Көп әсирлер даўамында илим ҳәм ағартыўшылық орайы болып келген әййемги ҳәм наўқыран қала бүгин де дүнья халықларын тынышлық, ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик руўхында бирлестириўде даўам етпекте.
Жәҳән мәдений бирге ислесиўи раўажланыўында жаңа бет
- Өзбекстанның усынысына бола ЮНЕСКОның 40 жыллық тарийхында биринши мәрте Бас конференцияның Парижден тысқарыда өткерилгени үлкен ўақыя болды. Соңғы мәрте бундай әнжуман 1985-жылы Парижден тысқарыда болып өткен еди. Демек, арадан сонша жыл өтип, дүнья жүзи Шығыс цивилизациясы орайларынан бири - Самарқандта жыйналды. Буннан жүдә қуўанышлыман. Бул жерде пүткил дүнья жүзи ушыраспақта, мәденият, билимлендириў, илим, мәлимлеме әтирапында бирлеспекте.
Бас конференция сессиясы Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм және еки мәмлекет басшысы, көплеген министрлердиң қатнасыўында ашылды. Шөлкемимизге ағза мәмлекетлердиң 180 нен аслам ўәкиллери қатнаспақта. Улыўма, қатнасыўшылар 4500 ден аслам. Мине, усы санның өзи-ақ Самарқанд шынында да цивилизациялар кесилиспеси, дүнья жүзиниң ушырасатуғын орны екенин көрсетеди.
Әййемги қалаға ЮНЕСКО ўәкиллиги шеңберинде дүнья халықлары ушын әҳмийетли мәселелерди додалаў ушын жыйналдық. Бул ўазыйпаның бүгин тек ғана усы регион емес, ал геосиясатта әҳмийетли орын ийелеп атырған Өзбекстанда әмелге асып атырғаны биз ушын оғада әҳмийетли.
Самарқанд әсирлер даўамында Шығыс пенен Батысты байланыстырып турған мәнаўият ҳәм илим орайы болып келген. Сонлықтан, ЮНЕСКО конференциясының әйне усы қалада өткерилиўи оғада символикалық ҳәм тарийхый әҳмийетке ийе. Бул тек ғана Өзбекстанның халықаралық абырайын емес, ал оның мәдений-илимий бирге ислесиўдеги белсенди позициясын да көрсетеди.
Президент Шавкат Мирзиёев алға қойған басламалар оғада алдыңғы ҳәм заман талапларына жуўап береди. Соның ишинде, жасалма интеллект тараўындағы халықаралық бирге ислесиў, басланғыш ҳәм ерте балалық билимлендириўин раўажландырыў және жаңа технологияларды билимлендириў системасына енгизиў бойынша усыныслар оғада әҳмийетли.
ЮНЕСКО 2018-жылдан берли жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялардың әдеп-икрамлылық-ҳуқықый тийкарларын ислеп шығыўға үлкен итибар қаратпақта. Бул бағдарда 2021-жылы қабыл етилген "Жасалма интеллект этика бойынша усыныслар" әҳмийетли қәдем болды. Енди болса Самарқанд конференциясында нейротехнологиялар ҳәм жасалма интеллект тараўында жаңа қарарлар қабыл етилиўи күтилмекте.
Әнжуман шеңберинде мәдений мийрасты қорғаў, суў ресурсларын басқарыў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, жасалма интеллект ҳәм музей жумысын интеграциялаў сыяқлы темалар додаланбақта. Бул илаж тек ғана дәстүрий мәденият ҳәм илим тараўларын емес, ал келешек технологиялары ҳәм инсан капиталын раўажландырыўды да қамтып алмақта.
Соның менен бирге, бул конференция ЮНЕСКОның кейинги еки жыллық стратегиялық бағдарламасын белгилеп алыў ушын әҳмийетли платформа болып хызмет етеди.
Бул әнжуман мен ушын айрықша әҳмийетке ийе. Себеби бул шөлкемдеги соңғы Бас конференциям. Оны сондай үлкен тарийх ҳәм мәденият кесилиспеси болған Самарқандта өткериў символикалық және жеке жақтан жүдә баҳалы.
Бул ўақыя тек ғана ЮНЕСКО тарийхына емес, ал дүнья мәдений бирге ислесиўиниң раўажланыўына да және бир жаңа бет болып кирмекте.
Одри АЗУЛЕ,
ЮНЕСКО Бас директоры
Мәденият - миллий раўажланыўдың тийкарғы бағдары
- Самарқандта өтип атырған ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы шеңберинде "Музейлерде жасалма интеллекттиң роли" атамасында конференция болып өтти. Бул әҳмийетли әнжуманды жоқары дәрежеде өткериўге жақыннан жәрдем берген, өз-ара шериклик, исеним ҳәм уқсас көзқараслары ушын ЮНЕСКО, Франция Мәденият министрлиги ҳәм Гиме Азия көркем өнери миллий музейине шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Бүгин Өзбекстан дөретиўшилик, билим, мийрасымыз ҳәм келешегимиз алдындағы терең жуўапкершилик сезими тийкарланған ҳақыйқый мәдений ояныўды басынан өткермекте.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң белсене қоллап-қуўатлаўы себепли мәденият миллий раўажланыўдың тийкарғы сүйенишлеринен бирине, дәстүрлер ҳәм инновациялар, тарийх ҳәм раўажланыў арасындағы көпирге айланды.
2022-жылдан берли дүньяның ең абырайлы музей ҳәм галереялары, соның ишинде, Лувр музейи, Араб дүньясы институты, Уффици галереясы, Британия музейи, Қытай миллий музейи ҳәм Берлиндеги Музей атаўында жигирмадан аслам ири көргизбе шөлкемлестирдик. Бул жойбарлар себепли Өзбекстан жаңа - дөретиўши, динамикалық, бирге ислесиўге ашық ҳәм өз ҳаўазына ийе мәмлекеттиң келбетин дүньяға көрсетти.
Бул жаңаланыў ишки экосистемасымызға да тәсир көрсетти. Атап айтқанда, мәденият ҳәм дөретиўшилик экономиканы қоллап-қуўатлаўшы заманагөй нызамшылық базасынан баслап музейлер, өнерментшилик ҳәм заманагөй көркем өнер ушын жаңа инфраструктураға шекемги процесслерди өзгертип жиберди.
Бүгин биз жаңа мәдений мәкемелер - үш мың жыллық мийрасқа ийе Ташкенттеги Миллий музей ҳәм жаңа Заманагөй көркем өнер орайын - тәжирийбе ҳәм илимлераралық бирге ислесиў ертеңги күнниң көркем көринисин қәлиплестиретуғын мәканды қурмақтамыз.
Усы жылы сентябрьде Бухарада биринши биеннале болып өтти. Онда жетпистен аслам халықаралық художник ең әййемги қалада бирлести. Мийрасты заманагөй дөретиўшилик платформасына айландырды. Бул жойбар әллеқашан Орайлық Азиядағы ең илҳамландырыўшы ҳәм перспективалы мәдений басламалардан бири сыпатында тән алынған.
Музейлер естелик қоймаханасы емес, ал тәсир ҳәм билим, дәстүр ҳәм инновация ушырасатуғын тири, пикирлейтуғын организмлер болып есапланады. Олар өтмиш тек ғана сақланып қалмайтуғын, ал қайта тикленетуғын орынлар болып есапланады. Ол жерге келген ҳәр бир инсан қарым-қатнастың бир бөлегине айланады.
Жасалма интеллект дәўиринде тийкарғы ўазыйпамыз технологияның инсаниятқа хызмет етиўин тәмийинлеў болып табылады. Жасалма ақылдан ақылға уғрас пайдаланылғанда көркем өнер ҳаққындағы түсинигимизди байытыў, мәдений мийрасқа кириўди демократияластырыў ҳәм дөретиўшилик ушын жаңа жолларды ашыў потенциалына ийе.
Биз бул технологияны эмпатия ҳәм билимлендириўдеги шерик, музейлерге жаңа әўлад пенен жаңа тилде сөйлесиў имканиятын беретуғын жәрдемши сыпатында көремиз. Ҳүкиметимиз 2030-жылға барып жасалма интеллект тараўында дүньяның ең жақсы 50 мәмлекетиниң қатарына кириў мақсетин жәриялады. Илимпазлар, инновационерлер ҳәм мәденият ғайраткерлерин бирлестирген Жасалма интеллект альянсын дүзди. Бул тек ғана технологиялық қәдем емес, ал әдеп-икрамлылық ҳәм мәдений миннетлеме болып есапланады.
Өзбекстан жақында ЮНЕСКО менен бирге илим, мәденият ҳәм билимлендириў тараўындағы үлкен жетискенликлер ушын халықаралық Беруний сыйлығын шөлкемлестирди. Уллы ойшыл аты менен аталған бул сыйлық билим ҳәм дөретиўшиликтиң ажыралмас бөлеги, символикалық мәнисте, инсаниятты ўақыт ҳәм шегаралар бойлап бирлестириўге улыўма исенимимизди аңлатады. Қалаберди, ҳәммемизди бирден-бир мақсетке бирлестирип, мийрим-шәпәәт ҳәм мәденият сыяқлы қәдириятларды өзинде жәмлейди.
Гаяне УМЕРОВА,
Өзбекстан мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыў қоры баслығы,
ЮНЕСКО бойынша Өзбекстан миллий комиссиясы баслығы