. Ғәрезсизликтиң күши де үзликсиз ҳәрекет ҳәм ерисилген жетискенликлер тийкарында раўажланыў тенденциясын турақластырыў тийкарында көринеди. Турақлы раўажланыўға ерисиў болса стратегиялық мақсетлер, реформалар ҳәм ерк-ықрар бирлигин талап етеди.
Жаңа Өзбекстанды қурыўда 2017-2021-жылларда үлкен табыс пенен әмелге асырылған Ҳәрекетлер, оннан кейинги Раўажланыў стратегиялары ҳәм бүгинги күнде орынланып атырған "Өзбекстан - 2030" стратегиясында белгиленген 100 мақсет және Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң ақылға уғрас сиясаты ҳәм күшли ерк-ықрары шешиўши рол атқармақта.
Социаллық мәмлекет ҳәм инсан қәдириниң жаңа тарийхы
Жаңа Өзбекстанды қурыў тийкарынан феноменал өзгешеликке ийе болып, ғәрезсизликти сақлаў ҳәм беккемлеўдиң айрықша дәўири сыпатында тарийхқа киреди. Бул дәўирдиң халықаралық тән алынған әҳмийетли тәрепи - "инсан - жәмийет - мәмлекет" үшлигинде инсан факторының үстин орынға ийе екенлиги болып табылады. Инсан мәплериниң үстинлиги терең редакцияланып, улыўмахалықлық референдумда мақулланған жаңа редакциядағы Конституцияда өз көринисин тапты.
Мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 20-июнь күни республика Конституциялық комиссиясы ағзалары менен ушырасыўда алға қойған усынысы тийкарында жаңа редакциядағы Конституцияда "Өзбекстан - социаллық мәмлекет" деген идея мәмлекетимиз Бас нызамының 1-статьясында "Өзбекстан - басқарыўдың республикалық түрине ийе болған суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет", деп белгилеп қойылды.
Президентимиздиң атап өткениндей, "инсан қәдири" түсиниги "социаллық мәмлекет" түсиниги менен тығыз байланыслы. Социаллық мәмлекет - социаллық айырмашылықларды азайтыў, нәтийжели социаллық сиясат алып барыўға тийкарланған мәмлекет модели есапланады.
Социаллық мәмлекет бул, бәринен бурын, инсан потенциалын жүзеге шығарыў ушын тең имканиятлар, адамлар мүнәсип турмыс кешириўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў, дегени, деп атап өткен еди мәмлекетимиз басшысы. Сонлықтан да, "социаллық мәмлекет" принципиниң жаңа редакциядағы Конституциямызға айрықша норма сыпатында киргизилгени мәмлекеттиң "Инсан қәдири ушын", "Халықты разы етиў", "Инсанға итибар" ҳәм "Алдын - инсан, кейин - жәмийет ҳәм мәмлекет" сыяқлы ийгиликли идея тийкарында алып барылып атырған социаллық тараўдағы халықшыл ҳәм адамгершиликли сиясатқа толық сәйкес келеди.
Инсанды раўажландырыў, оның қәдирин арттырыў реал раўажланыў процеси сыпатында өз мазмунында үш өзгешелик - артқа қайтпайтуғын ҳәрекет, мақсетке қарай бағдарланғанлық ҳәм жаңа нызамлықларға сүйениў тенденцияларын көрсетеди. Инсан қәдирин арттырыў түсинигиниң жаңа түсиниги де әпиўайы тилде айтқанда, инсанды ҳәр тәреплеме күшейтиў, оның реал потенциалын жүзеге шығарыў тийкарында өзгертиў, турмысқа таярлаў, өзи ҳәм жәмийетти жаңалаўға уқыплы инсанларды таярлаў, деген мәнилерди аңлатады.
Инсан қәдири өзгерислерден күш алады
Өзгерислерге умтылыў әзелден адамзаттың раўажланыў принципи болып келген. Инсан, жәмийет ҳәм мәмлекет кесиминде өзгерис ҳәм өзгериске ерисиў процеси Президентимиз тәрепинен исенимли алып барылып атырған сиясаттың ҳәм теориялық, ҳәм әмелий тийкары болып есапланады.
Соның ушын да мәмлекетимиз басшысы жаңа Өзбекстанды қурыў, жедел раўажланыўға ерисиў, үлкен мақсетлерди әмелге асырыў ушын, бәринен бурын, адамлардың дүньяға көзқарасын, мәнаўиятын өзгертиў зәрүр екенлигин атап өтпекте. Президентимиздиң төмендеги сөзлери миллий раўажланыўымыздың өзине тән формуласы есапланады: "Тарийх сынақларынан өткен ҳақыйқат сонда, өзин өзгертиўге уқыплы болған, ўақытты - имканиятқа, имканиятты табысқа, табысты раўажланыў тийкарына айландыра алған халық - уллы халық болып есапланады.
Бундай халық, әлбетте, турмысты да, социаллық орталықты да өзгерте алады, гөзлеген арзыў-мақсетлерине әлбетте ериседи."
Ғәрезсизлик ҳәм миллий кадрлар таярлаўдың сапа басқышы
Шавкат Мирзиёев Президент болып сайланыўдан-ақ, жаңа Өзбекстанды қурыўда бас принцип - халық мәмлекетке емес, ал мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек, деген сүренди тийкарғы методология етип белгилеп алған еди. Мәмлекетимизде соңғы жыллары избе-из түрде әмелге асырылған трансформация процесслери тек ғана әҳмийетли муғдарлық нәтийжелерге емес, ал сапа көрсеткишлерине де ийе болып, төмендеги тенденция, яғный турақлы өзгешеликлерде көзге тасланбақта:
- билимлендириў сапасының әҳмийетли көрсеткиши сыпатында мектеп питкериўшилериниң дерлик 10 проценти халықаралық сертификатлар менен жоқары билимлендириўге оқыўға кирип атырғанында;
- дүньяның "топ-300" университетлериниң бакалавр ҳәм магистратура басқышларында 1,5 мың жасларымыз билим алып атырғанда;
- өзин-өзи раўажландырыў ҳәрекетиниң улыўма миллий ҳәрекет дәрежесине көтерилгенде, мәмлекетимиз педагогларының 10 проценттен асламы шет тиллерин билиўи, бағдары бойынша жетиклиги, түрли таңлаўларда жеңимпаз болыўы есабынан айына 10 миллион сумнан көбирек айлық алғанда;
- халық пенен пикирлесиўден баслап, басқарыў структураларының барлық буўынларында алдын турақлы әмел етип келген жабықлық усылы орнына ашық-айдынлық сиясаты ҳәм халықшыллық системасы қәлиплескенинде;
- басқарыў структураларында халықтың ҳәр қыйлы қатламлары ўәкиллериниң қатнасыўы түп-тийкарынан реформаланып, халық бурынғы пассив бақлаўшы статусынан тиккелей қатнасыўшы, дөретиўши статусына ийе болғанында, басқаша айтқанда, шын мәнисиндеги жаңа инклюзив қатнас орнағанында;
- басқарыў нәтийжелилигин тәмийинлеў ушын заманагөй "смарт регуляция"ны енгизиўге кирисилгенде, яғный мәмлекетлик басқарыўда "смарт регуляция" бул тек ғана нызам шығарыў менен жумысты питкериў емес, ал санлы платформалар арқалы пуқаралардың қатнасыўын тәмийинлеў, жасалма интеллект жәрдеминде басқарыўды оптималластырыў, системалы қадағалаў ҳәм нәтийжели тәртипке салыў, интеллектуаллық ҳәм мағлыўматларға тийкарланған басқарыў жолға қойылғанда;
- басқарыў стратегиясында адамларды абаданластырыў мақсетлери анық мәнзилли өлшем ҳәм критериялар тийкарында дүзилгенинде ҳәм ҳәр бир пуқара, ҳәр бир инсан тәғдирин жақсылаў ўазыйпалары улыўма мәмлекет шеңбериндеги бас социаллық мақсетке айланғанында.
Әне усы трансформациялық көринис мәмлекетимизде жедел пәтлер менен әмелге асырылып атырған реформалар орайына, бәринен бурын, инсан капиталын күшейтиў, ҳәр бир шахстың потенциалын арттырыўға социаллық итибарды күшейтти. Соның ушын да Президентимиз Олий Мажлиске Мүрәжатында "инсан өзгерсе ғана жәмийет ҳәм мәмлекет өзгереди", деген көзқарасты айрықша атап өткен еди.
Инсан қәдири ҳәм перспективалы кадрлар таярлаў
Жаңа Өзбекстанда инсан факторы мәмлекет ҳәм жәмийеттеги барлық трансформация өзгерислери процесиниң драйверине айланды. Соның ушын да инсанды социаллық жумысқа нәтийжели таярлаў ҳәм бул процесстиң сапасын түп-тийкарынан жақсылаў үлкен әҳмийетке ийе. Президентимиз тәрепинен мәмлекетлик сиясат бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар тийкарында да инсан қәдирин арттырыў, адамларды разы етиў, бәринен бурын билимлендириўге, атап айтқанда, басқарыўдың перспективалы кадрларын таярлаўға болған мәмлекеттиң итибарын түп-тийкарынан өзгертиў мәселеси тур.
Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 5-майдағы "Перспективалы кадрларды мақсетли таярлаў және оларды мәмлекетлик басқарыў ҳәм хызметке нәтийжели тартыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы мазмун-мәнисине бола, жаңа әўлад басшы кадрларын таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўда түпкиликли бурылыс болды, деп айтыў мүмкин. Себеби, бул пәрманда заманагөй басқарыў субъектлери жумысының төмендеги сегиз тийкарғы тәрепи белгилеп берилди:
Биринши әҳмийетли тәрепи, жаңа Өзбекстан тийкарын қурыў стратегиясын әмелге асырыўға уқыплы болатуғын төрт тийкарғы басқарыў потенциалы жаңадан белгиленген. Булар ўатансүйиўшилик, инсан қәдирин қәдирлеў, коррупцияға шыдамсызлық ҳәм профессионализм компетенциялары болып табылады. Бурын бул компетенциялар басшының тийкарғы пазыйлетлери сыпатында басқарыўшылардан айрықша талап етилмес еди.
Екинши әҳмийетли тәрепи, академияда кимлер билим алатуғыны ҳәм олар нелерди оқыйтуғыны ҳәм қай тәртипте қәнигелигин арттырып баратуғыны анық белгилеп берилди. Егер алдын ким ямаса қайсы шөлкем тәжирийбе арттырыў ҳаққында буйыртпа берип оқып кете берген болса, енди академияның абырайы артты. Академия жуўапкер болған "жәрдемши" категориядағы шахслардың маманлығын арттырыў тийисли министрлик, комитет ҳәм агентликлерге өткерилип, академияға тек ғана "Сиясий" ҳәм "Басқарыў" категориясындағы басшылардың маманлығын арттырыў ўазыйпасы жүкленди.
Үшинши әҳмийетли тәрепи, академияда биринши мәрте бүгинги күнниң басқарыўы ушын оғада зәрүр болған 5 қәнигелик - "Аймақларды комплексли раўажландырыў", "Мәмлекетлик басқарыў", "Инсан ресурсларын басқарыў", "Мәмлекетлик сиясат", "Мәмлекетлик қаржыны басқарыў" бойынша магистратура билимлендириўи ашылды. Бул қәнигеликлерден екеўи, яғный "Инсан ресурсларын басқарыў" ҳәм "Аймақларды комплексли раўажландырыў" мазмун жағынан жаңа болып, билимлендириўди турмыслық машқалаларға жақынластырыў, илим, билимлендириў ҳәм әмелият үйлесимлилигин тәмийинлеўи менен дыққатқа ылайық.
Төртинши әҳмийетли тәрепи, басшылардың ойлаў, пикирлеў, мағлыўматларды терең ҳәм системалы талқылай алыў потенциалын мақсетли қәлиплестириў ҳәм жетилистириў бойынша институционаллық қатнастың енгизилгени болды.
Академияда "Сиясий" ҳәм "Басқарыў" категориясындағы барлық басшылар, сондай-ақ, магистратура ҳәм қайта таярлаў курслары тыңлаўшылары ушын зәрүр болған пазыйлетлер, көнликпе ҳәм өзгешеликлер, бир сөз бенен айтқанда, компетенцияларды қәлиплестириў ҳәм оларды қалыс баҳалаў тийкарында билимлендириўди жолға қойыў болып есапланады. Мине, усы ўазыйпаларды табыслы әмелге асырыў ушын академияда аналитикалық ҳәм изертлеў структураларының жумысын муўапықластырыўшы кеңестиң мәсләҳәт-методикалық платформасы сыпатында Анализ ҳәм изертлеў тараўындағы компетенциялар орайы шөлкемлестирилди.
Бесинши әҳмийетли тәрепи, мәмлекетимизде басқарыў тараўы бойынша кадрлар таярлаў системасындағы тийкарғы кемшилик сапластырылды. Яғный басқарыўда магистратура ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў түрлери болған ҳалда басқарыў тараўы ушын тийкарғы тәмийнатшы болған бакалавриат басқышында кадрлар таярлаў жумыслары жоқ еди. Пәрманда бул машқаланың да шешими белгиленип, бир ўақыттың өзинде 6 абырайлы жоқары билимлендириў мәкемесинде тараўлардағы процесслерди басқарыў көзқарасынан терең сезе алатуғын аналитиклерди таярлаўға руқсат берилди.
Алтыншы әҳмийетли тәрепи, барлық мәмлекетлик хызметкерлер ушын ўатансүйиўшилик, өз ана тили, тарийхы ҳәм мәденияты ушын пидайылық көрсетиўдиң миннетлеме дәрежесине көтерилгени болды. Буннан былай академия босағасынан өткен барлық магистр, тыңлаўшы ҳәм докторантлар ушын Өзбекстан Республикасы Конституциясы, Өзбекстан тарийхы ҳәм мәденияты, мәмлекетлик тил, миллий өзлик, жоқары мәнаўият, әдеп-икрамлылық қағыйдалары бойынша алатуғын билимлерин мәжбүрий баҳалаў системасы енгизиледи.
Жетинши әҳмийетли тәрепи, елимизде ҳәр қыйлы министрликлер, комитетлер ҳәм агентликлер және ўәлаят ҳәм қала ҳәкимликлери тәрепинен енгизилген басқарыўға байланыслы пәнлер, темаларды ҳәр ким зәрүр деп билгенин өте бериўи емес, ал анық мақсетли ҳәм мәнзилли оқыў-методикалық тәртиби енгизиледи. Енди бул процесстеги билимлендириўдиң сапасын муўапықластырыўшы статусы Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясына жүкленди ҳәм басқа уйымлар тәрепинен өтилиўи мөлшерленген ҳәр бир пән ҳәм темалар академия илимпазлары тәрепинен үйренилип, усы тема бағдарламасының илимий ҳәм әмелий әҳмийети баҳаланғаннан соң енгизиў бойынша қарар қабыл етиледи.
Сегизинши әҳмийетли тәрепи, инсан қәдирин арттырыў бағдарында мәмлекетлик басқарыўдың болажақ перспективалы кадрлары ушын мәмлекет тәрепинен мақсетли түрде көрсетилиўи режелестирилген ғамқорлық болды. Буннан кейин академияның магистратура ҳәм қайта таярлаў бағдарламалары питкериўшилериниң министрлик, уйым ҳәм мәмлекетлик шөлкемлерде кәсиплик ҳәм кәсиплик өсиўин мониторинг етиў академияның Қәўендерлик кеңеси тәрепинен мониторинг етип барылады. Сол тәризде бул жағдай да социалласып кетти.
Енди өсиў, карьера ушын бас қатырыў ҳәр бир басшының жеке иси емес, ал мәмлекет ҳәм жәмийетшилик тәрепинен баҳаланып, объектив қарар шығарылатуғын реал жумысқа айланды.
Бүгинги күнде барлық тараўлар раўажланып бармақта. Билимлендириўдиң барлық буўынлары, атап айтқанда, перспективалы басқарыў кадрларын таярлаўға болған мәмлекетимиздиң ғамхорлығы ҳәм итибарын бәршемиз сезип турмыз. Барлық тараўларда әсиресе, билимлендириўдиң барлық басқышларында айлықлар арттырылды. Оқыўшы ҳәм студентлердиң билим алыў имканиятлары кеңейди.
Социаллық имканиятлары шекленген халық қатламларына инклюзив қатнас орнады. Халықтың машқалалары менен ислесиў системасын және де жетилистириўге ерисилди. Мәмлекетлик басқарыўдың ашық-айдынлығын тәмийинлеў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылды. Жасларымыз ушын жоқары билим алыў имканияты кеңейтилмекте.
Себеби, инсанды өзгертиў оған киргизилип атырған инвестиция мәмлекетлик сиясатқа тиккелей байланыслы. Буның тийкарғы себеби бурынлары инсанның интеллектуаллық-кәсиплик раўажланыўына емес, ал оның бирлемши, материаллық мүтәжликлерин қанаатландырыўға тийкарғы итибар берилгенинде.
Қулласы, инсан қәдирин жоқарылатыў бағдарында мазмуны жағынан жаңа система - жаңа Өзбекстанды қурыў ҳәрекети кең ен жаймақта. Бул болса, халықтың барлық қатламлары ўәкиллериниң турмысы ҳәм жумысын илим, жоқары мәнаўият принциплери тийкарында жасаў, инновациялық пикирлеўге ийе етиў, ҳәммени институционаллық тәризде шөлкемлестириў, әпиўайы белсендилик жағдайынан проактив жумыс алып барыўға өткериў, бирдей мақсетли алдынғы миллетке айландырыў стратегиясын әмелге асырыўды нәзерде тутады.
Бир сөз бенен айтқанда, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен бүгин биз бирден-бир халық, бирден-бир миллет болып, гөзлеген уллы мақсетлеримизге қарай исенимли бармақтамыз. Денемизде, қанымызда ата-бабаларымыздан мийрас уллы қүдирет ҳәўиж алып атырған екен, биз ийгиликли арзыў-нийетимиз болған жаңа Өзбекстанды, әлбетте, қурамыз. Жедел раўажланыў жолынан исенимли баратырған жаңа Өзбекстан ғәрезсизлигимиз себепли ҳәр тәреплеме абат ҳәм абадан, жоқары раўажланған, еркин демократиялық мәмлекетке айланатуғыны сөзсиз.
Жасур САЛИХОВ,
Өзбекстан Президенти жанындағы
Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясы ректоры