"Ашық бюджет" мәлимлеме порталы арқалы ўатанласларымыз тәрепинен түрли басламалар алға қойылып, жойбарларға даўыс бериў процеси даўам етпекте. Усы жыл 21-мартта "Басламалы бюджет" жойбарының жеңимпазлары ҳәм мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржының муғдары мәлим етилген еди. Усы күнлерде ашық порталда жайласқан гезектеги - "Мениң бағым" жойбарының усы жылғы мәўсимине де старт берилди ҳәм 5-апрельден жойбар киргизиў басқышы басланды.
Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң хабарына бола, бул басқыш 14-апрельге шекем даўам етеди. Буннан кейин 15-20-апрель күнлери жойбардың таңлап алыў, 21-30-апрельде болса даўыс бериў басқышы болып өтеди. Жуўмағында ең көп даўыс топлаған жойбарлар мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылады. Халық мәмлекетлик бюджет қаржыларының белгили бир бөлеги аймақларды көклемзарластырыўға жумсалыўында тиккелей қатнасады.
"Мениң бағым" жойбары елимиз бойлап жасыл бағ ҳәм жасыл жәмийетлик парклерди шөлкемлестириўге қаратылған басламаларды өз ишине алады. Онда усыныс етилген жойбарлар жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилип, тийисли тәртипте даўысқа қойылады. Жеңимпазлар анықланғаннан соң, ең көп даўыс алған бағ ямаса жәмийетлик паркти қаржыландырыў басланады.
Бул процессти "Басламалы бюджет" арқалы көпшилик ўатанласымыз жақсы биледи. Мине усындай жойбарларда қатнасыў көнликпеси халық арасында қәлиплесип бармақта. Тийкарғысы, бундай жойбарлар адамларды бирден-бир мақсет әтирапында бирлестирип, аймақтың раўажланыўы ушын биргеликте ҳәрекет етиўге шақырмақта.
- "Мениң бағым" жойбарына биринши мәрте 2024-жыл мартта старт берилди ҳәм биринши мәўсим ушын мәмлекетлик бюджеттен 50 миллиард сум ажыратылды, - дейди Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң бөлим баслығы Ҳабибулла Ҳамидов. - Процесс усының менен тоқтамады. Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарына бола, "Жасыл мәкан" улыўма миллий ҳәрекети шеңберинде мәмлекетлик бюджеттен ҳәр жылы ажыратылған қаржының 50 проценти әйне "Ашық бюджет" порталы арқалы кең жәмийетшилик пикири тийкарында ислеп шығылған "Мениң бағым" жойбарларын қаржыландырыўға бағдарланады. Аймақларда жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен жасыл бағ, жәмийетлик парклер, дем алыў орынлары ушын бир неше орын таңлап, платформаға киргизиледи. Бир аймақ бойынша келип түскен жойбарлар бир неше болса, биринши усыныс киргизген пуқараның усынысы инабатқа алынады. Жеңимпаз жойбарлар даўыс бериў басқышынан соң анықланады. Ҳәр бир усыныс муғдары 250 миллион сумды қурайды.
Аймақлар қалай таңланады?
Өткен жылы биринши мәрте өткерилген жойбар 23-июньнан 7-июльға шекем даўам етип, 215 жойбар жеңимпаз деп табылған еди. Процессте елимиз бойлап 53 мыңнан аслам даўыс берилген. Жеңимпаз жойбарларды қаржыландырыў ушын болса 48,6 миллиард сум ажыратылған.
Процессте пуқаралардың өзи белсендилик көрсеткени итибарға ылайық. Атап айтқанда, Самандар Ражабов киргизген баслама тийкарында Бухара ўәлаяты Ромитан районы Афросиёб МПЖ аймағында көп жыллық тереклерден ибарат жасыл парк жаратыў ушын 250 миллион сум қаржы ажыратылды. 1566 даўыс пенен жеңимпаз болған бул жойбар арқалы адамлардың дем алыўы ушын қолайлы шараят жаратыў мақсет етилген еди.
Және бир жеңимпаз жойбар интакери Бахтиёр Эшмўминов Сурхандәрья ўәлаяты Бандихан районында 1 гектар майданда кеўилашар дем алыў орнын қурыў усынысын алға қойған. Жойбар 1079 даўыс жыйнады ҳәм мәмлекетлик бюджеттен 250 миллион сум қаржы ажыратылды. Және бир жойбар арқалы болса Самарқанд ўәлаяты Каттақорған районы Қоқсой МПЖ аймағында жәмийетлик парк қурылатуғын болды.
- Бул муғдар орташа есапта алынған. Баслама көбирек қаржы талап етсе, ҳәкимликлердиң жергиликли бюджетинен арттырылған қаржыдан да қаржыландырыў нәзерде тутылған, -дейди Ҳабибулла Ҳамидов. - Ажыратылатуғын қаржының муғдарына жойбарлаў-смета ҳүжжетлери тийкарында анықлық киргизиледи. Көрсетилген муғдардан артса, жойбарға басқа жойбарлардан үнемленген қаржы да ажыратылыўы мүмкин. Улыўма, бундай мәселелер "Мениң бағым" жойбарларын қәлиплестириў ҳәм қаржыландырыў тәртиби ҳаққындағы реже менен тастыйықланған.
Жойбарда усынысларды алға қойыўдың да өзине тән тәртиби бар. Анығырағы, жойбар шеңбериндеги 3 басқышлы - усыныс киргизиў, таңлап алыў ҳәм даўыс бериў процеси "Басламалы бюджет" пенен бирдей шөлкемлестирилсе де, усынысларды билдириў бираз парықланады. Қәнигелердиң айтыўынша, "Басламалы бюджет"те пуқаралар басламаның мазмунын өзи киргизген болса, "Мениң бағым"да Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен мыңнан аслам аймақ таңланады. Қалаберди, жасыл парклер ҳәм жәмийетлик парклер ушын жер алыўға байланыслы мәселелерди жергиликли ҳәкимликлер шешеди. Дем алыў орынлары, сейил етиў орынлары режелестирилген жойбар тийкарында белгиленеди. Мәнзиллер порталға жайластырылғаннан соң, бул процесс усынысларды таңлап алыў процесинде бийкар етилмеўине жәрдем береди. Яғный усыныс етилип атырған мәнзил басқа пуқара ямаса бирде-бир кәрханаға тийисли емеслиги инабатқа алынады. Болмаса усыныс бийкар етиледи. Пуқаралар да жасыл зоналар жаратыў ҳәм белгиленген мәнзилде саяманлы тереклер егиў усынысын алға қойыўы мүмкин.
Жойбарлар тиккелей жәмийетшилик пенен байланыслы болса да, аймақларда егилетуғын тереклерге ким ғамхорлық ететуғыны мәселеси елеге шекем әҳмийетли. Қәнигелердиң мәлим етиўинше, бул пуқаралардың өзине таслап қойылмайды. Жумысшы топар тәрепинен ҳәр бир район ҳәм қалада жумысты бөлип алып ислеўши топар шөлкемлестириледи. Айтайық, қайсыдур аймақта жәмийетлик паркти қурыў керек болса, жойбарлаўшы, яғный районлық ҳәм қалалық экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи бөлимлери парктеги жоллар, жақтыландырыўшылардан баслап суўғарыў системасына шекем жойбарластырады. Жумысты бөлип алып ислеўши оған ажыратылған қаржы есабынан нәллердиң топырақ-климат шараятына сәйкеслигин таңлайды ҳәм сол тийкарда отырғызады. Үш жылға шекем суўғарыўдан агротехникалық илажларға шекем барлық ўазыйпа жумысты бөлип алып ислеўшиге жүкленеди.
Пуқаралардың бул процессте қатнасыўы болса ықтыярлы мәселе. Бирақ аймақ халқы бирлесип, өз қаласы ямаса районында жасыл бағ жаратылыўына ериссе, оның ушын даўыс бериў процесинде белсендилик көрсетсе, сол жасыл аймақты қәстерлеп сақлаўда да өз қатнасын сезетуғыны анық. Сонда жойбардың мақсетлеринен бири ўатанласларымыз арасында экологиялық мәдениятты арттырыўдан ибарат екени белгили болады.
Ирода ТОШМАТОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы