Өткен өмиримниң асырымынан артқа нәзер таслар екенмен, мине усы жол кесилиспелеринде, ең әҳмийетли бурылысларында маған ағартыўшылық шырағы менен жол көрсетип турған, сүрниккенде сүйенген, билим шыңларына қарай жетелеген әзиз инсанлар - устазлардың келбети көз алдымда елеслейди. Ҳәр жылы гүздиң жыллы нәпеси менен кирип келетуғын 1-октябрь - Муғаллимлер ҳәм устазлар күни алдында олардың келбети және де жарқын, және де уллы көринеди.
Жақында Президентимиздиң пәрманы менен тараўдың бир топар пидайылары жоқары мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланғаны ҳаққындағы жақсы хабарды еситип, кеўлим мақтанышқа толды. Олардың сыйлықланыўы тек ғана бир топар муғаллимлерге көрсетилген итибар емес, ал олардың тымсалында пүткил өзбек муғаллимлерине, мың-мыңлаған ағартыўшылық пидайыларына билдирилген жоқары исеним ҳәм ҳүрметтиң айқын көриниси болып есапланады. Шетки аўыллық мектеплердиң әпиўайы муғаллимлери жоқары мәмлекетлик сыйлыққа миясар болып атырғанының өзи-ақ жәмийетте күшли социаллық сигнал берип, жас әўладтың қәлбинде муғаллимшилик кәсибине ҳәўес оятады, ата-аналардың өз перзентиниң келешегин усы тараў менен байланыстырыўына түртки береди ҳәм ең әҳмийетлиси, устаздың статусы пүткил миллет көлеминде тән алынып атырғанын әмелде көрсетеди.
Экономист илимпаз сыпатында терең исеним менен айта аламан, XXI әсирде мәмлекеттиң ҳақыйқый қүдирети оның жер асты байлықлары ямаса ири заводларының саны менен емес, бәринен бурын, инсан капиталының сапасы менен өлшенбекте. Инсан капиталы миллеттиң интеллектуал потенциалы, оның билими, шеберлиги, пикирлеўи ҳәм дөретиўшилик қәбилети болып табылады. Бүгинги дүнья "билимлер экономикасы" дүньясы болып табылады. Бул экономиканың тийкарғы шийки заты - идея, инновация ҳәм технология. Оның "жанылғысы" болса муғаллим тәрепинен тәрбияланған, заманагөй пикирлейтуғын, бәсекиге шыдамлы кадр болып есапланады.
Билимлендириўге инвестиция киргизиў тек ғана экономикалық емес, ал социаллық турақлылықтың да ең беккем кепили болып есапланады. Саўатлы, дүньяқарасы кең, сын көзқарастан пикирлей алатуғын жәмийет ҳәр қыйлы жат идеяларға, радикализм ҳәм экстремизмге қарсы ең күшли иммунитетке ийе болады. Сапасыз билимлендириў болса жумыссызлық, кәмбағаллық ҳәм социаллық иллетлер ушын қолайлы тийкар жаратады. Демек, ҳәр бир мектепке, ҳәр бир муғаллимге киргизилип атырған инвестиция тек ғана келешектеги экономикалық өсиўге емес, ал бүгинги тыныш ҳәм парахат турмысымызды қорғаўға қосылған үлкен үлес, деп биймәлел айта аламыз.
Билимлендириўге бағдарланған қаржының экономикалық нәтийжелилигин баҳалаўда "мультипликатор эффекти"н де умытпаў керек. Ал, бул нени анлатады? Бир тараўға киргизилген инвестицияның басқа түрлес тараўларда да қосымша өсиўге себеп болатуғынын. Мысал ушын, жаңа, заманагөй мектеп қурылысы қурылыс материаллары санааты, транспорт, мебель ислеп шығарыў сыяқлы онлаған тараўларға түртки береди. Муғаллимлердиң мийнет ҳақысының артыўы олардың сатып алыў қәбилети артыўы ҳәм ишки базардың жанланыўы дегени. Ең тийкарғысы, сапалы билим алған питкериўшилер келешекте жоқары технологиялы тараўларда мийнет етип, басқалар қатарында салық төлейди, жасырын экономика үлесин азайтады ҳәм мәмлекеттиң PISA (The Programme for International Student Assessment) сыяқлы халықаралық билимлендириў рейтинглериндеги орнын жоқарылатады. Бундай рейтинглердеги жоқары орынлар болса, өз гезегинде, мәмлекетке кирип келетуғын сырт ел инвестицияларының ағымын көбейтиўге тийкар жаратады. Демек, билимлендириўге жумсалған ҳәр бир сум өзин тек ғана руўхый емес, ал бир неше еселеп материаллық жақтан да ақлайтуғын ең ақыллы инвестиция болып есапланады.
Усы жерде ең әҳмийетли мақсетимиз болған Үшинши Ренессанс тийкарын қурыў идеясына айрықша тоқтап өтиў орынлы. Бул идея тек ғана бәлентпәрўаз сүрен емес, ал анық илимий-тарийхый тийкарларға ийе миллий бағдарлама болып есапланады. Биринши Ренессанс Шығыста IХ-ХII әсирлерде, Маўараўннахр жеринде ал-Хорезмий, Ферғаний, Беруний, Ибн Сина сыяқлы данышпанларымыз бенен байланыслы болса, Екинши Ренессанс Әмир Темур ҳәм темурийлер дәўиринде Мырза Улығбек, Әлий Қусшы, Әлийшер Наўайы сыяқлы тулғалардың аты менен тарийхқа мөрленген. Ҳәр еки раўажланыўдың тийкарында да илимге, устаз ҳәм илимпазларға көрсетилген жоқары итибар ҳәм ғамқорлық жатыр. Бүгин биз қурып атырған Үшинши Ренессанстың тийкарын да әйне билимлендириў ҳәм ағартыўшылық қурайды. Оның архитекторлары - бүгинги күнниң муғаллимлери, оның дөретиўшилери болса олардың қолында билим алып атырған жас әўлад болып есапланады. "Өзбекстан - 2030" стратегиясында белгиленген барлық жоқары шеклерге ерисиўдиң гилти де әйне мектеплерде, муғаллимниң машақатлы мийнетинде жасырынған.
Әлбетте, бул жоқары мақсетке тек ғана мәмлекеттиң ис-ҳәрекетлери менен ерисип болмайды. Бул процессте жәмийеттиң барлық буўынлары, әсиресе, ата-аналар белсене қатнасыўы шәрт. "Мектеп-шаңарақ-мәҳәлле" бирге ислесиўи тек ғана сулыў сөз болып қалмастан, әмелий ҳәрекетке айланыўы мақсетке муўапық. Ата-ана перзентиниң тәғдирине бийпәрўа болмаўы, муғаллимниң мийнети қаншелли машақатлы екенин түсинип, оны ҳүрмет етиўи ҳәм қоллап-қуўатлаўы лазым. Перзентиниң сабақларын қадағалаў, мектеп турмысына қызығыў, муғаллим менен турақлы байланыста болыў ҳәр бир ата-ананың муқаддес миннети болып есапланады. Муғаллим мектепте берген билим ҳәм тәрбияны шаңарақ беккемлемесе, барлық ҳәрекетлер нәтийжесиз болыўы анық. Қус та бир қанат пенен уша алмайды. Миллеттиң руўхий раўажланыўы да тап сондай: бир қанаты мектептеги устаз болса, екинши қанаты шаңарақтағы тәрбия.
Тилекке қарсы, айырым ата-аналар арасында перзентиниң тәрбиясы ушын пүткил жуўапкершиликти тек ғана мектеп ҳәм муғаллимниң мойнына жүклеп қойыў жағдайлары ушырасып турады, бул түп-тийкарынан надурыс қатнас болып есапланады. Муғаллим - билим бериўши, жол көрсетиўши. Бирақ адамгершилик, мийрим-шәпәәт, үлкенге ҳүрмет, кишиге иззет сыяқлы ең тийкарғы турмыслық қәдириятлардың тийкары әйне шаңарақта қойылады. Шаңарақтағы саламат емес орталық, ата-ананың турпайы мүнәсибети, китапқа, билимге итибарсызлығы бала жүрегинде үлкен бослық пайда етеди ҳәм бул бослықты бир муғаллимниң өзи толтырыўы мүмкин емес. Сол себепли, жәмийетимизде ата-аналардың педагогикалық мәдениятын, перзент тәрбиясындағы жуўапкершилигин арттырыў мәселесине де айрықша итибар қаратыў мақсетке муўапық болар еди. Себеби, устазға ең үлкен жәрдем оның жумысын түсинетуғын, оның менен пикирлес болған ҳәм перзентиниң келешеги ушын қайғыратуғын ата-аналар жәмәәти болып есапланады.
Усы жолда исленип атырған әмелий жумыслар болса адамды және де руўхландырады. Мәмлекетимизде устаздың статусын арттырыўға қаратылған итибар бир тәреплеме, тек ғана материаллық хошаметлеў менен шекленип қалмай атыр. Бул процесс терең ойланған, бир-бирин толықтыратуғын бир неше әҳмийетли бағдарда комплексли түрде өтпекте.
Бириншиден, устаз ушын мүнәсип мийнет шараяты ҳәм заманагөй билимлендириў инфраструктурасын жаратыў. Кейинги жыллары елимиздиң барлық аймақларында бой тиклеп атырған Президент мектеплери, дөретиўшилик мектеплери, қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери өзиниң көрки ҳәм потенциалы менен көзди қуўандырады. Олар тек ғана сулыў имаратлар емес, ал алдынғы педагогикалық технологиялар, заманагөй лабораториялар, робототехника дөгереклери ҳәм саламат бәсеки орталығын өзинде жәмлеген ағартыўшылық орайларына айланбақта.
Екиншиден, оқытыўшының үзликсиз кәсиплик раўажланыўы ушын кең ҳәм ашық-айдын имканиятлар есиги ашылыўы. Бир ўақытлары тәжирийбе арттырыў дегенде көбинесе ескирген лекцияларды тыңлаў ҳәм қағазпазлықтан ибарат нәтийжесиз бир процесс түсинилетуғын еди. Бүгин бул қатнас пүткиллей өзгерди. Билимлендириў тараўында дүньяның жетекши мәмлекетлери болған Финляндия, Уллы Британия сыяқлылардың тәжирийбеси тийкарында ислеп шығылған жаңа тәжирийбе арттырыў системалары енгизилмекте. Енди ҳәр бир оқытыўшының билим дәрежеси ҳәм кәсиплик компетенциялары халықаралық стандартлар тийкарында диагностикадан өткерилип, оның жеке талапларынан келип шыққан ҳалда индивидуал кәсиплик раўажланыў траекториясы белгиленбекте.
Үшиншиден және ең әҳмийетлиси, устазлардың қәлбинде жыллар даўамында сөнип қалғандай туйылған бир сезим - өзине исеним, өз кәсибине болған мақтаныш сезиминиң қайта тиклениўи болып табылады. Бул үлкен жаңалық ҳәм үлкен социаллық-психологиялық жетискенлик. Еле есимде, жақын өтмиште муғаллимниң мойнына оның ўазыйпасына улыўма қатнасы болмаған қанша артықша жумыслар жүкленетуғын еди. Мәжбүрий жазылыў, пахта жыйын-терими, аймақларды тазалаў, сансыз қағазпазлық ҳәм есабатлар оны тийкарғы жумысынан - перзентлеримизге тәлим-тәрбия бериўден шетлестирди, қәдир-қымбатын, абырайын аяқ асты етти. Бүгин болса муғаллим усындай барлық тәшўишлерден азат етилди. Оның статусы анық-айқын кепилленди.
Өткен жылы қабыл етилген "Педагогтың статусы ҳаққында"ғы нызам болса бул бағдардағы жумыслардың логикалық ҳәм ҳуқықый жуўмағы болды. Бул нызам тек ғана муғаллимниң ҳуқықларын емес, ал оның абырайы ҳәм қәдир-қымбатын қорғаўды да кепиллейди. Енди муғаллимге ҳүрметсизлик етиў, кәсиплик жумысына тийкарсыз араласыў ушын жуўапкершилик белгиленди. Бул қәдем, әлбетте, жүдә әҳмийетли. Бирақ нызамның өзи жетерли емес. Жәмийетимизде сондай орталық қәлиплесиўи керек, онда ҳәр бир инсан, ол ҳәмелдар бола ма, исбилермен бе ямаса әпиўайы пуқара бола ма, устазға жоқары ҳүрмет пенен мүнәсибетте болсын. Әсиресе, социаллық тармақлар раўажланған бүгинги күнде оқытыўшылардың жумысын тийкарсыз сынға алыў, абырайына дақ түсириў жағдайларына маўасасыз болыўымыз зәрүр. Ғалаба хабар қураллары, блогерлер өз шығып сөйлеўлеринде муғаллимшилик кәсибиниң абырайын арттырыўға хызмет етиўи, оның машақатлы мийнетин кеңнен сәўлелендириў керек. Устазды қорғаў келешекти қорғаў деген сөз.
Бул өзгерис тек ғана ҳуқықый қорғаў емес, ал, ең тийкарғысы, муғаллимниң руўхый дүньясын көтерди. Ядыма өзимниң мектеп дәўирлерим түседи. Жас та, ғарры да физика муғаллимлеримиз болар еди. Сол қыйын жылларда мектепте әпиўайы лаборатория үскенелери жетиспейтуғын еди. Сонда устазларымыз өз қоллары менен гөне шийше сынықларынан линзалар жасап, картон трубалардан бизге кишкене телескоп жасап берген еди. Сол телескоп негизи сыяқлы жетик болмаса да, кеўлимизде илимге, ойлап табыўларға болған үлкен қызығыўшылықты да ашып берген. Олар сыяқлы мыңлаған пидайы устазлар сол қыйыншылықларға қарамастан, өз ўазыйпасын мақтаныш пенен орынлаған. Гейде ойланып қаламан, егер сол устазларымыз бүгин тири болғанда не қылған болар еди? Әлбетте, олар таўсылмайтуғын қызығыўшылығы менен бүгинги технологиялық имканиятларды бирлестирип, шәкиртлерине әпиўайы Ай кратерлерин емес, ал мектептеги компьютер арқалы космосқа виртуал саяхат шөлкемлестирген, жасалма интеллект моделлерин жаратыўға шақырған болар еди.
XX әсир басларында Түркстан жеринде жайнаған жадид бабаларымыз да миллетти оятыў, азат ҳәм абат келешек қурыўдың бирден-бир жолы ағартыўшылықта, деп билген еди. Махмудхожа Беҳбудий, Мунавварқари Абдурашидханов, Абдулла Авлоний сыяқлы ағартыўшылар өз дәўириниң ең алдынғы зиялылары, тийкарында ең уллы муғаллимлери есапланған. Олардың "жаңа усыл мектеплери" идеясы өз заманынан әдеўир алдынға кеткен. Олар тек ғана ески билимлендириўди реформалаўды емес, ал дүньялық билимлерди, сын көзқарасты ҳәм миллий өзликти үйлестирген пүткиллей жаңа әўладты тәрбиялаўды мақсет еткен еди. Олар тек ул балаларды емес, ал қызларды да оқытыўды миллеттиң қутқарылыўы деп билген. Бүгин жаңа Өзбекстанда ҳаял-қызлардың билим алыўына берилип атырған үлкен итибар, олар ушын жаратылып атырған имканиятлар да жадид бабаларымыздың жақсы арзыўларының әмелге асыўы болып есапланады. Абдулла Авлонийдиң: "Тәрбия биз ушын я өмир - я өлим, я қутқарыў - я апатшылық, я бахыт - я апат мәселеси болып табылады", деген жалынлы сөзи бүгин де өз әҳмийетин жоғалтпаған.
Бир профессор сыпатында бүгинги жасларға, студентлериме қарап турып, келешекке үмитим және де артады. Олардың көзлеринде от ушқынланып тур, олар дүнья менен ашықтан-ашық сөйлеспекте, бир неше шет тиллерде биймәлел сөйлеседи, мәлимлеме технологияларын суў етип ишкен. Жигерлилиги, билиўге қуштарлығы кеўлиме шексиз мақтаныш бағышлайды. Мен анық билемен, бул жаслардың қанатларына күш берип атырған, оларды жоқары пәрўазға таярлап атырған ең тийкарғы күш өз қәдирин тапқан, өзине исенген, заманагөй билимлер менен қуралланған жаңа дәўир муғаллими болып есапланады. Мениң әрманым экономикасы қүдиретли, илими дүньяға даңқ таратқан, соның менен бирге өзиниң мың жыллық қәдириятларына, ата-бабалардан мийрас руўхыйлығына садық қалатуғын уллы әўладты көриў болып табылады. Бундай әўлад тек материаллық абаданлыққа емес, ал руўхый жетикликке де умтылыўы керек. Бул теңсалмақлылықты тәмийинлеў болса тек ғана билимли, қәлб көзи ашық устазлардың қолынан келеди.
Биз бүгин Үшинши Ренессанс тырнағын қурыўдай уллы мақсет жолында бирлескен екенбиз, бул процесстиң жүреги, әлбетте, мектеп болып есапланады. Оның тынымсыз ҳәм бир бапта урып турыўын тәмийинлеўши қүдиретли күш болса муғаллим.
Абдугаффор Жўраев,
экономика илимлериниң докторы, профессор