баннер
26 Apr 2025
12:17

    Ҳуқықый билимли жаслар - әдиллик жәмийет тийкары

    Ҳәр сапары жаңа Өзбекстандағы кең көлемли реформалар нәтийжесиниң тийкарғы факторлары, ерисилген жетискенликлердиң нәтийжеси ҳәм перспективаларын таллап атырғанымда, қыялымнан Президентимиздиң "Раўажланыўдың тырнақ тасы да, мәмлекетти қүдиретли, миллетти уллы ететуғын күш те илим, билимлендириў ҳәм тәрбия", деген сөзлери өтеди.

    Бул пикирде бүгин тек ғана елимизде емес, ал дүньяда болып атырған қурамалы процесслердиң түп мәниси толық сәўлеленген.

    "Өзбекстан - 2030" стратегиясының бас идеясы сыпатында халықтың талаплары ҳәм халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғын билимлендириў ҳәм тәрбия, медицина, социаллық қорғаў системасын шөлкемлестириў белгиленген. Жаңа Өзбекстанның 2030-жылға шекемги раўажланыў жолы белгилеп берилген бул стратегиялық ҳүжжеттиң биринши мақсети мине усы мектепке шекемги билимлендириў системасынан басланғаны, атап айтқанда, бул системаны жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм балалардың толық қамтып алыныўын тәмийинлеў ўазыйпасы қойылғаны дыққатқа ылайық.

    Елимизде мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўин раўажландырыў қаншелли әҳмийетли болса, жасларда балалықтан ҳуқықый мәдениятты қәлиплестириў, олардың санасына тийкарғы ҳуқықый көнликпелерди сиңдириў соншелли әҳмийетли. Бул, өз гезегинде, мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўына, жаслардың инсан ҳуқықлары ҳәм демократиялық қәдириятларға болған унамлы қатнасын қәлиплестириўге хызмет етеди.

    Гейде жәмийетте ҳуқықбузарлықлар, жынаятшылықтың көбейгенинен налып қаламыз. Биринши гезекте, оның ақыбетлери менен гүресиўге кирисип кетемиз. Көп жыллық тәжирийбем ҳәм бақлаўларымнан келип шығып айтатуғын болсам, оның тамырлары көпшилик жағдайларда жаслықта берилген тәлим-тәрбия ҳәм сол ҳуқықбузарлық ямаса жынаятты ислеген адам өнип-өскен балалық орталығына барып тақалады.

    Солай екен, мектептен басланған ҳуқықый билимлендириў келешек ушын беккем тийкар, деген қағыйда өзбек жәмийетиниң қан-қанына сиңиўи зәрүр.

    Гейде турмыс тәшўишлери менен әўере болып, ата-аналар балалардың тәрбиясына жаслығынан итибар бермеўи кейин ала системалы унамсыз ақыбетлерди келтирип шығарады. Ақыры, халқымызда "Тоғызында болмаған тоқсанында да болмайды", деген нақыл бийкарға айтылмаған. Баланы билим алыўға, жақсы минез-қулыққа қаншелли ерте үйретсеңиз, тәрбия берсек, соншелли тез бейимлеседи, үйренеди. Перзентиңиздиң қарны тоқ, үсти пүтин болса болды, деп ойлаў, тек ғана мектепти питкерип атырған ўақытта ол ҳаққында қайғырыў ҳасла дурыс емес. Солай ислесек, тәрбияда қолдан жиберилген пурсаттың азабын өзимиз тартамыз.

    Яғный, мектепке шекемги билимлендириў балалардың дәслепки тәлим-тәрбия алыўы, шахс сыпатында қәлиплесиўи ушын әҳмийетли басқыш болып есапланады. Бул басқышта балалардың тийкарғы билим ҳәм көнликпелери раўажлана баслайды, олар жәмийетке интеграцияласыўға таярланады.

    Кейинги жыллары мектепке шекемги билимлендириўге айрықша итибар қаратылмақта. Мәмлекет мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасын арттырыў, инфраструктураны жақсылаў ҳәм балалардың раўажланыўы ушын барлық шараятларды жаратыўға умтылмақта. Бундай имканияттан өз ўақтында пайдаланыўымыз шәрт. Балаларға әпиўайы тил ҳәм жанлы мысалларда инсан ҳуқықлары, әдиллик, демократия ҳәм тынышлыққа бағышланған тийкарғы қәдириятларды тап халқымызға тән үлкенге ҳүрмет, кишиге иззет сыяқлы мүнәсибетлер тәризинде үйретиўимиз керек.

    Өткен жылы социаллық тармақларда ишки ислер уйымлары хызметкерлери ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы инспекторлары өз хызмет ўазыйпаларын орынлаў ўақтында мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде балалар менен өткерген сәўбетлер сынға алынып, ҳәр қыйлы талланды. Негизинде бул бир тәреплеме қатнас. Рәсмий формадағы шахслардың бундай сөйлесиўлери унамлы баҳаланыўы керек еди. Себеби, мине усындай рәсмийлер тәрепинен не жақсы ҳәм не жаман екени, ҳеш болмаса, жол ҳәрекети қәўипсизлигиниң тийкарғы талаплары сыяқлы билимлерди түсиндириўде ҳеш қандай унамсыз ақыбет жоқ.

    Басқаша айтқанда, санасында жаслықтан еркинлик, дөретиўшилик искерлик, теңлик ҳәм қатнасықлар ҳаққындағы тийкарғы түсиниклерди оятыў балалардың жеке ҳәм социаллық раўажланыўы ушын әҳмийетли. Бул мектепке шекемги билимлендириў системасында турмыслық қәдириятларды қәлиплестириўге жәрдем береди.

    Және бир гәп. Конституция мәмлекеттиң бас нызамы, тәртип-интизам, турмыс тәризимиздиң тийкарғы қағыйдалары жәмленген ҳүжжет сыпатында оқытылыўы, үйренилиўи шәрт. Өзи балалар ушын ҳәр қандай билим зәрүр, заманагөй билимлер ҳәм шет тиллерин ийелеў заман талабы. Бирақ оның толық, тәлим-тәрбия менен үнлес болыўында ҳуқықый билимниң орны айрықша.

    Елимизде мектеп билимлендириўи системасын модернизациялаў, муғаллимлердиң маманлығын арттырыў ҳәм оқыў бағдарламаларын заман талапларына муўапықластырыўға қаратылған көплеген реформалар болып өтпекте. Себеби, мектеп билимлендириўи жаслардың билим алыўы, кәсип ҳәм қәнигелик таңлаўы ушын тийкарғы басқыш есапланады.

    Усы жерде жаслардың ҳуқықый билимлерин беккемлеў, шахс сыпатында руўхый-ҳуқықый қәлиплесиўине тәсир етиўши факторлар ҳаққында да тоқтап өтиў зәрүр. Бунда, биринши нәўбетте, жас жигит ҳәм қыздың өзи ҳәм олардың қызығыўшылықлары, екиншиден, киши социаллық топарлар, яғный шаңарақ, мектеп, мәҳәлле ҳәм олардың қызығыўшылықлары, үшиншиден болса жәмийет ҳәм ондағы сиясий, идеологиялық, мәдений-ағартыўшылық, экономикалық тараўлардың улыўма жағдайы үлкен тәсир өткериўин атап өтиў лазым болады. Булардың ишинде ҳуқықый тәрбияның тийкарғы дереги ҳәм ошағы мектеп билимлендириўи есапланады.

    Ҳәр бир оқыўшы Конституция ҳәм инсан ҳуқықлары ҳаққында түсиникке ийе болыўы керек. Оқыўшыларға тийкарғы ҳуқықлар, еркинликлер, пуқаралық миннетлери, әдиллик, теңлик ҳәм демократия сыяқлы түсиниклерди үйретиў, оларды жәмийетте белсенди ҳәм жуўапкершиликли пуқаралар сыпатында тәрбиялаў үлкен әҳмийетке ийе. Сондай-ақ, ҳуқықый билимлер, суд системасы, нызамлар ҳәм ҳуқықлар усынылған презентациялар балаларды келешектеги жәмийетлик қатнасықларда машқалаларды шешиўге таярлаўға жәрдем береди.

    Бизиң пикиримизше, ҳуқықый билимлендириўге бир тәреплеме қатнас жасаў надурыс. Теңгениң екинши тәрепи де бар дегендей, биз көпшилик жағдайларда жасларға тек ғана ҳуқықлар ҳаққында мағлыўмат беремиз. Бирақ өз ҳуқықын талап етиў ҳәм оған ерисиў басқалардың ҳуқықлары бузылыўы ҳәм зыян келтирилиўи есабынан тәмийинленбейтуғынын да түсиндириў әҳмийетли.

    Усы мәнисте мектепте Конституцияны ҳәм ҳуқықты оқытыўдың әҳмийети жоқары. Бул жаслардың өз ҳуқықлары менен миннетлемелерин түсиниўине, социаллық әдилликке, турақлылыққа ҳәм ҳуқықый системаға итибар қаратыўына жәрдем береди. Ҳуқықты оқытыў арқалы оқыўшыларға тек ғана өз ҳуқықларын емес, ал басқалардың ҳуқықларын да ҳүрмет етиўди үйретиў әҳмийетли. Усындай етилсе, олар Конституция, нызамлар ҳәм халықаралық ҳуқық нормалары ҳаққында мағлыўматқа ийе болыў менен бирге, өзлериниң пуқаралық миннетлерин орынлаўға да таярланады.

    Сондай-ақ, ҳуқықый тәрбия жаслар арасында әдиллик, жеке ҳәм жәмиетлик мәплердиң тең салмақлылығын сақлаўға жәрдем береди. Оқыўшылар ҳуқықый саўатлылыққа ийе болыў арқалы жәмиеттеги ҳуқықый машқалаларды шешиўде белсене қатнасады.

    Бүгинги қыйын дәўирде мәмлекет алдында мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы сиясаты менен байланыслы оғада үлкен жумыслар турыўына қарамастан, билимлендириўге айрықша итибар қаратылмақта. Себеби дүньяның қәлеген раўажланған мәмлекетиниң тарийхына, басып өткен жолына нәзер тасласаңыз, илимге, тәлим-тәрбияға бирлемши мәселе сыпатында итибар қаратылып, жоқары нәтийжелерге ерисип атырғанына гүўа боласыз.

    Ҳәзирги дәўирде экономиканы жедел раўажландырыў ҳәм модернизациялаў ушын көп қаржы талап етилип атырғанына қарамастан, мәмлекетимиз халқымыздың маңлай тер менен табылған пулларының үлкен бөлегин перзентлеримиздиң тәрбиясына, олар ҳеш кимнен кем болмаған билим алыўы ушын шараят жаратыўға ажыратпақта. Себеби жоқары мәнаўиятлы, билимли, дүньяқарасы кең, бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаў жумысларын басқа тараўлар менен параллель раўажландырмастан гөзленген мақсетимизге ерисип болмайды.

    Ҳуқықты оқытыў мысалында қәлиплесип атырған "билимлендириў кластерлери" моделин және де кеңирек енгизиўди әҳмийетли деп есаплаймыз. Соның ишинде, "шаңарақ - мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси - мектеп - арнаўлы билимлендириў - жоқары билимлендириў - жәмийетке бейимлесиў" механизмлерин системалы әмелге асырыў белгиленген жоқары мақсетлер жолында қойылған ўазыйпаларды нәтийжели шешиўге хызмет етеди. Ең әҳмиетлиси, Үшинши Ренессанс шараятында жаңа әўлад кадрлары жетилисип шығып, елимизди дүньяға және де кеңнен танытатуғын талантлылардың саны ҳәм сапасы артады.

    Жоқарыдағы пикирлерди қысқаша етип айтыў мүмкин, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасында жеке раўажланыў ҳәм әдеп-икрамлылық тәрбиясына айрықша итибар қаратыў, мектеп билимлендириўинде болса ҳуқықый билимлер, демократия ҳәм әдиллик принциплерин үйретиў жаслардың жәмийетлик жумысы ҳәм мәмлекетлик турмысқа мүнәсибетин қәлиплестиреди. Ҳуқықты оқытыў ҳәм конституциялық түсиниклерди үйретиў жасларға өз ҳуқықлары менен миннетлемелерин түсиниўде ҳәм әдалатлы жәмийетти қурыўда әҳмийетли фактор болып хызмет етеди.

    Козимжон КОМИЛОВ,

    Конституциялық суд судьясы,

    Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен юрист

    Телеграм каналымыз
    Text to speech