Глобал раўажланыўдағы тең салмақлылық

    Тең ҳәм әдалатлы шараятта қәлиплеседи

    Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкеми (ЖСШ) не ағза болыў процеси дүнья жәмийетшилигинде үлкен қызығыўшылық оятпақта. ЖСШға ағзалық мәмлекеттиң глобал экономикаға интеграциясы, жаңа саўда портларына шығыўы ҳәм инвестициялық тартымлылығын арттырыў имканиятын береди.

    Президентимиздиң Түркменстанда болып өткен Теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциядағы қатнасыўы Өзбекстанның ЖСШға ағза болыўын алға қойыўдағы сиясий ерк-ықрары, халықаралық майдандағы орны ҳәм транспорт-коммуникация потенциалын арттырыўға қаратылған басламалары менен тығыз байланыслы.

    Бул әмелий сапар Өзбекстанның ЖСШға ағза болыўға таярлығы, халықаралық саўда системасына избе-из интеграцияласыўы ҳәм регионаллық бирге ислесиўди тереңлестириўдеги қатаң сиясий көзқарасын айқын көрсетти.

    Инвесторлар қәлеген мәмлекетке инвестиция киргизиўден алдын сол мәмлекетте нызам үстинлиги, мүлкке қол қатылмаслығы ҳәм инвесторлардың ҳуқықлары халықаралық стандартлар тийкарында кепилленгенине итибар қарататуғынын атап өтиў керек. Бул болса мәмлекеттиң инвестициялық тартымлылығы ҳәм сыртқы экономикалық абырайын белгилеп беретуғын тийкарғы факторлардан бири болып есапланады. ЖСШға ағза болыў процесинде Өзбекстанда әмелге асырылып атырған ҳуқықый реформалар мине усы талап ҳәм нормаларға толық жуўап беретуғын беккем институционаллық тийкарды қәлиплестириўге қаратылған.

    Атап айтқанда, соңғы жыллары шөлкемге ағза болыў шеңберинде системалы ҳәм комплексли ҳуқықый база жаратылды. Соның ишинде, 13 нызам, Президенттиң 10 пәрман ҳәм қарары, Министрлер Кабинетиниң 19 ҳүжжети және 10 нан аслам муўапықластырыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди. Соның ишинде, Президентимиздиң 2024-жыл 3-июньдеги "Базар реформаларын және де жеделлестириў ҳәм Өзбекстан Республикасы миллий нызамшылығын Жәҳән саўда шөлкеми келисимлерине муўапықластырыў бойынша гезектеги илажлар ҳаққында"ғы пәрманы халықаралық стандартлар тийкарында турмысқа енгизилди.

    Бул ҳүжжет пенен "Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде глобал қун шынжырына интеграцияласыў, базар принциплерин беккемлеў ҳәм ЖСШға ағза болыў процесин жеделлестириў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында белгиленди. Саўда-экономикалық қатнасықларда MFN (ең көп қолайлық бериў режими) қолланылмайтуғын мәмлекетлерден алып келинетуғын товарларға байланыслы бажыхана сиясаты қайта көрип шығылды, бажылардың нәтийжелилигин арттырыў илажлары көрилмекте.

    Мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың эксклюзив ҳуқықларынан ўаз кешиў, интеллектуаллық мүлкти қорғаў, санитариялық, фитосанитариялық ҳәм техникалық регламентлерди ЖСШ талапларына муўапықластырыў, бажыхана системасын санластырыў арқалы Өзбекстан ишки базарда саламат бәсеки орталығын қәлиплестирмекте ҳәм сыртқы базарларда жаңа сапа дәрежесин жаратпақта.

    ЖСШға ағза болыў автоматикалық емес - бул көп басқышлы, терең таллаў ҳәм қурамалы сөйлесиўлерди талап ететуғын процесс болып есапланады. Талабан мәмлекет шөлкемниң 166 ағзасының ҳәр бири менен саўда мәплерине қайшы келмейтуғын тәризде бирдей келисимге ерисиўи шәрт. Бул болса тариф ҳәм тариф емес тосқынлықлар, техникалық стандартлар, санитариялық ҳәм фитосанитариялық илажлар, хызметлер базары, интеллектуаллық мүлк ҳуқықлары және инвестициялық орталықты ЖСШ қағыйдаларына бейимлестириўди талап етеди.

    Соның менен бирге, мәмлекетимизде ишки реформалар да тереңлеспекте. Нызамшылық халықаралық нормаларға бейимлестирилмекте, санаат инфраструктурасы модернизацияланбақта, бәсеки орталығы беккемленбекте. ЖСШ талапларына сәйкес техникалық регламентлер, ветеринария, санитария ҳәм фитосанитария тараўлары қайта көрип шығылды. Заманагөй электрон платформалар, санлы басқарыў қураллары енгизилди. Маманлық ҳәм билимге ийе кадрлар таярлаў системасы қәлиплестирилди.

    Бүгинги күнде кластерлер, кооперациялар ҳәм қоспа кәрханалар раўажланбақта, туризм стратегиялық тармаққа айланбақта, санлы экономика жедел пәт пенен өспекте. Өзбекстан тынышлық, турақлылық ҳәм реформаларға садықлық принципи тийкарында халықаралық майданда унамлы имиджге ийе болып, глобал саўда-экономикалық қатнасықларда өз мәплерин исенимли алға қоймақта.

    Өзбекстан ЖСШға ағза болыў процесин тек ғана ҳуқықый емес, ал цивилизациялық таңлаў, мәмлекетлик сиясаттың стратегиялық бағдары сыпатында әмелге асырмақта. Бул процесс халықаралық экономикаға толық интеграцияласыў, миллий экономиканы беккемлеў ҳәм инсан қәдрине тийкарланған базар моделин қурыўда шешиўши басқыш есапланады.

    Экономикалық сиясатты глобал стандартларға бейимлестириў, бәсекиге шыдамлы өним жетистириў ҳәм сыртқы базарларға еркин шығыў имканиятларын кеңейтиў сыяқлы бағдарлар бүгинги ЖСШға ағза болыў процесиниң орайында тур.

    Мәмлекеттеги реформалар - экономикалық еркинликти тәмийинлеў, жеке меншикти қорғаў ҳәм ҳуқықый орталықты халықаралық нормаларға бейимлестириў сыяқлы бағдарлар ЖСШ талапларына жуўап беретуғын тийкар жаратпақта.

    "Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде экономиканы диверсификациялаў, инвестициялық орталықты жақсылаў, экспортқа қолайлы өнимлер ислеп шығарыў ҳәм интеллектуаллық мүлкти қорғаў бағдарындағы реформалар ЖСШға ағзалықты жеделлестириў ушын беккем ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкар жаратты.

    Әне, усы мәселелерге байланыслы бағдарламалар Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши мәсләҳәт ушырасыўына таярлық бойынша Түркменстанда болып өткен арнаўлы илажда көтерилди. Илажда транспорт, саўда, санаат, суў ҳәм энергетика тараўларындағы көп қырлы бирге ислесиў перспективалары додаланды.

    Президентимиз Ташкент қаласында өтетуғын гезектеги мәсләҳәт ушырасыўына таярлық шеңберинде регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў, "жасыл" энергетика ҳәм шегара алды саўданы кеңейтиў, транспорт логистикасын раўажландырыў және улыўма саўда сиясатында тутас көзқарасты қәлиплестириў бағдарында Өзбекстан тәрепинен бир қатар басламалар алға қойылып атырғанын атап өтти.

    Мине, усы басламалар ЖСШ талапларына толық сәйкес, ашық-айдын ҳәм бәсекиге шыдамлы регионаллық экономикалық экосистеманы жаратыўға қаратылған болып, Өзбекстанның ЖСШға ағза болыў процесин тек ғана миллий емес, ал регионаллық саўда сиясаты менен де үйлестириўге қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады. Себеби ЖСШға ағзалық бүгинги глобал экономикалық архитектурада тек ғана бир мәмлекеттиң ҳәрекети емес, ал пүткил регион ушын жаңа экономикалық қатнаслар ҳәм институционаллық өзгерислерди де аңлатады.

    Бундай стратегиялық белсендилик халықаралық шеңберлерде де тән алынбақта. Мәселен, 2023-жылы БМШ Бас Ассамблеясы шеңберинде ЖСШ Бас директоры Нгози Оконжо-Ивеала Өзбекстанды "исенимли ҳәм реформаларға садық шерик" сыпатында баҳалады. Бул, әлбетте, Өзбекстанның халықаралық имиджи, сыртқы саўда сиясатының ашық-айдынлығы артып баратырғанынан дәрек береди.

    Еки мәрте шегаралы мәмлекет

    Экономикалық теорияда “double landlocked” - еки есе шегаралы мәмлекет түсиниги бар. Яғный бундай мәмлекетлер халықаралық базарларға шығыў ушын кеминде еки басқа мәмлекет аймағынан өтиўи шәрт. Аўғанстан, Боливия, Молдова ҳәм Өзбекстан сыяқлы мәмлекетлер әне усындай топарға киреди. Трансшегаралық шеклеўлер тек ғана логистика қәрежетлерин кескин арттырып қоймастан, ал сыртқы саўда, инвестиция ҳәм глобал тәмийнат шынжырында турақлы қатнасыўды да қыйынластырады.

    Жәҳән банки мағлыўматларына бола, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәр жылы логистика ҳәм транзиттеги шеклеўлер себепли ЖИӨниң 2 процентине шекем жоғалтпақта. Товарлар баҳасының 60 процентине шекемги бөлегин логистика қәрежетлери қурайтуғыны жәҳән орташа көрсеткишинен бир неше есе жоқары екенин көрсетеди. Сонлықтан, Өзбекстанның ЖСШға ағза болыў процеси мине усындай тосқынлықларды сапластырыў, сыртқы базарларда белсене қатнасыў ҳәм бәсекиге шыдамлы логистика системасын жаратыўға қаратылған стратегиялық мақсет болып есапланады.

    Мәмлекетимиз басшысы БМШтың Теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясына қатнасып, бул машқалаларды әмелий шешиў ушын анық басламаларды алға қойды. Теңизге шығыў имканияты жоқ мәмлекетлерге жәҳән экономикасында теңдей шәртлерде қатнасыў имканиятын жаратыў, бәринен бурын, әдиллик мәселеси екени атап өтилди.

    Бул мақсетлерге ерисиў ушын инфраструктураны модернизациялаў, өз-ара байланыслылықты күшейтиў ҳәм раўажланыў ҳуқықын кепиллеў сыяқлы үш тийкарғы принципти әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Бул бағдарда Трансаўған темир жолы Өзбекстанның глобал логистика системасына терең интеграциясын тәмийинлейтуғын геостратегиялық платформа болып есапланады. Карачи ҳәм Гвадар портлары Жақын Шығыс, Қубла Азия ҳәм Ҳинд океаны арқалы жаңа базарларға бет бурыў ушын қолайлы коридор жаратады.

    Бундай инфраструктуралық таяныш ЖСШның тийкарғы принциплеринен бири - "транзит еркинлиги"н әмелде тәмийинлейди ҳәм Өзбекстанның “landlocked” статусын бәсекиге шыдамлы логистика хабына айландырады. Ҳәзир бирге ислесиўшилер менен Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан темир жолы қурылысы басланды, Өзбекстан-Түркменстан-Иран-Түркия жөнелиси бойынша жүк тасыў көлеми артып бармақта.

    Конференция шеңберинде Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған басламалар тек ғана миллий емес, ал регионаллық ҳәм глобал көлемде үлкен әҳмийетке ийе. Соның ишинде, БМШ қәўендерлигинде Транзит кепилликлери ҳаққындағы глобаллық келисимди ислеп шығыў усынысы халықаралық логистика системасында әдил шараятлар жаратыў, жүк тасыўда қәўип-қәтерлерди азайтыў ҳәм теңизге шығыў имканияты жоқ мәмлекетлер ушын транзит еркинлигин кепиллеўге қаратылған әҳмийетли баслама болып есапланады.

    Соның менен бирге, Өзбекстан-Аўғанстан-Пакистан темир жолын Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан жөнелиси менен тутастырыў усынысы кең регионаллық саўда-экономикалық мәкан ҳәм турақлы транспорт инфраструктурасын қәлиплестириўди нәзерде тутады. Перспективалы жойбар тек ғана трансконтинентал логистика шынжырының ажыралмас буўынына айланып қоймастан, ал Өзбекстанның Шығыс ҳәм Қубла бағдарындағы жүк ағымларына тиккелей шығыўын тәмийинлейди.

    Орайлық Азияда логистика инфраструктурасын раўажландырыў ушын жыллық талап дерлик 40 миллиард долларға тең екенин есапқа алсақ, жаңа халықаралық қор шөлкемлестириў басламасы стратегиялық шешим сыпатында көрилмекте. Қор инфраструктуралық жойбарларды қаржыландырыўда бейимлесиўшең қурал ўазыйпасын атқарады ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында региондағы инвестициялық орталықты жақсылаўға хызмет етеди.

    Теңизге шығыў имканияты жоқ мәмлекетлер ушын "Әззилик глобаллық индекси"н ислеп шығыў басламасы халықаралық ресурсларды реал шараятларға тийкарланып әдил бөлистириў, финанслық жәрдем механизмлерин нәтийжели бағдарлаў ҳәм глобал теңсизликке прагматикалық қатнасты қәлиплестириўде әҳмийетли қуралға айланыўы мүмкин.

    Турақлы раўажланыў шешимлери

    Президентимиз Шавкат Мирзиёев БМШтың Теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясында глобал логистикада әдиллик ҳәм тең ҳуқықлылық принциплерин тәмийинлеў мақсетинде халықаралық транспорт коридорларын жедел раўажландырыў, тарифлерди оптималластырыў, транзит сиясатын муўапықластырыў ҳәм Өзбекстан-Аўғанстан-Пакистан темир жолын Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан темир жолы менен байланыстырыў зәрүр екенлигин атап өтти. Бул баслама тек ғана саўда жолларын қысқартып қоймастан, ал турақлы экономикалық мәканды қәлиплестириўге тийкар жаратады.

    Бул жойбар ЖСШның "транзит еркинлиги" ҳәм "жөнелис таңлаў ҳуқықы" сыяқлы халықаралық принциплерин әмелде турмысқа енгизеди. Темир жол жыллық 20 миллион тоннаға шекем жүк тасыў имканиятын береди, агросанаат, тоқымашылық, химия ҳәм қайта исленген өнимлер экспортын кеңейтиў ушын реал базар каналын жаратады. Өзбекстанның геоэкономикалық абырайын күшейтиўде ҳәм “Made in Uzbekistan” брендин халықаралық базарларға толық шығарыў ҳәм миллий экономиканы бәсекиге шыдамлы етиўде шешиўши роль атқарады.

    Конференцияда Президентимиз глобал әдиллик принципин алға қойып, теңизге шығыў имканияты жоқ мәмлекетлердиң жәҳән экономикасында толық қатнасыўын тәмийинлеў ушын инфраструктураны модернизациялаў, өз-ара байланыслылықты күшейтиў ҳәм раўажланыў ҳуқықын кепиллеў зәрүр екенлигин айрықша атап өтти. Жәҳән банкиниң мағлыўматларына бола, логистика қәрежетлери товар баҳасының 60 процентин қурайтуғыны региондағы экономикалық өсиўдиң тийкарғы тосқынлықларынан бири екенин көрсетеди.

    Президентимиз, сондай-ақ, БМШ қәўендерлигинде Транзит кепилликлери ҳаққындағы глобаллық келисимди ислеп шығыў, "Әззилик глобаллық индекси"н енгизиў ҳәм 40 миллиард долларлық логистика инвестициялары зәрүрлигин қаржыландырыў ушын халықаралық қор шөлкемлестириўди усыныс етти. Бул басламалар инфраструктуралық жойбарларды қаржыландырыўда, ресурсларды әдил бөлистириўде ҳәм халықаралық базарларға нәтийжели шығыўда стратегиялық әҳмийетке ийе.

    Бир сөз бенен айтқанда, БМШтың теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясы глобал теңлик, әдиллик ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўде шешиўши норма.

    Президентимиз Шавкат Мирзиёев бул әнжуманда тек ғана миллий мәплер емес, ал теңизге шығыў имканияты шекленген мәмлекетлердиң улыўма географиялық, логистика ҳәм экономикалық машқалаларын халықаралық күн тәртибине алып шықты. Инфраструктураны модернизациялаў, транзит жолларын жаратыў, транспорт тарифлерин оптималластырыў ҳәм глобал транзит кепилликлери келисимин ислеп шығыў сыяқлы усыныслар тек ғана Орайлық Азия емес, ал дүнья экономикасының избе-из, турақлы ҳәм инклюзив раўажланыўында әҳмийетли тийкар болып хызмет етеди. Өзбекстанның басламалары БМШтың "Ҳеш ким артта қалмасын" сүрени менен толық сәйкес келип, раўажланыўдағы турақсызлықты азайтыў, экономикалық суверенитетти тәмийинлеў ҳәм регионаллық интеграцияны тереңлестириўде өзиниң әмелиятқа тийкарланған прагматикалық көзқарасы менен ажыралып турады.

    Шерзод ҚУРБОНОВ,

    Ташкент мәмлекетлик экономика университети хызметкери, эксперт

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates