Жаңа редакциядағы Конституциямызда ҳәкимлердиң ўәкиллик ҳәкимиятына басшылық етиўи сапластырылды. Бул киши бир өзгерис сыяқлы болса да, тийкарында жергиликли ўәкиллик ҳәм атқарыўшы ҳәкимият жумысында салмақлы өзгерис болып есапланады. Бул өзгерис нәтийжеси жергиликли дәрежедеги еки уйымның бийғәрезлиги, жумысының нәтийжелилигин тәмийинлеўши әҳмийетли фактор болды.
Жаңаланған Бас нызамымыздан соң бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилип, Конституция нормаларын турмысқа толық енгизиў илажлары белгиленди. Бул бағдарда Президентимиздиң 2024-жыл 2-февральдағы "Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы айрықша әҳмийетке ийе. Онда атап өтилиўинше, кеңес баслығы лаўазымының енгизилиўи, бул арқалы ҳәкимниң ўәкилликли уйымға басшылық етиўиниң сапластырылыўы ҳәкимиятлар бөлиниўине байланыслы конституциялық принциптиң жергиликли дәрежеде орынланыўын тәмийинлейди.
Ҳәзирги шараят ҳәм "Өзбекстан - 2030" стратегиясында белгиленген ўазыйпалар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын халықтың ҳақыйқый даўысына айландырыў, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысын трансформациялаў тийкарында жергиликли басқарыўды "халық мәпине хызмет етиў" принципи тийкарында жолға қойыў талап етилмекте.
Пәрман менен жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын "Күшли кеңес, есап беретуғын ҳәм интакер ҳәким" принципи тийкарында шөлкемлестириў бойынша нызамшылық ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша "жол картасы" тастыйықланды. Өзбекстанда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын ислеп шығыў ўазыйпасы белгиленди.
Ҳүжжетке муўапық, жергиликли кеңеслердиң жумысына ҳәр қандай мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының араласыўына жол қоймаў, жергиликли кеңеслерге ўазыйпа ҳәм функциялар тек ғана нызам ҳүжжетлери менен жүклениўи тәртибиниң орнатылыўы кеңеслердиң статусын жоқары дәрежеге көтермекте.
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын жетилистириў, оларды Президент пәрманында көрсетилген статусқа көтериў, қадағалаў функциясын күшейтиў мәселеси 2024-жыл 17-октябрьдеги "Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызамда өз көринисин тапты. Усы тийкарда "Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында"ғы нызамға әҳмийетли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Нәтийжеде низам нормалары жетилистирилди ҳәм жана нормалар жүзеге келди.
Атап айтқанда, нызамда узақ ўақыт ислемей турған, "ҳәким депутатлар арасынан сайланады (тайынланады)" деген қағыйда алып тасланып, оның орнына "ҳәким халық депутатлары кеңеси депутаты етип сайланыўы мүмкин" ҳәм "ҳәким кандидатурасы көрип шығылып атырған ўақытта ол аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыўдың келешекке мөлшерленген бағдарламасын усынады", "Бир шахс үзликсиз еки мүддеттен артық бир ўәлаят, район ҳәм қаланың ҳәкими етип тайынланыўы мүмкин емес" деген қағыйдалар киргизилди.
Кеңес ҳәм ҳәким қарарларын (ҳәким бийлиги) ислеп шығыў, келисиў ҳәм дизимнен өткериўде бирден-бир электрон системадан пайдаланыў белгиленгенин нызамдағы әҳмийетли жаңалықлардан бири сыпатында айтыў керек. Кеңес ҳәм ҳәким қабыл еткен ҳүжжетлерде басқаша жағдай көрсетилмеген болса, электрон системада дизимнен өткерилген ўақыттан күшке кириўи, бирден-бир электрон системада дизимнен өткерилмеген ҳүжжетлер, нызамда нәзерде тутылған жағдайлардан тысқары юридикалық күшке ийе болмайтуғыны беккемленди. Сондай-ақ, нызамда нызамлы тийкарда жарамсыз, деп табылған мүлклерди бузып таслаў, жер участкаларын пайдаланыў ушын бериў сыяқлы кеңестиң ўәкилликлери анық белгиленди.
Жетилистирилген нызамда пүткиллей жаңа жағдай кеңес баслықларына тийисли. Себеби бул жаңа институт. Енди нызамға тийкарланып халық депутатлары кеңеслериниң барлық буўынына кеңес депутатлары арасынан, кеңес ўәкиллик мүддетине сайланатуғын кеңес баслығы басшылық етеди.
2024-жыл 27-октябрьде өткерилген сайлаўлар арқалы қәлиплестирилген халық депутатлары кеңеслери системасында ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық кеңеслерде кеңес баслығы сайланды ҳәм ҳәзир жумыс алып бармақта. Жаңа редакциядағы Конституция нормаларын күшке киргизиўге байланыслы нызамшылығымызға муўапық, районлық ҳәм қалалық кеңеслерде 2026-жылдан кеңес баслығы сайланады.
Нызамшылығымызға тийкарланып, ҳәким лаўазымын ийелеп турған шахс бир ўақыттың өзинде кеңес баслығы етип сайланбайды. Бир шахс избе-из еки мүддеттен артық бир ўәлаят, район, қалалық кеңес баслығы етип сайланыўы мүмкин емес (бундай қағыйда ҳәкимлерге де орнатылды). Кеңес баслығы басшылық ўазыйпасын атқарыў дәўиринде сиясий партияларға ағзалықты тоқтатып турады. Сондай-ақ, турақлы комиссиялар ҳәм партиялар, партия топарларының қурамына кириўи мүмкин емес.
2024-жыл 17-октябрьде қабыл етилген нызам менен кеңес баслығының 12 бәнттен ибарат ўәкилликлери белгилеп қойылды. Олар тийкарынан халық депутатлары кеңеслери сессияларын шақырыў, оған таярлық көриў, сессияларды өткериў (басшылық етиў), сессияларда қабыл етилген ҳүжжетлерге қол қойыў, кеңес комиссияларының жумысын муўапықластырыў, депутатлардың жумысына жәрдемлесиўден ибарат.
Кеңес баслығы Кеңес жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлейди, Кеңес жумысының шөлкемлестириўшилик, мәлимлеме, материаллық-техникалық тәмийнатын шөлкемлестиреди. Кеңестиң жәрдемши уйымы - секретариат баслығы, хызметкерлерди лаўазымға тайынлайды, лаўазымнан азат етеди, олар арасында ўазыйпаларды бөлистиреди.
Буның менен алдын ҳәкимлер мойнындағы көплеген ўазыйпалар кеңес баслығына өткерилди ҳәм олар енди барлық жумысын аймақты басқарыўға қаратады. Атқарыў уйымларына тийисли ислер менен шуғылланады.
Президентимиздиң 2024-жыл 2-февральдағы "Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманында кеңеслерди "халық даўысы"на айландырыў мәселеси қойылған. Кеңес усы жердеги халықтың мүтәжликлери, машқалаларын анық билиўи ҳәм оның ушын халық пенен жақыннан, турақлы байланыста болыўы керек. Бул жумыстың тийкарғы шешими халықты қабыллаўды дурыс шөлкемлестириў болып табылады. Соның ушын кеңес баслықларына пуқараларды қабыл етиўди шөлкемлестириў, физикалық ҳәм юридикалық тәреплерди қабыл етиў, мүрәжатларын көрип шығыў ўәкиллиги де берилди.
Алдынғы нызамда сессия зәрүрликке қарап, бирақ жылына кеминде 2 мәрте шақырылады деген қағыйда орнына сессия зәрүрликке қарап, бирақ ҳәр шеректе бир мәрте шақырылыўы белгиленгенин унамлы тәрепи сыпатында баҳалаў мүмкин. Нызамда гезексиз сессия шақырыў басламасына ийе субъектлер де көрсетип қойылды.
Нызамның және бир әҳмийетли тәрепи кеңеслердиң мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары менен бирге ислесиўи айрықша статьяда белгилеп қойылғанында болып есапланады.
Жаңа редакциядағы "Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында"ғы нызамда жергиликли атқарыўшы ҳәкимиятқа үлкен орын ажыратылды. Оның дыққатқа ылайық тәреплеринен бири усы ўақытқа шекем қолланылып киятырған "атқарыў ҳәкимияты" атамасы жаңа редакциядағы Конституциядан келип шығып "атқарыўшы ҳәкимият" деп өзгертилди. Ҳәкимниң ўәлаят, район ҳәм қалада атқарыўшы ҳәкимиятқа басшылық етиўи беккемлеп қойылды. Ҳәкимниң ўәкилликлери 21-статьяда 21 бәнтте белгиленди. 1993-жыл 2-сентябрьдеги нызамда болса ҳәкимлер ўәкилликлери 25-статьяда 12 бәнтте белгиленген еди.
Ҳәзирги шараятта тийкарғы мәселе социаллық-экономикалық раўажланыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыў екенинен келип шығып, нызамға бола ҳәкимлерге төмендеги қосымша ўәкилликлер берилди:
- аймақларды экономикалық, социаллық, мәдений ҳәм экологиялық жақтан раўажландырыўды тәмийинлеўге қаратылған илажларды әмелге асырыў;
- ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район ҳәм қалалар бюджетинен, аймақлық бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын бюджет қаржыларының шекленген муғдарын бюджет сораўын дүзиў ушын көрип шығыў ҳәм бөлистириў;
- халық депутатлары кеңеслери сессияларында қатнасыў;
- кеңеске социаллық-экономикалық раўажланыўдың ең әҳмийетли ҳәм актуал мәселелери бойынша есабатлар усыныў;
- кеңестиң нызамшылыққа қайшы қарарларын бийкар қылыў ушын Олий Мажлис Сенатына яки судқа мүрәжат етиў;
- ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери Өзбекстан Республикасы Есап палатасына гезектеги жыл ушын жергиликли бюджетлер жойбарын көрип шығыў ҳәм тийисли жуўмақ бериў, өткен қаржы жылы ушын жергиликли бюджетлердиң орынланыўы ҳаққындағы есабатты сыртқы аудиттен өткериў ҳәм баҳалаў ушын жибериў.
Булар, өз гезегинде, ҳәкимлердиң ўәкилликлери алдынғы нызамшылыққа салыстырғанда бираз көбейтилгенин ҳәм анықластырылғанын көрсетеди.
Тап сондай-ақ, нызамда халық депутатлары кеңеслериниң ўәкилликлери де анықластырылды ҳәм сезилерли дәрежеде көбейтилди. Кеңеске қосымша:
- Президент халық қабыллаўханаларының аймақтағы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер басшыларының жумысы және мүрәжатлар менен ислесиў жағдайы ҳаққындағы мәлимлемесин ҳәр шеректе тыңлаў;
- жаслардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешиўге жәрдемлесиў, жас әўладтың талант ҳәм қәбилетин раўажландырыў ушын қосымша шараят жаратыў илажларын көриўге қаратылған жумыслар ҳаққында Жаслар ислери агентлиги аймақлық басшыларының есабатын ҳәр 6 айда тыңлаў;
- зәрүр болғанда атқарыўшы ҳәкимият бөлимлери, басқармалары, басқа структуралық бөлимлери басшыларының есабатын, соның ишинде, нызамларға әмел етилиўи, тийисли кеңеслердиң қарарлары ҳәм турақлы комиссиялардың усынысларының орынланыўы бойынша есабатларын тыңлаў;
- прокурордың жумысы ҳаққындағы мәлимлемени тыңлаў;
- кеңес сораўын жибериў ҳаққындағы усынысты көрип шығыў, кеңес тексериўин өткериў, депутат сораўын жибериў ҳәм олар бойынша қарарлар қабыл етиў;
- ҳәкимниң нызамшылыққа қарсы кеңестиң қарарларын қайта көрип шығыў ҳаққындағы усынысына тийкарланып кеңес қарарын өзгертиў ямаса бийкарлаў;
- ҳәкимниң ҳәм төменги кеңестиң нызамшылыққа қайшы қарарларын бийкарлаў белгиленди.
Жаңа редакциядағы нызамда ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық кеңеслерине тийисли ўәкилликлер де айрықша белгиленди. Соннан:
- ўәлаят ҳәм Ташкент қаласының қала бюджетинен районлар ҳәм қалалар бюджетинде ажыратылатуғын тәртипке салыўшы бюджетлераралық трансфертлердиң шекленген муғдарын көрип шығады ҳәм тастыйықлайды;
- физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў, турақлы ийелик етиў, турақлы пайдаланыў, мүддетли (ўақтынша) пайдаланыў ямаса ижара ҳуқықы тийкарында тийисли жер участкалары ямаса олардың бөлеклерин компенсация есабынан жәмийетлик мүтәжлик ушын алып қойыў ҳәм алып қойылған жер участкаларында жайласқан көшпес мүлк объектлерин нызамда белгиленген жағдайда ҳәм тәртипте бузып таслаў ҳаққында қарарлар қабыл етиў;
- Омбудсман ҳәм Балалар омбудсманы аймақлық ўәкилиниң баянатын ҳәр жылы тыңлаў;
- тийисли аймаққа жергиликли әҳмийетке ийе монументаллық естеликлерди орнатыў, бузыў (көшиў) ҳаққында нызамшылықта белгиленген тәртипте қарарлар қабыл етиў.
Сондай-ақ, нызамда ҳәкимлердиң жыл жуўмағы бойынша есабаты қашан тыңланыўы керек екенлиги, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ИИБ баслықларының қайсы мүддетте есабат бериў тәртиби ҳәм бундай сессиялардың ашық-айдын өтиўи белгилеп қойылды. Бул арқалы ишки ислер уйымларының жумысы үстинен ўәкиллик ҳәкимияты және жәмийетлик қадағалаў механизмлери күшейтилди. Нызамның әҳмийетли жаңалықларынан және бири - "кеңес сораўы", "кеңес тексериўи" сыяқлы пүткиллей жаңа институтлар шөлкемлестирилди.
Мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлиске 2020-жылдағы Мүрәжатында "Ҳәзирги ўақытта пәрманлар, қарарлар, концепция ҳәм стратегияларда белгиленген индикаторлар ҳәм мақсетли параметрлердиң орынланыўы бойынша ҳәкимлер өз аймақларындағы ғалаба хабар қураллары ҳәм жәмийетшиликке турақлы түрде мәлимлеме берип барыўы керек болады.
Жумыстың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде жергиликли ўәкилликли уйымлардың жумысында кеңес сораўы институтын енгизиўди усыныс етемен", деген еди. Әне усы баслама усы нызамда өз орнын тапты.
Нызамның "кеңес сораўы" деп аталған статьясына тийкарланып, "кеңес сораўы" тийисли аймақта жайласқан мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларына жуўап бериў шәрт болған талап болып табылады. Нызамда сораўды қәлиплестириў, сораўды баян етиў, оған жуўап бериў формасы ҳәм мүддетлери, оның ҳуқықый ақыбети, "кеңес сораўы" қандай мәселелерге қолланылмайтуғыны анық белгилеп қойылды. Қысқа ҳәм анық етип айтқанда, кеңестиң сораўы ҳәм қадағалаўы күшли ҳәм тәсиршең механизм болып есапланады.
Мине усындай механизмлерден және бири кеңес тексериўи болып есапланады. Кеңестиң тексериўи тийисли аймақтың қәўипсизлигине, турақлы раўажланыўына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин болған (тосқынлық етиўши), инсан ҳуқықлары менен еркинликлерине, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерине қәўип туўдыратуғын фактлер менен ўақыяларды үйрениў мақсетинде өткерилиўи мүмкин. Бул ҳаққындағы қарар депутатлар улыўма санының көпшилик даўысы менен қабыл етиледи. "Кеңес сораўы" сыяқлы "кеңес тексериўи" қандай объектлерге қаратылмаўы да нызамда белгилеп қойылды. Бул түрдеги тексериў кеңес дүзген комиссия тәрепинен өткериледи. Оның ўәкилликлери де нызамда анық белгилеп қойылған.
Жаңаланған нызам жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын, ўәкилликли ҳәм атқарыўшы уйымлардың қатнасын жаңаша шөлкемлестириў, өз-ара тыйып турыў механизмлерин күшейтиўге хызмет етеди. Бирақ, буның менен мақсетке ерисилмейди. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимиятты буннан былай да раўажландырыў, абырайын арттырыў турақлы процесске айланыўы керек. Мәмлекетимиз басшысы жаңадан сайланған парламент мәжилисинде шығып сөйлеген сөзинде нызам дөретиўшилиги процесине жергиликли кеңеслерди кеңнен тартыў, ҳәр бир нызам бойынша олардың пикирин алыў әмелиятын жолға қойыў, нызамларды парламент комитетлеринде көрип шығыўға министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллерин емес, жергиликли кеңес депутатларын тартыў, жергиликли кеңеслердиң жумысына ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў Сенаттың тийкарғы ўазыйпасы болыўы керек екенлигин атап өтти.
Озод ҲУСАНОВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы
Мәмлекетлик басқарыў академиясы профессоры,
юридикалық илимлер докторы