Сол себепли, илимпазлар ислеп шығып атырған инновациялық технологиялар, жаңа диагностика усыллары ямаса дәри-дәрмақлар кәрханалар, фармацевтика компаниялары ҳәм инвесторларға таныстырылғанда, олардың коммерцияласыўы тезлеседи. Бул процесс, өз нәўбетинде, илимий идея ҳәм тәжирийбениң турмыстағы әмелий нәтийжесин көрсетеди.
Усы күнлерде пайтахтымызда Өзбекстан Саўда-санаат палатасының басламасы менен жолға қойылған "Өзбек илимпазларының инновациялық идеялары" жойбары шеңберинде бир қатар тараў ҳәм тармақларда жумыс алып барып атырған илимпазлар ҳәм исбилерменлер арасында сөйлесиў шөлкемлестирилмекте. Медицина, атап айтқанда, фармацевтика бағдарына қызығыўшылық жоқары болғанлығы себепли, талап ҳәм усынысларды есапқа алған ҳалда, бул тараўда өз алдына ушырасыў өткерилди. Илаж шеңберинде фармацевтика бағдарындағы 10 жетекши компания ўәкиллери ҳәм 20 дан аслам илимпаз қатнасты. Ушырасыўдан тийкарғы мақсет илимпазлар жаратқан илимий ҳәм инновациялық қолланбаларды коммерцияластырыў, тараўға инвестиция тартыў, сондай-ақ, исбилерменлер менен үзликсиз ҳәм системалы бирге ислесиўди жолға қойыўдан ибарат болды.
Себеби, исбилерменлер менен өткерилип атырған бундай ушырасыўлар медицина илимий орайлары ушын жаңа имканиятлар есигин ашады. Себеби көплеген изертлеўлер финанслық ҳәм техникалық ресурсларға сүйенеди. Бул болса тек ғана мәмлекетлик грантлар ямаса бюджет қаржылары менен шекленип қалмаўы керек. Исбилермен топарлар илим нәтийжесине мәп көзқарасынан қарайды. Соның ушын олар инновациялық жойбарларға инвестиция киргизип, келешекте социаллық әҳмийетке ийе өним алыўға умтылады. Бундай механизм илимий қолланбаларды экономиканың белсенди сегментине айландырады. Мысал ушын, жаңа медициналық үскенелер ямаса биомедициналық технологиялар ислеп шығарыўшылар менен биргеликте сынақтан өткерилсе, өнимниң сапа көрсеткиши, қәўипсизлик дәрежеси ҳәм коммерциялық баҳасы кескин артады.
Бундай бирге ислесиўдиң мәмлекет ҳәм жәмийет турмысындағы орны кеңирек социаллық пайда менен белгиленеди. Инновациялық медицина идеялары әмелиятқа енгизилиўи арқалы саламат әўладты қәлиплестириў, профилактика системасын беккемлеў, емлеў усылларын оптималластырыў мүмкин. Соның менен бирге, илимий орталықта жаңа жумыс орынлары ашылады, жас қәнигелердиң әмелий көнликпесин арттырады, изертлеў институтларының жумысын заманагөй талаплар тийкарында шөлкемлестиреди. Бул болса мәмлекеттиң илимий потенциалын арттырыў менен бирге денсаўлықты сақлаў системасын турақлы экономикалық модель сыпатында қәлиплестириўге хызмет етеди.
Медицина тараўы глобал көлемде де инновациялық пикирлеў майданы есапланады. Бүгин раўажланған мәмлекетлерде медициналық технологияларды жаратыў, сынақтан өткериў ҳәм базарға алып шығыў процеси бир неше институт ҳәм жеке меншик сектор арасындағы тығыз бирге ислесиў арқалы әмелге асырылады. Өзбекстан шараятында да усындай системаны күшейтиў жолында басланған жумыслар медицина илимий орайларының исбилерменлер менен тиккелей сөйлесиўди орнатыў арқалы әмелге аспақта. Бул ушырасыўлар тек ғана жаңа өнимниң презентациясы емес, ал стратегиялық пикирлеў, инновациялық сиясат ҳәм саламат бәсеки орталығының қәлиплесиўине себеп болады.
Тийкарғы мәселе - илимий нәтийжелерди кеңнен ен жайдырыў
Ҳайдар ЮНУСОВ, Илимлер академиясы Полимерлер химиясы ҳәм физикасы институтының илимий хызметкери:
- Медицина тараўы илимпазлары менен исбилерменлер арасында жолға қойылып атырған бирге ислесиў, бәринен бурын, илимий идеяның әмелиятқа енгизилиўи, сондай-ақ, инсан саламатлығын қорғаў жолында жаңа басқыштың басланыўы болып есапланады. Себеби, ҳәр қандай ойлап табылыўды өндирис процесине алып кириў, базарға шығарыў, кең халыққа пайда келтириў экономикалық пикирлеўди ҳәм реал зәрүрликти түсиниўди талап етеди. Сол себепли, Полимерлер химиясы ҳәм физикасы институтында өткерилип атырған илимий излениўлерде әйне усы бағдарға - илимий нәтийжени ислеп шығыў мәселесине итибар қараттық.
Бүгин пүткил дүнья көлеминде ең әҳмийетли машқалалардан бири - бактериялардың тез пәтлерде раўажланып барыўы. Олардың антибиотик ҳәм антибактериал препаратларға сезиўшеңлиги кемейген. Илимий тилде айтқанда, бактериялар резистентлик пайда етпекте, яғный әпиўайы антибиотиклер оларға тәсир етпей қойған. Бул болса денсаўлықты сақлаў системасы ушын үлкен қәўип туўдырады. Сол себепли институтта жаңа әўлад дезинфекциялаўшы қуралын жаратыў үстинде жумыс басладық. Мақсетимиз инсан саламатлығына зыян жеткермеген ҳалда бактерияларға қарсы жоқары нәтийжели қурал ислеп шығыў еди.
Изертлеўлер даўамында нанотехнология тийкарында, полимер системаларында наноөлшемли гүмис бөлекшелерин қәлиплестириў жолы менен жоқары бактерицидлик қәсийетке ийе антисептик ҳәм дезинфекциялық қурал ислеп шықтық. Бул қурал өзинде жаңа технологиялық қатнасты жәмлейди. Себеби гүмис бөлекшелери бактериялардың клетка қабығына кирип, көбейиўин тоқтатады, вируслардың сыртқы қабығын жемиреди. Соның менен бирге, инсан териси ямаса дем алыў системасына зыян келтирмейди, яғный қәўипсизлик дәрежеси жоқары.
Ҳәзир елимизде қолланылып атырған көплеген дезинфекция қураллары импорт етиледи. Олардың тийкарғы бөлими хлор ҳәм бирикпелеринен қуралган. Бундай қураллар арзан болыўы мүмкин, бирақ унамсыз тәсири үлкен: хлорлы зат ҳаўада тарқалғаннан соң, дем алыў жолларын зыянлайды, териге аллергиялық тәсир көрсетеди, металл бетлерди жемиреди, экологиялық турақлылықты бузады. Сол себепли оларды жәмийетлик орынларда, әсиресе, халық көп жыйналатуғын орынларда қолланыў шекленген. Биз ислеп шыққан препарат болса қәўипсиз, экологиялық таза, соның менен бирге, бактерицидлик қәсийети жоқары.
Бул дезинфекциялық қурал Полимерлер химиясы ҳәм физикасы институтының өндирислик базасында таярланбақта. Ҳәзир оны ислеп шығарыў қуўатлылығы жылына 100 тоннаны қурайды. Өним "Полиардез" аты менен ислеп шығарылмақта. Ол жәмийетлик орынлар, транспорт қураллары, авиақатнаўлар, өндирис кәрханалары, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелерин дезинфекциялаўға мөлшерленген. Бул препарат бактериялар ҳәм вируслар раўажланып атырған ҳәр қандай орталықта нәтийже береди.
Мәселен, самолёт ямаса бес жулдызлы мийманханаларда хлорлы дезинфекциялаўшы қураллардан пайдаланыў усыныс етилмейди. Себеби олар жоқары токсикалыққа ийе. "Полиардез" болса бул жағынан қәўипсиз, инсан денсаўлығына зыян жеткермейди, дем алыў жолларын тырнаў қәсийетинен қорғайды. Сондай-ақ, оны емлеўханалар, мектеплер, өндирис цехлары, офислер, ҳәттеки әскерий бөлимлерде қолланыў мүмкин.
Бул қуралдан пайдаланыў ушын Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рухсатнамасын алдық. Бул болса оның клиникалық жақтан сынақтан өткерилгени, санитариялық ҳәм гигиеналық талаплар тийкарында тастыйықланғанын билдиреди. Буннан кейин дезинфекциялаўшы затты және де кең мақсетлерде сынақтан өткердик. Әскерлер ушын ислеп шығылған варианты, мәселен, аяқ кийим ҳәм ишки кийимлерди қайта ислеў, бактериялардан тазалаў, жағымсыз ийислердиң алдын алыў ушын қолланылмақта. Институт базасында бактерицид шулықлар ислеп шығарыўды да жолға қойдық. Олар аяқтағы замаррықлы кеселликлерди жоқ етиўге жәрдем береди, 24 саат даўамында жағымсыз ийис пайда болыўын сапластырады. Сондай-ақ, бул бактерицид қосымшаны шампунь ҳәм сабын қурамына киргизиў имканиятын да сынап көрдик. Нәтийжелер гигиеналық қураллардың антибактериал нәтийжелилиги бир неше есеге артқанын көрсетти.
Енди тийкарғы мәселе - бундай илимий нәтийжелерди кеңирек тармақларға тарқатыў. Жақында исбилерменлер менен ушырасыў өткердик. Бул сөйлесиў илим ҳәм бизнестиң бирлесиўи пайда келтиретуғынын көрсетти. Илимпазлар илимий шешим береди, исбилерменлер болса оны экономикалық механизмге айландырады. Усы тәризде жаңа жумыс орынлары ашылады, импорттың орнын басатуғын өним ислеп шығарыў имканияты кеңейеди, ишки базар беккемленеди.
***
Медицина илимий қолланбалары ҳәм исбилерменлик секторы арасындағы жақынласыў мәмлекеттиң денсаўлықты сақлаў сиясатын беккемлеп, жәмийетте илим ҳәм экономика арасындағы тығыз байланысты тереңлестиреди. Бунда илимпаз, шыпакер, инвестор ҳәм мәмлекеттиң мәплери бир бағдарда тутасады. Бул системаның күши сонда, ол тек ғана емлеўге қаратылмаған, ал инсан турмысының сапасын жақсылаўшы, миллеттиң саламатлығын сақлаўшы, экономикалық турақлылықты тәмийинлеўши фактор сыпатында көринеди. Сол себепли бундай ушырасыўлар әпиўайы илимий-шөлкемлестириўшилик процесс емес, ал мәмлекеттиң раўажланыўы ушын әҳмийетли стратегиялық платформа болып есапланады.
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы
Аслиддин АБДУРАЗЗОҚОВ таярлады.





