Алдынлары қыс мәўсими десе, көз алдымызға қар боранында ойнап атырған балалар ямаса қалың қар себепли жақын қоңсылар да бир-бири менен күнлеп көриспегенлиги, қала көшелеринде бир-еки күнлеп автомашиналардың ҳәрекетлениўи қыйынласқаны көринетуғын еди. Жақын жыллар ишинде дизеге шекем қар ҳаққында сөз болса, ертеклерде жүз берген процесс сыяқлы көз алдымызға келтиретуғын болдық. Гейде болса қыс мәўсиминде жаўмаған қардың ерте бәҳәрде жаўыўы артынан бүртиклеген тереклер ҳәм басқа да егинлерди суўық урыў жағдайлары да ушыраспақта. Сондай-ақ, жаўын-шашынның өз ўақтында жаўмағаны себепли тойынбаған жердеги өним набыт болып атырғаны да ҳақыйқат. Бундай жағдайлар дүнья көлеминде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў машқаласын жүзеге келтирмекте.

Әсиресе, халықтың көбейип барыўы артынан жерден бир неше мәрте зүрәәт алыўға туўра келмекте. Бул болса жердиң өнимдарлығын төменлетпекте. Зүрәәтти арттырыў ушын ҳәр қыйлы биохимиялық төгинлерден пайдаланыўға туўры келмекте. Бундай қурамалы процессте ықлым өзгерислерине тән, қурғақшылыққа ҳәм кеселликлерге шыдамлы сортлар жаратыў және зәрүр агротехникалық процесслерди өз ўақтында орынлаў талап етиледи.

Халқымызда "Жерди сүрсең, гүз сүр, гүз сүрмесең, жүз сүр" деген нақыл бар. Оның мәнисин дийқаншылықтан хабардар адамлар жақсы түсинеди. Әдетте ата-бабаларымыз егин егиўде жылдың келиўине үлкен итибар берген. Қар ҳәм жаўын жаўыўына қарап жерге туқым сепкен. Атап айтқанда, бийдай көпшилик жағдайда гүз мәўсиминде егилген. Себеби, қар суўы менен тойынған ғәлле қырманы берекетли болады. Соның ушын ата-бабаларымыз "қар жаўды - нан жаўды", деген болса, әжеп емес.

Жыл - жылға уқсамайды

Дүнья жүзи бойынша пайдаланылатуғын азық-аўқаттың тийкарғы бөлегин дән ҳәм дәнли өнимлери қурайды. Әсиресе, халқымыз нанды көп тутынады. Сол жағынан бийдайдың турмысымыздағы орны оғада үлкен.

Елимизде аўыл хожалығы тараўында жақсы нәтийжелерге ерисилмекте. Әсиресе, дән жетистириў көлемин көбейтиў, масақлы дәнли егинлердиң зүрәәтлилигин арттырыў, ықлымға сай ҳәм жоқары зүрәәтли сортлар жаратыў бағдарында сезилерли жумыслар исленбекте. Ҳәзир жетистирилип атырған ғәллениң 40 проценттен асламын жергиликли сортлар қурағаны буның тастыйығы болып есапланады. Тек ғана 2024-жылы биринши мәрте 9 миллион тонна ғәлле өними алынды.

Дийқанлар арасында "жыл - жылға уқсамайды" деген сөз бар. Яғный жоқары зүрәәт алыў тек ғана агротехникалық жумысларды ислеп, зүрәәтли сортлар егиў менен әмелге асырылыўы қыйын мәселе. 2024-жылы үлкен қырман көтерилиўине алдынғы жылы ноябрьде орташа күнлик температура +7, +9°С, декабрь айында -3, -5°С болғаны себеп болмақта. Бундай ҳаўа райы шараяты ғәллениң раўажланыўы ушын әҳмийетли дәўир есапланады. Яғный, өним дем алыў дәўиринде болады.

Бир күн кешиксе, бир центнер өним жоғалады

2025-жыл өними ушын мәмлекетимизде 996,9 мың гектар майданда гүзги бийдай егилген. Дийқан ҳәм фермерлер быйыл да мол зүрәәт, үлкен қырман гөзлеп атырған болса, әжеп емес. Бирақ, көпшилик фермерлер ҳәм илимпазлар быйыл жаўын-шашын өткен жылларға салыстырғанда аз болып, қыс мәўсими қурғақ келгени өнимниң раўажланыўына унамсыз тәсир етип атырғаны ҳаққында айтып атыр.

- Быйылғы жыл ушын егилген гүзги ғәлле майданындағы егинлер оғада қурамалы процессти басынан өткермекте. Бүгин егилген ҳәр бир ғәлле сортына, егилген мүддетине ҳәм жағдайына қарап төгин бериў, суўғарыў ҳәм ғәллешиликте исленетуғын басқа да агротехникалық илажларға оғада итибарлы қатнаста болыў талап етилмекте, - дейди Дән ҳәм собықлы егинлер илимий-изертлеў институтының директоры Равшанбек Сиддиқов. - Илимпазлардың бақлаўы нәтийжесинде бир күн кешиккен бийдай бир центнер өним жоғалтады. Өткен жылы октябрь-ноябрь айларында жаўын-шашын болғаны ғәлле егиў мүддетин бираз кешиктирди. Нәтийжеде бүгин улыўма ғәлле майданынан келип шыққан ҳалда барлық аймақта 10-15 процент ғәлле раўажланыўдан артта қалмақта. Жағдай енди ҳәр бир сорттың өзгешелигинен келип шыққан ҳалда айрықша қатнас жасаў керек екенлигин талап етпекте.

Гүзги бийдай ҳаўа ҳәм топырақ ығаллығына талапшаң егин. Бийдайдың шыдамлылығы жоқары болыўы ушын өсимлик дәслепки суўық түскенге шекем раўажланыўдың түплениў басқышында болыўы керек. Әсиресе, гүзги жаўын-шашын өсимликтиң суўыққа шыдамлылығын арттырады ҳәм тамырын беккемлейди. Бәҳәрги ығаллық болса тамырдың басқа органлары өсиўине хизмет етеди. Ҳаўа райы қурғақ ҳәм жыллы, жаўын-шашын аз болыўы ғәлле майданындағы топырақтың 20-25 сантиметр қатламында ығаллық жетиспеўшилигине себеп болады.

Ҳәзирги күнлерде күндиз ҳаўа райы 8-10 градус жыллы, түнде болса 0-1-5 градус суўық болмақта. Температура көтерилген сайын өсиўи ҳәм раўажланыўы себепли майсалар көп энергия жумсамақта. Нәтийжеде оларға азықлық затлар жетиспеўшилиги бақланбақта.

Қандай шаралар көриў керек?

Февралда да ҳаўа-райының жыллы келиўи ғәллени азотлы төгинлер менен азықландырыў ҳәм суўғарыўды талап етпекте. Бул айда берилген төгин ҳәм суў тәсиринде өсимликтиң тамыр системасы раўажланып, түплеў буўыны үлкейеди ҳәм бул бөлимде қант затлары көбейеди. Яғный, ғәлле өсиў орнына топлағыш буўынын үлкейтеди. Нәтийжеде ерте бәҳәрде ири пақаллар түтикшелеринде ири масақлардың пайда болыўын тәмийинлейди. Бундай жағдайда февральда ҳаўа-райы шараятын есапқа алып, кешки ҳәм раўажланыўдан артта қалған ғәлле майданларын оптимал азықландырыў ҳәм суўғарыў жумысларын илимий тийкарланған ҳалда әмелге асырыў мақсетке муўапық.

Қубла дийқаншылық илимий-изертлеў институтының директоры, профессор Ойбек Омонов ғәлле майданында бүгинги шараятта көрилиўи зәрүр болған илажлар ҳаққында усыныслар берди. Оған бола, бийдай майсалары толық өнип шықпаған майданларда суў бериў арқалы топырақтың кислоталы орталығын жақсылаў ҳәм шорларды жуўыў зәрүр. Бунда суў арқалы топырақтағы ығаллық сақланып, тамыр системасының өсиўи тәмийинленип, ғәллениң түплеў процеси тезлеседи. Март айына келип 3-4 түп пайда етиўге ерисиў мүмкин. Май айында ҳаўа температурасы кескин көтерилгенде топырақтың 30-35 сантиметр тереңлигинде ығаллықты сақлаў ҳәм өсимликлерди минерал азықландырыў үлкен әҳмийетке ийе.

Сондай-ақ, масақларда дән толық қәлиплесиўи ушын суспензия менен ислеў бериў усыныс етиледи. Бул илажлар нәтийжели қолланылса, ҳәр гектардан 80-100 центнерге шекем өним алыў имканияты жүзеге келиўи мүмкин.

Үнемлилик - заман талабы

Әдетте "Алдыңнан аққан суўдың қәдири жоқ" сөзди көп қолланамыз. Бәлким бул сөз үйимиздиң алдынан ағып өткен салмалар, сайлардағы тасқан суўға қарата қолланылған шығар. Бирақ, кейинги жыллары душшы суў резерви дүнья жүзи бойынша глобал машқалаға айланбақта. Елимизде де суўды үнемлеў, әдеттеги суўғарыў усылларынан ўаз кешип, тамшылатып ҳәм басқа да заманагөй жоллар арқалы суўғарыўға үлкен итибар берилмекте.

Бирақ, көпшилик фермерлер егинди елеге шекем канал ҳәм салмалардан ески усылда суўғармақта. Ақыбетинде көплеген көлемде суў жоғалтылмақта. Қәнигелердиң атап өтиўинше, бетонланған салмалар арқалы ысырап болып атырған 20-30 процент суўды үнемлеп қалыў мүмкин. Үнемлилик бүгин тек ғана заман талабы емес, ал артықша қәрежеттен де сақлайды.

Кейинги жылларда ықлым өзгериўи, атап айтқанда, қурғақшылық жылларында суўғарылмайтуғын жерден көпшилик дийқан ҳәм фермерлер пайда орнына зыян менен шықпақта. Ақыбетинде жер пайдаланылмай, қайта ислеўден шығып кетип атырған жағдайлар да бақланбақта.

Ғәллешилик тараўында алдынғы инновациялық шешимлер ҳәм агротехникалық илажлардың әҳмийети салмақлы. Бул бағдарда фермер ҳәм агрономлар, тараў қәнигелери бир жағадан бас шығарып ҳәрекет етсе, гөзленген мақсетке ерисиледи.

Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы