Тарийхқа нәзер тасласақ, қашан ҳәм қай жерде болмасын баспасөз белгили бир қарама-қарсылықлар дүньясында жасаған, жумыс алып барған» деген сөзлерин еске алдым. Ҳақыйқатында да, журналист қәлеми адамларға, жәмийетке мүнәсип пикир көлемин, өзине тән пикирлериниң салмақлылығын инам ете алғанда ғана өзин ақлайды.
Нодир Маҳмудов "Янги Ўзбекистон" ҳәм "Правда Востока" газеталары редакциялары шөлкемлестирилген дәслепки жыллардан баслап жумыс алып барған ўақытта әне усы талап, яғный ҳақыйқый журналистке тән "қәлем" салмағы оғада зәрүр еди. Ол мәденият, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң баслығы сыпатында өзинен де, бөлим журналистлеринен де мине усы өлшемди талап етти. Нәтийжеде бөлимде кишкене қызғын сөйлесиў ҳәм қызғын пикир-таласлар майданы пайда болды. Әсиресе, мақалаларға тема қойыўда Нодир ағаға тең келетуғын адам жоқ еди. Мақаладың "жан тамыры"н услап, авторды да таң қалдыратуғын атаманы бирден таўып алыўы менен бизди көп мәрте лал қалдырған. Устаз айырымларға жүдә қурамалы болып көринетуғын жәмийетлик-сиясий темалардың қалаўын таўып, әпиўайы сөзлер менен жариялай алады. Әсиресе, дөретиўшиниң "Жаңаланып атырған ески қала", "Турма - жуўырыў, тоқтама-ҳәрекет ет, бүгилме - жоқарыла", "Мәнәўияттан үнемленген бир сум", "Өтиниш, савия менен жарасып алың!", "Жүрекке көмилер ҳақыйқый шайырлар", "Тарихтың ашылмаған бетлери: "Әййемги адамлар кимлер?" атлы мақалалары газета оқыўшылардың мақтаўларын алыўға миясар болды.
Қәбилетли журналист қайсы темаға қол урмасын, өзбекше көзқарас, қәдирият ҳәм дәстүрлеримиздиң келбети оның сөзлеринен балқып турғандай... "Пидайылық формуласы"н бетлеп көрсеңиз өзиңиз буның гүўасы боласыз.
Устаз, қайнаған кеўлиңиз, зийрек нәзериңиз жыйындысы болған китапларыңыздың саны және де көбейе берсин. Өмириңизге, рысқыңызға, дөретиўшилигиңизге Алла берекет берсин.
Мухтасар ТОЖИМАМАТОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы,
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, шайыр.