Тиккелей бәркамал әўлад ўәкиллери менен ислескеним себепли, мәмлекетимиз басшысының жаслар менен сәўбетин үлкен қызығыўшылық пенен бақладым. Себеби сөйлесиў ўақтында Президентимиз тәрепинен оларды қоллап-қуўатлаўға, оқып, өнер ийелеўине, улыўма, жәмийетте өз орнын таўып алыўына байланыслы көплеген усыныслар, басламалар алға қойылды. Олардың орынланыўы бойынша анық жуўапкерлер белгилеп берилди.
Бақлаўлар, таллаўлар, үйрениўлер кейинги ўақытлары пүткил дүньяда жаслар исбилерменлиги бир қанша жеделлескенин көрсетпекте. Бул, биринши гезекте, олардың өз потенциалынан нәтийжели пайдаланып, финанслық еркинликке умтылыўының нәтийжеси болып есапланады. Потенциал болса имканият бар жерде жүзеге шығады. Усы көз-қарастан алғанда, сөйлесиў ўақтында билдирилген пикирлер әмелий ҳәрекетке айланып, жасларымызға қосымша имканият беретуғыны менен дыққатқа ылайық. Өзбекстанда әйне жаслар исбилерменлигине киши бизнести раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында қаралып атырғанының себеби де сонда.
Мағлыўматларға қарағанда, 23-25 жасқа шекемги жаслардың 30 проценттен асламы өз бизнесин ашыўға қызығады. Ҳақыйқатында да, жаслар ҳәм бизнес келешек әўлад имканиятларын кеңейтетуғын раўажланыў дәстүри болып есапланады. Жаслар бизнеси кең көлемли болып, ол тек ғана финанслық жетискенликлерди қамтып алып қоймастан, ал мәмлекетке инновациялық идеяларды алып кириўде қолайлы болады.
Сәўбетте мәмлекетимиз басшысы жаслар исбилерменлигинде пүткиллей жаңа дәўирди баслап беретуғын 3 ҳүжжетке қол қойғанын жәриялады. Биринши ҳүжжетке муўапық, Жаслар агентлиги жанында бул бағдарда өз алдына қор шөлкемлестирилип, оған 100 миллион доллар ажыратылатуғыны айтылды.
Бүгинги күнде жоқары оқыў орынларын тамамлап атырған 90 мың жас қәнигелиги бойынша жумыс табыўда қыйналмақта. Сонлықтан, екинши қарар менен жоқары оқыў орны питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жаңа система жаратылмақта. Буның ушын Миллий банкке 100 миллион доллар ресурс бериледи. Банк Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Саўда-санаат палатасы менен биргеликте жоқары оқыў орынлары питкериўшилериниң баслама ҳәм идеяларын жойбарға айландырыў бойынша жаңа банк хызметлери пакетлерин енгизеди.
Сондай-ақ, питкериўшилерди жумыс пенен тәмийинлеў бойынша ҳәкимлер, банк ҳәм кәрхана басшыларынан ибарат комиссия дүзиледи. Комиссия жумыс орынларын жаратыў, кадрларға талап, бос орынларға жасларды жайластырыў мәселелерин шешеди.
Президент қол қойған үшинши ҳүжжетке бола, "Алоқабанк" жаслардың бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлайтуғын таяныш "жаслар банки"не айландырылып, оған 200 миллион доллар қаратылады.
Буннан тысқары, жаслар исбилерменлиги экономикалық өсиў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди. Жас исбилерменлер бизнеси арқалы тек ғана өзлери ушын емес, ал басқалар ушын да жумыс орынларын жаратады. Олар экономикалық раўажланыў катализаторларына айланады. Жергиликли экономиканы хошаметлеў арқалы өз жәмәәтиниң улыўма абаданлығына үлес қосады.
Мәмлекетимизде жаслардың билим алыўға болған талабының әҳмийетлилик дәрежеси жоқары. Жоқары билимлендириўде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик, дөретиўшилик, инновация сыяқлы пәнлерге итибардың күшейгени жасларда исбилерменлик санасын тәрбиялады. Енди мектеп, колледжлер (техникумлар) де исбилерменлик бағдарламаларының енгизилип атырғаны оқыўшыларды өз бизнесин ашыўға, сын көз-қарастан пикирлеў көнликпелерин раўажландырыўға, жаслығынан исбилерменлик сырларын үйрениўге ийтермелемекте. Әлбетте, бул бағдарда жасларды қызықтыратуғын пәнлерди оқыў бағдарламаларына киргизиў ҳәм сол тийкарда оқытыў әҳмийетли болып қалмақта.
Президентимиздиң 2019-жыл 8-октябрьдеги "Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы пәрманында жоқары билимлендириў мәкемелеринде илимий-изертлеў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, жасларды илимий жумысқа кеңнен тартыў, илимниң инновациялық инфраструктурасын қәлиплестириў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар белгиленген. Жоқары билимлендириў мәкемелеринде билимлендириў, илим, инновация ҳәм илимий-изертлеў нәтийжелерин коммерцияластырыўдың өз-ара байланыслылығын нәзерде тутатуғын "Университет 3.0" концепциясын басқышпа-басқыш енгизиў, бюджеттен тысқары қаржылар есабынан стартап жойбарлар тийкарында коммерцияластырыў потенциалы жоқары болған жаңа өнимлер ҳәм техника-технологияларды жаратыў арқалы жоқары билимлендириў мәкемелери жанында илимий изертлеў нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў менен шуғылланыўшы “spin-off” ҳәм “spin-out” кәрханаларын шөлкемлестириў, академиялық исбилерменликти раўажландырыў солардың қатарына киреди.
Ҳәзирги күнде жоқары билимлендириў мәкемелери, тийкарынан, студентлердиң контракти ҳәм хожалық шәртнамалары есабынан дәрамат таўып атыр.
Улыўма алғанда, университетлер (билимлендириў мәкемелери) ушын кеминде үш дәрамат дерегин ажыратып көрсетиўимиз мүмкин:
1. Студентлер тәрепинен оқыў төлемлерин төлеў.
2. Қайырқомлық (қәўендерлер) есабынан қәлиплескен вақф дәрамат бөлеги.
3. Илимий изертлеўлерден алынған дәраматлар (бул жеке меншик ҳәм мәмлекетлик компаниялардың университет тәрепинен алып барылатуғын изертлеўлерин қаржыландырыў ҳәм оған тийисли патентлерден алынған дәраматларды өз ишине алады).
Бул бойынша Гарвард университетиниң жумысы дүньяға үлги болатуғыны атап өтилди. Бул университеттиң стартап ямаса илимий жойбарлардан алатуғын жыллық дәраматы 5 миллиард доллардан асламды қурайды. Бул дәрамат, тийкарынан, студент-жаслардың илимий өнимлери арқалы келеди. Гарвард студентиниң орташа дәраматы 168 мың 800 долларды қурайды. Және бир итибарлы тәрепи, Гарвард студентлериниң шама менен 1,8 проценти кәмбағал шаңарақтан шыққан, бирақ олар өз стартап жойбарларын (илимий изертлеўлерин) коммерцияластырыў арқалы бай болған.
Дурыс, бүгинги күнде мәмлекетимизде жаслардың илим ҳәм билим алыўына үлкен итибар қаратылмақта. Олар қолға киргизип атырған табыслар да аз емес. Бирақ айырым тәреплерге итибар қаратыў зәрүр, деп ойлаймыз. Мәселен, исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегиндеги студентлерде басланғыш капитал ҳәм арнаўлы экономикалық-ҳуқықый билимлер жетиспейди. Үйрениў нәтийжелерине бола, Өзбекстанда исбилерменликтиң орташа жасы 23-24 ти қураўы ҳәм келешекте ол 25 жастан жоқары болыўы мүмкин. Демек, бул көрсеткиш студенттиң билимлендириў мәкемесин питкериў жасына туўра келмекте. Сол ўақыт ишинде студент исбилерменликтиң барлық сырларын үйрениўи шәрт. Сондай-ақ, ири бизнес ўәкиллери интакер жас исбилерменлер ушын бизнес устаз болыўы да мүмкин.
Жаслар бизнесин қоллап-қуўатлаў тек ғана қатнасыўшылар ушын емес, ал пүткил жәмийет ушын пайдалы. Бул раўажланыў, инновациялық идеялар ҳәм унамлы өзгерислерге алып келеди. Жаслар өз бизнеси арқалы әҳмийетли социаллық машқалаларды шешиўден қорықпайды. Буннан тысқары, жаслар бизнеси экономикалық өсиўди хошаметлейди, жаңа жумыс орынларын жаратады, жаслардың жаңалық ҳәм шыдамлылық мәдениятын раўажландырады. Өзине исенимди хошаметлейди, келешегин қадағалаў имканиятын береди. Бул оларға дәстүрий жумыс имканиятларына сүйенбей, өз идеяларын ҳақыйқатқа айландырыўға жол ашады. Меншиклеў туйғысы исеним, ғәрезсизлик ҳәм күшли мақсет сезимин оятады. Бизнести баслаў ҳәм жүргизиў жаслардан жетекшилик, машқалаларды шешиў, қарар қабыл етиў ҳәм шыдамлылық сыяқлы әҳмийетли көнликпелерди раўажландырыўды талап етеди.
Нәтийжеде, жаслар исбилерменлиги инновациялар ҳәм тәўекелшилик мәдениятын тәрбиялайды. Жасларды исбилерменлик арзыў-нийетлерин әмелге асырыўға ийтермелеў арқалы пүткил жәмийет пайда болатуғын түрли идея ҳәм шешимлерден пайда көреди.
Ҳәзирги күнде мәмлекетимиз жасларының улыўма санының үштен бир бөлеги жумыс пенен тәмийинленген. Олардың көпшилиги мәмлекетлик шөлкемлерде мийнет етпекте. Буннан көринип турғанындай, бәнтлик дәреги сыпатында мәмлекетке жәрдем қолын созатуғын жас исбилерменлер класын қәлиплестириў дәўир талабы болып есапланады.
Жоқары оқыў орынларында исбилерменлик бағдарламаларын қабыл етиўдиң түрли усыллары бар. Бирақ, бизнес реже жазыў, қаржыландырыў ҳәм басқаларды үйрениўдиң өзи жетерли емес. Дереклерге бола, бүгинги жаслар әмелге асыратуғын исбилерменликтиң 60 проценттен асламы ойлап табылған. Билимлендириў системасы, ата-аналар, мәсләҳәтшилер исбилерменликти хошаметлеў идеясын есапқа алмай атыр. Яғный, егер жаслар бизнес жойбарларының 60 проценттен асламы ойлап табылған болса, неге биз оларға имканиятларын әмелге асырыўда жәрдем бермеўимиз, келешектеги жумысларының дөретиўшиси болмаўымыз керек?! Үйретиў, әмелге асырыўдың орнына нәтийже күтиўди әдет етип алғанбыз. Қәниге ямаса жумысшы болыўдан гөре исбилермен болыў қыйын.
Биз бүгин жедел раўажланыў дәўиринде жасап атырмыз. Технология, глобалласыў ҳәм барлық тараўлардағы раўажланыў турмыс тәризин қайта белгилеп беретуғын заман келди. Интернет жер жүзин өзгертип жиберди. Ол пүткил адамзатты бир платформада бирлестирди. Шегараларды алып таслады. Глобал қарым-қатнас майданына айланды. Соның менен бирге, интернет жасларға жумыс излеўден көре өз бизнесин баслаў ушын шексиз имканиятларды да усынбақта.
Пүткил дүнья жүзинде жаслар исбилерменлигине талап ҳәм потенциалды тән алған ҳалда, Халықаралық мийнет шөлкеми сыяқлы абырайлы структуралар дүнья бойлап жаслар исбилерменлигин жаратыў, раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаўға қаратылған бағдарламаларды ислеп шығыўға итибар қаратпақта. Усы жағынан бизде де жаслар бизнесин қоллап-қуўатлаўға жәрдемлесетуғын ҳәм раўажландыратуғын стратегияларды ислеп шығыў бойынша изертлеўлер өткериў мақсетке муўапық. Демек, бизнести баслаў аңсат ис емес. Мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған ҳәр қандай жәрдем, қоллап-қуўатлаў оларды жаңа шеклерге қарай умтылдырады. Негизинде әҳмийетлиси де сонда.
Шодиёр НАРЗУЛЛАЕВ,
Ташкент мәмлекетлик экономика университети үлкен оқытыўшысы.