Мәмлекетимизде жер нызамшылығына киргизилген өзгерислер, бул бағдардағы кең көлемли жумыслар кейинги жыллардағы ең әҳмийетли реформалардан бири сыпатында тән алынбақта. Неге? Себеби жедел глобалласыў шараятында турақлы ҳәм инклюзив экономикалық өсиўге ерисиў, саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў, инвестициялар ағымын күшейтиўде жерди толық экономикалық айланысқа киргизиў үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, буннан алдын мәмлекет мүлки есапланған жер пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплерге тек пайдаланыў ушын, яғный ийелик етиў ямаса ижара ҳуқықы тийкарында берилетуғын еди. Бүгинги күнге келип болса, аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлерди жеке меншик мүлк сыпатында рәсмийлестириў имканияты бар.
Буған не зәрүрлик бар еди?
Атап өткенимиздей, бизде жақын өтмишке шекем жер участкалары тек ғана мәмлекет мүлки есапланған. Жер юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысы ушын тек ғана дәўирлик пайдаланыў ушын берилген. Халыққа тийисли үйлер олардың жеке мүлки есапланса да, нызамшылыққа муўапық, имарат жайласқан жер мәмлекет ықтыярында болған. Қалаберди, жер участкасына байланыслы мүлк ҳуқықының толық кепилленбегенлиги оннан экономикалық актив сыпатында пайдаланыў имканиятын шеклеп, инвестициялық тартымлылыққа унамсыз тәсир көрсететуғын еди. Бул болса жер нызамшылығын реформалаў, атап айтқанда, жерге байланыслы мүлк ҳуқықын қәлиплестириўди талап ететуғын еди. Соннан келип шығып, 2019-жылы аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлерди меншиклестириў бойынша нызам ислеп шығылды. Ол кейин жетилистирилип, 2021-жылы жаңа редакцияда қабыл етилди. Буннан кейин басқа да бир қатар нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер әмелиятқа енгизилди.
Мазмуны ҳәм абзаллықлары
Жерди меншиклестириўдиң тийкарғы принциплеринен бири - бул процесс адамлардың қәлеўине бола, ықтыярлылық тийкарында әмелге асырылыўы керек. Оларды буған мәжбүрлеў қатаң қадаған етиледи. Бул бағдарда халық арасында кейинги ўақытлары бир неше сораўлар ҳәм изертлеўлер өткерилди. Нәтийжелер соны көрсетеди, көпшилик жер мүлк ийелеринде "өзим жасап атырған ямаса пайдаланып киятырған жер участкасын ҳеш ким бузбайды, сонша жыллардан берли пайдаланып киятырман, буннан кейин де ҳеш ким тиймейди," деген пикир бар.
Бирақ усы жерде 2022-жылы "Жер участкаларын компенсация есабынан жәмийетлик мүтәжликлер ушын алып қойыў тәртип-қағыйдалары ҳаққында"ғы нызам қабыл етилгенин де еслеп өтиў керек. Себеби бул нызам менен физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў, турақлы ийелик етиў, турақлы пайдаланыў, мүддетли (ўақтынша) пайдаланыў ямаса ижара ҳуқықы тийкарында тийисли жер участкаларын ямаса олардың бөлеклерин компенсация есабынан жәмийетлик мүтәжлик ушын алып қойыў тәртип-қағыйдалары белгиленген. Бирақ бул әмелият физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге мүлк ҳуқықы тийкарында тийисли болған жер участкаларына қолланылмайды. Бул егер жер участкасы меншиклестирилген болса, оны жәмийетлик мүтәжлик ушын алыў тек ғана мүлк ийеси қәлеген муғдардағы қаржыны бериў есабынан әмелге асырылады ямаса сатыў нийети болмаса, бул жерде жәмийетлик жойбарлар әмелге асырылмайды, дегени.
Буннан тысқары, аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлерди меншиклестириў процесин әпиўайыластырыў, ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм инсан факторын азайтыў (коррупцияның алдын алыў) мақсетинде арзаларды "Жер меншиклестириў" автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы көрип шығыў механизми енгизилген.
Мийрас етип қалдырылатуғын, турақлы ийелик етиў, турақлы пайдаланыў, мүддетли (ўақтынша) пайдаланыў ҳуқықы менен берилген бос жер участкаларын сатыў мүмкин емес. Бирақ усындай ҳуқыққа ийе шахслар имарат-объект қурып, қосымша жерин сатыўға ҳәрекет етеди. Ҳәзирги күнде бул әмелият кең тарқалған. Бул, әлбетте, артықша тәшўиш ҳәм қәрежет келтирип шығарыўы мүмкин. Бирақ бизде бос жерлерди меншиклестирип алып, кейин сол турысында алды-сатты етиў имканияты да бар.
Ҳәзир елимизде өзи ийелеп турған жер участкаларын меншиклестириў тилегин билдирген 90 мыңға шамалас меншиклестириў субъекти бар. Бул санлар күн сайын өсип бармақта. Себеби жерди жеке меншик мүлк етип алыў оннан пайдаланыўшыға жердиң ҳуқықый кепиллиги ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў, экономикалық активке айландырыў, бар финанслық имканиятлардан пайдаланыў имканиятын береди.
Бул реформа тек ғана жерге ийелик етиў түрин өзгертиў емес, ал кең көлемли институционаллық ҳәм ҳәкимшилик реформалардың қурамлық бөлеги болып табылады. Оның тийкарғы тийкарында жеке мүлкке қол қатылмаслығы ҳәм исбилерменлик жумысының еркинлигин әмелде кепиллеўге қаратылған системалы қатнас жатады. Юридикалық ҳәм физикалық шахслар ушын жер участкаларын экономикалық айланысқа толық киргизиў, оларды еркин ийелик етиў, алды-сатты, саўға етиў, гиреўге қойыў сыяқлы мүлк қатнасықларының объектине айландырыў ушын беккем ҳуқықый тийкар жаратты.
Нәтийжеде жер тек пайдаланылатуғын ресурс емес, ал ҳақыйқый базар активи ҳәм капитал дәрегине айланбақта. Меншик ийелериниң ҳуқықый кепилликлери ҳәм экономикалық имканиятлары сезилерли дәрежеде кеңеймекте.
Жеке мүлкке қол қатылмаслығын әмелде тәмийинлеў, жерден пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм исбилерменлик белсендилигин хошаметлеў арқалы бул реформа Өзбекстанның базар экономикасы принциплери тийкарында турақлы раўажланыўы, халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм бизнес жәмийетшилигиниң исенимин буннан былай да беккемлеў жолындағы стратегиялық әҳмийетке ийе әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Диёр ЭРГАШЕВ,
Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер
институты жойбар басшысы.



