Конституциямызда ҳәр кимниң қолайлы қоршаған орталыққа, оның жағдайы ҳаққында исенимли мәлимлемеге ийе болыў ҳуқықы беккемленген. Халықтың бул конституциялық ҳуқықларын жүзеге шығарыў мақсетинде әҳмийетли экологиялық машқалалар, атап айтқанда, Аралдың қурыған ултанын жасыл аймаққа айландырыў, аймақларды және де көклемзарластырыў, климат өзгериўиниң унамсыз ақыбетлерин сапластырыў, шығындылар менен патасланыўды азайтыў сыяқлы бир қатар бағдарларда салмақлы жумыслар исленбекте. Әсиресе, соңғы жыллары тек ғана Аралбойының 2 миллион гектардан аслам шөл аймақларында қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлер егилгени де пикиримиздиң әмелий көриниси болып табылады.
Бирақ экологиялық машқалаларға қарсы гүресиў мәўсимлик процесс емес, халық саны ҳәм сәйкес түрде талапларымыздың артып барыўы, санааттың раўажланыўы, тәбийғый ресурслардың азайыўы сыяқлы жағдайлар климат өзгериўи менен байланыслы жаңадан-жаңа машқалаларды пайда етпекте. Сонда не қылыў керек?
Бәринен бурын, мәмлекетимиз басшысы усы жыл 4-апрель күни болып өткен Самарқанд халықаралық климат форумында айрықша атап өткениндей, "Бизлердиң ўазыйпамыз - келешек әўладлар турақлы, қәўипсиз ҳәм абадан дүньяда жасаўы ушын барлық илажларды көриў".
Усы мәнисте бүгинги күнде халықтың экологиялық мәдениятын арттырыўда ҳуқықый тийкарлар, қаржы дәреклери болса да, бул бағдардағы жумысларды билимлендириў системасында, шаңарақ ямаса кәрхана ҳәм шөлкемлерде, улыўма, барлық тараў ҳәм тармақларда системалы алып барыўда бир қатар кемшиликлер менен машқалалар көзге тасланып атырған еди. Президентимиздиң усы жыл 15-майда жәрияланған "2030-жылға шекемги дәўирде халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарары ҳуқықый тийкарларды беккемлеў бағдарындағы жумыслардың логикалық даўамы болып, халықымыздың экологиялық мәдениятын буннан былай да арттырыўға хызмет ететуғыны менен әҳмийетли болып есапланады.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл экономика" жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманның орынланыўын тәмийинлеў, халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, бул бағдарда мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары менен өз-ара бирге ислесиўдеги ис-ҳәрекетлерин және Өзбекстан Экологиялық партиясының ўатанласларымыздың экологиялық билимлерин арттырыўға қаратылған басламаларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде қабыл етилген бул қарардың әҳмийетлилигин ҳәм зәрүрлигин артықша тәрийиплеў шәрт емес. Пайтахтымыз ҳәм көплеген басқа да аймақларда дем алыс күнлери бақланған ҳәм еле ақыбетлери кетип үлгермеген шаң боранлары бул ҳүжжеттиң қаншелли әҳмийетли екенлигин көрсетпекте.
Ҳүжжетте белгиленген ўазыйпалардан келип шығып айтыў мүмкин, бирлемши ўазыйпамыз - экологиялық билимлендириўди ерте жастан баслап қәлиплестириў.
Концепцияда мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, мектеплер, колледж ҳәм техникумлар және жоқары билимлендириў системаларында экологиялық билимлерди тереңлестириў, балалар ҳәм жаслардың санасына тәбиятты қорғаў идеясын сиңдириў мәселелерине айрықша итибар берилген. Бул, әсиресе, "Жас экологлар" ҳәрекети шеңберинде алып барып атырған жумысларымыздың көлемин және де кеңейтиўге үлкен түртки береди.
Қарарға муўапық, бул бағдардағы жумыслардың нәтийжесинде 2030-жылға шекем мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң 3,3 миллион тәрбияланыўшысында экологиялық мәдениятты қәлиплестириў, 4,2 миллион мектеп оқыўшысы, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў системасы шөлкемлериниң 400 мың оқыўшысы және 1,9 миллион студенттиң экологиялық тәлим-тәрбиясы беккемлениўи, экологиялық мәдениятының жоқарылаўына ерисиў мақсет етилмекте.
Сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар, кәрхана ҳәм мәкемелер хызметкерлериниң тийкарғы бөлеги, яғный 90 процентинде экологиялық мәденияттың жоқарылаўына ерисиў белгиленген. Буның ушын олардың экологиялық билимин арттырыўға қаратылған бийпул оқыў курслары шөлкемлестириледи. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан экологиялық мәдениятты арттырыўға байланыслы жойбарларды әмелге асырыў ушын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге нызамшылықта белгиленген тәртипте ҳәр жылы тиккелей шәртнама дүзиў жолы менен мәмлекетлик социаллық буйыртпа бериледи.
Екинши әҳмийетли тәрепи - жәмийетлик қадағалаў ҳәм ашық-айдынлық. Қарарда экологиялық мәлимлемелердиң жәмийетшиликке ашық усынылыўы, терек кесиў, шығындыларды басқарыў ҳәм басқа да әҳмийетли мағлыўматлар үстинен пуқаралық жәмийетиниң белсене қатнасыўы нәзерде тутылған.
Соның ишинде, Өзбекстан Қоршаған орталық пенен байланыслы мәселелер бойынша қарарлар қабыл етиў процесинде жәмийетшиликтиң мәлимлеме алыў имканияты, қатнасы ҳәм әдил судлаўға ерисиў имканияты ҳаққындағы конвенцияға (Орхус конвенциясы, Орхус қаласы, Дания, 1998-жыл 25-июнь) қосылғаны мүнәсибети менен сондай тәртип орнатылмақта, оған муўапық, усы жыл 1-декабрьден баслап Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги қоршаған тәбийғый орталықтың мәмлекетлик мониторинги системасының мағлыўматлар базаларының жәмийетшилик ушын ашықлығын тәмийинлейди. Оларда төмендеги мағлыўматлар жайластырып барылады:
- ҳәр жылы "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде егилетуғын терек ҳәм нәллер ҳаққында (мәнзили, тәрбиялаў ушын жуўапкер шахслар, нәл түри ҳәм басқалар);
- мәмлекетлик тоғай қорына кирмейтуғын терек ҳәм путаларды кесиў ушын юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен руқсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетти алыў мақсетинде усынылған арзалар (мүрәжат етиўшилер, тереклердиң саны, түри ҳәм мәнзили) ҳәм теректи кесиў бойынша өткерилетуғын жәмийетлик тыңлаў ҳаққында (сәнеси, ўақты, мәнзили ҳәм нәтийжелери);
- суў бассейнлеринде рудалық емес материалларды қазып алыў бойынша енгизилген мораторий тәртибин бузған шахслар ҳаққында;
- болжанып атырған ҳәм (ямаса) режелестирилип атырған ямаса әмелге асырылып атырған хожалық жумысының ҳәм басқа да жумыстың қоршаған орталыққа итималлы тәсири мәселелерин халық ҳәм жәмийетшилик арасында додалаў мақсетинде шөлкемлестирилген жәмийетлик тыңлаўлардың нәтийжелери ҳаққында;
- стратегиялық экологиялық баҳалаў объектлери, атап айтқанда, қала қурылысы ҳүжжетлериниң барлық түрлери, мәмлекетлик бағдарламалар, концепциялар, өндирис күшлерин, экономикалық ҳәм социаллық тараў тармақларын жайластырыў және раўажландырыў схемалары жойбарлары бойынша жәмийетлик тыңлаў нәтийжелери ҳаққында;
- экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында өткерилген рейдлер, тексериўлер, мониторинглер нәтийжесинде анықланған нызам бузылыў жағдайлары ҳәм оларды сапластырыў бойынша көрилген илажлар ҳаққында;
- аймақларға қатты турмыслық шығындыларды алып шығып кетиў ушын бириктирилген санитариялық-тазалаў кәрханалары ҳаққында (кәрхананың аты, басшысы ҳәм оның орынбасарының фамилиясы, аты, әкесиниң аты, олардың телефон номерлери, диспетчерлик хызмети ҳәм мүрәжатларды қабыл етиў хызметиниң мағлыўматлары, қатты турмыслық шығындыларды алып шығып кетиў реже-графиклери);
- шығындыларды қабыллаў, сайлап алыў, қайта ислеў ҳәм жағыў арқалы альтернатив энергия ислеп шығарыў менен шуғылланыўшы кәрханалар ҳаққында (кәрхананың аты, жумыс түри, телефон номерлери, екилемши шийки зат, сайлап алынған шығындыларды қабыллаў орынларының мәнзиллери).
Қарардағы және бир әҳмийетли тәрепи - волонтёрлар ҳәрекетине байланыслы нормалар белгиленди. Соның ишинде, қарарда "Өзбекстан эковолонтёрлары" ҳәрекетин жаратыў ҳәм кең жәмийетшиликке ен жайдырыў мәселеси айрықша атап өтилген. Бул ҳәрекет "Жасыл әўлад" волонтёрлық ҳәрекети менен үйлеседи.
Қарарға муўапық, усы жыл 1-августтан экологиялық қадағалаў тараўында жаңа тәртип әмелиятқа енгизиледи.
Ендигиден былай Мәмлекетлик экологиялық қадағалаў инспекциясы инспекторлары тәрепинен нызамбузыўшылық жағдайлары анықланса, олар тексериў басланған ўақыттан баслап 24 саат ишинде "Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў" мәлимлеме системасында дизимнен өткерилип, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бойынша ўәкилге хабар берген ҳалда қадағалаў илажын әмелге асырады.
Бундай жағдайлар қатарына терек ҳәм өсимликлерди қастан жоқ етиў, қурылыс ўақтында ҳаўаға шаң ҳәм зыянлы элементлердиң шығыўына жол қойыў ҳәм нызам менен қадаған етилген ҳалда жабайы ҳайўанларды жасалма орталықта сақлаў киреди. Соның ишинде, 500 квадрат метрден үлкен қурылыс майданларында ҳаўаның патасланыўына байланыслы талаплардың бузылыўы да қадағалаўға алынады.
Соның менен бирге, бул тәртип исбилерменлик жумысын шеклеў емес, ал оның экологиялық жақтан жуўапкершиликли алып барылыўына хызмет етеди. Нызамға қайшы ҳәрекетлер анықланған жағдайда мәмлекетлик қадағалаў қәнигелери тәрепинен оператив түрде рәсмийлестириў ҳәм тийисли илажларды көриў ўәкиллигине ийе болады.
Жаңа тәртип арқалы мәмлекетлик экологиялық қадағалаў системасы нәтийжелирек ҳәм ашық-айдын механизмлерге тийкарланған ҳалда жумыс алып барады, бул болса қоршаған орталықты қорғаўға қаратылған жумысларды жаңа басқышқа алып шығыўы сөзсиз.
Жуўмақлап айтатуғын болсақ, қарардың орынланыўы тек ғана ҳүкимет ямаса жуўапкер уйымларға тийисли емес. Бул улыўма халықлық ҳәрекет, пүткил жәмийет, мәмлекетимиз халқының социаллық жуўапкершилигин арттырыўға қаратылған ҳуқықый ҳүжжет болып есапланады. Усы мәниде ҳәр биримиз келешегимиз ушын, балаларымыз ушын, жасыл ҳәм саламат турмыс ушын экологиялық мәдениятты улыўмахалықлық қәдириятқа айландырыўға кирисиўимиз, усы жол менен келешек әўладларға турақлы, қәўипсиз ҳәм абадан турмыс қурыўды бүгиннен баслаўымыз зәрүр екенлигин дәўирдиң өзи көрсетпекте.
Ботирали ШОДИЕВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты