы механизминде регионаллық турақлылық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли мәселелер бойынша бирге ислесиў нәтийжелилигин тәмийинлеўде әҳмийетли роль атқармақта.

Регионның заманагөй халықаралық қатнасықлардағы орны беккемлениўи нәтийжесинде дүньяда жаңа Өзбекстанға исеним руўхы ҳәм мәмлекет пенен бирге ислесиўге умтылыў принципи күшейди. Әзел-әзелден өз-ара туўысқан ҳәм дос мәмлекетлер көплеген регионаллық ҳәм глобал мәселелерде социаллық-экономикалық раўажланыўға биргеликте ҳәрекет ете баслады.

Ғәрезсизликке ерисилген ўақытта Орайлық Азия мәмлекетлериниң улыўма жалпы ишки өними 47 миллиард доллар әтирапында еди. Арадан 34 жыл өткенде бул муғдар 10 еседен көбирек өсип, 500 миллиард долларға шамаласты. Миллий экономикалар жоқары пәтлерде раўажланбақта. 35 жыл алдын регионымыздың 5 мәмлекетинде жәми 50 миллионнан аслам халық жасаған. Бул сан 2024-жылдың ақырына келип 80 миллионнан асты. Ең тийкарғысы, Орайлық Азияда турақлылық ҳәм тилеклеслик беккемленбекте. Регионымыз экономикалық өсиў ҳәм инвестициялық белсендилик орайларынан бирине айланбақта, Батысты Шығыс ҳәм Арқаны Қубла менен байланыстыратуғын транспорт хабы болыўдай тарийхый ўазыйпаны және өз мойнына алмақта.

Кейинги жыллары регион мәмлекетлериниң жалпы ишки өними 40 процентке көбейди. Орайлық Азия мәмлекетлери арасында саўда көлеми турақлы өсиўи бақланбақта. Мәселен, товар айланысы 2,5 еседен зыят артты. Өз-ара инвестиция көлеми дерлик 6 есеге, тиккелей сырт ел инвестицияларының ағымы болса 45 процентке өсти. Буннан тысқары, ишки регионаллық туризм көрсеткишлери 2 есеге көбейди.

Орайлық Азия әҳмийетли ҳәм бийбаҳа ресурс, экономикалық ҳәм коммуникациялық потенциалға ийе аймақ сыпатында бүгин еркин раўажланыў жолына ийе. Регионымыз мәмлекетлери инсаныйлық, социаллық әдиллик, улыўма қәўипсизлик, миллетлераралық татыўлық, тынышлық ҳәм татыўлық орталығын жаратыў сыяқлы халықаралық ҳуқық принциплери тийкарында сыртқы сиясий жумыс алып барып, раўажланып атырған мәмлекетлер қатарына исенимли кирип бармақта.

Буннан тек сегиз жыл алдын ғана шегараларымыз дерлик толық жабылған еди. Суў ресурслары, жайлаўлар ҳәм суў хожалығы объектлеринен пайдаланыў мәселелери бойынша тынымсыз тартыслар бар еди. Тарқалыўшылығымыз бизлерди әззилететуғын, бирлесиў перспективаларынан айыратуғын, регионның потенциалын улыўма мәплер жолында жүзеге шығарыўға тосқынлық ететуғын еди. Булардың барлығы әсирлер даўамында бирге тыныш-татыў жасап келген, улыўмалық үрп-әдет ҳәм дәстүрлерге ийе болған, мыңлаған көринбес байланыслар менен байланысқан Орайлық Азия халықларының мәдений-цивилизациялық қәдириятларына пүткиллей қарама-қарсы еди.

Мәмлекетимиздиң сыртқы сиясатында көзге тасланып атырған көп қырлы жумыс, соның ишинде, сырт мәмлекетлер, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер менен орнатылып атырған дипломатиялық қатнасықлар, регионаллық ҳәм халықаралық көлемдеги әҳмийетли мәселелер бойынша алға қойылып атырған басламалар, сөйлесиўлер, биринши гезекте, халқымыздың тыныш, қәўипсиз жасаўы, еркин жумыс алып барыўы, заманагөй билим алыўы, жаңа кәсиплерди ийелеўи, исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын барлық шараятты жаратыў, адамлардың қорғалыўын мәмлекет тәрепинен тәмийинлеўге қаратылғаны менен үлкен әҳмийетке ийе.

Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан сыяқлы туўысқан мәмлекетлер менен бир қатарда халықаралық жәмийетшилик тәрепинен бәрқулла қәўип-қәтер ошағы сыпатында көрилген қоңсы Аўғанстан менен қатнасық жеделлести. Бул мәмлекетте тынышлық орнатыў, Орайлық ҳәм Қубла Азия регионларының өз-ара байланыслылығын тәмийинлеў республикамыз басшысы тәрепинен алып барылып атырған прагматикалық сыртқы сиясаттың унамлы нәтийжеси екенин бүгин халықаралық жәмийетшилик кеңнен тән алмақта. Өзбекстан дүньяның жетекши мәмлекетлери, соның ишинде, Қытай, Россия, АҚШ, Түркия, Венгрия, Япония, Ҳиндстан, араб мәмлекетлери менен еки ҳәм көп тәреплеме қатнасықларды стратегиялық бирге ислесиў дәрежесине көтерди.

Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм халықаралық мәпдар тәреплер арасындағы қатнасықларды көрип шығарып, "5+1" форматының әҳмийети артып атырғанын атап өтиў керек. Бул әмелият регионаллық емес қатнасыўшыларды бирге ислесиўге тартқаны көзқарасынан табыслы басламаға айланды. Бул стратегиялық көзқарас регионның сиясий абырайы ҳәм экономикалық потенциалын жоқарылатыўға жәрдем береди ҳәм сол арқалы оның кеңирек Евроазия контексинде өзине тән қәдирин арттырады. Глобал күшлер менен бирге ислесиўде көп полюслы ҳәм тең салмақлы көзқарас Орайлық Азия ушын тийкарғы ўазыйпа болып қалады.

Мәмлекетимиздеги түпкиликли өзгерислер дәўиринде қабыл етилген "Өзбекстан - 2030" стратегиясында бүгинги күндеги сыртқы сиясаттың тийкарғы бағдарлары өз көринисин тапқан. Стратегияда мәмлекетимиздиң қәўипсизлиги ҳәм қорғаныў потенциалын күшейтиў, ашық, прагматикалық ҳәм жедел сыртқы сиясат тараўындағы сегиз әҳмийетли бағдар белгиленген. Усы мақсетлер қоңсы ҳәм ири сырт мәмлекетлер менен саўда-экономикалық ҳәм халықаралық қәўипсизлик тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў, экспорт потенциалын арттырыў, экономикаға инвестиция, алдынғы технология ҳәм илимий қолланбаларды тартыў, елимизге сырт елли туристлердиң ағымын арттырыў және пуқараларымыздың ҳуқықы менен мәпин қорғаў, мәмлекетимиздиң халықаралық майданда унамлы имиджин буннан былай да беккемлеўге қаратылғаны менен әҳмийетли. Тийкарғысы, мәмлекет мәпин тәмийинлеўге байланыслы қағыйда ҳәм нормалар, мақсет, бағдар ҳәм ўазыйпалардан келип шығып, ҳәрекетлер белгили бир логика тийкарында алып барылмақта.

Өзбекстанның сыртқы сиясаты, әсиресе, жаңа регионаллық дипломатиясы сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың перспективалы бағдарларын ҳәр тәреплеме додалаўға имканият береди. Тийкарынан айтқанда, Орайлық Азияның "жүреги"нде жайласқан, регионның барлық мәмлекетлери менен улыўма шегараға ийе болған мәмлекет - Өзбекстанның заманагөй раўажланыў дәўирин улыўма раўажланыў тийкарында регионнан ажыратып көз алдымызға келтириў қыйын.

Машъал САИДОВ,

экономика илимлериниң докторы, профессор