Ҳәзир диплом ушын емес, қәниге болып жетилисиў ушын оқыйтуғын ўақыт

    Биз раўажланыўдың барған сайын жеделлесип баратырғаны ҳаққында көп ҳәм жақсы сөз еткенбиз. Оның менен тең қәдем таслаўға, раўажланыў пәтлеринен артта қалмаўға ҳәрекет етип келмектемиз.

    Бүгин шаўқымларға себеп болған жаңалық ертең әпиўайы жағдайға айланып баратырған дәўирде перзентлеримиз және де билимли, өнерли болыўы ушын имканиятлар майданын кеңейтип атырғанымыз да бийкарға емес.

    Бир ғана жоқары билимлендириў тараўын алайық. Бүгин биз таярлап атырған кадрлар, қәнигелер өндирис базарында қаншелли өтимли? Кәрхана ҳәм жоқары билимлендириў мәкемеси арасындағы бирге ислесиў өзин қаншелли ақламақта? Машқалалар неде, шешим қай жерде?

    Президентимиздиң басшылығында 2024-жыл 20-июнь күни инженерлик тараўларында кадрлар таярлаў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысын буннан былай да жетилистириў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде бул ҳаққында ҳәр тәреплеме пикир билдирилди.

    Өзгерислер мүддети

    Билимлендириўге итибардың мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айландырылыўы Өзбекстанның келешекте өзине тән билимлендириў хабы болыўын тәмийинлейди. Экономикалық өсиў барлық системалар раўажланыўы ушын әҳмийетли тийкар болып хызмет етеди. Халықтың дәраматы артады, жумыс орынлары көбейеди, жаңа инновацияларды енгизиў имканиятлары кеңейеди. Бул, өз гезегинде, маман кадрларға талап артыўына себеп болады.

    20-июньдағы мәжилисте белгилеп берилген ўазыйпалар инженерлик тараўындағы жоқары билимлендириў мәкемелери ушын жаңа дәўирди, өзгерислер процесин баслап берди. Бириншиден, жоқары билимлендириў мәкемелериниң санаат кәрханалары менен бирге ислесиў көлеми және де кеңейди. Екиншиден, жоқары билимлендириў мәкемелериниң оптималластырылыўы белгиленди. Үшиншиден, жоқары оқыў орынларының өндирис тараўлары менен өз-ара интеграциясы және де күшейтилмекте.

    Кадрлар потенциалы тек ғана жоқары билимлендириў мәкемеси беретуғын билим менен шекленип қалмайды. Соның ушын, мәмлекетимиз басшысы тараўды раўажландырыў ушын жаңа басламаларды алға қойды. Енди техникалық бағдарда оқытыў ҳәм илимий изертлеў процесслери алдынғы тәжирийбелер тийкарында толық өзгертилмекте. Олар ирилестирилип, дуал билимлендириў системасына өткерилмекте.

    Мийнет базарында талап жоқ қәнигеликлерден ўаз кешиў ўақты келди. Жоқары билимлендириў мәкемелери билимлендириў бағдарларын өндирис тараўындағы талаплардан келип шығып белгилеўи керек. Себеби, системада жеке меншик билимлендириў шөлкемлериниң жумысы да раўажланып атырғаны бәсеки орталығын кеңейтпекте. Ата-аналар, жаслардың дүньяқарасы өзгермекте. Ҳәзир диплом ушын емес, қәниге болып жетилисиў ушын оқыйтуғын ўақыт. "Оқып атыр ма, оқып атыр", деп емес, "Үйренип атыр ма, изленип атыр ма?" деп сораў қоятуғын, пикир жүргизетуғын ўақыт.

    Соның ушын "тармақ - кәрхана - жоқары оқыў орны" принципи тийкарында ҳәр бир жоқары оқыў орнына санаат кәрханасын шерик сыпатында бириктирип қойыў белгиленди. Бирге ислесиўши кәрханаларда барлық инженерлик жоқары оқыў орынларының кафедралары ашылды. Студентлердиң әмелияты ҳәм питкериў курсындағы билимлендириўи толық бирге ислесиўши кәрханаларда шөлкемлестирилмекте.

    Дүньяда турыў ушын...

    Уллы ағартыўшы бабамыз Маҳмудхожа Беҳбудий былай деген: "Дүньяда турыў ушын дүньялық илим ҳәм билимлендириў зәрүр, заман илими ҳәм пәнинен бийхабар миллет басқаларға аяқ асты болады". Бул ҳикмет бүгинги күн ушын айтылғандай. Бир әсир алдын айтылған, бирақ ҳәзир де үлкен қәдир-қымбатқа ийе ҳикмет бул.

    Жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны ҳәм қамтып алыўы артып атырғаны, олар арасында саламат бәсеки орталығының қәлиплескени, маман қәниге таярлаўға талап мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгени ҳәр биримиздиң мойнымызға үлкен жуўапкершилик жүклейди.

    Дүнья менен теңлесиў ушын дүнья менен тең қәдем таслаў керек. Сыр емес, бүгинги күнде дүнья университетлери "Университет 4.0" моделине ҳәм төртинши санаат революциясына өтиў сыяқлы мәселелер үстинде бас қатырмақта. Бул нени анлатады?

    "Университет 1.0" моделиндеги университетлер тек ғана билим бериў, "Университет 2.0" моделиндеги университетлер билим бериў менен бирге илимий жумысты да жолға қойыў, "Университет 3.0" моделиндеги университетлер болса илимий жумыс, билимлендириў ҳәм илимий идеяларды бизнеске енгизиў менен шуғылланады.

    "Университет 4.0" моделиндеги университетлер пүткил итибарын миллий экономиканың санаат ҳәм өндирис тараўларын түп-тийкарынан өзгертип, жаңа бағдарлар ашыў, қәрежетлерди максимал дәрежеде минималластырыў арқалы дәраматларды арттырыў, инсан факторын шеклеў арқалы экономиканың ҳәр бир тараўын санластырыўға ерисиў, экономикалық өсиўди тәмийинлейтуғын жаңа инновациялық моделлерди усыныс етиўге қаратады.

    4-санаат революциясы болса жасалма интеллект, робототехника, инсан факторысыз өз ара байланыс орнатыў имканиятын бериўши бағдарлар интернети, генетикалық инженерияның жедел пәтлер менен турмысқа енгизилиўи болып табылады.

    Усы жылдың 7-февраль күни Президентимиздиң басшылығында аймақларда хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде барлық тараўлар сыяқлы жоқары билимлендириў системасындағы жумыс көлеми талланды. Жаслардың мәлимлеме технологиялары бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, санластырыў сиясатын избе-из әмелге асырыўға байланыслы ўазыйпалар да ортаға тасланды. Мәмлекетимиз басшысы «Қайсы басшы санластырыўды кешиктирсе, ашық-айдынлық сиясатымызға қарсы шыққан болады», деп атап өтти.

    Буннан тысқары, жасларды IТ ҳәм шет тилине оқытып, халықаралық тән алынған сертификат беретуғын исбилерменлер биринши жыл ижара төлемейтуғыны белгиленди. Бул ҳәрекетлер дүнья менен теңлесиў, раўажланған мәмлекетлер менен тең қәдем таслаў, саламат бәсекиге кирисиў ушын исленбекте.

    Жаңаланыўлар мәниси

    Бүгин дүнья эволюциялардың пәтин терең сезбекте. Жетекши мәмлекетлер бюджетиниң тийкарғы бөлегин жаңа технологияларды енгизиўге жумсап атырғаны соннан. Солай екен, биз де жаңаланыўлар тәрепке тез пәт пенен қәдем таслаўымыз керек. Усы жерде жоқары билимлендириў мәкемелеринде энергетика тараўы ушын жасалма интеллект ҳәм санластырыў, инжиниринг, өндирис машқалаларын шешиўге қаратылған илимий-инновациялық қолланбаларды жаратыў ҳәм коммерцияластырыў бағдарында илимий-әмелий жумыс алып баратуғын "Жасыл энергетика ҳәм интеллектуал энергетикалық системалар" илимий-изертлеў институтын шөлкемлестириў мақсетке муўапық.

    Республикамызда драйвер тараўға айланған энергетика системасында "жасыл" энергетиканы раўажландырыўға қаратылған интеллектуаллық энергетикалық системалар, қайта тикленетуғын энергия түрлерине тийкарланған энергия үнемлеўши технологиялар ҳәм қурылмалар, санаат ыссылық еэнергетикасы, жасалма интеллект ҳәм санлы энергетика бағдарларындағы илимий изленислер жеделлестирилмекте. Илимий-изертлеў жумыслары абырайлы сырт ел илимий орайлары, Өзбекстан Илимлер академиясының илимий изертлеў институтлары ҳәм тараў кәрханалары менен биргеликте аймақтағы социаллық-экономикалық машқалалардың шешимлерин ислеп шығыўға қаратылады.

    Онда жанылғы-энергетика комплекси тармақлары ҳәм энергия ислеп шығарыў, узатыў, бөлистириў ҳәм пайдаланыў системаларындағы илимий-технологиялық машқалалар бойынша илимий-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў, санлы илимий-инновациялық шешимлер ҳәм өнимлер ислеп шығыў, "тармақ-кәрхана-жоқары оқыў орны-илимий-изертлеў институты" шынжыры тийкарында илимий қолланбаларды коммерцияластырыў әмелге асырылады. Абырайлы кәрханалар менен бирге ислесиў көлеми және де кеңейеди.

    Инженерлик тараўында жас илимпазлар ҳәм студентлердиң бизнеске бағдарланған инновациялық идеяларын базарға таяр өним сыпатында жеткериў, изертлеўшилердиң қолланбалары ҳәм жойбарларының тәжирийбе үлгилери және прототиплерин соғыў ҳәм сынақтан өткериў ушын шараятлар жаратыў мақсетинде жоқары билимлендириў мәкемелеринде "Устахана- Fablab", 3D-жойбарлаў ҳәм моделлестириў және киши өндирис цехларын шөлкемлестириў мақсетке муўапық. Бул, өз гезегинде, жас илимпазлар ҳәм студентлер ушын жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди.

    "Устахана- Fablab" комплексиндеги киши өндирис цехларында студент жаслар ҳәм изертлеўшилер инновациялық ҳәм исбилерменлик жумысына кеңнен тартылады. Аймақтағы илимий-техникалық жойбарларды басқарыў, исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлайтуғын кәрханалар менен өз-ара нәтийжели бирге ислесиў орнатылады ҳәм илимий-инновациялық қолланбалар коммерцияластырылады.

    Устаханаларда студентлер ушын инновациялық қолланбалардың тәжирийбе үлгилери ҳәм прототиплерин бийпул таярлаў, коворкинг, стартап жойбарлардың акселерация бағдарламаларын ислеп шығыў, 3D жойбарлаў ҳәм моделлестириў, инженерлик тараўында илимий ҳәм инновациялық хызмет көрсетиў жумыслары әмелге асырылады.

    2025-жыл "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл экономика" жылы", деп аталыўы мүнәсибети менен жаслар арасында "жасыл" мәдениятты раўажландырыў, билимлендириўдиң сапасын буннан былай да жақсылаў, илимди жоқарылатыў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, усы жылы сырт ел инвестициялары ҳәм сыртқы бийғәрез жәрдем (грант) және тиккелей кредит қаржыларын тартыў, экспорт көрсеткишлерин арттырыў бойынша перспективалы режелер белгилеп алынды. Бул жуўапкершиликли ўазыйпаны орынлаў ҳәр биримизден және де излениўди ҳәм тынымсыз мийнетти талап етеди.

    Орифжан БАЗАРОВ,

    физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент