Экономикалық тәрбия ҳәм оның руўхый-әдеп-икрамлылық тийкарлары

    Жасларға базар қатнасықларын түсиндириў, еркин экономикалық қарарлар қабыл етиўге, қаржыны дурыс басқарыўға, исбилерменлик потенциалын арттырыўға үйретиў ҳәм сол арқалы бәсекиге шыдамлы және интакер шахсты тәрбиялаў бүгинги билимлендириў-тәрбия системасындағы ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланады.

    Елимизде өткен сегиз жылда жас исбилерменлердиң саны 3 есеге көбейип, жәми бизнес ўәкиллериниң дерлик 40 процентин қурамақта. Жумыссыз жаслар 2 есеге азайды. Жумыссызлықтан жырақ мәҳәллелердиң саны дерлик 1900 ге жетти. Өткен жылы "Жаслар дәптери" арқалы 180 мың жасқа 345 миллиард сумлық жәрдем көрсетилди.

    Бурын институт ҳәм университетлерде бир орын ушын кеминде 10-15 абитуриент гүресетуғын еди. Қысқа дәўирде жоқары оқыў орынларының саны 3 есеге көбейип, жоқары билимлендириўдеги қамтып алыў 42 процентке жетти. Ҳаял-қызларға шәртнама төлеми мәмлекет тәрепинен қаплап берилип атырғаны есабынан олардың саны 11 есеге артты.

    Базар экономикасы шараятында исбилерменлерге үлкен талаплар қойылмақта. Себеби, бар имканиятлардан толық пайдаланыў ушин экономист, ең дәслеп, экономиканың өзине тән өзгешеликлерин, базар экономикасы процеслериниң анализин жақсы билиўи, экономикалық жақтан илимий тийкарланған жуўмақлар шығара алыўы керек.

    Экономикалық тәрбия инсанияттың мың жыллық өтмиши процесинде қәлиплесип келген. Ол өзиниң руўхый-әдеп-икрамлылық тийкарларына ийе.

    Әййемде Уллы жипек жолы аты менен белгили болған кәрўан жолы Қытайды Орайлық Азия, Европа менен байланыстырып, Жер Орта теңизине алып шығатуғын еди. Бул жол әтирапындағы барлық мәмлекетлер өз ара саўда арқалы ол яки бул товарға болған мүтәжликлерин қанаатландырған.

    Кәрўан жолларындағы кәрўансарайлар айрықша әҳмийетке ийе болған ҳәм хызмет көрсетиўши комплекс ўазыйпасын атқарған. Оларда мийманхана, шаштәрезхана, асхана сыяқлы хызмет көрсетиў системалары шөлкемлестирилген, товар алмасыў, сатыўға байланыслы келисимлер дүзилген. Бул болса экономикалық тәрбия түсинигин көбирек ҳәм толығырақ өзлестириў имканын берген.

    Шахстың жәмийет мәплерин гөзлеп үнемлеўи, халық пәраўанлығын асырыўға умтылыўы онда экономикалық тәрбия жоқары екенлигиниң белгиси есапланади. Себеби, экономикалық тәрбияға байланыслы түсиниклер ҳәр бир қәниге, исбилермен, саўдагер, илимий хызметкер, педагог, шыпакер, инженер ҳәм басқалардың әмелий жумысында үлкен әҳмийетке ийе екенлигин турмыстың өзи көрсетпекте.

    Ҳәрбир халықтың раўажланыў нызамы сол халықтың экономикалық мәдениятының жоқарылаўы менен белгиленеди. Әййемги дүнья алымлары Ксенофонт, Платон, Аристотель дәслеп экономикалық процеслерди, экономика ҳәм тәрбияға тийисли түсиниклерди үйренген ҳәм олар арасында байланыс бар екенлигин дәлиллеген.

    Орайлық Азияда экономикалық пикирлеўдиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы алымлардан бири Абу Райхан Беруний болип есапланады. Ол бириншилерден болып ақшаның келип шығыўы, әҳмийетин изертлеген. Беруний пулдың орнын жумсалған мийнет ҳәм ислеп шығарылған өним ортасындағы қатнасты белгилеўде көрген. Пулдың орнын бундай түсиниў Аристотел пикирлеринен үстин.

    XVI-XVII әсирлерде экономика ғәрезсиз пән сыпатында қәлиплести. Өндиристиң раўажланыўы, көлемлериниң өсиўи, хожалық жүргизиўшилер ортасында экономикалық байланыслардың қурамаласыўы, жергиликли, миллий, халықаралық базарлардың пайда болыўы кең экономикалық билимге ийе болыўды талап етти.

    Жәмийетте экономика әдеби инсанның экономикалық көзқарасы менен байланыслы ҳалда жүзеге келеди. Ол қаншелли арқада қалған болса, мүтәжликлер шеңбери тар, раўажланған болса, мүтәжликлер шеңбери кеңейип, ҳәр түрли болып барады. Сол себепли, социаллық-экономикалық зәрүрликлер адамлардың жасы, жынысы, шаңарақлық жағдайы, кәсиби, мийнети сыяқлы факторларға байланыслы. Талапларға күшли тәсир етиўши фактор - инсан мийнетиниң характери. Мысалы, ақылый мийнет пенен физикалық мийнет етиўшилердиң талаплары ҳәр қыйлы болады. Әлбетте, бул тәреплерди өзлестирместен турып, экономикалық әдеп түсиниги толық үйренилди, деп болмайды.

    Белгили ағартыўшы, педагог Абдулла Авлоний экономикалық әдеп түсинигине тоқтап өтип, экономика деп пул ҳәм мал сыяқлы байлықлардың қәдирин билиўге айтылыўын жазған. Буның менен ол шын мәнисиндеги экономисттиң руўхый пазыйлетлерин көрсетип береди.

    Демек, экономикалық тәрбия балада басқаларға салыстырғанда ҳүрмет етиў, мүләйимлик, кишипейиллик, сөзинде турыў, туўры сөзлилик, ўәдеге садықлық сыпатларын өзинде қәлиплестириўге ийе болыўды талап етеди.

    Экономикалық тәрбия көрсеткишлери инсаныйлық принциплерине тийкарланып, барлық адамларға бирдей мүнәсибетте болыўды талап етеди. Экономикалық тәрбиялы адам жәмийет талапларына ҳүрмет пенен қарайды. Билим ҳәм тәжирийбесин иске қосып, оларды басқарыўда белсене қатнасады.

    Аристотель экономикалық билимлер тийкарын ҳәм жәмийет нызамшылығын ислеп шықты ҳәм пән тарийхында биринши экономист болды. Ол сиясий экономикаға айрықша итибар қаратқан ҳәм оның әҳмийетли өзгешеликлерин түсиндирип берген.

    "Этика" китабында ақылға муўапық эгоизм концепциясын раўажландырады. Бул концепцияға муўапық, адамлар көбирек байлық арттырыўға, даңқпаразлыққа ҳәм мәплери жолында қәрежет етиўге бейим.

    Иран шаҳи Кайковус улы Гилен шаҳқа жазған нәсиятнама, яғный "Қобуснама"да өсип киятырған жас әўладты экономикалық тәрбияның дәслепки тийкарлары менен таныстырады.

    Бүгин заманагөй педагогикада жаслардың экономикалық тәрбиясында бир қанша жаңа усыллар қолланылмақта. Олар түрли көринислерде сәўлеленген.

    Экономика жәмийеттиң барлық тараўларын қамтып алады. Оның сәйкес емеслиги көпшилик жағдайларда шешилиўи қыйын болған социаллық машқалаларды келтирип шығарады. Бул машқалалардың шешилиўи жас әўладты экономикалық мәденият тийкарлары менен таныстырыў, оларда Ўатан келешеги ушын жуўапкершилик сезимин оятыўға байланыслы.

    Ҳәзирги ўақытта педагогика пәни жасларда экономикалық билимлердиң жаңа бағдарда қәлиплесиўи үстинде изленбекте. Заманагөй изертлеўлер мийнет тәрбиясын ҳәр қыйлы аспектлерде талқылаў ҳәм оларды жаслардың экономикалық тәрбиясы көзқарасынан бағдарлаўға қаратылған. Бул тәреп мектепте ҳәм басқа билимлендириў мәкемелеринде оқыў-тәрбия процесин жетилистириўге алып келеди.

    Экономикалық тәлим-тәрбия түрлери, оның жәмийет турмысына тығыз байланыслылығы бизди бул процесс пенен жасларды жақыннан таныстырыўға, олардың экономикалық билимлерин асырыўға ийтермелейди. Экономикалық тәрбияның тийкарғы категориялары экономикалық низамшылыққа тийкарланған.

    Заманагөй экономика мүлкке ийелик етиўдиң түрли формаларының бирлиги. Булардың ҳәр бири мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўында өзине тән орын тутады. Соның ушын ислеп шығарыўшылар, ол мәмлекетлик кәрхана болсын, жеке исбилермен болсын, өзи ислеп шығарып атырған өнимниң сапасын буннан былай да арттырыўға ҳәрекет етиўи зәрүр. Ислеп шығарыўшының жеке мәплери мәмлекет мәплери менен соқлығыспастан, олар мәмлекет экономикасының бир бөлеги болыўы керек. Инсан өзи ушын ислегенде де мәмлекетке ҳәм халыққа пайдасы тийиўи керек.

    Экономика механизмин басқариўды жетилистириў көпшилик жағдайларда экономикалық дүнья қарастың массалық өсиўине байланыслы. Адамлар мәмлекеттиң экономикалық турмысында қаншелли көбирек қатнасса, бул процесс соншелли жетилисип барады.

    Бул пән оқытыўшылары экономикалық сиясатты, жәмийет нызамларын ҳәм нызамшылығын, хожалық ислериниң принциплери ҳәм усылларын, экономика теориясын, сондай-ақ, оқыўшыларды экономикалық тәрбиялаў методикасын терең үйрениўи шәрт.

    Экономикалық пикирлеў инсанның жеке өмирин, адамлар менен қатнасықларын, минез-қулқын қамтып алады, өспиримди болса өмирге басқаша көз бенен қараўға, социаллық қатнасықлар менен жақыннан танысыўға ийтермелейди.

    Жасларда экономикалық тәрбияның педагогикалық процеси төмендеги сапа басқышларына ийе болыўы керек:

    • мәмлекеттиң экономикалық жағдайын жақсы билиў;
    • түрли мүлк түрлери ҳәм кәрханалар хизметиниң экономикалық тийкарларын билиў;
    • дәлиллерди қалыс баҳалаў ҳәм бар экономикалық тийкарларды таллаў ушын экономикалық саўатлы болыў;
    • өндирислик ҳәм хожалық жумысларында, экономикалық қатнасықларда интакерлик.

    Экономикалық тәрбияның бас ўазыйпаларынан бири жаслардың экономикалық турмыста белсене қатнасыўы ушын олардың потенциал имканиятларын арттырыў ҳәм оған таярлаў есапланады. Бул жумысқа таярлық қурамалы билимлендириў системасын пайда етип, экономикалық талап ҳәм усыныс, экономикалық улыўма билим бериў таярлығы, ўақытқа, мийнет ҳәм тәбийий ресурсларға саналы қатнаста болыў сыяқлы қурамлық бөлимлерден ибарат.

    Жаслар өз мүтәжлигин ата-аналарының мийнетлери, ҳәр қыйлы қорлар ҳәм шөлкемлер, әлбетте, аз болса да өз мийнети есабынан қанаатландырады.

    Ғәрезсизлик себепли перзентлеримиз дүньялық билимлер менен бирге, уллы бабаларымыз Имам Бухарий ҳәдислери, Нақшбанд тәлийматы, Ат-Термизий үгитлери, Яссаўий ҳикметлери тийкарында тәрбия алыў имканиятына ийе болды.

    Сондай-ақ, Фарабий, Беруний, Ибн Сино, Ал-Хорезмий, Ал-Ферғаний, Әмир Темур, Улығбек, Наўайы, Бабур сыяқлы ақыл-ой ийелериниң жәмийетлик-сиясий искерлиги де ҳәр тәреплеме раўажланған бәркамал әўладты тәрбиялаўда әҳмийетли қурал ўазыйпасын атқармақта.

    Фарабий ҳәм Ибн Синоның экономикалық мийрасының орайында инсан ҳәм оның мүтәжликлерин қанаатландырыў мәселеси турады. Инсан дүньяның жоқары байлығы ҳәм оның мүтәжликлерин қанаатландырыў ҳәр қандай жәмийеттиң жасаў ҳәм раўажланыў шәрти болып есапланады. Инсан мүтәжлигин социаллық-экономикалық, сиясий-руўхый жақтан топарларға бөлиў мүмкин. Бул мүтәжликлер ишинде социаллық-экономикалық мүтәжликлерди қанаатландырыў үстин есапланады.

    Экономикалық тәрбия дүзилиси, тийкарынан, өз ара мүнәсибет искерлигинен қуралған. Хызмети инсанның өзин қоршап турған дүньяға мүнәсибети, өзине тән өзгешеликлери, бир мақсетке қаратылған өмир мазмунындағы өзгерислер, дүзетиўлер сыяқлыларды қурайды. Инсан хызметиниң тийкарғы түри мийнет болып, ол руўхый ҳәм физикалық раўажланыўда әҳмийетли рол ойнайды. Мийнет инсанның қатнасық, оқыў ҳәм экономикалық искерлиги менен тығыз байланыслы. Мийнет тийкарында шахстың экономикалық тәрбиясы раўажланады, ақылый ҳәм әдеп-икрамлылық жетилисиўи жүзеге шығады.

    Экономикалық хызмет мазмуны, шараятлары, қураллары өзгерип турыўы нәтийжесинде ҳәрбир инсанның экономикалық санасы, экономикалық мәденияты жетилисип барады. Демек, экономикалық хызметти дурыс шөлкемлестириў нәтийжесинде оқыўшының белсендилигине, жумыс режелериниң анық болыўына ерисиў мүмкин.

    Экономикалық тәрбияны шөлкемлестириўде ҳәрбир жас әўладтың өзине тән экономикалық искерлигин қәлиплестириў, басшылық ҳәм қадағалаў муғаллимниң тийкарғы ўазыйпасы есапланады. Себеби, буның нәтийжесинде жасларда еркинлик, ҳадаллық ҳәм интизамлылық сыяқлы пазыйлетлер қәлиплеседи. Өз жәмәәтине экономикалық қатнасықларда болатуғын адамларға ҳүрмети артады.

    Түрли жумыс процеслери ҳәм искерликлеринде шахстың минез-қулқы қәлиплеседи ҳәм раўажланады. Солай екен, муғаллимниң экономикалық хызмети керек болған жумысты көрсетиў ҳәм түсиндириўден, ўазыйпалар ҳәм талаплар қойыўдан, тексериў ҳәм дүзетиўден, орынланған ямаса орынланбаған жумыслар ушын хошаметлеў ҳәм жазалаўдан ибарат.

    Бир нәрсе анық, экономикалық тәрбия ҳәм билим арқалы бала экономикалық мәдениятқа ериседи. Өмирде, тәжирийбеде билимли ҳәм билимсиздиң экономикалық тәрбиясы тең емеслигин көп ушыратыў мүмкин. Бала экономикалық қатнасықларда қанша қыйналса, сонша көп экономикалық билимлерди ийелейди. Бул жағдай оқыўшының жас өзгешелигине де байланыслы.

    Солай екен, ҳәрбир сабақ процесинде жаслар тәрепинен ийеленген экономикалық билим, экономикалық көзқараслар экономикалық тәрбияны қәлиплестириўге қаратылыўы керек.

    Бул муғаллимниң билим дәрежесине, педагогикалық шеберлигине, өз кәсибин ҳәм баланы қаншелли жақсы көретуғынына байланыслы. Жаслардың сабақ процесинде алған экономикалық билимлери олардың түсиниўинде, адамлар менен болатуғын өз ара мүнәсибетинде көринеди.

    Экономикалық тәрбия билиў, сезиў, түсиниў, көз алдына келтириў сыяқлы инсан искерлигиндеги ҳәр қыйлы процеслер менен тығыз байланыслы болып, шахстың белсендилигин арттырады. Жаслардың экономикалық сезимлерин тәрбиялаўда саламат орталық, заўықлы жағдайды жаратыў үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, мине, усындай шараятта жасларда адамгершилик, қайырқомлық, ҳадаллық ҳәм пәклик, үнемлилик сыяқлы пазыйлетлер пайда болады.

    Жуўмақлап айтқанда, экономикалық тәрбияны қәлиплестириўде баланың минез-қулқы әҳмийетли орынды ийелейди. Минез-қулық әдеп-икрамлылық мәдениятының әҳмийетли бөлеги болып, ол тәртип-интизамда, турмыс нормаларын орынлаўда, жәмийетке, мийнетке, адамлар менен орынланатуғын экономикалық қатнасықларда көринеди.

    Ғофур АБДИЛАКИМОВ,

    Низамий атындағы ТМПУ профессоры

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates