Илажға Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў директоры, тарийх илимлериниң докторы М.Қарлыбаев, тарийх илимлериниң докторы, профессор Б.Қощанов, Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институтының тарийх бөлиминиң баслығы, тарийх илимлери докторы А.Джумашев, илимпаздың перзентлери Юсуп Камалов ҳәм Байрам Камалов пенен оқыў орынының профессор- оқытыўшылары, студент-жаслар қатнасты.
Илажды филиал директоры ўазыйпасын атқарыўшы техника илимлериниң докторы, профессор Р.Өтениязов кирис сөз бенен ашты. Буннан соң тарийхшының шәкиртлери, перзентлери сөзге шығып, илимпаздың қарақалпақ халқының тарийхы бойынша жазған мийнетлери, илимдеги қосқан үлеси, бийбаҳа мийнетлери, шаңарақтағы перзент тәрбиясындағы орны ҳаққында еске түсириўлерин айтып, пикирлерин билдирди.
-Әкем шаңарақта жүдә әлпайым адам еди. Анамыз Гүлайша Есемуратова менен биргеликте бизлерге билим алыўда, жәмийетте өз орнымызды табыўымызда туўры жол көрсетип, туўры тәрбия берди. Кәсип таңлаўымызда өзлеримиздиң қызығыўшылығымызды итибарға алып, өз сүйген кәсибиңизди таңлаң деп мәсләҳәт берген. Бизлердиң шаңарағымыз миймандос шаңарақ болып, бәрқулла әкемиздиң шәкиртлери, мийманлар менен толы болды. усындай кеўли дәрья, илимде өз орнына ийе болған инсанның перзенти болғанымызды мақтаныш етемиз,-дейди тарийхшының үлкен улы Юсуп Камалов.
Белгили илимпаз, академик Сабыр Камалов 1924-жылы 10-сентябрде ҳәзирги А.Досназаров атындағы фермерлер хожалығы аймағындағы «Қарабуға» аўылында туўылып өседи. Ол 18 жасында екинши жер жүзилик урысқа қатнасады. 1944-жылы урыстан қайтқаннан соң, Шымбай қаласының орта мектеплеринде әскерий таярлық пәнинен муғаллим болып ислейди. Соңынан Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының тарийх факультетине оқыўға киреди. Студентлик жылларында-ақ, илимге қызыққан ол 1948-жылдың январь айынан баслап Өзбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақ экономика ҳәм мәденият илим-изертлеў институтына киши илимий хызметкер болып жумысқа кирип, өзиниң илимий-дөретиўшилик жумысын баслайды.
Тарийх илиминде өзиниң салмақлы орны бар илимпаз Сабыр Камалов бир қатар орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды. Атап айтқанда, Президент пәрманы менен «Жасорат» ҳәм «Шухрат» медальлары, 2003-жылы «Эл юрт ҳурмати» ордени менен сыйлықланды.
Илажда Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты тарийх бөлиминиң баслығы, тарийх илимлериниң докторы А.Джумашев филиал китапханасы фондына «Академик Сабыр Камалов 100 жаста» ҳәм Академек Сабыр Камаловтың 100 жыллығына бағышланған «Орайлық Азияны изертлеўлер контекстинде Қарақалпақстан тарийхы» халықаралық илимий-теориялық конференциясы материаллары топламын саўғаға тапсырды.
Еслеў кешеси соңында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.