Атап айтқанда, бүгин жасалма интеллект тек ғана виртуал жәрдемши қурал статусынан шығып, глобал экономика, мәмлекетлик басқарыў ҳәм социаллық турмысты түп-тийкарынан өзгертиўши күш сыпатында көзге тасланбақта.
Президентимиз жасалма интеллект бойынша халықаралық форумдағы тарийхый шығып сөйлеген сөзинде атап өткениндей, бул технология енди турмыслық зәрүрликке айланып үлгерди. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жәрияланған "5 миллион жасалма интеллект жетекшилери" жойбары ҳәм тараўды 2030-жылға шекем раўажландырыўға қаратылған стратегиялық басламалар Өзбекстан билимлендириў системасының алдына кешиктирип болмайтуғын ўазыйпаларды қоймақта.
Соның ишинде, Билимлендириўди раўажландырыў республикалық илимий-методикалық орайы жәмәәти алдында төмендеги тийкарғы ўазыйпалар турыпты:
- билимлендириў процесине инновациялық педагогикалық технологияларды, оқытыўдың нәтийжели түрлери менен усылларын, билимлендириўдиң сапасын баҳалаў ҳәм мониторинг етиўдиң заманагөй системаларын енгизиў;
- билимлендириў шөлкемлеринде оқытыў методикасын жетилистириў, заманагөй талаплар ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында жаңа сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық комплекслерди басып шығарыў, тәжирийбе-сынақтан өткериў ҳәм экспертизадан өткериўди шөлкемлестириў;
- билимлендириў тараўын раўажландырыўға қаратылған аналитикалық ҳәм әмелий изертлеўлер өткериў, билимлендириў процесинде дүнья илиминиң ҳәм технологияларының жетискенликлеринен кеңнен пайдаланыў бойынша илимий қолланбалар ҳәм усыныслар таярлаў;
- билимлендириў тараўындағы алдыңғы әмелиятты үйрениў ҳәм системалы таллаў және оны республикада енгизиў бойынша комплексли илажларды қабыл етиў, жетекши сырт ел илимий-изертлеў шөлкемлери менен байланысларды раўажландырыў. Булар мине усы инновациялық технологияларды билимлендириў процесине алып кириўде шешиўши әҳмийетке ийе.
Глобал билимлендириў трансформациясы
Халықаралық тәжирийбеге нәзер тасласақ, Сингапур, Қубла Корея, Қытай, АҚШ, Финляндия ҳәм БАӘде жасалма интеллект, тийкарынан, үш стратегиялық бағдарда билимлендириўдиң сапасын түп-тийкарынан өзгертип атырғаны белгили болады. UNESCOның соңғы жыллардағы жасалма интеллекттен билимлендириў системасында пайдаланыў бойынша изертлеўлериниң нәтийжелери билимлендириўди шахсқа бағдарлаў, басқарыўды оптималластырыў ҳәм оқытыўшылардың жумысын қоллап-қуўатлаў және билимлендириў нәтийжелилигин арттырыў бойынша бундай технологиялардың имканиятлары кең екенин көрсетпекте.
Бул процесс, биринши гезекте, бейимлесиўшең ҳәм шахсқа бағдарланған билимлендириўде көринеди. Дүнья тәжирийбесинде дәстүрий "бир өлшем ҳәммеге сай" қатнасы өз әҳмийетин жоғалтпақта.
Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми (OECD) мағлыўматларына бола, жасалма интеллект тийкарындағы платформалар оқыўшылардың билим дәрежесин реал ўақыт режиминде баҳалап, өзлестириў нәтийжелилигин 20-30 процентке шекем арттырмақта. Мәселен, Қытайда енгизилген “Squirrel AI Learning” системасы арқалы оқыўшылар ушын индивидуал бағдарламалар дүзилиў нәтийжесинде тест баллары 25 процентке шекем көтерилгени атап өтилген. Сингапур ҳәм АҚШтағы билимлендириў системаларында енгизилген адаптив "ақыллы" платформалар болса оқыўшылардың талапларын, қызығыўшылықларын ҳәм өзлестириў тезлигин онлайн таллаў арқалы ҳәр бир оқыўшы ушын индивидуал билимлендириў траекториясын жаратады.
Ҳиндстанның “Swift eLearning Services” компаниясының тәжирийбесинде жасалма интеллект оқыўшының қашан ҳәм не ушын өзлестириўде қыйыншылыққа дус келетуғынын алдыннан анықлап, шахсқа бағдарланған билимлендириў бойынша шешимлер усыныс ететуғыны дәлилленген. Бул технологиялар оқыўшының билим алыўға болған мотивациясын арттырып, өзлестириў нәтийжелилигин жақсылайды.
Екинши әҳмийетли бағдар - мағлыўматларға тийкарланған (Big Data) басқарыў. Билимлендириў процесинде топланатуғын үлкен көлемдеги мағлыўматлар анализи стратегиялық қарарлар қабыл етиўде шешиўши әҳмийетке ийе. АҚШ, Қытай ҳәм Қубла Корея сыяқлы мәмлекетлерде жасалма интеллект қураллары оқыўшылардың қатнасыўы ҳәм сабақтағы белсендилигин реал ўақыт режиминде мониторинг етиўде кеңнен қолланылады.
“Brookings Institution” ҳәм “EdTech Hub” таллаўларына бола, жасалма интеллект жәрдеминде мектеплерде сабақ қалдырыўларды анықлаў анықлығы 85 процентке шекем артады. Өзлестириўде артта қалып атырған оқыўшыларды анықлаў ўақты болса 5 есеге тезлеседи. Бул технологиялар мектеп администрациясына ресурсларды 30 процентке шекем оптималластырыў ҳәм стратегиялық қарарларды дәлиллерге тийкарланып қабыл етиў имканиятын береди.
Заманагөй аналитикалық платформалар визуал мағлыўматларды усынып, қайсы категориядағы оқыўшылар өзлестириўде артта қалыў қәўпи бар екенлигин алдыннан прогноз етип барады. Бул технологиялар мектеп администрациясына оқыўшыларды қабыл етиў, сабақ кестелерин оптималластырыў ҳәм ресурсларды дурыс бөлистириўге жәрдем береди.
Үшинши бағдар болса оқытыўшыларға методикалық жәрдем көрсетиў ҳәм процесслерди автоматластырыўдан ибарат. Халықаралық басқарыў тараўы бойынша жетекши шөлкемлерден бири - “McKinsey” компаниясының анализи жасалма интеллект билим ҳәм көнликпелерди баҳалаўшы тестлерди дүзиў ўақтын 50-80 процентке, сабақ режелерин таярлаўды болса 30-60 процентке қысқартатуғынын көрсеткен. Мәселен, АҚШта қолланылып атырған “Khanmigo” системасы оқытыўшының ҳәптелик жүклемесин 3-5 саат азайтқаны тәжирийбеде дәлилленген.
Оқытыўшыларды күнделикли ҳәкимшилик жүклемеден азат етиў жасалма интеллекттиң ең үлкен жетискенликлеринен бири болып есапланады. “Siri”, “Alexa”, “Ada” ҳәм “Deakin Genie” сыяқлы чат-ботлар билимлендириўде 24/7 режиминде оқыўшылардың сораўларына жуўап берип, олардың ўақтын үнемлемекте. АҚШ Билимлендириў министрлигиниң есабатына бола, жасалма интеллект оқытыўшыларға өз жумысларын сайлап алыў, соның ишинде, айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған оқыўшыларға жәрдем бериў ҳәм ресурсларды бейимлестириўде тийкарғы қуралға айланбақта.
Жаңа стратегиялық бағдар
Халықаралық алдынғы тәжирийбелер ҳәм глобал тенденцияларды терең таллаў тийкарында Өзбекстан билимлендириў системасында жасалма интеллектти енгизиўдиң өзине тән миллий модели қәлиплестирилмекте. Билимлендириўди раўажландырыў республикалық илимий-методикалық орайы тараўды комплексли раўажландырыўдың 11 тийкарғы бағдарын белгилеп алған болып, олардың қатарына санлы билимлендириў ресурсларын жаратыў, баҳалаў системасын автоматластырыў, кәсипке бағдарлаў ҳәм инклюзив билимлендириўди қоллап-қуўатлаў киреди. Әсиресе, билимлендириў системасын басқарыўда мағлыўматлар таллаўына тийкарланған қарарлар қабыл етиў механизмин жолға қойыў ресурсларды дурыс бөлистириў ҳәм стратегиялық режелестириў имканиятын береди. Бул процесстеги ең ири ҳәм инновациялық басламалардан бири "Виртуал методист" платформасы болып есапланады. Бул жойбар республика көлеминде жылына мыңлаған оқытыўшыға өз үстинде еркин ислеў имканиятын береди. Бул платформа әпиўайы қурал емес, ал "педагогтың санлы егизеги" принципи тийкарында ислейтуғын интеллектуаллық система болып есапланады. Ол муғаллимниң пәни, тәжирийбеси, класстың өзлестириў дәрежеси ҳәм сабақ мақсетлерин таллап, миллий билимлендириў стандартларына толық сәйкес келетуғын сабақ жойбарларын ҳәм методикалық усынысларды автоматикалық тәризде усыныўды қоллап-қуўатлайды.
Платформа сабақ процеси ушын зәрүр болған мультимедиа ресурслары, презентациялар ҳәм пәнлерге байланыслы билимлерди баҳалаўшы тестлерди бир заматта таярлап бериў арқалы методикалық қолланбалар ислеп шығыў қәрежетлерин 40-60 процент оптималластырады. Егер бул системадан педагоглардың кеминде 20 проценти пайдаланса, шама менен есап-санақларға бола, күнине 400-600 мың методикалық усыныс жаратып, билимлендириўдиң сапасы жаңа басқышқа көтерилиўинде әҳмийетли факторлардан бири болып хызмет етеди.
Этика ҳәм қәўипсизлик мәселеси
Билимлендириў процесине жасалма интеллект технологияларының жедел кирип келиўи тек ғана жаңа имканиятларды емес, ал қатаң әдеп-икрамлылық жуўапкершиликти де күн тәртибине қоймақта. Сонлықтан, орайымыз жумысында жасалма интеллект технологияларынан билимлендириў процесинде пайдаланыў этикасын қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Бизиң көзқарасымызға бола, ҳәр қандай алдынғы технология, бәринен бурын, "санлы пуқаралық" принциплерине тийкарланыўы ҳәм инсан мәплерине хызмет етиўи зәрүр. Бул процессте ең тийкарғы ўазыйпа билим алыўшылар ҳәм педагоглардың жеке мағлыўматларының қәўипсизлигин тәмийинлеў болып есапланады. Оқыўшылардың баҳалары, минез-қулқы ямаса өзлестириў көрсеткишлерин таллайтуғын ҳәр қандай интеллектуаллық система мағлыўматлардың қәўипсизлиги стандартларына қатаң әмел етиўи, оларды руқсат етилмеген тарқатыўдан қорғаўы керек. Онда оқытыўшылар ҳәм ата-аналар жасалма интеллект қандай қарар қабыл етип атырғаны, қандай мағлыўматларды таллап атырғаны ҳәм бул жуўмақлар нелерге тийкарланғанын анық билиў ҳуқықына ийе.
Және бир әҳмийетли тәрепи алгоритмлик әдилликти тәмийинлеў болып табылады. Жасалма интеллект алгоритмлериндеги итималлы қәтелер ямаса әдил емесликлер билим алыўшылардың имканиятын шеклеп қоймаўы, оларды надурыс баҳаламаўы керек. Бул қатнас UNESCOның жасалма интеллект этикасы бойынша усынысларына ҳәм халықаралық стандартларға толық сәйкес келеди.
Жасалма интеллект бүгинги күнниң реал жумыс қуралына айланды. Әмелий тәжирийбелер көрсетип атырғанындай, Өзбекстан билимлендириў системасы өзиниң санлы раўажланыў жолын анық белгилеп алған. Бүгинги күнде енгизилип атырған инновациялық платформалар оқытыўшыны технология менен алмастырыўды емес, ал оның жумысын жеңиллестирип, бар потенциалын өз үстинде ислеў ҳәм жаңа билимлерди өзлестириўге бағдарлаў және методикалық жақтан қоллап-қуўатлаўды мақсет еткен. Себеби, бизиң тийкарғы миссиямыз заманагөй технологиялар имканиятынан пайдаланып, жаңа Өзбекстанның бәсекиге шыдамлы ҳәм дөретиўши әўладын тәрбиялаўдан ибарат.
Юлия РИСЮКОВА
Билимлендириўди раўажландырыў республика
илимий-методикалық орайы директоры








