Бундай шараятта ҳәр бир мәмлекет өз стратегиясын қайта көрип шықпақта: бири абайлылық пенен ағымға бейимлескен болса, және бири жаңа бағдар арқалы экономикасын турақластырмақта.
Дүнья көлеминде жүз берип атырған ҳәр қыйлы экономикалық турақсызлықлар фонында мәмлекетимизде соңғы жыллардағы экономикалық сиясатты қайта форматлап, ишки потенциалға сүйенген ҳалда жаңа өсиў модели қәлиплестирилмекте. Бул моделдиң тийкарғы принципи инсан мәплерин, исбилерменлик орталығын ҳәм нәтийжелиликти бирден-бир система сыпатында үйлестириў болып есапланады.
Бул процессте инсан қәдирин жоқарылатыў, мийнеттиң баҳасын арттырыў ҳәм турақлы экономикалық өсиўге қаратылған концепцияны қәлиплестириў әҳмийетли. Алдынғы басқышта тийкарғы мақсет тек ғана өсиў пәтлерине ерисиў болған болса, бүгин дыққат орайында өсиўдиң сапасы, оның жәмийет абаданлығына тәсири және ең әҳмийетлиси, инсан турмысындағы әмелий көриниси тур.
Әлбетте, бул сиясат тек ғана сыртқы байланысларда емес, ал миллий экономикамыздың ишки динамикасында да айқын көзге тасланбақта. Мәселен, Жәҳән банки Өзбекстан экономикасы 2025-жылы 6,2 процент өсиўин болжамақта. Азия раўажланыў банки 6,6 процент, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки болса 6,7 процентлик өсиўди күтпекте.
Бул санлар әпиўайы болжаў емес. Олар Өзбекстанға болған халықаралық исенимниң көриниси. Дүнья экономикасында анықсызлықлар күшейген бир шараятта мәмлекетимиз экономикасының турақлы өсиўин сақлап қалыўы реформалардың избе-излиги ҳәм халықтың мийнети нәтийжеси болып есапланады. Бул тек ғана экономикалық нәтийже емес, ал миллий мақтаныш, жаңаланыў ҳәм исеним белгиси болып есапланады.
Жақында мәмлекетимиз басшысының басшылығында болып өткен кеңейтилген мәжилисте елимиздиң экономикалық турмысының усы жылдағы нәтийжелери ҳәм 2026-жыл ушын белгиленген тийкарғы ўазыйпалар додаланды. Бул тек ғана статистикалық есабат емес, ал жаңа экономикалық басқыш, жаңа пикирлеў ҳәм жаңа жуўапкершиликке қарай тасланған қәдем сыпатында әҳмийетке ийе.
Мәжилисте билдирилген санлар кейинги жыллардағы реформалардың турмыслық нәтийжесин айқын көрсетпекте. Усы жылдың январь-сентябрь айлары даўамында экономикамыз 7,6 процентке өсти. Санаат тараўы 6,8 процент, қурылыс 14,2 процент, хызметлер 14 процент, аўыл хожалығы болса 4,1 процент өсиўди атап өтти. Бул нәтийжелер жыл басында белгиленген прогноз көрсеткишлерден әдеўир жоқары болды.
Әсиресе, қурылыс ҳәм хызметлер тараўындағы 14 процентлик өсиў мәмлекет бойлап жаңаланған қалалар, қурылып атырған турақ жайлар, жоллар ҳәм инфраструктуралар, заманагөй хызмет орайлары - булардың ҳәр бири "жаңа турмыс сапасын" қәлиплестирмекте.
Соның менен бирге, мәмлекеттиң алтын-валюта резервлери де соңғы жылда 35 процентке өсип, 55 миллиард долларға жетти. Бул сыртқы шоклар ҳәм турақсыз базар шараятында экономикалық қәўипсизликти тәмийинлеўши әҳмийетли фактор болып есапланады. Резервлер тек ғана сан емес, ал мәмлекеттиң экономикалық иммунитети, келешекке исеними ҳәм турақлылығы жолы болып табылады.
Халықаралық майдандағы исеним беккемленбекте
Fitch Ratings агентлиги мәмлекетимиздиң суверен рейтингин бир текшеге көтерди, Moody’s ҳәм S&P Global болса өз прогнозларын "турақлы"дан "унамлы"ға өзгертти. Бул Өзбекстан экономикасының сыртқы дүньядағы имиджине берилген жоқары баҳа, реформалар избе-излигиниң тән алыныўы болып есапланады.
Экономикалық өсиўдиң ең әҳмийетли өлшеми оның халық турмысындағы көриниси болып есапланады. Мәжилисте атап өтилгениндей, халықтың дәраматлары 18,4 процент, аманатлар 35,3 процент, орташа мийнет ҳақы болса 19,2 процентке өсти. Бул көрсеткишлер артында турмыс сапасы, исеним ҳәм белсенди пуқаралық орталығы айқын көзге тасланбақта.
Социаллық сораўлар да буны тастыйықламақта: халық ҳәм бизнес арасында исеним орталығы беккемленбекте, жаңа жумыс орынлары жаратылмақта, дәрамат дәреклери кеңеймекте. Бул экономикалық өсиўдиң ҳақыйқый мәниси болып есапланады. Себеби раўажланыў санларда емес, ал адамлардың турмысында, олардың жүзлериндеги исеним ҳәм турмыстан разылық сезиминде көринеди.
Ҳәр бир жаңа қурылыс майданында, ҳәр бир жаңа өндирислик кәрханада, киши исбилерменниң жаңа жойбарында бул өзгерислердиң изи бар. Бул тек ғана экономикалық өсиў емес, ал пүткил жәмийеттиң жаңа потенциалы қәлиплесиўи болып есапланады.
Өзбекстан экономикасындағы ҳәзирги өсиў пәти тосыннан емес, оның тийкарында ишки талаплар, базар белсендилиги ҳәм инвестициялық орталықтың жақсыланыўы сыяқлы бир қатар факторлар жәмленген. Бүгинги күнде өсиўдиң тийкарғы двигателлери ишки тутыныў, қурылыс, хызметлер, санаат ҳәм сыртқы саўда болып, олар экономикамызды түп-тийкарынан жаңалап атыр.
Ишки талаптың өсиўи тек ғана санларда емес, турмыста да көзге тасланбақта: базарларда белсендилик артпақта, хызмет көрсетиў тараўлары кеңеймекте, киши бизнесте жаңа басламалар көбеймекте. Бул процесс, әсиресе, қала ҳәм районлардағы қурылыс, инфраструктура ҳәм транспорт тараўларында айқын көзге тасланбақта. Жаңа турақ жайлар, жоллар, логистика орайлары, заманагөй хызмет форматлары - булардың ҳәр бири экономикалық жеделликтиң жаңа қырлары болып есапланады.
Бирақ ҳәр бир өсиў өз орнында сынақты да алып келеди. Экономикалық өсиўдиң тезлиги жоқары болыўы менен бирге, оның сапасы, қурамы ҳәм турақлылығы да әҳмийетли нормаға айланбақта.
Дүньядағы нәзик сыртқы орталық - энергия ҳәм ресурс баҳаларының жоқарылығы, логистика шынжырларындағы үзилислер, халықаралық саўдадағы турақсызлық Өзбекстан экономикасы ушын да сынақ болып тур. Соның ушын турақлы өсиўди тәмийинлеўде ишки дәреклерди диверсификациялаў, жаңа драйверлер жаратыў зәрүр.
Ҳәзирги ўақытта өсиў тийкарынан қурылыс ҳәм хызметлер секторы есабынан тәмийинленбекте. Бул жақсы, бирақ экономиканың "саўлығы" ушын санаат ҳәм аўыл хожалығында да жоқары динамика болыўы шәрт. Мәселен, аўыл хожалығындағы 4,1 процентлик өсиў - потенциалға салыстырғанда еле төмен көрсеткиш. Демек, бул тараўларда инновация, қайта ислеў ҳәм экспортқа бағдарланған өндиристи күшейтиў ўазыйпасы әҳмийетлилигинше қалмақта.
Инфляция мәселеси де тийкарғы стратегиялық бағдар сыпатында белгиленген. 2026-жылы инфляцияны 7 проценттен асырмаў режелестирилген болса да, халықаралық тәжирийбе көрсеткениндей, бундай турақлылыққа ерисиў ушын фискал ҳәм монетар сиясат арасында тең салмақлылықты анық сақлаў зәрүр болады.
Экономикада жасырын жумыстың үлеси, айырым секторларда бәсеки орталығының жетерли дәрежеде жедел емеслиги, жеке меншик сектордың толық иске қосылмаған потенциалы да еле шешилиўи керек болған ишки мәселелерден болып есапланады. Бул машқалаларға шешим табыў тек ғана экономикалық емес, ал институционаллық реформалар дәрежесинде де үлкен әҳмийетке ийе.
Мәжилисте 2026-жыл ушын қатаң ҳәм анық ўазыйпалар белгиленди. Тийкарғы мақсет мәмлекеттиң жалпы ишки өниминиң көлемин 150 миллиард доллардан аслам дәрежеге жеткериў ҳәм өсиў пәтин 6,6 процент әтирапында услап турыў болып есапланады. Соның менен бирге, экономикалық турақлылықты тәмийинлеў, қәрежетлерди дурыс режелестириў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў, жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў, мәмлекетлик кәрханаларда дивиденд сиясатын қайта көрип шығыў, инфраструктуралық жойбарларды жеделлестириў ҳәм бюджеттен тысқары қорларды нәтийжели басқарыў сыяқлы тийкарғы бағдарлар белгилеп берилди.
Ең әҳмийетлиси, бул ўазыйпалар келешек әўладлардың тәғдири, мәмлекеттиң интеллектуаллық ҳәм социаллық потенциалы менен тығыз байланыслы. Сол себепли, бул режелерди әмелге асырыў ушын тек ғана экономикалық емес, ал институционаллық реформалар, орынлаў тәртиби ҳәм жуўапкершилик мәдениятын беккемлеў талап етиледи. Яғный енди ҳәр бир басшы, ҳәр бир система, ҳәр бир аймақ өз ўазыйпасына тек ғана есап бермейди, ал жуўапкер болады.
Ҳәр қандай раўажланыўдың жүреги - инсанның өзи. Қурылып атырған имаратлар, ашылып атырған өндирислик қуўатлықлар, жаңа хызмет түрлери - булардың барлығы тек ғана сыртқы көринис. Экономикалық раўажланыўдың ҳақыйқый өлшеми ҳәр бир шаңарақтың турмысында не өзгерди, мийнети қәдирленбекте ме, перзентлери ушын қандай келешек жаратылып атыр, деген сораўларға жуўап болып табылады.
"Жаңа Өзбекстан" модели усы принципке тийкарланады: экономика - бул инсан қәдириниң көриниси. Турақлы өсиў, инвестиция ҳәм реформалар тек ғана бир мақсетке хызмет етиўи керек - инсан турмысын жақсылаўға. Усы мәнисте быйылғы нәтийжелер ҳәм келеси жыл ушын белгиленген ўазыйпалар тек ғана техникалық ямаса финанслық көрсеткишлер емес, ал руўхый миннетлеме болып есапланады. Бул халқымызға, оның исеними ҳәм арзыў-нийетлерине болған ўәдемиз болып табылады.
Турақлылық тек ғана экономикалық көрсеткишлердиң жоқарылығы емес, ал олардың өзгерислерге шыдамлылығы, потенциалдың кеңейиўи, және ең әҳмийетлиси, ҳәр бир инсанның турмысында өз көринисин табыўы болып табылады. Соның ушын да раўажланыў тек экономикалық ўазыйпа емес, бул жуўапкершилик болып есапланады.
Узақ жоллар да бәрқулла биринши қәдемнен басланады. Өзбекстанның бүгинги экономикалық раўажланыўы соңғы жылларда тасланған үлкен қәдемлер, әҳмийетли қарарлар ҳәм халықтың исениминиң жемиси болып есапланады. Бирақ бул жолдың ақыры еле көринбеген, керисинше, алдында жаңа басқышлар, жаңа нормалар, жаңа пикирлеў усылы күтип турыпты.
Мақсет тек ғана санлар артынан қуўыў емес. Инсан ушын қолайлы экономика, абырайын сезген жәмийет, ҳәр бир пуқара ушын имканиятлар жарататуғын орталық жаратылмақта. Себеби ҳақыйқый раўажланыў адамлардың турмысында сезилерли өзгерис болған жағдайда ғана мәниске ийе болады.
Санлар - бул тек майдан. Оларды қандай мазмун менен толықтырыў болса улыўма жуўапкершилик болып табылады. Егер ҳәр бир басшы ҳәм ҳәр бир пуқара усы сезим менен ис тутса, Өзбекстан ушын белгиленген мақсетлер тек ғана экономикалық жетискенлик емес, ал жаңаланыў ҳәм руўхый раўажланыўдың белгиси болады.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы





