"Китапқумарлық ҳәптелиги" қалай өтти?

    Бағдарламаның кеңейтилген мазмуны

    Усы жылдың 21-апрель күни мәмлекетимиз бойлап "Өзбекстан - китапқумарлар ели" сүрени астында басланған V республикалық "Китапқумарлық ҳәптелиги" 27-апрельге шекем даўам етти. Ҳәптелик шеңберинде жаңа китаплардың презентациясы, китап ярмаркалары, акция ҳәм викториналар, шеберлик сабақлары, дөретиўшилер менен ушырасыўлар сыяқлы көплеген мәдений-ағартыўшылық илажлар өткерилди. Баспаларда соңғы жылларда басып шығарылған жаңа китаплардың презентациясы, белгили ҳәм жас жазыўшылар менен ушырасыўлар, баспа ҳәм полиграфшылардың қатнасыўындағы сөйлесиўлер ҳәптелик бағдарламасының ең пайдалы тәреплеринен болды.

    “Libmob”, "Китапханаға қалай барамыз?" акциялары, "Оқыдық, сизге де усыныс етемиз" челленжлери жаслар арасында өзине тән дәстүрге айланды. Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайы ҳәм Ташкент қаласындағы мәденият ҳәм дем алыў бағларында, сондай-ақ, районлық (қалалық) мәлимлеме-китапхана орайларында "Баспадан китапқумарға" принципи тийкарында китап саўда-ярмаркалары өткерилди.

    Китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў мақсетинде пайтахтта шөлкемлестирилген ярмаркада Өзбекстандағы онлаған мәмлекетлик ҳәм жеке меншик басылымлар өз өнимлери менен қатнасты. Asaxiy Books сыяқлы интернет китап дүканлары текшелеринен де соңғы жылларда шаў-шуўға айланған ҳәр қыйлы бестселлерлер сатып алынды. Қатнасыўшылар арасында ҳәр қыйлы акция ҳәм китап таңлаўлары да шөлкемлестирилди. Үш күн даўам еткен ярмаркада күнине 80-100 китап арзанластырылған баҳада сатылды.

    Жазыўшылар аўқамының "Паркент дөретиўшилик үйи"нде баспа ҳәм авторлардың қатнасыўындағы ушырасыўда балалар ҳәм жас өспиримлер әдебиятын раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.

    - Ҳәр жылы баспалар ҳәм дөретиўшилердиң алдына әҳмийетли белгили бир ўазыйпалар қойылады. Быйылғы ўазыйпалар балалар әдебиятына итибардан басланды. Оны раўажландырыў, ҳәр қыйлылығын тәмийинлеў, бүгинги дәўир талабына, балалар руўхына сәйкес китапларды көбейтиў, бағдардың тийкарғы машқала ҳәм кемшиликлерин дүзетиў додалаўдың тийкарғы темасы болды. Усы көзқарастан быйылғы "Китапқумарлық ҳәптелиги"ниң мазмуны кеңейди. Балалар әдебиятына байланыслы илажлар, презентациялар, театрластырылған шығармалар менен байыды. Сондай-ақ, сырт елде балалар әдебияты бойынша изертлеў алып барып атырған илимпазларымыз бенен онлайн сөйлесиў орнатылды. Бул бағдардағы сырт ел тәжирийбеси үйренилип, пайдалы тәреплери өзимизде енгизилмекте, - дейди “Ўзбекистон” баспасы МУК бас редакторы Муҳиддин Омонов. - Буннан тысқары, ҳәптелик шеңберинде басылымымыз тәрепинен "Китапқумар балалар" дүркиминде социаллық буйыртпа тийкарында балалар ҳәм жас өспиримлер ушын басып шығарылған 20 атамадағы шығармалардың презентациясы да болып өтти.

    Қайсы китапты оқыў ҳаққында ҳәр кимниң таңлаўы, талғамы, пикири ҳәр қыйлы ҳәм өзине тән. Ең әҳмийетлиси инсанның жәҳән әдебиятындағы ең сайланды шығармаларды ана тилинде таба алыўында. Себеби көркем, илимий әдебиятларды шет тиллерде де ана тили дәрежесинде түсинип, оқыйтуғын жаслар жүдә аз. Бундай жағдайда болса дүнья дүрданаларын ана тилимизге шеберлик пенен аўдарған дилмашлардан миннетдар боламыз. Бирақ баспалардың ең сайланды шығармаларды аўдарыў ушын барлық ўақытта да қаржысы жетерли болмайды. Қалаберди, автор разылығын алыў, авторлық ҳуқық, аўдармашы ушын ҳақы төлеў сыяқлы факторлар себепли китаптың өзине түсер баҳасы артып бара береди. Электрон китаплардың тарқалыўы болса баспа китаплардың сатылыўын азайтып жибериўи, қәрежетти қапламаўы мүмкин.

    Бундай жағдайда мәмлекет басламаны қолға алды. Президентимиздиң қарарына бола, белгили 1000 китапты өзбек тилине аўдарып басып шығарыўды нәзерде тутатуғын "Жаслар ушын мың китап" жойбары иске қосылды.

    Экспертлер кеңеси тәрепинен өзбек тилине аўдарылыўы әҳмийетли деп табылған 20 дан аслам бағдар бойынша китаплардың дизими қәлиплестирилди. Жойбар шеңберинде басып шығарылыўы нәзерде тутылған 50 китаптың аўдарма ҳуқықы алынды. Бул бағдарда АҚШ ҳәм Уллы Британиядағы 20 ға шамалас абырайлы басылым менен нәтийжели келисимге ерисилди. Жаслардың интеллектуаллық ҳәм илимий потенциалын арттырыўға қаратылған, дүнья көлеминде белгили китапларды өзбек тилине аўдарыў ҳәм оларды кең жәмийетшиликке жеткериўди мақсет еткен бул жойбар ҳәм басқа да системалы жумыслардың бүгинги жағдайы, келешектеги режелер ҳаққында ҳәптелик шеңберинде толық мағлыўмат берип өтилди.

    - Быйылғы "Китапқумарлық ҳәптелиги" бағдарламасы салыстырмалы көбирек илажларды қамтып алды. Мәселен, "Мәҳәлле - шаңарақ - китапхана", "Ағартыўшы ҳаял-қызлар", "Бүгинги жаслар ҳәм дөретиўшилик: әдебиятқа қаншелли жақынбыз?" темаларындағы дөгерек сәўбетлери, ҳәзирги күнниң әҳмийетли мәселеси болған "Жасыл мәкан" жойбары, ҳәптелик шеңберинде оқыўшылар арасында шөлкемлестирилген "Әдебий устахана" шеберлик сабақлары, "Тәбият қойнында китап оқыў - китап терапия" сыяқлы тренинглер ҳәптеликтиң жоқары дәрежеде өтиўине хызмет етти, - дейди Өзбекстан Миллий китапханасы директорының орынбасары Насибахон Холдорова. Мәдений зәрүрликлер, қәдирият ҳәм қызығыўшылықлар тәсири нәтийжесинде ҳәр қандай социаллық искерликте руўхый мотивация механизми жүзеге келеди. Бул механизм шахстың қандай да бир мақсетке ерисиў жолындағы анық хызметин билдиреди. Талап қызығыўшылыққа, қызығыўшылық болса мақсетке айланады. Эстетикалық талаплар ямаса излениў зәрүрлиги оқыўға қызығыўшылыққа алып келип, режелестирилген анық мақсет - китапханаға барыў зәрүрлигин жүзеге келтиреди. Ҳәптеликтиң баслы мақсетлеринен бири де усы негизинде.

    Бүгинги жаслар - ертеңги әўладтың ата-аналары. Жылдан-жылға жетилисип атырған "Китапқумарлық ҳәптелиги" балалардың дәрежесин арттырыў, дүньяға көзқарасын кеңейтиўге хызмет етер екен, бул үгит-нәсиятлаў тәсири келешекке де жарасады.

    Азизбек ЮСУПОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы